Туребеков М


§ 4. IX-XI әсирлердеги Германия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 4. IX-XI әсирлердеги Германия 
 
X-XI әсирлердеги Германия. 
Германия мәмлекети Франк империясының 
қулаўы менен пайда болды. Оларды феодализм франк империясының батыс 
бөлимине қарағанда соңырақ қәлиплести. Ол жердеги тийкарғы дийханлардың 
ғәрессизликке айланыўы бурын франклер дәўиринде ақ басланған еди. IX-X
әсирлерге келип дийханлардың ҳ.т.б. жеке ғәресизлиги әстелик пенен жоқ 
болды. Дийханлар бурынғы еркин жерлеринен айырылып жер ийелериниң 
жерлеринен пайдаланыўшыларға айланды. Олар алынған өнимнен рента төлеп
турған. Феодаллық қатнаслардың қәлиплесиўи бир қыйлы болды. Дәслеп Рим 
қул ийелеўшилик дүзими тәсиринде Рейнниң жоқарғы ҳәм ортаңғы ағысында, 
изинен Саксонияда ҳәм соң басқа жерлерде қәлиплести. 
Антоганистлик еки қатлам XI әсирдиң ақырында қәлиплести. Усы ўақыттан 
баслап феодаллық ҳуқық бойынша ғәрезсизлик мойынланбады. Ғәрезли дийхан 
меншик ийелерине барщина, оброк ҳ.т.б. бойынша миннетли ўазыйпаларды 
атқарған сондай ақ крепостнойларға өлгенине ҳәм семья қурғанына 
байланыслы төлемлер де болған. Әсиресе жерсиз ҳәр қыйлы хожайинлер 
қәўимлеринде ислеўши крепостнойлардың аўҳалы жүдә төмен болды. 
Үстемлик етиўши классқа герцоглар, графлар, архиепископлар, епископлар, 
аббатлар ҳ.т.б. кирди. 
Мәмлекеттиң раўажланыў өзгешелиги. 
Германияда X-XI әсирлерде 
феодаллық бөлшеклениў басланбай, сиясий жақтан бир қанша бирлескен еди. 
Себеби еле Германияда майда жерлерге ийе дийханлар ҳәм аз жерли аўыллар 
бар еди. Сонлықтан король ҳәкимияты әскерий сиясатқа сүйениш елдиң 
ишинде ҳәм қоңсы еллер менен белсенди сиясат жүргизди. Король басқарыўын 
майда ҳәм орташа жер ийелери қоллады. X-XI әсирлерде Германияда бурынғы 
Франк империясынан қалған айырым суд-админстративлик басқарыў 


63 
элементлери де сақланды. Мысалы графлыққа бөлиниў, жүзлик ҳәм
графлықлар әсте ленге айланды. Графлық лаўазым атадан-балаға өтиўи 
қәлиплести. Королдиң әстелик пенен басқарыўы ҳәлсиреп феодаллық 
иерахияның басшысына айланды. Вассалитет тәртиби елде XII әсирде толық 
қәлиплести. Елдиң Франциядан айырмашылығы ҳәр бир феодал өз хожайнине 
ғана хызмет етип қоймастан королдиң өзине әскерий хызмет көрсетиўи шәрт 
болған. 
Саксония династиясы корольлериниң сиясаты (919-1024-жыллары). 
Германияда 911-жылы короллинглер династиясы тамам болды. Қысқа ўақытта 
Франкония герцоги Конрад I король болды. Оны басқа герцоглар тән алмады. 
919-жылы ири магнатлар Саксония династиясынан шыққан Генрих I ди король 
лаўазымына сайлады. Оннан соң Оттон I тахтқа отырды. Олардың дәўиринде 
король басқарыўы күшейди ҳәм қоңсы халықларға басып алыўшылық сиясат 
жүргизеди. Германия мәмлекетиниң жақсы бирлесиўине жергиликли IX әсир 
ақырында қайта пайда бола баслаған герцоглар басқарыўы тосқынлық жасады. 
Олар корольге өзлери менен тең ҳуқықлы адамлардың басшысы сыпатында 
қарады. X әсир басында герцоглар ис жүзинде королден ғәрезсиз еди. Оттон I 
оларға қарсы гүрести, бир қанша жерлерге өз адамларын қойады ҳәм айырым 
герцоглардың жерин кемейтеди. Бул гүресте Оттон I ширкеўге сүйенди. 
Олардың жерин король қорғады. Оларға инвеститураға рухсат берген. Бирақ 
король жеринде болған ширкеў королдиң меншиги болды. 
Полаб славянларына қарсы гүрес, Венгерлер менен гүрес
.Герман 
феодаллары Эльба (Лаба) ның арғы тәрепиндеги славянларға атланыс жасап 
Генрих сервлерин, соң лютичлерди ҳәм украинларды бағындырды. Оттон I 
күш пенен ол жерлерге христиан динин енгизеди. X әсир ортасына шекем 
Германияға венгерлер топылып, оларға қарсы гүрести Генрих I 
шөлкемлестирди ҳәм 955-жылы Лехе дарьясы бойлап венгерлерди қыйратады. 
Олардың үстинен жеңиске еристи Оттон I оларды үш көсемин дарға асыўды 
буйырды. Бул жеңилистен соң венгрлер топылысын жудә сийреклетти ҳәм 
ақырында тоқтатады.
 


64 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish