Туребеков М


§ 7. VI-XI әсирлердеги қубла славянлар



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet15/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 7. VI-XI әсирлердеги қубла славянлар 
VII әсирде Балкан ярым атаўының арқа шығысында жүзеге келген Болгария 
мәмлекети өз раўажланыўында еки басқышты басып өтти. Дәслеп яғный VII 
әсирдиң биринши ярымында Дунайдың қубласында жасаўшы улкен бир аўқам 
жүзеге келди. Бул славян қәўимлери Дунайдың арқасында Трансильвания
шегараларында жасаған арқалылар қәўими менен байланыслы еди.
Славянлардың Дунай аўқамы Балкан ярым атаўының арғы шети менен берги 
шетиндеги душпанларға – арқада варварларға ҳәм қублада Византияға қарсы
гурес алып барды.
VII әсирдиң биринши ярымында Дунайға Азов бойынан жаңа қәўим
болгарлар келди. Булар славян болмай, тилине қарағанда қандайда бир бирлик 
туркий ямаса протурк қәўимлерине тийисли еди. Болгарлардың Дунай бойына, 
соң болса Балкан ярым атаўы территориясына келип жайласыўы Дунай 
бойындағы соң болса басқа славянлары аўқамының буннан кейинги
раўажланыўына улкен әҳмийетке ийе болды.
Болгар ханы Аспарух Дунай аўқамының князлары менен арнаўлы 
шартнамалар дүзип ( бул шәртнамаға муўапық болгарлар менен славянларға 
тийисли территориялар ажыратып берилетуғын еди) өз дружинасы ҳәм
пухаралардың бир бөлими менен биргеликте 679-жылда ( және басқа бир
мағлуматларға көре 681-жыл) Балкан ярым атаўының Дунайдан қубладағы 
территорияға көшип келип жайласты. Сол ўақытта жуз берген жағдайларға 
қарағанда болгарлар бул жерге басқыншы сыпатында емес, балким орталық 
душпан болған аварлар ҳәм византиялыларға қарсы гүресте Дунай славянларға
аўқамлас болып келди. Бирақ бул аўқамда келгинди болгарлар славянлардан
үстем болып алғанлары ушын мәмлекет ҳәм болгарлар аты менен аталатуғын
болды. Аспарух Византия императоры Константин IV пенен болгар ҳәм 
славянлар ушын пайдалы шәртнамалар дүзиўге муўапық болды. Бул шәртнамаға
муўапық Византия императоры Балканнан үлкен бир бөлек жерин бирлескен 
варварларға беретуғын болды. Аспарух жаңа болгар славян мәмлекетиниң бас 
князы болды. Оған бул жердеги жергиликли князлар бойсынатуғын болды.


43 
Славян халқы Аспарух ҳәм оның урыўы пайдасына хираж төлеўи лазым еди.
Жаңа мәмлекеттиң пайтахты алдынғы Плиска қаласы, кейиншелик болса
Преслава қаласы болды. VIII әсирде Аспарухтың мийрасхоры дәўиринде
болгарлар Византияның ишки ислерине араласатуғын болып қалды. Балкан таў 
дизбеклериниң қубласынан жаңа жерлерди де алды. VIII-IX әсир даўамында
славянлар менен болгарлар жақынласып кетти. Болгарлар славянлардан 
дийханшылық ҳәм өнерментшиликти, славян динин, үрп әдетлерин, ҳәттеки 
олардың тилин ҳәм өзлестирип алды. Феодал қатнасықлары қәлиплесип барған 
сайын жергиликли славян ҳәм болгар байлары бир ҳүкимран класс болып
қосылып кетти. 
IX әсирдиң басларында-ақ Болгария улкен бир мәмлекетке айланды.
Қүдиретли хан Крум ҳүкимранлық қылған дәўирде (802-815-жыллары) Болгария
патшалығы составына ҳәзирги Болгариядан тысқары, және ҳәзирги Руминия
ҳәмде Венгрияның улкен бир бөлими (Тиса дәрьясының қубладағы бөлими)
кирер еди. Крум заманынан Болгарияның жерлери батыста Савва ҳәм Тиса
дәрьялары бойлап Уллы Карл империясы менен шегаралас еди. Болгария IX 
әсирдиң биринши ярымында князь Борис (852-888-жыллары) дәўиринде ҳәм 
кеңейип барды. Оның заманында болгарлар (шығыстан келгенлердиң әўладлары
жергиликли славянлардың халқы еди) Византиядан христианлықты қабыл етти.
IX әсирде бир бирине жат болған еки этник элемент болгар ҳәм славянлар бир 
бири менен соншели жақынласып кетти. «Болгарин» деген атама Византиялылар 
менен бирге русларға ҳақықый славян деген мәниге ийе болды. Сан жағынан бир 
қанша азшылықты қураған келгинди болгарлар жергиликли халыққа араласып
кетип ҳәм славян тилин өзлестирип алды. Христианлықтың қабыл етилиўи еки 
қәўим элементиниң бул идеологиялық жақтан ҳәм бирлесиўине алып келди. 
Болгар патшалығы патша Семеон Уллы (883-927-жыллары) дәўиринде жүдә 
күшли мәмлекетке айланды. Оның дәўиринде Болгарияның Балкан ярым 
атаўындағы жерлери сол дәрежеде кеңейип кетти, ол путкиллей улыўма Балкан 
мәмлекетине айланғандай еди. Византияның қолында ярым атаўдың тек қубла 
бөлиминдеги Эгей теңиз жағалықлары, Македонияның бир бөлими (Солунь
қаласы менен ) ҳәм Фракияның бир бөлими қалды. Бирақ Симеон бул


44 
ўалиятларға да қәўип салды. Ол ҳәтте Византия пайтахты Константинопольды 
ҳәм басып алыўға ҳәрекет етти. Симеон «Царьград» ға бир неше мәртебе жүрис 
қылды ҳәм оны басып ала алмады. Бирақ ол бул мақсетин әмелге асыра алмады.
Себеби Константинопол жақсылап беккемленген ҳәм стратегиялық жағынан 
қолайлы орында жайласқан. Симеонда болса керекли теңиз флоты жоқ еди.
Буннан тысқары болгарлар ярым атаўдың арғы жағында византиялылардың 
аўқамласы венгерлер менен урыс алып барар еди. Царьградды ийелей алмаса 
ҳәм 919-жылы Симеон «Барлық болгарлар ҳәм греклердиң патшасы ҳәм
абсолют ҳәкими» деген атақ алды ҳәм солай етип ол өзин Византия императоры 
менен тең деп есаплады. Сол нәрсе дыққатқа ылайық болды Византия 
сарайындағылар Болгария менен есапласыўға мәжбүр болды. Константинополь 
сарайында болатуғын қабыл етиў мәресимлеринде болгар елшилери басқа 
елшилер арасында сондай-ақ Шарапатлы Рим империясы елшилери арасында ҳәм 
биринши орында турар еди. Симеонның өлиминен соң жаңа болған Болгар
ҳүкимдары Петр Византия маликасына, Византия императорының ақлығына 
үйленди. Преславаға грек маликасы менен бирге жүдә көп греклер көшип келген.
Преславада Византия үлгиси тийкарында византиялық ҳәм болгарлық усталар 
жәрдеминде сарайлар, ибадатханалар, қала дийўаллары қурыла баслады. Болгар
сарайындағылар ҳәр тәрептен дәбдедели Византия сарайларына уқсаўға ҳәрекет 
етти. Жаслығынан Византия сарайында тәрбия алған ҳәм сол заманның жүдә 
ҳәм оқымыслы инсаны болған Симеон өзиниң Преславлдағы сарайында славян
әдебий орайын пайда етти. Оның өзи ҳәм бир неше әдебий шығармалар жазған.
Оның буўрығы менен Византияда шыққан диний философиялық ҳәм әдебий 
тарихый темалардағы ҳәр турли топламлардан жүдә көби («измарагард», 
«златострой» ) славян тилине аўдарылған. Ерте болгар жазыўшылары X әсирде
өзлериниң мийнетлерин жаратты. Булардан ең көп тарқалғаны Иоанн Экзархтың 
«Шестоднев» деген китабы ( турмысқа тийисли материаллар жазатуғын авторға 
жүдә көп заманагөй материаллар береди) сондай-ақ монах Храбртың «славян 
тили ҳаққында пикирлер» деген китабы. Храбр славян тилиниң жер жузине кең 
тарқалғанлығы ҳәм бул тил арқалы грек ҳәм латын тили сыяқлы барлық нәрсени
көрсетиў мүмкин екенлигин дәлиллейди. Симеон заманында хат саўат халық 


45 
арасында кең тарқалады. X әсирге тийисли дереклерде көрсетилиўинше китап 
оқыў тек қалалылар ортасында емес, ал аўылларда ҳәм бул менен қызыққан. XI-
XII әсирлерде болгар, славян әдебияты Русьқа кең тарқалып ҳәм рус 
әдебиятының азда болса раўажланыўына тийкар жаратқан.
Симеон өлгеннен кейин Болгария тускинлик аўҳалға тусти. Симеон басып 
алған жерлердиң улкен бир бөлими Болгария қолынан кетип, қоңсылары қолына 
өтти. Болгария орнына Византия күшейди. Соның менен бир ўақытта
Болгарияның қалған территориясы жергиликли болгар феодал-боярлары
күшейиўи нәтийжесинде сиясий бирлигин жоғалтты. Болгария бөлшекленген
феодал мәмлекетке айланды ҳәм патша ҳәкимияты да әззилеп барды. Соның 
менен бир ўақытта Болгарияда дийханлардың аўҳалыда аўырласты. Симеон 
заманында болгар дийханлары аўыр мәмлекет салықлары ҳәм үзликсиз урыслар 
нәтийжесинде ўайран болды. Экономикалық жақтан әззилеген бул дийханлар
тез арада дуньялық ҳәр тәреплеме жер ийелерине бағынышлы болып,
крепостнойласып барды. Көбинесе мәмлекет салықлары сол дәрежеде аўырласып 
барды,ҳәтте еркин болгар дийханлары мәмлекетке кемирек салық төлеў ушын өз 
жерлерин таслап феодаллар жерлерине өте баслады. Бирақ бул менен олар мине 
усы феодаллардын крепостнойларына айланды. Византиядағы дийханлар 
сыяқлы Болгарияда ҳәм оларды

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish