Туребеков М


  § 2. IX-XI әсирлердеги Франция



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 


57 
§ 2. IX-XI әсирлердеги Франция 
 
Франция IX-XI әсирлерде. 
Франк мәмлекетиниң батыс бөлими X әсирге 
шекем-ақ Франция деп аталды. Ҳәзирги Францияның ҳәмме жерлери кирмей 
батыс ғәрезсиз Бретань герцоглығы болып этник жақтан ҳәр түрли еди. Елди 
басқа еллерден бурын-ақ феодаллық бөлшеклениў басланады. Нормандия, 
Бургундия герцоглиги, Блуа, Турень, Анджу, Пуате, майда графлықлары, қубла 
батыста Аквитания, Гасконь герцоглығы, Барселона, Тулуза, Овернь, 
Шампань, Франция графлықлары ҳәм герцоглықлары улыўма мәмлекетке 
салыстырғанда бөлшекленбеген еди. Олар көплеген шет елге виконға, 
баронлыққа ҳ.т.б. бөлинген менен улыўма баслығын мойынлап отырған. 
Король басқарыўы
. Бундай жағдайда король басқарыўы мәмлекеттиң 
үстинен қараўшы заңлы шөлкемлик ролин жоғалтады. Корол басқарыўы тек 
өзиниң меншик жерлеринде ғана сақланады. Ал мәмлекеттиң басқа 
жерлеринде корольдиң вассалы болған герцоглар, графлар, архиепископлар, 
епископлар ҳ.т.б басқарған. Король болса тек атына ғана инвестура берген 
(меншик ушын белги бериў) ҳәм вассаллық тәртиплерден талап етиў 
ҳуқықына ийе болған (әскерий хызметке қатнасыў, салықлар төлеў ҳ.т.б.). 
Бирақта корольдиң ҳәлсизлигинен пайдаланып бул мәжбүриятлардың муғдары 
ҳәм төлеми өзгерип турған. Ири феодаллар өз-ара қарама-қарсылықларында 
корольди орбитор сыпатында пайдаланған. Жуўмақлап айтқанымызда орайлық 
басқарыўдың ҳәлсиреўине қарамастан феодаллық бөлшеклениў жағдайында да 
мәмлекетке король басқарыўы керек болған. Корольдиң ҳақыйқый күши оның 
жеке меншик көлемине байланыслы болып Королингилер династиясының 
ўәкиллери тусында олардың меншик жерлери көп емес болған. Меровингилер 
тусында тек атына ғана король лаўазымына ийелик еткен болып, ҳәттеки 
айырым корольлерди кемиситип лақаплар қойған. Мысалы Людовик-қоян, 
Карл-әпиўайы ҳ.т.б. Өз гезегинде феодалларды хошеметлеў лақаплары 
болған.Мысалы Гуго-уллы, Роберт-күшли ҳ.т.б.


58 
987-жылы Людовик өлгеннен кейин королинглер династиясы тамам 
болады. Франция магнатлары уллы Гюго ақлығы Капетти король етип 
сайланады. Бул капеттинглер династиясы Француз революциясына шекем 
мәмлекетти басқарады. Дәслепки ўақытлары капентинглер династиясы 
короллери бурынғысынша мәмлекетти басқарған. Бирақ соңғылары елдиң 
сиясий жақтан бекемлениўине байланыслы король басқарыўын күшейтип 
алады. Капетинглер Сена менен Луара ортасында Париж ҳәм Орлеан қаласы, 
Иль-де франц меншигине ийе еди. Олар шөлкемлескен сиясат жүргизип өз 
меншигиниң көлемин кеңейтеди ҳәм беккемлейди. Бундай сиясатты ҳәмме 
мәмлекет ушында алып барады.
Дийханлардың аўҳаллары
. IX әсирдиң ақырында дийханлардың көпшилиги 
феодалларға жер бойынша жеке ғәрезли болды. 847-жылғы Карл Лысыйдиң 
қарары бойынша ҳәр бир адам өз хожайнине ийе болыўы керек. Егер де ийе 
болмаса нызам менен қорғаныў ҳуқықынан айырылады.V әсирде дийханлар 
еки топарға бөлинди. 1. Вилланлар (аўыл халқы). 2.Сервлер.
1. Вилланлар суд бойынша да, жери бойынша да хожайнине ғәрезли болып, 
жеке өзлери ерикли, қәлесе өз хожайнине жерин сатып кетиў ҳуқықына ийе 
адамлар.
2. Сервлер дерлик ҳуқықсыз адамлар болып олар жер бойынша ҳәм жеке 
ерки бойынша да ғәрезли адамлар.
Езиўшиликке шыдамаған дийханлар көтерилислер жасап турған. Мысалы 
бундай көтерилислер 997-жылы Нормандияда болып олар аўыл общинасының 
жерлерин қайтарып бериўди, тоғайлардан, ҳәм суўлардан пайдаланыўды талап 
етти. 1024-жылы Бретанда дийханлар көтерилис жасады ҳәм дийханлардың 
көтерилислерин айырым қалалар қуўатлады. Рыцарлар көтерилисти 
қыйыншылық пенен бастырады. Улыўма дийханлардың көтерилислери 
жеңилислер менен тамамланды. Бирақта олар ўақытша болсада айырым 
жеңилликлерге ерискен. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish