Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

VI-XII әсирлердеги Византия. 
VI әсирдиң ақыры XI әсирдиң басларында 
Византияда қул ийелеўшилик өндирис усылы ең жоқарғы қарама-қарсылыққа 
душакерлесип, ири жер ийелеўшилик көбейеди. Ири жер ийелерине еркине 


36 
жиберилген қуллар ҳәм көплеген еркин дийханлар ғәрезли болыўы күшейеди. 
Бул жағдай класслық гүресттиң (әсиресе шығыс ўалаятларында) күшейиўине 
алып келеди. 602-жылы Дунайдағы армияда қөтерилис болды. Император 
лаўазымына әпиўайы жүзлик аскери Фома отырды. 610-жылы пухаралық урыс 
нәтийжесинде олда қулатылады ҳәм өлтириледи. Мәмлекеттиң басына шеттеги 
ўалаяттан шыққан феодал Ираклий отырады (610-614-жыллар). Елдиң 
ҳәлсизлениўине байланыслы VII-әсирдиң басынан баслап VIII әсир орталарына 
шекем славянлар аўыллары пүткил Балкан ярым атаўын ийелейди. VII-әсирдиң 
70-жыллары Византияның арқа шығысында биринши ири славянлардың 
мәмлекети Болгария дүзиледи. 
636-жылынан- 642-жылға 
шекем 
араблар 
Византиядан 
Сирияны 
Палестинаны, Египетти, жоқары Мессопотамияны, соң VII әсир ақырында 
Арқа Африканы тартып алады. Қубла Италияның бир бөлими (Равен экзархат) 
ҳәм Сицилия атаўы Византия қол астында қалады. Усы ўақытларға келгенде 
Юстинианның дәўириндеги жерге салыстырғанда Византияның жери үштен 
бирге қысқарады. 
VII-VIII әсирлердеги Византияның социал-экономикалық ҳәм сиясий 
өзгерислери. 
Славянлардың ҳәм басқада варвар қәўимлериниң топылысы 
Византияда қул ийелеўшилик типиндеги ири жер ийелеўшилердиң азайып 
кетиўине алып келди. Енди жергиликли ҳәм славян еркин аўыл жәмаатлары 
кең таралады. Бурынғы провинциялар енди жаңа әскерий-административлик 
округ-фемлерине айландырылды. Әскерий хызметкерлери ушын еркин 
адамлар мәмлекеттен мийрас жерлер алған. Олар жер салығынан басқа ҳәмме 
салықлардан азат етиледи. Фем басында ләшкерлериниң басқарыўшысы 
стратег турып ол өз қол астында әскерий ҳәм пухаралық басқарыўды услап 
турған. 
Аўыл 
жәмаатларының 
ыдыраўы 
феодаллық 
қатнаслардың 
қәлиплесиўине алып келеди. Бул туўралы сол дәўирде дүзилген 
«дийханшылық нызамы» гуўалық береди Ол бойынша аўылда еркин 
жәмаатлық басым көпшиликти қураған. Сүрим жерлер, бағлар улыўма аўыл 
мулки болған. Аўыл жәмаасы мәмлекетке салық төлеген. Аўылдың еркин 
адамлары менен қатар жерлерин арендаға бериўши жарлыларда тарийхта 


37 
белгили. Аўылларда жалланба мийнет етиўшилер де ушырасады. Мысалы: 
шопанлар ҳ.т.б. улыўма алғанда Византияда феодалласыў VII-VIII әсирлерде 
басланады ҳәм XI әсирге келгенде толық қәлиплеседи. Византия батысқа 
салыстырғанда 
феодализмниң 
қәлиплесиўинде 
кең 
масштабта 
қул 
ийелеўшиликтиң қалдықлары да сақланады. VII-IX әсир биринши ярымында 
жер ушын фем басшысы менен қала аристократиялары ҳәм ширкеўлик жер 
ийелери ортасында гүрес кескинлеседи. Киши Азиялы фем ақсүйеклери 
мәмлекеттиң басына Лев Ш Исавраны (717-740-жыллары) отырғызады. Ол фем
әскерлерине сүйенеди хәм 718-жылы арабларға соққы береди. Оның баласы 
Константин V (741-775-жыллары) 746-жылы Сирияға топылады ҳәм Евфратқа 
ҳәм Армения жерлерине шекем жетеди. 
Иконаларға 
қарсы 
ҳәрекетлер. 
Жоқарғы 
диний 
басшылардың 
идеологиядағы тәсирин жоқ қылыў мақсетинде халық иконаларға шоқыныўға 
қарсы 
гүрес 
жүргизеди. 
Бул 
ҳәрекетти 
Исавр 
династиясының 
императорларының өзлери басқарған ҳәм бул ҳәрекет диний басшылардың 
езиўшилигиниң күшейиўине ҳәм монастирлик жерлердиң көбейиўине 
байланыслы кең халық массасы арасына таралады. Император Константин 
жерлерди ҳәм байлықларын тартып алыўды баслайды. Ол жерлерди әскерий –
хызметкерлерге хызмети ушын пайдаланыўға береди. Ол 764-жылы ширкеўлик 
мәжилис шақырады, онда иконаларға сыйыныўдан ҳәм ширкеўлик 
лаўазымлардан бас тартқанларды қаралады. Бул илажларға қарамастан бул 
ҳәрекет IX әсирдиң орталарына шекем даўам етеди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish