Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet6/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Нейстрия :
көпшилиги роман тилинде сөйлеўшилер болып, галло-
римлерди тез арада жаўлап алған франклер менен араласып кеткен елге 
айланды. Ири ширкеўлик ҳәм ақсүйек жер ийелери көпшиликти курайды ҳәм 
усыған байланыслы еркин дийханлар топарының азайыўы пайда болды. 
Австразия: 
Тийкарғы халық массасын франклер ҳәм басқа Герман 
қәўимлери қурап, оларға галло-рим тәреплериниң тәсири аз еди. Ол жерде VIII 
әсир басына шекем әпиўайы жәмийетлик дүзим сақланды. Майда жер ийелери-
аллодислер үлкен роль атқарып, олар жәмааттың (марканың) қурамында 
болып әскерий қатламның тийкарын қураған. Нейстрияға қарағанда бул жерде 
ширкеўлик ҳәлсиз еди.
Бургундия ҳәм Аквитанияда галло-рим халқы менен германиялылар 
араласқан, майда еркин дийханлар ҳәм жергиликли орта жер ийелери узақ 
сақланды. Соның менен бир қатар ол жерлерде ири меншик жерлер, әсиресе 
ширкеўлик жерлер бар еди. VI әсирлерге келип еркин аўыл жәмәәтлары дерлик 
ҳәмме жерде сапластырылды. Ўәлаятлар өз-ара экономикалық жақсы 
байланыста болмаўы, олардың орайлық мәмлекетке бирлесиўине тосқынлық 
жасады. Меровия қол астынан шыққан короллер Франк мәмлекетиниң 
бөлшеклениўинен кейин жоқарғы ҳәкимият ушын өз-ара гүрес апарды. Бул 
гүрес короллер менен ири жер ийелери ортасындағы үзликсиз қарама-
қарсылықларға байланыслы тағыда күшейди.
VII 
әсирдиң 
ақырына 
келгенде 
ҳәмме 
ўәлаятларды 
басқарыў 
майордомлардың қолына өтеди. Дәслеп майордом корол сарайында 
басқарыўшы лаўазымы болып соң олар ири жер ийелерине айланды. Ҳәр бир 
ўалаятағы ҳәмме тийкарғы басқарыў олардың қолында болып, олар ол жерде 
көсем ҳәм жергиликли жер ийелери аристократлардың басшысы дәрежесине 
жетеди. Узақ даўам еткен гүреслерден кейин франклердиң ақсүйеклериниң 
бири Австразияның майордомы Пипин Геристальский 687-жылы пүткил 
Франк мәмлекетин өз қол астына бирлестиреди. Себеби Австразияда 
феодалласыў процеси әстерек қәлиплескен, майордом еле белгили қатламды 
тутқан майда ҳәм орта феодалларға, тағыда жерлерге ийе еркин дийханларға 
сүйенди. Олар өз гезегинде ғәрезли дийханлар көтерилислериниң бастырыў 


22 
ҳәм ири жер ийелериниң қысымына қарсы гүресиўде, өз жерлерин кеңейтиўде
орайлық басқарыўдың күшейиўин қоллады. Сонлықтан жоқарыда көрсетилген 
қатламлардың қоллап-қуўатлаўы менен Австразия майордомы пүткил Франк 
мәмлекетиниң тийкарғы бөлимин қайтадан өз қол астына бирестирди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish