париклер
деп атаған. Бояр феодаллар
эксплутациясынан езилген дийханлардың наразылығы кең түрде ҳәўиж алған
еретиклик ҳәрекетинде өзиниң еркин көринисин тапты. Богомиллик дәслеп
патша Симеон заманында-ақ пайда болған. Ол X әсирде әсиресе кең тарқалған.
Бул атама олардын дәслепки жәмәәти басында турған Богомил ямаса Богумил
аты менен байланыслы келип шыққан. Басқа бир дереклерде бул сөз «қудайға
хош келетуғын» деген мәнисти билдирген. Бул ат мазхаб тәрепинен қабыл
етилген болып, бул менен богомиллер өзлериниң қудайға жақын екенликлерин
ҳәм богомиллердиң пикиринше, ширкеў жақсы ислерге хызмет қылмастан,
жаман-гүнә ислерге хызмет қылатуғын, рәсмий мәмлекетлик православ ширкеўи
тәрепдарларына қарама қарсы рәўиште ҳәм олар өзлерин әдил деп көрсетпекши
болған. Богомиллер дүньяға дуалистлик нәзер менен қараған. Олардың
пикиринше әлемде бир бирине қарама қарсы еки тийкар: жақсылық-қудай ҳәм
46
жаманлық-шайтан ортасында гурес даўам етпекте еди. Богомиллер: мәмлекет
ширкеўи аўызда қудайға хызмет қылғандай болып, әмелде болса шайтанға хызмет
қылады дейди. Социаллық зулым ҳаққындағы, ҳәўиж алып киятырған
экономикалық теңсизлик ҳәм эксплутация ҳаққындағы ой пикирлерди
богомиллер солай тусиндирген.
Богомиллер мәмлекет православ ширкеўин тән алыўды қәлемеди ҳәм ширкеў
жер ийелигине қарсы шықты. Олар крепостнойлык ҳуқуқы муқаддес китапларға
да туўра келмейди деп дағазалады. Әскерий хызметти өтеў гүнә ис деп есаплады
ҳәм мәмлекет салықларын төлеўден бас тартты. Олар өзи өзин басқаратуғын ҳәм
жәмәәт мулкине биргелесип ийелик қылатуғын патриалхал жергиликли
жәмәәтлерди феодал мәмлекетке қарсы қойды. Олардың өзлериниң арнаўлы
демократия ширкеў шөлкеми болып, оларға сайлап қойылатуғын халық
ақсақаллары басшылық еткен. Богомиллердиң өз әдебиятлары – қадаған етилген
китапларыда бар еди. Бул китапларда олар рәсмий православ ширкеўин қатты
қаралады. Богомиллер ҳүкимет тәрепине жүдә қатты қадағалаў астына алынды,
олар өз ўатанынан қуўып шығарылған. Богомиллик Балкан ярым атаўындағы
басқа мәмлекетлерге –Сербия, Босния, Далмация ҳәм Византияның Балкандағы
ўалаятларына кең тарқалған. Кейин ала богомиллик еретик ҳәрекетиниң батыста
альбигойлер, Псков ҳәм Новгородта стригольниклер ҳәм т.б жерлерде де ҳәўиж
алыўына тәсир жасады.
Византия Болгариядағы социал қарама-қарсылықлардың кушейиўинен
пайдаланып X әсирдиң орталарынан ҳүжимге өтти. Бир ўақытлары Византия Киев
князы Святославты жәрдемге шақырған еди. Святослав Болгарияға еки мәрте
(968-969-жыллар, 969-971-жыллар) жүрис қылды. Святослав болгар феодалларын
қыйратып, Константинополь үстине жүрис қылып, қуралды Византияға қарсы
қаратқанда (әскерлер қатарында болгарларда болған ) үлкен әскерлер менен
қарсы шықты ҳәмде рус ҳәм болгарларды арқаға қысып шығарыўға еристи.
Святослав шығып кеткеннен кейин Цимисхий Болгария патшалығының улкен
бөлегин - шығыс Болгария деп аталатуғын Преславлдағы пайтахт пенен бирге
басып алып, оны Византияға қосты. Басып алынбай қалған батыс Болгария
орайы Охрид қаласы менен Василий II Болгорообойца (Болгаркесер) өзине
47
бойсындырды (болгарабойца болгарша болгар өлимине себепкер дегенди
билдирген). Василий II бул лақабды болгарларға қылған жаўызлығы ушын алған.
Ол 1014-жылда өзи ушын жеңисли тамамланған саўаштан кейин тутқынға
алынған 15 мың болгарлардың көзин ойып таслаўға буйрық берген. Болгар
патшалығы 1018-жылда буратала жоқ болды. Сол ўақыттан баслап Болгария узақ
ўақытқа дейин дерлик XII әсирдиң ақырына дейин Византияның қол астында
болған. VI-XI әсирлерде Балкан ярым атаўының арқа батыс бөлиминде турли
серб қәўимлери орналасқан болып, булар серблерге, хорватларға ҳәм
славянларға бөлинер еди. Серблердиң бурыннан жасап келген жери Адриатика
теңизи, Истрия дәрьяларынан Драва, Дунай ҳәм Морава ҳәмде Шар-пламиа таў
массиви ортасындағы кең территориялардан ибарат еди. Таў дизбеклери менен
бөлинген серб халқы узақ ўақытқа дейин киши-киши территорияларда
бирлеспелер жағдайында жасап келген. Бул бирлеспелер жупа деп аталған.
Территориал бирлеспелер уыўшылық аўҳәмлары менен араласып кеткен еди.
Руўларға бөлиниўдиң тийкарғы формасы қәўим болып, ол киши киши
туўысқанларға бөлинген. Булар болса өз нәўбетинде патриалхал шаңарақларға
бөлинген. Шығыс серб қәўимлеринде ханадан жәмәәтине қарағанда, ўлыўма бир
хожалық алып барыўшы үлкен шанарақ айнықса кең тарқалған. Бул ханадан
қәўими «тода», «уллы тода» деп аталатуғын еди. Бундай қәўимлердиң
болғанлығы XIX-әсирде өз көзлери менен көрип жазып қалдырғанлардан
алынған.
Бара-бара серб жәмийетиде бир қанша социал қатламласыў жуз берди.
Дереклерде VIII-X әсирде серблерде қуллар болғанлығы тилге алынған. Халық
мажлисине топланып туратуғын еркин жәмәәтлер басында жупанлар ҳәм жупа
баслықлары турар еди. Булар князлар депте аталған. Жупанлар арсында ири
жупанларда пайда болды ҳәм олар қоңсы қәўимлерди бирлестирип, мәмлекет
дузиўге урынып, бир қанша жетискенликлерге еристи. Қоңсы мәмлекетлер
Византия, Венгрия ҳәм Болгария, серб қәўимлерин өзлерине бойсындырып
алыўға ҳәрекет қылды. Серблер ҳәм душпанларға аяўсыз түрде гуреслер алып
барды. Бул гуреслер серблерде мәмлекетиң дүзилиўин тезлестирди, серб
қәўимлеринде мәмлекет бир емес, бир неше орайларда дузилди. Серблердиң ең
48
ири бирлеспесин шығыс серблер князы Властьимир (836-843-жыллары) дузди.
Ол өз қол астындағы жерлер қурамына шығыс серблердиң тийкарғы
территориясы болған Рашкадан тысқары Боснияның Рашка дәрьясы батыстағы
улкен бир бөлими ҳәм кирди. Чеслав Клонимирович (932-960-жыллары) дәслеп
Болгария патшасы Симеонның адамы болып, ол өлгеннен кейин болгарлар
ҳәкимиятынан қутылып, ғәрезсиз князь болып алыўға ҳәм өз қол астындағы
жерлерди батыс пенен шығыста бир қанша кеңейтип, Дунайға дейин барды.
Властьимир менен бир ўақытта Бела деген князь ҳәм әскерий серблерди
бирлестириўге ҳәрекет етти. Ол кейин Властьимир менен сиясий аўқам дүзди.
IX әсирдиң орталарында хорватлар франклардан қутылып, олар ҳәм өз
ғәрезсиз мәмлекетин дүзди бул мәмлекетти олардың жупанлары басқарды
(бул жупанлардан ең ириси Трпиларида). Уллы жупан Томислав (910-930-
жыллары) заманында Хорватия князлиги королликке айланды. Бул короллик
составына Хорватияның өз жерлери ҳәм Далматця кирди. Бирақ тениз
бойындағы Далматця қаласын XI әсирдиң екинши ярымында Венеция басып
алған. XII әсирдиң басларында (1102 жылдан баслап) Хорватияны Венгрия қосып
алды. Ол бир неше жуз жылға дейин (XV) Венгрия қурамында қалды.
Сербия мәмлекетиниң өзи IX әсирде гегомонлық бираз ўақытқа дейин
әскерий серб князлары қолына өтти. Булар ишиндеги ири князлар Михаил
(1051-1081-жыллары) ҳәм Бодин (1081-1101-жыллары) еди. Бодин қол астындағы
жерлер қурамына Зета (Черногория) Босния, Герциговина ҳәмде шығыс
Сербияның бир бөлими кирер еди. Бирақ XII әсирде және шығыс Сербия
князлары кушейе баслады, олардан бири Византияға вассал ғәрезликте болған
уллы жупан Стефа Немания (1165-1195-жыллары) XII әсирдиң 60-70-
жылларында шығыс серб қәўимлерин ҳәм батыс серб қәўимлерин ҳәм өзине
бойсындырды. 1190-жылда Стефан Немания Византия ҳәкимиятынан путкиллей
қутылды, соннан кейин тез арада Сербия короллик деп жарияланды. XIII-XIV
әсирлерде Сербия короллиги Балкан ярым атаўындағы ең ири мәмлекетлердиң
бирине айланды.
49
Do'stlaringiz bilan baham: |