Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

витенагемо
т
өткерилген. Ҳәмме мәселелерди белгили даналардың келисими менен король 
шешетуғын болған. 
Мәмлекеттиң раўажланыўында корол Альфредтиң басқарған (871-899
ямаса 900-жылы) ўақты әҳмийетли дәўир болды. Бир қанша жеңилислерден 
кейин ол ләшкер жыйнады хәм олардың ишинде ескише дийханлардан 
қуралған ләшкерлер белгили орын тутады ҳәм дәслеп ҳәмме әскерий 
шөлкемлердиң негизин тутады. Феодаллардан қуралған аўыр атлы ләшкерлер 
дүзиледи сондай ақ урысқа қолайлы флот дүзиледи. Данияның топылысын 
тоқтатып Альферд олар менен келисим дүзеди. Келисим бойынша ел екиге 
бөлинеди. Қубла-батыста Англичан королиниң ҳәкимияты сақланады. Арқа -
шығыста бир қанша ўақыт Данияның үстемлиги сақланады. "Корол 
Альфреттиң ҳақыйқатлығы" деген нызамлар жыйнағы шығарылады. Оған
англо-сакслердиң ески "ҳақыйқатларынан" нызамлар қосылған еди. Енди олар 
үстемлик етиўши класстың мәпин қоллайтуғын болып бекитилди. 
Корол Элгардың (959-975-жыллар) тусында Англо-сакслер арқа шығыстағы 
"Денло" деген жердеги датчанларды ҳәм англичанлардың ҳәмме жерин бир 
мәмлекетке бирлестиреди. Нәтийжеде Уллыбританияға жайласқан датчанлар 
ҳәм басқа да скандинавия халықлары англо-сакслерге араласып кетеди. 
Лордлардың қол астында болған дийханлар "сокмен" деп аталады. Олар еле 
жеке ғәрезли деп есапланып, өз жеринен пайдаланып, бирақта суд бойынша 
ири жер ийесине ғәрезли болды. Бул жағдай әстенлик пенен анаў ямаса мынаў 
дәрежеде хожаинге бағынышлы болып барыўға қолайлы жағдай таярланады. 
XI әсирдиң орталарындағы феодалласыўдың табысларына қарамастан 
Англияда еле бурынғы еркин аўыл общинасының дәстүрлери сақланды. 
Данияның басып алыўшылык атланыслары
. X әсирдиң ақырында Дания 
короллери өзлериниң қол астына тек Дания жерлерин бирлестирип қоймастан 
Скандинавия ярым атаўының түслик бөлегин бирлестирди ҳәм Англияға басып 
кирип, ол жерде 1016-жылы өз үстемлигин орнатады. Корол Кануд (1016-1035-
жыллары) бир ўақытта Данияның, Англияның ҳәм Норвегияның короли 


71 
болды. Ол англо-сакслердиң ири жер ийелеринен таяныш излеп олардың 
көплеген мүмкиншиликлерин, жеңилликлерин ҳ.т.б. ҳуқықларын қуўатлады. 
Бирақта Данияның Англиядағы үстемлиги беккем болмады. Ишки 
келиспеўшиликлерден пайдаланып Англо-сакслер сырттан келген езиўшилерге 
қарсы гүрессин даўам етти. Кануд өлгеннен кейин тез арада Дания мәмлекети 
ыдырайды ҳәм англо-сакслердиң мәмлекетиниң басына ески англо-сакс 
денастиясының ўәкиллериниң бири Эдуард отырады. Ол 1052-1066-жыллары 
мәмлекетти басқарған. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish