Туребеков М


§ 5. IX-XI әсирлердеги Англия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 5. IX-XI әсирлердеги Англия 
 
V әсирдиң екинши ярымынан баслап VII әсирдиң басына шекем 
англосакслардың («варварлар») королликлери дүзилди: кубла-шығыста 
ютлардың Кент, қублада ҳәм қубла-шығыстағы атаўларда сакслердиң Уэссекс, 
Сессекс, Эссекс (батыс,қубла,шығыс), шығыста англлердиң шығыс Англия, 
арқада Нортумбрия ҳәм елдиң орайлық бөлиминде Мерсия мәмлекетлери 
қәлиплескен. Британиядағы кельт халықларының айырым бөлимлери жаўлап 
алыўшы Герман қәўимлери менен қосылып кетеди. Нәтийжеде англичан 
халықларын этник қурамының қәлиплесиўинде кельт халықларының орны 
белгили. 


67 
Англо-сакс корольликлеринде феодаллық дүзимниң қәлиплесиўи өзине тән 
өзгешеликлерге ийе: салыстырмалы түрде общиналық тәреплердиң турақлы 
болыўы, франклерге салыстырғанда соңырақ аллодтың пайда болыўы, еркин 
дийханлардың жоқ болыўынан ҳәм ири феодаллық жер ийелеўшиликтиң 
қәлиплесиўиниң әстелик пенен қәлиплесиўи болды. Бул белгилер Британияның 
романласыўының салыстырмалы түрде әстелик пенен өтиўи, англо-сакс 
жаўлап алыўының қыйратыўшылық характерде болыўы ҳәм белгили дәрежеде 
Рим тәсириниң қалаларының жоқ болыўы тәсир жасады. Британияның жаўлап 
алынған ўалаятларында англосакслар ҳәм ютлар халықтың тийкарын қурап, 
бул жердеги феодаллық қатнаслардың раўажланыўы ҳәм ишки әййемги 
общиналық жәмийеттиң ыдыраў эволюциясы нәтийжесинде қәлиплести. 
Англо-сакслердиң VI-VII әсирлердеги «ҳақыйқатлық»ында Британиядағы 
англо-сакслердиң хожалығын баслы тараўы дийханшылық екенлиги бирақта 
мал шарўашылығында хожалықтың үлкен роль ойнағанлығы белгили. Мысалы 
балықшылықта, аңшылық, тоғай хожалығы айырым жерлерде дуз, темир, 
қорғасын өндириўдиң аз емеслиги ҳ.т.б.
Англосакслер жерди төрт, сегиз пазналы гүнде ҳәм қос пенен айдаған. 
Сондай ақ жеңил еки пазналы гүнде де пайдаланылған. Еки атызлап егиў кең 
таралған болып, гүзги буўдай, арпа, сулы, гарох, лобия ҳ.т.б. еккен. Өнимди 
жыйнап алғаннан кейин егислик атызлардың жайлаў ретинде ҳәмме аўыл 
халқы пайдаланған. Дәслеп англосакслер общинасының тийкарын еркин 
дийханлар керилер тутып, олардың белгили дәрежеде сүрим жери (гайда) 
болған. Бул үлкен семьяның бири пайдаланатуғын жери еди. Ҳәр бир хожалық 
жайлаўлардан, тоғайлардан ҳ.т.б. улыўма пайдаланған. VII әсир орталарына 
шекем англо-сакслерде жеке семья еле көпшиликти курамады, тек ғана жерге 
шериклик общинадан қонсылық общинадан бирлесиў тамамланды. 
Общинаның жерин ҳаял тәрепинен екинши биреўге ҳәм басқа адамға 
өткизиўге болмаған. Англо-сакслердиң арасындағы социаллық қатламларға 
бөлиниў Уллыбританияға қоныс басқаннан соңғы дәслепки 100-жыллықларда 
кёрллер менен бир қатар англо-сакслерде руў ақсақаллары эрлилер қәлиплести. 
Олар кёрллерге қарағанда бир қанша бай, тәсири күшли, мүмкиншиликлерге 


68 
ийе еди. Жәмийеттеги төменги қатламды Уллыбританияда бурыннан жасап 
киятырған англо-сакслер басып алған адамлардан шыққан қуллар ҳәм ярым 
ғәрезли адамлар топарынан ибарат еди. Қуллар болса ҳәули хызметкери 
сыпатында ямаса аз ғана жерден пайдаланған ҳәм хожайин жеринде ислеген. 
Ярым ғәрезли (лэтлер ҳәм уили) адамлар топары тийкарынан басқа 
хожайинниң жеринде отырып оған затлай салық төлеген, айырым жағдайларда 
хожайинниң жеринде де ислеген. Жәмаат жерлери, дийханлардың мулклери 
(фолкьленд) деп аталды. Кельтлердиң онша үлкен емес топары өзлериниң 
жерин ҳәм ғәрезсизлигин сақлаған. Англо-сакслерде феодалласыў процесси VII 
әсирге туўра келеди. Кёрллерде затларға теңсизликтиң басланыўы менен 
оларда общинаның ыдыраўы басланады. VII әсирден баслап керлилер жасаған 
ҳәм босаған жерлердиң есабынан, короллердиң сыйлыққа инам етиў тәртиби 
көбейди. Бул арнаўлы ҳүжжет пенен бекитилди (бокленд). Бундай жерлерди 
мийрасқа өткизиўге, инам етиўге ҳ.т.б. ислеўге мүмкин еди. Бул жеке меншик 
есапланады. Англияда бундай меншик жерлердиң пайда болыўы менен ири 
феодаллық жер ийелеўшилик раўажланады. Аш-әптадашлыққа ушыраған 
общиналардың үстинен қарайтуғын ири жер ийелери болып, олар дәслеп 
"глафорд" ҳәм соңырақ лорд деп аталды. Бирақта еркин дийханлардың 
тийкарғы топары IX әсирге шекем феодалласыў қубылысынан шетте қалды. 
Еркин община болса бурынғыдай король әскерий хызметкерлериниң 
жерлеринде тийкарынан кельт халықларынан келип шыққан қуллар ҳәм ярым 
ғәрезли адамлар ислеген. 
Мәмлекеттиң өсиўи ҳәм король басқарыўының күшейиўи менен королдиң 
әскерий хызметкерлериниң роли күшейди. Олар "гезитлер" деп аталынды. Ески 
руў ақсақаллары (эрли) көпшилиги менен қосылып кетти, бир бөлеги болса 
жаңа әскерий хызметкерлер қатламын қурады. Англо-саклерге христиан 
дининиң енгизилиўи 597-жылдан басланып, тийкарынан VII әсирдиң екинши 
ярымында тамамланды. Жаңа дин жоқарғы қатламының мәпи ушын хызмет 
иследи. Королдиң, ақ сүйеклердиң, епископлардың ҳәм монастырлардың 
қоллап-қуўатлаўы менен ири ширкеўлик меншик жерлер көбейди.
 


69 
Англо-сакслердеги ерте феодаллық мәмлекет
. Англо-сакслердиң мәмлекети 
пайда болыўдан-ақ оның басында король турды. Бирақта, басқарыў 
шөлкемлериниң тийкарында дәслепки ўақытларында ески еркин аўыл 
общиналарының тәртиби сақланды. Бир белгили округтағы аўыл 
общиналарының ўәкиллери "жүзлик" деп аталынып өз алдына "жүзлик" 
жыйналысына қатнасып ондағы басшылық етиўши баслықты (старшина) 
сайлаған. Бул жыйналыста суд жумысы шешилген. Әстелик пенен аўыл 
общинасы лордка ямаса оның буйрықшысына бағынған. Жүзликтиң баслығы 
ўақыттың өтиўи менен корольдиң хызметкерине айланды. Англо-сакслердиң 
халық жыйналысы дәслеп әскерлердиң жыйналысы болған. IX әсирден баслап 
олар королликлердиң ири административлик округ-скирлердиң (ямаса 
шайырлардың) көлеминде өткизилген. Соңнан бул округлер графлық деп 
аталынады. Дәслепки ўақытлары бундағы жыйналысларда шешиўши орынды 
элдерман басқарған руў-қәўим ақсақаллары ийелеген. Соң элдерманның 
король хызметкери скир-герех (соң шариф) атқарады. Жуўмақлап 
айтқанымызда англо-сакслердиң ерте феодаллық мәмлекетиниң сиясий 
дүзиминде басқарыўда ески общиналық тәртиптиң элементлери узақ сақланған 
ҳәм ол әстелик пенен феодаллық мәмлекеттиң басқарыў тәртибине өткенлиги 
белгили.
Англо-сакслердиң орайласқан мәмлекетиниң пайда болыўы

Англо-сакс 
королликлери ортасында ҳәмме ўақыт өз-ара гүрес болып турған. VI әсирдиң 
ақыры VII әсирдиң басында олардың ишинде Кент белгили короллик еди. VII 
әсирдиң орталарынан баслап Нартумбрия, VIII әсирден Мерсия, IX әсирден 
баслап Уэссекс короллиги баслы орынды тутады. Уэссекстиң короли Экберт 
829-жылы ҳәм англо-сакс королликлерин бир феодаллық мәмлекетке 
бирлестиреди. Олардың бирлесиўине ишки ҳәм сыртқы сиясий жағдайлар 
қолайлы еди. Мысалы: ғәрезсизликке душакерлесип атырған дийханлардың 
қарсылығын жоқ етиў ушын жоқары класс ўәкиллери бирлесиўге мәжбүр 
болған. Екинши тәрептен VIII әсирдиң ақырынан басланып нормандылардың 
әсиресе данялылардың шабылыўлары басланды. Бул басқыншылықлар 
англосакслердиң сиясий бирлесиўине тәсир жасады. Бирлескен англосакс 


70 
королликлеринде улыўма халық жыйналыслары өткерилмеген. Оның орнына 
бир қанша белгили адамлардан қуралған "даналар кеңеси" 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish