§ 4. Франк мәмлекетинде феодализмниң раўажланыўы
486-жылы Арқа Галлияны жаўлап алғаннан соң Хлодвигтиң басшылығында
Франк мәмлекети дүзиледи. Ол Меровия руўынан шыққан болып, ол басқарған
дәўирден (486-511-жыллары) баслап, VI әсир ақырына шекем меровинглер
дәўири деп аталады. Хлодвиг ҳәм оның әўладлары тусында Бургундияны (534-
жылы) ҳәм Прованс (536-жылы) жерлерин басып алады. VI әсир ортасында
Франк мәмлекети бурынғы Римниң Галлия провинциясының ҳәмме жерлерин
ҳәм Рейнниң арғы тәрепиндеги Герман жерлерин ийелеген. Олардың
ҳәкимиятын тюринглер, алеманлар, варварлар ҳәм сакс қәўимлери мойынлады.
Франк мәмлекети басқа варвар қәўимлериниң мәмлекетлерине қарағанда
узағырақ жасаған еди. Сонлықтан бул мәмлекеттеги феодализмниң ең ерте
басқышынан оның қәлиплескенге шекемги дәўирдеги раўажланыў жолын
үйрениў қолайлы. Бул жердеги феодалласыў ыдырап баратырған соңғы Рим
ҳәм Герман руў-қәўимлик қатнаслардың синтези нәтийжесинде әмелге асқан.
«Сали ҳақыйқаты» франклердиң жәмийетлик дүзимин үйрениўдеги жазба
дерек есапланылады. Онда сали франклериниң суд тәртиплери жазылған
ҳүжжети болып, ол Хлодвигтиң дәўиринде дүзилген. Ҳужжетте Римниң тәсири
басқа варвар қәўимлерине қарағанда аз еди. Тек, сырттан қарағанда жазыўы
латын тилинде ҳәм штраф муғдарлары Рим ақша бирлигинде көрсетилген.
18
«Сали ҳақыйқаты» жаўлап алғанға шекемги алғашқы жәмиетлик дүзимниң ерте
дәўириндеги тәртиплерин сәўлелендиреди. Онда биз социаллық ҳәм мүлклик
теңсизликтиң пайда болғанлығын көремиз. Жерге мийрасхорлық ҳуқықы,
ҳәттеки ҳүкимет лаўазымларының атадан-балаға өтетуғынлығын белгили
болды. Улыўма алғанда ҳужжет франк жәмийетиниң әййемги общиналық
дүзимнен феодализмге өтиў жолын көрсетеди. Бирақта ол VI-IX әсирлерде
Франк короллери тәрепинен жаңадан толықтырылып барылған.
Сали
ҳақыйқаты
бойынша
франклердиң
хожалығы
Тациттиң
мағлыўматында көрсетилген германлардың хожалығынан бир-қанша жоқары
болған. VI әсирде алмаслап егиў кең таралады. Дәнли егинлер менен қатар
собықлы егинлер ҳәм лен, сондай-ақ үй қапталында баў-бақшалары,
жүзимгершилик ҳәм палыз егинлери егиледи. Ҳәмме жерде темир пазналы
пулгтен, аўыл хожалығында ҳайўанат күшинен, сондай ақ суў дигирманынан
пайдаланылған. Мал шарўашылығы, аншылық, балықшылық ҳәм пал ҳәрресин
өсириў менен де шуғылланады. Бул дәўирде затларға жеке меншиклик бар
болып, бул туўралы «Сали ҳақыйқат» ындағы ғәллени, малды, үй қусларын,
қайықты ҳәм аўды урлағаны ушын көрсетилген үлкен штрафлар гуўалық
береди. Ҳүжжетте тек үй қапталы жерге жеке меншиклик көрсетилген. Еркин
майда дийханлардан қуралған аўыллардың улыўма халық жерлериде болған.
«Сали ҳақыйқаты» бойынша жәмийетлер аўыллардың көлеми бойынша ҳәр
қыйлы болып, олар туўысқанық семьяларының жыйындыларынан ибарат
болған. Көпшилик жағдайда үш атаға шекемги туўысқанлардың топарынан
ибарат еди. Жеке семьялар пайда бола баслаған ҳәм бул жеке семьялардың
жерге меншиклиги V әсирде қәлиплести. «Сали ҳақыйқаты» бойынша жерлерге
меншиклик тек ер адамларға тийисли болды. Егерде баласы болмаған жағдайда
жер улыўма аўыл жәмийетиниң мүлкине айналған. Дийханшылық
жыйналғаннан кейин жерлер улыўмалық жайлаў ретинде пайдаланылды.
Жуўмақлап айтқанымызда «Сали ҳақыйқаты» ҳүжжети руўлық жәмийеттиң
ыдыраў ҳәм қулаў қубылысларын көрсетеди. Мүлкке теңсизлик басланып ол
руўлық қатнаслардың ҳәлсиреўине алып келеди. Семьяның жери (аллод) басқа
биреўге сыйлыққа биреўге, мийрасқа ҳ.т.б. жағдайларда пайдаланылған. Бундай
19
жерлердиң пайда болыўы менен жер бойынша алғашқы жәмәәтлик дүзимнен,
аймақлық қоңсышылық жәмәәтке өтиў толық қәлиплеседи. VI әсирдиң
ақырына келип жайлаўлар ҳәм тоғайлар семьялардың меншигине өтиў
жағдайлары кең ушырасады.
Меровинглер дәўириндеги франклердиң жәмийеттеги социаллық
қатнасларға бөлиниўи
.
«Сали ҳақыйқаты» ҳужжетинде әпиўайы ғәрезсиз
франклердиң қуны 200 солид, король сақшылары ямаса ҳәмелдарлар 600
солид, ярым ғәрезли адамлар-литлер 100 солид деп көрсетилген. Франклерде
қуллардың да бар екенлиги көрсетилген. Бирақта олардың мийнетлери
өндиристе Рим империясындағыдай роль атқармады. Оларды үй
хызметкерлери, өнермент, шопан, ат бағар ҳ.т.б. хызметкерлерде
пайдаланылған. Аўыл хожалығында жумысшы, күш сыпатында дерлик
пайдаланылмаған. VI әсирдиң ақырында ири жер ийелери қатламы пайда
болды. Олардың жерлеринде қуллар менен қатар ярым ғәрезли (литлер) ҳәм
ғәрезли адамлар езиўшиликте жумыс иследи. Биреўдиң қараўына өтиў акти
(коммендация) деп аталды.
Галло-Рим халқы ҳәм олардың франк жәмийетиниң феодалласыўындағы
роли.
Феодалласыў процеси тек ғана франклердиң ишинде ғана болып
қоймастан халықтың көпшилигин тутқан галло-римлер арасында да кең
таралды. «Сали ҳақыйқаты» бойынша Рим халқы үш категорияға бөлинеди:
1. Корольға жақын адамлар. 2. Дийханлардан ибарат ири жер ийелери.
3.Ҳәр түрли ислеўге ямаса төлемин орынлаўға миннетли адамлар. Бурыннан ақ
жерге жеке меншикке ийе ҳәм қоңсы жасаған галло-рим халқы франк
жәмийетинде алғашқы жәмийеттиң ыдыраўына ҳәм феодализимниң
қәлиплесиўиниң теңлесиўине өз тәсирин тийгизеди. Меровинглер дәўириндеги
франк короллиги VI әсирдиң ақырғы VII әсирдиң басында дерлик ерте
феодаллық жәмийет болып, бирақта феодалласыў қубылысы бир қанша әстен
раўажланды. Тап VII әсирдиң ақырына шекем бул жәмийеттеги тийкарғы
қатлам сыпатында еркин майда жер ийелери есапланған, бирақта арқада еле
еркин бирлескен жәмәәт-марка тийкарғы орынды тутатуғын еди.
20
Франклерде мәмлекеттиң пайда болыўы
. Алғашқы жәмийетлик дүзимниң
«әскерий демократия» басқышына байланыслы басқарыў дүзимлери әстелик
пенен әскерий көсем басқарыўы күшейип киятырған тәртипке өте баслайды
ҳәм буннан корол басқарыўына өтеди. Бул қубылыс жаўлап алыў
нәтийжесинде күшейди, себеби басып алыўшылар галло-рим халқын
ғәрезсизликте услаўы керек еди, сондай ақ франклер жаўлап алған жеринде
өзлериниң жәмийетине қарағанда бир-қанша алға раўажланған класслық
дүзимдегилерди басқарыў ушында жаңаша тәртиптеги жәмийетке өтиў
зәрүрлиги пайда болды. Корол мәмлекетти басқарыўда орай етип король
сарайын алып ҳәмме басқарыўды өз әтирапына жәмледи. Мәмлекеттиң
басқарыўнда өз хожалығындай жүргизди. Бирақта алғашқы жәмийетлик
дүзимнен сақланып киятырған әскерий көзден өткериў- «март айы майданы»
тәртиби сақланды .
Король улыўма мәмлекетлик әҳмийетли мәселелерди талықлаўда
ақсақаллардың мәжилисин өткизген. Мәмлекет графлықларға бөлинген ҳәм
граф өз жеринде қазна хызмети ушын алынған штрафтың үштен бирин королге
тапсырған. Сайланып қойылған баслықтың басшылығында еркин адамлардың
«жүзлик» жыйналысы еле шақырылып турған, жыйналысқа тағыда король
администрациясының баслығыда қатнасып ол мәжилисте тийкарынан судья
хызметин атқарған. Сол ўақытлары аўылларда өзин-өзи басқарыў сақланып,
өзлери баслық лаўазымына ўәкил сайлап, ол судья жумысын атқарған ҳәм
оның шешиминиң орынланыў жағдайын қадағалап барған.
Хлодвигтиң әўладлары тусында мәмлекеттиң бөлшеклениўи.
Хлодвиг
өлгенен кейин мәмлекеттиң бөлшеклениўи басланды. VI әсирдиң ақырынан
баслап ғәресиз қәлиплескен үш ўәлаят пайда болды.
1. Нейстрия: Орайы Париж болған арқа –батыс Галлия жери короллери.
2.Австразия: Рейн ҳәм Маас дәрьяларының еки бойы болған мәмлекеттиң
арқа-шығыс бөлеги.
3. Бургундия: бурынғы Бургундия короллигиниң жерлери.
VII әсирдиң ақырында қубла-батыста Аквитания белгили.
21
Do'stlaringiz bilan baham: |