Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
 


54 
II бап БАТЫС ҲӘМ ОРАЙЛЫҚ ЕВРОПА IX-XI 
ӘСИРЛЕРДЕ 
 
§ 1. IX-XI әсирлердеги Европаның сиясий картасы 
 
IX-XI әсирлерде көпшилик еллерде феодализм толық қәлиплести. 
Королингилер империясы қулағаннан кейин Франция ҳәм Германия соңғы 
әсирлерде мәмлекет болып турды. Лотарь өлгеннен кейин оның мәмлекети үш 
короликке бөлинип кетеди. Италия, Прованс (Рона бассейин ҳәм Рейн 
жағалары) ҳәм Лотарингия Рейннен (870 жылы Мерсель келисими бойынша 
Франция ҳәм Германия Лотарингияны) бөлип алады. 925-жылы ол толығы 
менен Германияға қарайды. Бирақ 959-жылы жоқарғы ҳәм төменги Лотарингия 
болып екиге бөлинеди. Прованстан ҳәм оған қоңсы ўалаятлардың IX әсирдиң 
ақырында дәслеп еки қоңсы бургунд королликлери төменги ҳәм жоқарғы 
Бургундия дүзиледи ҳәм 922-жылы Бургундия короллигине бирлеседи. 1033-
жылы ол Германия империясы қурамына өтеди. Пиреней ярым атаўында 
ғәрезсиз Астурия, IX әсирде Наварра пайда болады. Ярым атаўдың көпшилик 
бөлиминде Кардова әмиратлығы бар еди. Британияның англо-сакс 
королликлери 829-жыллы бир Англия короллиги деп бирлеседи. Британияның 
арқа тәрепинде Шотландия короллиги батысында келтьлердиң Уэльс князлиги 
болған. Ирландияда кланлар (ири қәўимлер) бирлесиўи ҳәм жоқары корол 
ҳәкимиятының қәлиплесиўи белгили. Европаның арқа тәрепинде IX-XI 
әсирлерде феодаллық раўажланыў жолына Дания, Норвегия, Щвеция түсти. X 
әсирде Польша мәмлекети (Одра, Варта, Висла бассейинлеринде ҳәм Балтик 
бойында) 925-жылы Хорватия королликке айланды. Жуўмақлап айтқанда 
батыс ҳәм орайлық Европаның ҳәмме мәмлекетлериниң қәлиплесиўи әсиресе 
IX әсирдиң екинши ярымында сырт душпанлардың қәўпи астында болды. 
Араблардың, венгерлердиң ҳәм норманлардың атланыслары кең түс алды.
IX-XI әсирлерде бастыс Европа мәмлекетлерине араблар қубладан, 
норманлар арқадан ҳәм венгерлер шығыстан атланыслар жасаған. Арқа 
Африканы ҳәм Италияны жаўлап алған араблар жер орта теңизи бойларындағы 


55 
еллерге турақлы түрде қарақшылық атланысларын жасап турды. IX әсирде 
олар Кипрде, Сицилияда, Сардинияда ҳәм Корсикада орынласып, Апулияны 
басып алып, Неаполь ҳәм Римди талады. Олар Альп тараўларынан өтетуғын
карўанларды талады. Ҳәттеки араблар қубла Франция жерлерине шекем 
талаўшылық атланысларын жасады. Шығыстан Венгерлер (мадиярлар) Карпат 
арты арқалы (Тиса, Дунай аралығы) атланыс жасады. Олар X әсирдиң
биринши ярымында батыс ҳәм қубла Европа еллерине қыйратыўшы 
атланыслар жасады. Рим ҳәм Ронаның арғы тәреплерине шекем атланыслар 
жасап, тап Париждиң шетине шекем жетти. Олар Италияны талады ҳәм 
Германияға топылыслар жасады. 955-жылы Лехе жериндеги урыстағы 
жеңилистен кейин венгерлердиң атланыслары сийреклести. X әсирдиң 
ақырларында олардың отырықшы халыққа айланыўы менен венгерлердиң 
Европаға атланыслары биротала тоқтаған. 
VIII әсирдиң ақырларынан XI әсир даўамында норманлар (арқа адамлары,) 
датчанлар, норвеглер, шведлер арқа теңиз ҳәм атландина жағаларына 
атланыслар жасаған. Олар тийкарынан шарўашылық, аңшылық ҳәм 
балықшылық пенен шуғылланатуғын еди. Әскерий ақсақал (викинг) өз 
әскерлери менен алысқа теңиз атланысларына шыққан. Олар 1000-жыллары 
арқа Америка жерлерине жеткен. Датчанлар Англияның бирқанша жерлерин 
басып алып Франция ҳәм Германия шетки жерлерин талаған. Норвегиялылар 
Шотландия Ирландия, Исландия ҳәм Греландия жерлерин талайды. Олар X 
әсир басында Сена дарьясының төменги ағысында Нормандия герцоглығын 
дүзеди. Олар X-XI әсирде қубла Италияны ҳәм Сицилияның улкен бөлегин 
басып алады. Шведлер Волга ҳәм Днепр дарьяларының жоқарғы ағысынан 
пәске қарай Каспий ҳәм Қаратеңиз жағаларына барып жетеди.
X-XI әсирлерде Батыс Европа мәмлекетлеринде феодаллық қатнаслардың 
қәлиплесиўи.
X-XI 
әсирлерде көпшилик еллерде феодаллық қатнаслар 
қәлиплеседи. Мысалы Италия менен Францияда феодализимниң тийкарғы 
белгилери X әсирде ақ қәлиплессе Германия менен Англияда бул белгилер XI 
әсирдиң ақырына туўра келеди. Вотчина түриндеги феодаллық жер 
ийелеўшилик үстемлик етеди. Соның менен қатар майда жеке дийханлардың 


56 
хожалықларында аралас болғанлығы мәлим дийханлардың тийкарғы бөлими 
анаў ямаса мынаў дәрежеде феодалларға ғәрезли еди. Феодализм ерте 
басқышында затлай хожалық көпшиликти тутып, өнерментшилик енди ғана 
аўыл хожалығынан бөлиниўди баслаған. Ислеп бериў ҳәм барщина тәртиби кең 
таралған. Феодаллар кен жер ийелери болып қалмастан өз жерлериниң 
басқарыўшысы ҳәм ҳәкимине айланды. Олардың қолында суд, басқарыў, 
әскерий ҳәм сиясий күш болған. Тийкарғы класслар XI әcирде көпшилик 
Европа еллеринде ҳәм Византияда жәмийетинде еки антоганистлик класслар 
қәлиплести. 
Айырым еллерде крепостнойлар аўыр жағдайда жасаған. Олар бурыннан 
мийрас жерлеринен шетлетилип қоймастан өзлериниң басқада меншиклеринен 
де айырыла баслады. Олар бир қанша кемситиў минетлерин орынлады. Бундай 
қатламдағы крепостнойлардың қатарына әсте ақырын бурынғы қулларда 
қосылып барды. Еркин дийханлардың аўҳалы бирқанша жеңил болып, бир 
қатар мәмлекетлерде XI әсир орталарына келип еле олардың саны көпшиликти 
тутқан. Олар өз мүлклерине еркин ийелик еткен, көпшилик жағдайларда өз 
жерлерине хожайын да еди. Бирақ феодаллардан суд жағынан, гейде жер 
бойынша ғәрезли болып, олар езиўшиликке дуўшакерлесип әсте ақырын жеке 
ғәрезсизлигин жоғалтып барды. Мәмлекетте феодаллар классы ўәкиллери 
арасындағы қарым-қатнаслар феодаллық басқыш тәризли болып қәлиплести. 
Оның ең басында король турды. Оннан пәсте ири ақ сүйек ҳәм ири феодаллар 
(герцог, граф, археэпоскоп, эпископлар ҳәм аббатлар) турды. Булар атына ғана 
королге бағынышлы болып, ал ис жүзинде көпшилик жағдайда оннан ғәрезсиз 
жасаған. Олардың қараўында да ири жер ийелери (барон) болып, олар үшинши 
басқышты ийелеген. Олар тек өз жерлеринде ғана ис жүзинде ғәресизлик 
сиясатын жүргизген. Олардың төменги басқышта майда жер ийелери рицарлар 
ийелеген. Олардың қараўында тек ғәрезли дийханлар бар еди. Англиядан басқа 
Европаның дерлик ҳәмме мәмлекетлеринде феодаллар ортасындағы қатнас 
тәртиби «Мениң қараўымындағының қол астындағылар маған бағынышлы 
емес» деген тәртипти сақлады.

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish