27
шәрти менен ўақытша гейде өмирликке жерди пайдаланған. Дийханлар менен
бир
қатарда
VIII-IX
әсирлерде
прекаристлер
қатарына
өзлери
крепостнойлардан пайдаланып отырған майда жер ийелерде кирген.
Жерлеринен айырылған дийханлар көп узамай өзлериниң
жеке жеринен де
айырыла баслады. Мысалы: қарызы ямаса келисилген шәртин ҳ.т.б. орынлай
алмағанлығы ушын жерлеринен айырылды ҳәм бундай адамлардың жағдайы
қулдың аўҳалынан жаман еди. Ири феодаллардың қолына жыйналып атырған
сиясий басқарыўда король ширкеўге күши жетпеди. Сонлықтан король бул
сиясатты тәртиплестирип турыў ушын арнаўлы илажлар ислей баслады. Бул
илаж
иммунитет
(латынша тийиўге болмайды) деп аталады.
Бул бойынша
король грамотасына ийе жерге ҳеш бир хызметкер тийиўге болмаған ҳәм ол
жерде суд жумысларын өткизиўге ҳақысы болмады. Ол жумыслар тек король
белгиленген арнаўлы хызметкерлерге өткизиўге рухсат етилген. Бул сиясат ири
феодаллардың сиясий жақтан орайлық ҳәкимияттан ғәрезсизлигин күшейти.
Усыған байланыслы келешектеги Королинглер империясының ыдыраўына
тийкар таярлады. Феодаллардың сиясий жақтан ғәрезсизлигиниң артыўы
вассаллық қатнаслардың қәлиплесиўине жағдай таярлады. Дәслепки ири жер
ийеси менен келисим дүзген еркин адамлар ҳәм олардың әскерий
хызметкерлери ҳәм жалпылдақлары тийкар болып хызмет еткен. Вассал өз
хожайнине садық хызмет етиў
керек еди, ал хожайын болса оларды қорғаўы
шәрт болды. 847-жылы Уллы Карл ақлығы Карл Лысый Марсел қарарында
«ҳәр бир ерикли адам өз хожайнине ийе болыўы керек» деген. Нәтийжеде
вассаллық қатнас жәмийетте нызамлы түрде үстемлик етеди.
Ири жер ийелеўшилик шөлкемлери. Феодаллық вотчина.
Королингилер
дәўиринде толық қәлиплескен ири жер ийелеўшилик шөлкемлери бир қыйлы
болмады. Ақ сүйек ҳәм ширкеўлик жер ийелериниң жерлериниң көлеми ҳәм
сапасы ҳәр қыйлы еди. Олардың ишиндеги ең ирилериниң жерлеринде бир
қатар аўылларда жайласқан. Бундай жер ийелеўшилик қубла районларда кең
таралды. Майда жер ийелеўшилик ҳәмме жерге ҳәм қубла районларға
характерли болды. Ири жерлерге ийе болыў ҳәр қыйлы усыллар менен
қәлиплести (Алмасыў, сатып алыў ҳ.т.б). Феодал
меншигиндеги жерлер еки
28
бөлимнен ибарат еди. 1. Феодаллардың өзи пайдаланатуғын жерлери.2.
Ғәрезли дийханларға берилген жерлер. Бириншисине феодалдың ҳәўлиси, онда
гейде феодалдың устаханасы, қараз, бағ, бағша, жузимгершилик, ширкеў жайы
ҳ.т.б. кирген, Ғәрезли дийханлардың жерлери мәмлекеттиң батысында
«манса», шығысында «гуфа» деп аталынды. Олардың жерлеринде жайдың үй
қапталында жерлери гейде бағы болған. Айырым аўылларда еле еркин
дийханлардың жерлеринде сақланған бенефициалық меншиклерде сийрек
гезлести.
Do'stlaringiz bilan baham: