Туребеков М


§ 6. Византияда VI-XI әсирлердеги феодаллық қатнаслардың



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet11/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 6. Византияда VI-XI әсирлердеги феодаллық қатнаслардың 
пайда болыўы 
395-жылы Рим империясының екиге бөлиниўи менен Шығыс Рим 
империясы (Византия) пайда болады Римниң қулаўы менен сиясий басшылық 
Византияға өтеди. 330-жылы император Константин Босфор буғазына жаңа 
пайтахт (Констанопол) салдырады. Қаласы әскерий стратегиялық орай болып, 
империяда ҳәр қыйлы қәўимлер халықлар жасады, бирақта көпшилиги греклер 
болып ҳәм грек тили кең таралды. 
IV-VI әсирлердеги Византияның аграрлық дүзими.
Империяға ҳәр қыйлы 
тәбийғый шараятқа ийе ўалаятлар киретуғын еди. Көпшилик жерлерде ғәлле 
егилетуғын еди. Шығыс ўалаятларында әсиресе Египет ҳәм Сирияда 
суўғарылатуғын дийханшылық кең таралған. Жүзимгершилик, оливка ағашын 
егиў, балықшылық, қубла ҳәм қубла-шығыс жерлеринде финикия пальмасы, 
техникалық егинлер егиў ҳәм шарўашылық раўажланған. Шығыс Рим 
империясы социал-экономикалық раўажланыўында бир қатар айтарлықтай 
айырмашылықларын айтыўға болады. 
1.Батысқа салыстырғанда бул жерде аўыл-хожалығының кризиси сонырақ, 
яғный VI-әсирдиң ақырларына туўра келеди.
2. Батысқа қарағанда салыстырмалы түрде ири жер ийелеўшилик аз еди ҳәм 
әстен раўажланды. Ири жер ийелениўшилик тийкарынан император 
әтирапындағы адамларға тийисли болды.
3.Белгили 
дәрежеде 
ширкеўлик-монастирлик 
жер 
ийелеўшилик 
раўажланады. 
4.Византияның аграрлық дүзиминдеги өзгешелиги IV-VI әсирлерде Еркин 
дийхан ҳәм общиналық жер ийелеўшиликтиң кең таралыўы ҳәм өсиўи менен 
характерленеди. Дийханлар жәмәәтиниң бир қанша кең таралған түри 


32 
«қоңсылар» жәмәәти еди. Оған кең ҳуқықларға ийе, үлкен емес жерлерге ийе 
дийханлар қурап ҳәм аўылларда узақ мүддеттеги аренда таралды.
5. Қул мийнети аўыл хожалығында дерлик пайдаланылмады. Ал батыста 
болса қул мийнети ҳәмме хожалық тараўында кеңнен пайдаланылған. Әсиресе 
Грецияда, Киши Азияның батысында, Сирияда, Египетте ҳ.т.б. 
IV-VI әсирлерде Византияда қулларға пайдаланыўға аз-маз жерлер 
берилген. Бул қул ийелеўшилик дүзиминиң кризисин пәсеңлестириўге тәсирин 
тийгизди. Батысқа қарағанда кең көлемде колонат кең таралады. Олар 
тийкарынан 2 категорияға бөлинеди: еркин адамлар (георглер) ҳәм 
«приписных» адамлар. Бириншиси ҳүқықый ири меншик үйи, мал-мүлки,
ҳәттеки онша үлкен емес жерге ийе адамлар топары кирген. Екиншиге мүлкке 
ҳуқықы жоқ, хожайинниң жеринде жасаўшы, салық төлеў дүзимине кирген 
адамлар топары есапланады. Калонлар жерден пайдаланғаны ушын затлай 
өним төлеген, гейпара ўақытлары хожайын ушын бийпул атыз жумысларын 
ислеген. 
Қалалар, өнерментшилик ҳәм саўда. 
IV-V әсирлерде Византия өзин қалалар 
ели деп айтыўға ҳақылы еди ҳәм өнерментшиликтиң саўданың раўажланыў 
дәрежеси бойынша батыс Римнен алдында турады. Темирдиң, алтынын, 
мыстың, мрамордың ҳәм басқада рудалардың қоры таў-кән өндирисиниң ҳәм 
оған байланыслы мийнет қуралларының көбейиўине тәсир еткен. Қурылыс 
усыллары, шийшеден затлар ислеў, тоқымашылық әсиресе жиңишке 
талшықлы, жүн, жәнеде IV әсирден жипек гезлемелерин тоқыў кең таралады. 
Усы ўақытлары батыста қалалар қулай баслады, ал шығыста болса саўда ҳәм 
өнерментшилик орайы сыпатында раўажланыўы даўам етеди. Олардың ишинде 
биринши орында Константинополь қаласы еди. Ол безениў затларын соғыўда, 
қолдан китап жазыўда данқы шықты. Теңиз кемесазлықтың, саўданың 
раўажландырыўына мүмкиншилик туўдырды. Византия саўдагерлери 
Ҳиндистанға, Цейлонға, Қытайға, Қубла Эфиопияға, Арабияға, Иранға, Орта 
Азияға ҳәм басқа еллер менен байланыслар жасады. Шығыстан пилле, пил 
сүйеги, алтын, қымбат бахалы таслар, жемчуг, бурыш ҳ.т.б. алып келинди. 
Византия жер орта теңизинде саўдада баслы орын тутты. Византия 


33 
саўдагерлериниң факториялары Неополда, Равенде, Карфагенде де болған. 
Қара теңиз бойларындағы ҳәм Кавказ еллери менен саўда жүргизди. 
Византияның алтын теңгеси (солид) халық-аралық саўдада үлкен рол ойнады. 
Константинополди батыс пенен шығыстың ортасындағы «алтын көпир» деп те 
атайды. Египетте Александрия, Сирияда Антиохия ҳәм арқа Мессопотамияда 
Эдесса ири экономикалық орайлардың бири болды. 
Мәмлекет батыс Рим империясы қулағанан кейин Византия оның жеке 
мийрасхоры болды, ҳәм христиан дүньясында үстемлик етиўге умтылды. Карл 
империясы дүзилгенге шекем батыстан «Варвар» корольликлери номинал 
жағдайда 
Византия 
императорларының 
басқарыўын 
мойынлады. 
Императордың қол астында үлкен ҳуқықый ҳәм атқарыў ҳәкимияты болды. 
Ҳақыйқатында императордың басқарыўы сенат, мәмлекетлик кеңес, 
қалалардың еркин пухараларының шөлкеми, ширкеў усаған мәкемелер 
тәрепинен, бир қанша шекленетуғын еди. Орайлық басқарыў император 
таярлаған басшыларға ийе бир-неше мекемелерге бөлинген. Ерте Византияда 
Римниң салық салыў тәртибин қолланыўын даўам етти. Әскерий шөлкемлерде 
Рим империясы армиясы тәртибинде дүзилди. Бирақ Византия армиясының 
көпшилик бөлегин әсиресе флотта жергиликли еркин халықтан қуралған еди. 
Батыс Римде «варварлар» көпшиликти тутқанлығы белгили. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish