§ 8. Әййемги Рус мәмлекетиниң дүзилиўи
Шығыс славянларда феодал қатнасықлардың орнаўы ерте феодал
мәмлекетиниң пайда болыўына алып келди. Шығыс Европадағы әййемги Рус
мәмлекети әне сондай мәмлекет болып, оның тийкарғы қаласы Киев еди. Арқа-
батыста скандинавиялылар викинг-варягларға қарсы. Қубла-шығыста ҳәм
қублада хазарларға, кейин болса печенеклерге, турклерге ҳәм басқа көшпели
қәўимлерге қарсы гурес алып барыў қәўим аўқамлары орнына қудиретли
территориал бирлеспелердиң пайда болыўын тезлестирди. Шығыс
славянлар
ортасындағы саўда байланыслардың раўажланыўы ҳәм олардың ерте феодал
мәмлекетке бирлесиўине жәрдем берди. Мәселен «варяглардан греклерге» алып
баратуғын уллы жол –Рустың тек сыртқы саўда жолы болып қалмай, бәлким
ишки саўда жолы ҳәм болған. Бул жол шығыс славянлардың жерлери ҳәм
ўалаятлары айланатуғын жузик, ямаса Рус мәмлекетиниң оғы еди.
Әййемги Рус мәмлекетинен алдын шығыс славянлардың князлери
ҳүким сурди. Жылнамаларда славянлардың ярым патриархал, ярым феодал
князлери ҳаққында сөз етиледи. Жылнама бир заманлар полнлер, древянлар,
словенлер, волочанлар жерлеринеде әне сондай қәўим князлары болғанлығы
ҳаққында айтылады. Қәўим князларын дружинаға бирлескен қәўим
байланысы қоршап турады. Князлар қәўим ақсақаллар кеңесине ҳәм вечеге
ең әҳмийетли ислердиң ҳәммесин шешетуғын қәўим жыйынларына таянып
ис көрген. Бирақ жоқарыда көрсетилгендей жылнамалардағы «қәўим» деген
термин адамлардың туўысқанлық байланыслары менен байланысқан этник
бирлеспе болып, әпиўайы қәўимнен кеңирек ҳәм қурамалырақ бирлеспени
аңлатқан. Соның ушын қәўим князьлары (жылнама бойынша) тийкарынан я
қәўим бирлеспеси, я аймақ территориал сиясий бирлеспе есапланды. Қәўим
князлары ҳәм оларды қоршап алған жоқары қатламның ҳәкимияты сыяқлы
машағатлы емес еди.
X-әсирде шығыс жазыўшыларының Рустың үш орайын: Куяба, Славия
ҳәм Артания ямаса Артсанияны билген. Куяба-бул Киев болып, Славия
славянлар ўалаяты деп есаплайды. Артсания - көплеген тарийхшылар
50
Ердзянь-морвалар жерлеринде жузеге келген рус қаласы Рязань деп
көрсетеди. Шығыс славянлардағы бул сиясий бирлеспелердиң ҳәммеси XI
әсирде Рус мәмлекети пайда болмастан алдын дузилген. Жылнамаларда
сондай-ақ шығыс славянлардың еки орайы- Новгородты Ладога (Славия)
менен Киевти тилге алып өтеди. VIII-IX әсирлер шегарасындағы алғашқы
жәмәәт дузиминен феодализмге өтиў дәўири тамамланды. IX әсирдиң
басланыўында славянлардың дипломатия ҳәм әскерий активлиги кушейди.
IX әсирдиң басларында руслар Римдеги Сурожға 813 жылға Эгей
архипелагиндеги Эгина атаўына журис қылды. 839 жылда рус елшиханасы
Константинопольдағы Византия императоры ҳәм Ингельгеймдеги Герман
императоры алдына келди. Бул ислерге тек мәмлекет ғана ислер еди. Батыс
Европа (Бертинск) жылнамасында «рос» деген халық оның ҳүкимдары ҳақан
ҳаққында айтылған. Рус ҳаққында Византияда, батыста ҳәм шығыста
еситкен. IX әсирдиң басларында рус саўдагерлери Бағдадта ҳәм
Раффельштадтда ҳәм Константинопольда тез-тез мийман болып турған.
860-жылда рус кемелери Константинополь дийўалларын жанында
пайда болғанда Рус ҳаққындағы айнықса көп айтылатуғын болып қалды. 860-
жылғы журис Византияда русларды қыйын аўҳалға салғанлығы ҳәм
императордың рус пенен Византия ортасындағы шартнамасы буған мысал
болады. Жылнамада бул журис Аскольд ҳәм Дир атлары менен
байланыстырылады. Сол ўақыттағы Рустың территориясы қаншели үлкен
болғанлығы, ол өзине шығыс славян жерлерин қай дәрежеде қосып
алғанлығын дереклерде анық көрсетилмеген. Бирақ ол орта Днепр, Киев
жерлеринен, бир биринен әззи болған бир қанша жерден ҳәм қәўим
князлеринен ибарат болғанлығы белгили. Әййемги рус мәмлекети еле пайда
болмаған еди. Оның дузилиўи Днепр бойының Ильмень бойы менен, Рустың
ең әҳмийетли еки орайы болған Киев ҳәм Новгородтың қосылыўы менен
тамамланды.
Мәмлекет ресурслары шекленген ҳалда халықтың тез өсиўи, нызамлар
басшылық еткен феодаллар ортасындағы гурес себепли қуўғын етилген
нормандлар батыс Европа мәмлекетине ҳүжим етти. Францияда, Испанияда,
51
Италияда ҳәм Англияда пайда болып қалды. Гренландия ҳәм Америкаға кирип
барды. Олар шығыс Европада да пайда болды. Булар жергиликли халыққа
салық салыўға ҳәрекет еткен әскерий басқыншылар еди. Бирақ Ладога
бойындағы ҳәм Фин қолтығы жанындағы жерлердиң славян ҳәм фин-
угорлардан ибарат халқы оларға соққы берди. Нормандлар қуўып шығарды.
Олар кейиншелик ҳәм Русқа келди. Бирақ олардың ўазыйпасы өзгерген еди.
Воряглар (нормандларды Руста әне сондай атар еди.) саўдагерлер, жалланба
жаўынгерлер рус князлериниң елшилери сыпатында ис көрди.
Киев ҳәм Новгордтың қосылыўы менен әййемги Рус мәмлекетиниң
дузилиўи тамамланды. Бул ўақыя жылнама Олегтиң аты менен
байланыстырады. 882 жыл Олег басшылығындағы дружиналардың
Новгородтан Киевке журиси натийжесинде « Воряглардан греклерге» барыў
жолында Рустың ҳәр еки әҳмийетли орайы бирлести. Киев князы шығыс
славянлардың жерлеринде таяныш пунктлерин пайда етип, олардан салық
төлеўди ҳәм журислерде қатнасыўын талап етти. Бирақ шығыс славянлардың
көп жерлери еле Киев пенен байланыслы емес еди. Бәлким әййемги Рус
мәмлектиниң өзи арқадан қублаға қарай Днепр, Волхов бойлап уллы суў
жолы арқалы созылып кеткен еди.
Әййеги Рус мәмлекетиниң пайтахты Киев болып қалды. Бундай
болыўына себеби Киев шығыс славян мәдениятының ең әййемги орайы ҳәм
терең тарийхый дәстурлерге байланыслығы еди. Тоғай ҳәм тегислик
шегарасында жайласқан жумсақ бир қыйлы ықлымға ийе болған қара
топырақлы жерлерге ийе болған, қалың тоғайларға, әжайып жайлаўлар ҳәм
темир рудасы кәнлерине ийе, сол дәўирлердиң тийкарғы байланыс қуралы
болған көп суўлы дәрьяларға ийе болған Киев шығыс славян дүньясының
өзеги еди. Киев Византияға, шығысқа ҳәм батысқа бирдей жақын еди. Бул
аўҳал Рустың саўда , сиясий ҳәм мәдений байланысларының раўажланыўына
имкан берер еди. Жылнамада руслардың 907-жылда Константинополға теңиз
арқалы жеңисли журиси ҳаққында айтып береди. Бул журис натийжесинде
Византия менен Рус ортасында шәртнама дузилди. Бул шәртнам Рус ушын
жүдә пайдалы болды. 941-жылда Игорь (912-945-жылларда) князлиги
52
ўақтында руслар Византияға және журис қылды. Бул сапарғы журисте
женилиске ушырады. Журис 944-жылда қайталанды. Византия менен және
шәртнама дузилди, бирақ ол алдынғы шәртнамаға қарағанда рус ушын
пайдасы кемирек болды. Руслар Закавказьеге журис қылып ( 909-910, 913-914,
943-944-жыллары) бунда Каспий теңизине шығыў ушын Дон ҳәм Волгадан
пайдаланған. Әдетте ерте феодализм дәўиринде болып турғандай, барқулла
ҳәм раўажланып барған товар қатнасықлары, әскерий тоқнасыўлар менен
алмасып турған. Святослав Игорьевичтиң князлик еткен заманында (964-972-
жыллары) руслар душпан Хазар ханлығына қарсы соққы берди. Вятичлер
хазарларға улпан төлеўден азат етилди. Киевтиң жер мулклери Донның
төменги жағына дейин арқа Кавказ, Тамань ҳәм шығыс Қырымға дейин
созылып кеткен еди. Шығыс Қырымда рус Тмутаракань князлиги пайда
болды. Рус қурамына Яслар, Косовлар, Обезлар (оситинлар), балкарлар,
черкаслар, кабардинлер, абазинлер ҳәм басқалардың әўладларының жерлери
кирген еди. Донда цмеянск жақынындағы руслар хазар қаласы Саркелге
руслардың «белая бежа» деген қаласына орналасты.
968-жылда рус дружиналары Святослав басшылығында Дунайға журис
қылды ҳәм бул жүристен мақсет орайлық Дунайдың төменги ағымында болған
кең славян, рус ҳәм болгар мәмлекетин пайда етиў еди. Қысқа ўақыт ишинде
шығыс Болгария бойсындырылды. Святославтың өзи болса Переяславцда
(малая Переславада) Добружда мәкан қурды. Сол ўақытта Византия русларға
қарсы әскерий ҳәрекетлерди баслап жиберди. Святослав Болгар патшасы
Бористи өзине қаратты ҳәм Болгария рустың аўқамласы болып урыс жургизди.
Әййемги рус мәмлекети IX-X әсирлерде өзиниң социал тәбиятына көре ерте
феодал мәмлекет еди. Князлер қурамында дружинашылардың әскерий
шөлкеми бар еди. Дружинашылар князлерди қоршап турар, көбинесе олар
менен бирге жасар, бир дастурханда аўқатланар ҳәм олардың барлық
мәплерин бирге көрер еди. Князь урыс ҳәм тынышлық мәселелерде,
журислер шөлкемлестириў, салык жыйнаў ҳәм суд басқарыў мәселелеринде
дружинашылары менен мәсләҳәтлесер еди. Ол дружинашылар менен
биргеликте қарарлар ҳәм нызамлар қабыл етти.
53
Дружина үш бөлекке бөлинди. Биринши орында «үлкен» дружина
турады. Оған бай ҳәм абыройлы боярлар кирер еди, олар жер, ҳәўли көп
ханалы үйлерге, малайларға ҳәм өз дружиналарына ийе болды. Олар княздиң
ең әҳмийетли тапсырмаларын орынлаған.
«Киши» дружинашылар княз
шаңарағында жасар, хожалығында хызмет етер ҳәм тыныш ўақытларда киши
хызметкерлер ўазыйпасын атқарған. Үшинши топарды халықтың турли
қатламларынан таңлап алынған жаўынгерлер кирер еди. Бир ўақытлар
бундай жаўынгерлер көп болған. Жүдә қәдим заманларда олар өз алдына
әскерий бөлимлер қурамына кирген. Бул бөлим ҳәр бир еркек жаўынгер
есапланған дәўрлерден сақланып қалынған еди.
Бул «мыңлық» бирлеспеси деген бирлеспе болып, сол ўақытлар
әййемги рус қәўимлери ҳәм жерлериниң жаўынгерлери онлық, жузлик ҳәм
мыңлық басшылығында онлық, жузлик ҳәм мыңлықларға бирлесер еди.
Шығыс славянлардың мыңлық әскерий бирлеспеси кем кемнен дружина
бирлеспесине бойсынды. Киев ҳәкимияты славян жерлерине тарқалыўына
қарап, князь дружинасы қурамына жергиликли жоқары қатлам кирер еди.
Руста мәмлекет дузиминиң кушейиўи, нызамшылық нормалардың жолға
қойылыўы ҳәм раўажланыўына себеп болды. Руста әпиўайы ҳукықтан тысқары
«рус нызамы» деп аталған нызамда бар еди. Бул путкил ҳукықлар сиситемасы
болып, Византия руслар менен байланыста болғанда бул система менен
есапласыўға мәжбур еди.
Князлар путкил қыс даўамында өз қол
астындағы жерлерди дружина менен айланып шығып салық топлар еди.
Бундай тәртип «адамлар арасында» деп аталар еди. Булардың ҳәммеси рустағы
айрым жерлердиң көбирек бирлесиўине ҳәмде Киев князлигиниң
қудиретиниң, тәсириниң асыўына, рус королиниң жаңа жетискенликлерге
ерисиўине ҳәм халықаралық мунәсебетлерде руслардың салмағының
кушейиўине жәрдем берди.
Do'stlaringiz bilan baham: |