Туребеков М


  § 3. IX-XI әсирлердеги Италия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet20/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 


59 
§ 3. IX-XI әсирлердеги Италия 
 
Италия IX-XI әсирлерде феодаллық бөлшеклениў
. Орта әсирлерде бул жерде 
тийкарынан бир неше ўәлаятлар қәлиплеседи. Олар (арқа, орта, қубла) өз 
гезегинде бөлек мәмлекетлерге бөлинеди. Арқа Италияның көпшилик бөлеги 
Ломбардия ийелейди (По дәрьясы бойлары) ҳәм VI-VIII әсирлерде бул жер 
Лангобарлардың қол астында ҳәм VIII әсирден Королинглер империясына 
қараған. Орта Италияның белгили бөлегинде Рим орай болған Папа ўалаяты 
жайласқан. Оннан арқа тәрепте Тоскана герцоглығы белгили. Верден 
келисиминен соң арқа ҳәм орта Италия жүзеки атына Гана ғәрезсиз 
королликлер болды. VI әсирден қубланың айтарлықтай бөлими Паулия, 
Калабрия, Неаполь ҳәм Сицилия жерлери Византияның қараўында еди. XII 
әсирдиң басына норманлар Сицилия короллигин дүзди. Феодаллық 
қатнасларды раўажланыўы. Феодализм Италияда басқа Европа еллерине 
қарағанда ертерек қәлиплеседи. Арқа ҳәм орта Италияда лангобардлардың 
жаўлап алыўы менен общиналық жер ийелеўшилик күшейеди. VII әсирде 
лангобардларда аллодтың пайда болыўы жерге феодаллық меншиктиң 
күшейиўине алып келеди, еркин общиниклер, ярым ғәрезли лангобарлар, 
бурынғы Рим калонлары, қуллар ҳ.т.б. әстелик пенен крепостной дийханлар 
классын пайда етеди. Италияда феодаллық қатнаслар ақша-товар қатнасының 
бир қанша раўажланыў шәраятында қәлиплеседи. Жер сатыў ҳәм сатып алыў 
процесси пайда болды. Байыған қала халқы да жерлерди сатып алып оннан 
пайда алған ямаса қысқа мүддетке арендаға берген. Ири жер ийелериниң сүрим 
жерлери онша үлкен роль атқармады. Оларға қарағанда майда дийхан 
хожалығы бир-қанша өнимди көп берген. Феодаллар дийханлардан оброк алып 
пайдаланыўға көбирек қызыққан. Бирақта арқа ҳәм орта Италия әсиресе 
монастрлик жерлерде көплеген крепостной ҳәм сервлерди жумсайтуғын жер 
ийеликлери бар еди. Бир қанша кең таралған жер алыў дийханлардың 29 жылға 
өмирликке арендаға алынған жерлери еди. Бундай жерден пайдаланыўшылар 
(либеллярлар) жерине өз үйин салыўға ҳәм өнимниң 25 % нен 35 % ине шекем 


60 
(чинш) төлеўге миннетли еди. Усыған уқсаған жерден нәсилликке алыў, гейде 
10-30 жыл мүддетке пайдаланыўшылар 
эмфитевзислер
деп аталғанлығы 
белгили. Айырым ўалаятларда прекаристлер болды. Сонлықтан олардың 
ҳәммесиде крепостной адамларға айланды. Ақша рентасы ҳәм барщина кең 
таралады. Барщина ҳәптесине 3-5 күнге жеттип, буннан басқада ҳәр қыйлы 
жумысларды ислеўге минлетли болып, ақшалай ҳәм затлай оброк төлеўге 
мәжбүр еди. Арқа ҳәм орта Италияда XI әсирлерде де еле ғәресиз еркин 
дийханлар (аллодистлер) сақланды. Византияның қараўында болған туслик 
Италияда узақ ўақыт қулшылық сақланды. Ерте орта әсирлерде езиўши 
халықтың көпшилигин қуллар ҳәм сервлер қурап, майда дийханлардың 
арендасы кең таралған болып, ол жерде еркин дийханлар (аллодистлер) 
қатламы сақланып қалды.
Италия қалаларының ертеден раўажланыўы. 
Италия басқа Европа 
еллерине қарағанда антик дәўирдеги қалалары көбирек сақланған еди ҳәм 
олардың айырымлары ерте орта әсирлерде де өнерментшилик ҳәм саўда 
орайлары болып қала берди. Бирақта көпшилиги епископлардың 
резинденциясы (жасайтуғын сарайы) ҳәм админстративлик орын болып қалды. 
Енди IX әсирден баслап қала турмысы бир қанша жанланып, қорған 
дийўалының әтирапында өнерментшилик уйымласады. Ауыл хожалығында 
өндирис күшлериниң өсиўи, тағыда өнерментшилик пенен саўданың 
раўажланыўы қалалардың ерте гүллениўине қолайлы шәрият таярлады. Басқа 
жерлерден ертерек арқа ҳәм орта Италия қалаларның көтерилиўи басланды. 
Саўда жолларының дәрбентинде жайласқан ҳәм корол резиденциясы бар, 
Павия қаласы (По дәрьясы бассейинде) IX-X әсирлерге келгенде ири 
өнерментшилик ҳәм саўда орайы болды. Онда ҳәр қыйлы өнерментлердиң 
аўқамы (корпорациясы) пайда болады. Ҳәр жылы халық-аралық әҳмийетке ийе 
ярмаркалар өткизилди. 
Орайлық Италиядағы ең ири өнерментшилик орайы Лука қаласы болды. Ол 
жерде жуқа гезлеме тоқылған, теңге шығарыў орны жайласқан. Бул жерге 
саўдагерлер Франциядан ҳәм Германиядан көп келетуғын еди. Ири қалалардан 
Венеция (VI әсирден), Генуя (X әсирден), Пиза, Милан Пьяченца, Верона ҳ.т.б. 


61 
белгили. Генуяда гезлеме шығарыў, Миланда тоқмашылық, қуралсазлық, 
Пьяченцада тоқыў әсбапларын соғыў ҳәм ярмарка раўажланған. Қубла 
Италияның Бари, Амалфьи, ҳ.т.б. қалаларында жоқарыдағы қалалар менен 
қатар гүлленген. Қалалардың раўажланыўы елдиң экономикалық ҳәм сиясий 
бирлесиўине ҳеш қандай қолайлы шараят жасамады. Керисинше қалалар өз-ара 
таласып, саўда ҳәм сиясий қызығыўшылары менен бир-бири менен жаўласып 
турған. Олар өз-ара ишки басйланысларынан көре сырт еллер менен жақсы 
байланыста болған. Ең бай қалалардың өзиде көпшилик жағдайда сыртқы 
дәлдалшилик саўдасы менен шуғылланған. 
Ишки қарама-қарсылықлар ҳәм сыртқы агрессия. 
Арқа ҳәм орта Италия 
(Папа ўәлаяты кирмейди) IX әсирдиң екинши ярымының X әсир басына шекем 
атына ғана короллик болған. Италияда жер ушын турақлы түрде әскерий 
соқлығысыўлар болған. Усы жыллары қалалардың ғәресизлик гүреси 
күшейген. XI әсирдиң ақырында бир қатар қалалар комунал формасында 
ғәресизлигине ерискен. Олардың қатарына Милан, Пьяченца, Пиза, Генуя ҳ.т.б. 
кирди. Италияның өз-ара гүреслерине Германия короли Оттон I араласты. Ол 
дәслеп 951-жылы «лангобард тажын» кийген. 962-жылы ол Римге атланыс 
жасайды ҳәм император тажынна ийе болды. Нәтийжеде арқа ҳәм орта Италия 
ғәрезсиз мәмлекет болып бирлесиў мүмкиншилигине ҳақыйқый тосқынлық 
дүзиледи. Герман короллери Италияға турақлы талаўшылық атланыслар 
жасаған. Бул атланыслар халықты апатшылыққа ҳәм елдиң экономикасының 
өсиўине кери тәсир жасады. 
Сырт еллердиң Италияға әкелген апатшылықларына айтарлықтай дәрежеде 
Рим папасыңыңда айыбы бар. Германия короли өзине «император» атағын 
алып папаны өз тәсирине алады ҳәм оны халық-аралық сиясатта өз-қуралына 
айландырды. XI әсирдиң ақырында ғана Рим папасы бул ғәресизликтен 
қутылды. Елдиң сиясий бөлшеклениўине ҳәм елдеги әскерий соқлығысыўларға 
қарамастан этникалық қәлиплесиў қубылысы даўам етти. IX-X әсирден баслап- 
ақ Италия халқының қәлиплесиўи басланды. Бул қубылыста көплеген сырттан 
келген халықлар менен, тийкарынан Герман халқы ҳәм этник белгилери менен 
араласып барды. Ишки келиспеўшиликлерге ҳәм сыртқы душпанлардың 


62 
топылысларына қарамай жоқары раўажланған мәденияттың, латын тилиниң 
мийрасхоры болды ҳәм оны раўажландырды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish