Туребеков М., Алламуратов Г.
ОРТА ӘСИРЛЕР
ТАРИЙХЫ
методикалық қолланба
I-том
Нөкис-2009
2
Өзбекстан республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети
Орта әсирлер тарийхы
методикалык қолланба
I-том
Нөкис-2009
3
Туребеков М., Алламуратов Г. Орта әсирлер тарийхы, том I. Нөкис
“Қарақалпақстан”, 2009-жыл, 2 бет.
Оқыў қоланбаның биринши томында орта әсирлер тарийхының V
әсирден-XV әсирге шекемги тарийхы көрсетиледи. Онда феодализмниң
пайда болыўы ҳәм раўажланыўы тарийхы саўлеленеди.
Жуўаплы редактор: профессор, тарийх илимлериниң докторы
М.-Ш. Қыдырниязов
Пикир билдириўшилер: тарийх илимлериниң докторы.
профессор М.М.Мамбетуллаев.
Тарийх илимлериниң кандидаты Г.А.Туреева
4
Кирисиў
Орта әсирлер тарийхы ҳәр қыйлы тарийхый ўақыяларға толы, узақ дәўирди
өз ишине алады. Ол жаңа экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий өмирдиң
қәлиплесиўиң ҳәм раўажланыўын көрсетеди. Ҳәр бир жәмийет өзинен
бурынғы дәўирге қарағанда салыстырмалы түрде илгерилек, прогрессив болып
адамлардың әсирлер бойы топлаған билимлериниң, тәжирийбелериниң ҳәм
мәдениятының раўажланыўы менен байланыслы. Адамзат өткен жәмийетке
салыстырғанда материаллық ҳәм рухый мәдениятын алға раўажландырады.
«Орта әсирлер» термини Италияда XV-XVI әсирлерде гуманистлер арасында
пайда болған. Бирақ оған толық анықлама бериў соңғы әсирлерде қәлиплести.
Тарийхый ўақыяларды ҳәр тәреплеме үйрениў тийкарында орта әсирлер
нызамлы жәмийетлик-экономикалық феодаллық формация екенлигин
дәлиллейди. Феодализм көпшилик еллерде қул ийелеўшилик формациялық
негизинде пайда болады ҳәм өзиниң раўажланыўы нәтийжесинде
капиталистлик дузимге орын береди.
Феодаллық дүзимге өтиў барлық халықларда бир ўақытта болған емес.
Сонлықтан оның хронологиялық шегаралары ҳәр бир континентте ямаса
еллерде өзлерине тән өзгешеликлерге ийе. Европа еллеринде батыс Рим
империясының ишки қул ийелеўшилик дүзиминиң кризиси нәтийжесинде орта
әсирлер тарийхы басланды. Азия еллеринде бул тарийхый ўақыя V-VI
әсирлерге, Рус жерлеринде VI-IX әсирлерде, Америкада XI-XIII әсирлерден
ҳәм Африкада VII-IX әсирлерден басланады.
Орта әсирлер менен жаңа дәўирдиң ортасындағы шегара тарийхта дүнья
жүзилик әҳмийетке ийе болған ең дәслепки буржуазиялық революциялар
менен белгиленеди (1640-1660-жылғы Англия буржуазиялық революциясы ҳәм
1524-1526-жыллардағы Германиядағы дийханлар урысы).
V әсирден XVII әсир даўамындағы өндирис қатнасларының характери,
социаллық дүзим ҳәм мәмлекеттиң сиясий қурамы өзгереди. Сонлықтан тарийх
илиминде орта әсирлер тарийхы үш дәўирге бөлинеди:
5
1. Ерте орта әсирлер- ерте феодализм дәўири (V-XI әсирлер). Феодализмниң
қәлиплесиў дәўири.
2. Раўажланған орта әсирлер – раўажланған феодализм дәўири (XI-әсир
орталары-XV әсир ақыры) феодализмниң ең гүллеген дәўири.
3. Кешки орта әсирлер - соңғы феодализм (XVI-XVII әсир биринши
ярымы) феодализм жәмийети ыдырайды ҳәм оның базасында капиталистлик
қатнаслар пайда бола баслайды.
XVIII әсирден баслап тарийхта «феодализм» түсиниги кең қолланылды.
Дәслепки ўақытлары оның дәрежели белгилери менен сыпатлама жасаған.
Мысалы, сиясий, юридикалық ҳ.т.б тәреплери менен. Биреўлери оның баслы
белгиси феодаллық бөлшеклениў десе, екинши биреўлери феодаллық
иерархия, жеке биреўлери үлкен меншик жерлерге ийе сиясий басқарыўды
ҳ.т.б. Ҳақыйқатында да жәмийеттеги өндирис күшлериниң раўажланыў
дәрежесин
белгилейтуғын
өндирис
қатнасларының
раўажланыў
өзгешеликлерин яғный толық социал – экономикалық формацияны түсинемиз.
Феодаллық жәмийеттеги өндирис қатнаслары ушын ири жер ийелеўшилик
характерли. Жерлер болса феодаллар классына тийисли еди. Жерлер ири жер
ийелерине, помещиклерге тийисли болып, олар өз жерлерин сиясий ҳәм
экономикалық жақтан пайдаланыў ушын дийханларға майда бөлеклерге бөлип
берген.
«Феод» латынша феодал-деп феодалдың меншик жерин айтқан. Соннан
феодализм сөзи пайда болған. Бундай меншик жер өзинен жоқары туратуғын
жеке адамға ямаса мәмлекетке белгили ислеген хызмети ушын нәсилден-
нәсилге өткизиўге болатуғын жерге айтылған.
Феодаллық рента үш түрли формада болады:
1. Ислеп бериў рентасы (барщина).
2. Затлай рента (оброк).
3. Ақша рентасы.
Феодализмниң ерте дәўиринде барщина, раўажланған дәўиринде оброк ҳәм
соңғы дәўиринде ақша рентасы характерли болды.
6
Бир топар еллердиң халықлары қул ийелеўшилик дүзимнен ҳәм екинши
топарлар әййемги общиналық дүзимнен феодализимге өткен. Еки жолда дүнья
тарийхында прогрессив рол атқарады. Мысалы, қул ийелеўшилик жәмийеттеги
мийнети нәтийжесинде өндиристиң раўажланыўына қызықпаған қулға
қарағанда крепостной дийхан - адам өз хожалығынан алынатуғын өнимин
көбейтиўине қызығады ҳ.т.б. Әййемги общиналық дүзимнен феодализмге ҳәм
өнимниң өсиўине мүмкиншилик туўдырған. Соңғы феодализм дәўиринде
өндирис күшлериниң әстен, бирақта турақлы өсиўи негизинде жаңа
капиталистлик қатнаслар пайда бола баслайды. Феодаллық жәмийетлик
класслар ортасында гүреслер болып, олар орта әсирлердиң 2-3-дәўиринде
массалық дийханлар көтерилислерине айланды. Тийкарында олар жеңилис
пенен тамамланған. Екинши дәўирден баслап, саўда өнерментшилик орайы
болған қалалардың халқыда жоқары класс ўәкиллерин қарсы гүрес жүргизе
баслады. Қалалардың өзинде социаллық гүрес аренасына айланды. Феодаллық
жәмийеттеги мәмлекетлер, ҳуқық, ширкеў ямаса дин жоқары класс яғный
феодаллар мәпин баслы орынға қойды.
Феодализмди мәмлекеттиң формаларыда дәўирлерге қарай өзгерип турған.
Ерте феодализм дәўиринде ири беккем емес бирлеспелер сыяқлы болған.
Мысалы, Уллы Карл империясы, Византия империялары, Араб халифатлығы
ҳ.т.б. X-XII әсирлерден баслап майда сиясий бирлеспелер-князлықлар,
герцоглар, графликлер, ўалаятлар ҳ.т.б. Олар ғәрезсиз ямаса номиналь формада
королликлер мойынлайтуғын мәмлекетлер көп болған. Бул дәўирде феодаллық
бөлшеклениў кең таралады. XIII-XIV әсирлерден баслап көпшилик
мәмлекетлерде орайласыў процесси басланды ҳәм ол әсте-ақырын қатламлық
монархияға айланды. XVI-XVII әсирлерде мәмлекетлерди басқарыўды
абсолютлик монархия кең таралады.Орта әсирлер тарийхын үйрениў ҳәр
қыйлы еллерде ҳәр қыйлы дәрежеде сабақлықлар формасында өтилмекте.
7
Do'stlaringiz bilan baham: |