I бап. Европа ерте орта әсирлерде. Феодаллық
қатнаслардың қәлиплесиў дәўири
§ 1. Рим империясында қул ийелеўшилик дүзимниң кризиси
ҳәм феодаллық қатнаслардың пайда болыўы
IV-V әсирлерде Рим империясы қул ийелеўшилик дәрежесинде еди.
Хожалықтың баслы тараўы болған дийханшылық бир қәлипте турып қалады.
Базар ушын азық-аўқат шығаратуғын хожалықлар азайып кетти. Усы
ўақытлары шарўашылық пенен шуғылланыўшы ири жерлерге ийе хожалықлар
көбейип кетти. Ири жерлерге ийе хожайинлерге олардың қараўындағы майда
жерлери бар колонлар алынған өнимлеринен оброк төлеген. Мәмлекет
халықтан тийкарынан затлай салық алған. Өнерментшиликте пәсейип кетти.
Қалалар бурынғы әҳмийетин жоғалтты. Жәмийеттеги турмыс қыйыншылығы
қалалардан аўылларға өтти. Қул ийелеўшилик өндирис усылының бул
экономикалық кризиси II әсирден басланған еди. Қул мийнетинен пайдаланыў
хожалықтағы өндирис күшлериниң өсиўине иркиниш жасады. Бундай
хожалықлардан пайда алынбаў дәрежесине жетти. Сонлықтан өндириўшилерде
жаңа тәртипте басқарыў зәрүр болды. Енди қулларға жер ҳәм оны ислеў ушын
керек болған затларын берип жумыс ислетти. Алынған өнимниң бир бөлеги
хожайинге артық бөлинип қулларға қалдырды. Сонлықтан олар өнимли мийнет
ислеўге қызыққан. Олар келешектеги крепосной адамлар классын қурады.
Соңғы Рим империясында жерге ийеликтиң бир неше түрлери белгили:
Коланат-ири жер ийелериниң қараўындағы майда жерлери бар адамлар топары,
олар тек ири жер ийесине оброк төлеген бирақ сиясий жақтан ғәрезсиз адамлар
еди. Олардың төлейтуғын оброкиниң муғдары белгили нормадан
көбеймейтуғын еди. Егерде усы келисимлер бузылған жағдайда мәмлекетке
ири жер ийеси үстинен шағым етиў ҳуқықы бар еди. Олардың ири жер
ийесиниң рухсатысыз жерди сатыўға ҳуқықы болмады.
Прекарийшилер-ири жер ийесинен белгили мүддетке хәр қыйлы шәрт
пенен жер алған еркин адамлар. Соңғы батыс Рим империясында ақ сүйек
8
магнатлардың, ширкеўдиң жеке басқарыўы күшли еди. Олардың айырымлары
өзиниң (жалланба) армиясына ийе ҳәм жерлерин ямаса сарайларын қорған
дийўаллар менен қоршайтуғын дәрежеге жетти. Жергиликли жерлердеги
басқарыўшылардың
ғәрезсизлиги
артып
барады.
Жоқарғы
әскерий
басшылардың ғәрезсизлиги күшейди. Соған қарамастан мәмлекетлик басқарыў
аппаратлары империя қулағанша жумысларын ҳәр қыйлы дәрежеде атқарып
барады.
IV әсирге келип христиан ширкеўи жоқары класс ўәкиллери ҳәм мәмлекет
ушын хызмет атқарды. Ширкеўде басшылық роль епископларға өте баслады.
313-жылы Никадағы (Киши Азияда), 318 –жылы Константинопольдағы
церковлик соборда христиан ширкеўиниң «исеним белгилери» қәлиплести. Ол
жерде қудай үш нәрседен ибарат делинген яғный троица: қудай ата, қудай бала
ҳәм әўлийе әрўақ деп есапланылған. Ширкеў императорды өзлериниң ис
жүзинде басшысы деп есаплады. Епископлар қалалардағы басқарыўда үлкен
роль ойнады. Диний хызметкерлер гейде қала халқы үстинен суд жумысларын
алып барды. IV әсир ақыры V әсир басында Рим епископы өзин «папа» деп
(ширкеў басшысы) жариялады. Оған архиепископ пенен пүткил батыс
епископлары қарайтуғын болған. Ширкеў католик (дүнья жүзлик) деп
аталынған, варвар қәўимлериниң топылысы ўақтында айырым жарлы халық
массасы душпанлар тәрепине өтип кетеди.
IV ҳәм V әсир басында Рим Африкасында ширкеўге қарсы халық ҳәрекети
болған. Оған дийханлар, холоплар, қуллар ҳ.т.б. қатнасқан. Ҳәрекет
агонистиклер деп аталады ҳәм аяўсыз бастырылған V әсирдиң 30-40 –жыллары
Галлияда богаудлар көтерилиси болған. Кельт тилинде бога-гүрес деген сөзден
келип шыққан. Айырым районларда көтерисшилер жеңиске ериседи ҳәм
ғәрезсиз жәмийетин дүзген. Бул ҳәрекет қоңсы Испанияға ҳәм Италияға
таралған. Империяның арқа тәрепинеде кельт, арқа-батыс, батыс тәреплеринде
герман ҳәм славян қәўимлери жасайтуғын еди. Олар социал-экономикалық
раўажланыўы бойынша әййемги общиналық жәмийеттиң ыдыраў басқышында
жасайтуғын еди.
9
Do'stlaringiz bilan baham: |