Аббасийлер халифатлығы (750-1258-жыллары
).
Аббасидлердиң мәмлекет
басына келиўине Иран ири жер ийелери жәрдем береди. Сонлықтан
халифатлықтағы басшылар ярым Иран көринисинде еди. Халифат пайтахты
763-жылы Бағдадқа өзгертилди. Аббасидлердиң Уммавийлерден парқы кең
басып алыўшылық сиясатшы дүзбеди. Халифатлық Испаниядан айрылып
қалды. Иқта жерлериниң ийеси енди налог төлеместен мәмлекетке әскерий
ямаса пуқаралық хызмет ислеўи шәрт еди. Саўда раўажланды. Қул саўдасы
раўажланды. Самарқанд қағазындай қағаз ислеў Бағдадта, Сирияда ҳәм
Египетте таярланды.
Мәмлекетлик дүзими
. Халифаттан пуқаралық басқарыўында уллы ўәзир,
Суд ҳәм билимлендириўди қазы апарды. Суд шәрият бойынша өткизилди. IХ
әсирден баслап ғәрезсиз әмирлер пайда болды. Әскерлер Араб халықларынан,
жалланбалардан ҳәм ғуламлардан турды. Ғуламлар басқа халықларда жаслай
әкелинип тәрбияланған әскерлер еди.
Аббасийлер
тусындағы
халық
ҳәрекетлери
.
Аббасидлер
халық
көтерилисиниң жеңиси нәтийжесинде мәмлекет басына келеди. Халықтың
исенимин орынламады. Халық нарийзалық ҳәрекетлери даўам етти. 751-жылы
Бухарада, 755-жылы Нечанур ҳәм Вейде, 776-778-жыллары Маверанахурда
75
Муқанна, 815-837-жылы туслик Азербайжанда батыс Иранда Бабек, 869-883-
жылы Зинджи (қара денелилер) ҳәм кармадлар көтерилиси болды. Зинджилер
ҳәм кармадлар ҳәттеки ўақытша өз мәмлекетлерин дүзеди.
Аббасидлер халифатлығының қулаўы.
IХ-Х әсир биринши ярымында
халифатлық бир нешше әмирликке бөлинип кетеди. Тахирийлер Хорасанда,
Саманийлер-Маверанахрда, Тулунийлер-Египетте ҳәм Бакратийлер-Арменияда
үстемлик етеди. Дәслеп олар халифке салық төлеп турған соң төлемеген. IХ
әсир 60-жылларынан баслап халифлер өз ләшкерлериниң алдында "қуўыршақ"
халифке айланады. Х әсир басында Аббасидлер қол астында Ирак ҳәм Батыс
Иран қалады. Аббасидлер халифлериниң сиясий басқарыўы қулайды. Тек
олардың қолында рухый басшылық қалады.
Мәденияты
. Халифатлыққа кирген еллердиң мәденияты мусылман ямаса
араб мәденияты деп аталынады. Бирақ онда араб емес халықлардың да
мәдениятының да хызмети үлкен. Мусылман мәдениятының VIII-XI әсирде
гүллеген дәўири еди. Ески араб поэзиясы ҳәм қуран тийкарында орта әсир
классик араб тили қәлиплести. Проза "мың бир түн" (X-XV әсир), шайыр Абу
Нуас (756-810-жылларда), Шайыр-философ Абуль Ала Аль Марру (Х1 әсир
екинши ярымы) ҳ.т.б. VIII әсир орталарында грек ҳәм сирия тиллеринен араб
тилине аўдармалар пайда болды. Фустаттағы Ал-Ҳәмра (VII), Куфадағы жоме
мешит, Дамаскдеги "тас купол" храмы белгили. Уммавийлер ўақтынан баслап
минарет ҳәм куполлар салыў басланды. Х әсирден безеў формасында жазыўы
бар геометриялық ҳәм өсимлик тәризли нағыслар қурылыста пайдаланылды.
Кордова, Куддустағы Омар мешидлери белгили. Каллиграфия жақсы
баҳаланды. ХII әсирден минатюра раўажлана басланды. Бағдадта "Илим үйи"
дүзилип оның қурамында академия, библиотека, обсерватория ҳәм дилмашлар
кирген. Медицинада Сириялы жети атадан белгили шыпакерлер Бахтишо
семьясы, Бағдад хирурги Абу Бәкр Мухаммед Ар-Разий (IХ-Х әсирлер).
Х әсирде ири қалаларда ҳәмме ушын китапхана ҳәм обсерваториялар ашылған.
Х әсирде мусылман мектеплери ҳәм медреселер ашылды, әсиресе
тарийхшылардан Белазурий (IX әсир) араб жаўлап алыўлары туўралы жазған,
улыўма тарийх авторы Ал-Якубий (IХ әсирде), Ат-Таварий (IХ әсирде ), Ах-
76
Маслубий (Х әсирде), философлардан Аукийнди (IХ әсирде), Ал-Фарабий (Х
әсирде), ҳ.т.б. белгили. VII-VIII әсирлерде суфизим қәлиплеседи. Жуўмақлап
айтқанымызда ислам тарийхы ҳәм мадениятының пүткил дүнья тарийхында
роли үлкен.
Do'stlaringiz bilan baham: |