Туребеков М


§ 3. Герман қәўимлериниң Батыс Рим империясына басып



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet4/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 3. Герман қәўимлериниң Батыс Рим империясына басып 
кириўи. «Варвар» корольликлериниң пайда болыўы 
II-III әсирлер Герман қәўимлериниң шығыс ҳәм орайлық Европада 
топарларға бөлиниўи ҳәм көшип қоныс басыўлары дәўири болған. Бул 
ҳәрекетлер олардың Рим империясының шегарасынан бузып кириў 
жағдайларына алып келди. Баслы себеби Герман қәўимлериниң арасындағы 
теңсизликтиң күшейиўи. Қәўимлер арасында ақсүйек (белгили адамлар) енди 
басып алыўшылық жүрислер, олжалар нәтийжесинде жасай баслаған. 
Сонлықтан байып кетиў ушын атланыслар көбейди. II әсирлерде шығыс герман 
қәўимлери готлар Балтик бойларына жақын жерлерден Қара теңиз бойларына 
орналасты. Днестр ҳәм төмендеги Дунай бойындағылар–вестготлар деп 
аталды: Днестрден Қара ҳәм Азов теңизлерине шекемги жасаған қәўимлер 
Остготлар деп аталған. Олар турақлы түрде империя жерине әскерий 
атланыслар жасап турған. 
Герман қәўимлеринде ири аўқамлар пайда болған. Олардан алеманлар 
(Рейнниң жоқарғы ағысы), сакслар төменги Эльбаның батыс ҳәм шығысы, 
франклер Рейнниң ортаңғы ҳәм төменги ағысы, вестготлар, остготлар, 
лангобардлар, вандаллар, бургунлар ҳ.т.б киреди. III-IV әсирдиң басларында 
алеманлар Рейн, Дунай ортасындағы үш мүйешли жерлерди басып алады. Енди 
олардың империяның ишки бөлимлерине қарай атланыс жасаўға тирениш 
пункти пайда болады. Оларда өнерментшиликтиң ҳәр қыйлы тараўлары ҳәм 
саўда кең таралады. Дийханшылықта темир пазналы плуг, юрма 
пайдаланылған. Тоғайлар есабынан егислик жерлер кеңейди ҳәм қурал-
жарақлардың сапасы артты. Кемесазлық жақсыланып, үлкен ескекли кемелер 
соғылған. Қоңсы еллер (Скандинавия, Қара теңиз бойлары) менен саўда 
жүргизилген. Улыўма хожалық натурал дәрежеде еди. Империя менен 


13 
байланыс Германия қәўимлеринде руўлық жәмийеттиң ыдыраўын тезлетти. 
Айырым қәўимлерде ҳәммеге теңдей жерди бөлистириў жоғалды ҳәм ярым 
ғәрезли адамлар қатламы пайда болды (франклерде- литлер, ютларда-латлер 
сакслер, лангобардларда-альдийлер). Олар өз хожайинлерине жеке ҳәм айырым 
дәрежеде ғәрезли болды. Басқарыў бурынғысынша «әскерий демократия» 
формасында қалды. Урыў ақсақалларының роли күшейип, король лаўазымы 
нәсилден-нәсилге өтиў жағдайы бар еди. Ол әскерий дружинасына сүйенип 
жумыс иследи. Германлыларда руни жазыўы пайда болды. Онда белгилер, грек 
ҳәм рим алфавитлеринен пайдалланды. IV әсирде готларда, вандаларда, 
бургундларда ҳәм басқа да қәўимлерде арианлық түриндеги христиан дини кең 
таралады. Готлардан Улфила деген адам Библияны гот тилине аўдарды. 
IV әсирдиң ақырларында варвар қәўимлериниң Рим империясына массалық 
түрде басып кириўи басланды. Буның баслы себеби, бириншиден социаллық 
ҳәм затқа теңсизликтиң күшейиўи, екиншиден байлықтың көбейиўине 
умтылыў. Бул дәўирге келип басып алыўшылық герман халықлары ушын 
күнделикли талапқа айланды. Халықлардың «уллы көшип қоныслаўы» VI 
әсирге шекем даўам етип, олар мың шақырымдай Европа ишкерисине басып 
кирди ҳәм олардың бир топары арқа Африка жерлерине барып жетти. Рим 
империясы болса жаўлап алыўшыларға оншелли қарсылық көрсете алмады. 
Халықлардың уллы көшип қонысласыўына гунн қәўимлериниң жылысыўы да 
үлкен себеп болды. IV- әсирдиң II ярымында Волга ҳәм Дон дәрьяларының 
ортасында гунн қәўимлериниң аўқамы дүзилип, олар шарўалар еди. Олардың 
ийелеген жерлери улыўма ҳәмме қәўимге тийисли болып, баслы мәселелер 
халық жыйналысында шешилген. Урыс жағдайларында әскерий көсем 
сайланған. IV әсирде оларда король лаўазымы болмаған. IV әсирдиң екинши 
ярымында Дон бассейнине атланыс жасаған ҳәм 375-жылы Қара теңиз 
жанындағы готлар аўқамын басып алады. Олардың бир топары гуннлардың 
қурамына өтеди, екинши топары батысқа қарай жылыслады. 
Гуннлардың топылысынан жылысқан вестготлар Дунай арқалы Рим 
империясының Мезия (ҳәзирги Болгария жеринде) жерине аўқамлас 
сыпатында 376-жылы қоныс басады. Олар өзинше жасап, тек империяның 


14 
шегарасын бағыўға миннетли болды. Империя оларға экономикалық жақтан 
ҳеш жәрдем бермеди. Басшылықтың ҳ.т.б. шараятлардың жақсы 
болмағанлығынан халық көтерилис шығарып, вестготларға басқа «Варварлар» 
қосылып 378-жылы Адрианопол қасында Рим армиясын қыйратады ҳәм Рим 
императоры Валент өледи. 362-жылға келип император Феодесий көтерилисти 
зордан бастырады. Вестготлар аўқамлас сыпатында Мезияға, Франклер ҳәм 
Македонияға қоныс басып, әскерий көсем Аларих басшылығында көтерилис 
пайда болды. Көтерилисти қыйыншылық пенен бастырған Рим империясы 
вестготларға Балкан ярым атаўының батысындағы жерлерге қоныс басыўына 
рухсат бериўге мәжбүр болды. Вестготлардың соңғы гүреслери нәтийжесинде 
410-жылы олар Римди басып алады ҳәм талайды. Нәтийжеде империяның 
келисими менен вестготлар қубла-батыс Галлияға аўқамлас сыпатында қоныс 
басады. Ол жерде 418-жылы Вестгот короллиги пайда болып, пайтахты Толоза 
(ҳәзирги Тулуза) қаласы болады. Олар V әсирдиң екинши ярымында барлық 
Галлияны ҳәм Испанияның үлкен бир бөлегин басып алады. 
VI әсирдиң басында франклар вестготларды қыйратып 507-жылы Тулуза 
короллиги ҳәм Аквитанияны Франк мәмлекетиниң қурамына алады. Вестгот 
короллиги Испания жерине өтип VIII әсирдиң басына шекем сақланған. 
Вандаллар III әсирде Германияның ишки жерлеринен Дунайға, Дакияға, IV 
әсирде Панонияға, соң Гуннлардың тәсиринде батысқа жылысады. V әсир 
басында Галлияға басып киреди. Оннан Испанияға өтип Вестготлар менен 
соқлығысады ҳәм 429-жылы вандаллар аланлар менен бирге арқа Африкаға 
өтеди. Олардың басында король Гезарих турады ҳәм Африканың үлкен 
бөлегин басып алып ол жерде орайы Карфаген қаласы болған Вандал 
короллигин дүзеди. Олар Балеар атаўларын Корсиканы, Сардинияны, 
Сицилияны басып алып 455-жылы теңиз арқалы Римди басып алады. Бул 
короллик 534-жылға шекем сақланған оны Юстинианың әскерлери қыйратып 
арқа Африканы Византияға қосып алады. 
V әсирде қубла-шығыс Галлияда Бургунд короллиги пайда болып, V 
әсирдиң басында олар вандаллар ҳәм аланлар менен бирликте Рейн дәрьясынан 
өтип орайлық ағысында орайы Вормс болған короллик дүзеди. Бургунд 


15 
короллиги гуннлар тәрепинен қыйратылады. Олардың бир бөлеги Рим менен 
аўқамлас болып Женева көлиниң қубла ҳәм қубла-батыс тәрепине мәкан 
басады. Сонлықтан олар Рейн ҳәм Сена дәрьяларының жоқарғы ҳәм орта 
ағысына таралады ҳәм 457-жылы пайтахты Лион қаласы болған королликке 
айланады. Оларды 530-жылы франклер басып алады. Гуннлар остготларды 
қыйратып империяға басып киреди ҳәм V әсирдиң басында олар Паннонияны 
(батыс Венгрия) ийелеп үлкен бирлеспе дүзеди. 50-жыллардың басында 
Аттиланың басшылығында Рейн дәрьясынан өтип, Галлияға топылыс жасайды. 
451-жылы Шампанияда Рим империясы менен ири саўаш болды. Нәтийжеде 
олар Рейннен ары жылысты ҳәм 454-жылы Аттилла өлгеннен соң олар тарқап 
кетеди. Гуннлардың тарқағанынан соң олар Паннонияда Фракияда шығыс Рим 
империясына аўқамлас сыпатында жасайды. Олардың көсеми Теодорих 
Амаллар династиясынан шығып, Римлердиң патриции ҳәм консул атағына ийе 
еди. Ол шығыс империясының императоры Зенон шақырығы менен Одакор 
басшылығында Италияға атланыс жасайды. Атланыс парахатшылық жол менен 
Италияны бөлисиў менен тамамланады. Тез арада Одоакрды Теодорих 
өлтиреди. 493-жылы Италияда Остготлар короллиги дүзилип ҳәм орайы Равен 
қаласы еди. Мәмлекетке Италиядан Дунай дарьясына шекемги жерлер қараған, 
остготлар тийкарынан орайлық ҳәм арқа Италияда жасаған. Қубла Италияда 
тек готлардың әскерий горнизоны жайласқан болып Одоакрдың тәрепдарлары 
ўақтында басып алынған Рим жер ийелегиниң үштен бири готларға бериледи. 
Короллик Италияда Византияның ҳәкимияты орнағанға шекем (555-жыл)
жасаған. 
Византия өзиниң Италияда үстемлигин узақ сақлап тура алмады. 568-
жылғы лангобардлар короли Альбойн басшылығында Италияға топылыс 
жасайды ҳәм VII әсирдиң басына келгенде Италияның көпшилик жерин басып 
алады. Олар елдиң арқа ҳәм орайлық ҳәм таўлы бөлегине жайласады ҳәм ол 
жерде лангобардлардың герцоглықларын (Веневент Сполето) дүзген. Бирақ 
теңиз портлары византиялылардың қарамағында қалады. Королликтиң 
қурамына Рим ҳәм Раван әтираплары кирмеген. Лангобардлар Рим халқы 
менен жерлерди бөлиспеди, керисинше олар басып алған жерлердеги ири ҳәм 


16 
орташа жер ийелериниң ийеликлерин тартып алды ямаса оларды өз 
жерлеринен қуўып жиберди. Римликлердиң колонлары, лангобардлардың 
қуллары ҳәм ярым ғәрезли топарына қосылды. Короллик VIII әсирдиң 70-
жылларында франклердиң жаўлап алыўы менен тамам болды. 
V әсирдиң басында Рим ҳүкимети варварлардың топылысынан қорғаныў 
ушын Британиядағы легионларын шақырып алыўға мәжбур болды. V әсирдиң 
орталарынан баслап массалық түрде Британияға басып кириў басланды ҳәм 
Германияның арқа жағаларынан англлер, сакслар, ютлар, фризлер топылды. 
Олардың көпшилигин англлер ҳәм сакслер қурағанлықтан олардың ҳәммесин 
англо-сакслер деп аталынған. Бриттлер кельт қәўимлери болып олар басып 
алыўшыларға үлкен қарсылық көрсетеди. Жергиликли халық езиўшиликке 
дуўшакер болып, герман қәўимлери менен араласады. Ирландия ҳәм атаўдың 
батыс жерлери ғарезсиз бурынғысынша жасаған. Басып алыўшылар ол жерде 
бир-неше англо-сакс королликлерин дүзген. Рейн дәрьясының ортаңғы ҳәм 
төменги ағысында теңиз жағаларында франк қәўимлери жасаған. Олар III-IV 
әсирлерден баслап Рим Галлиясын, IV әсирдиң II ярымынан Токсандрияны 
басып алады. Франклердиң сали қәўимлериниң көсеми Хлодвиг (481-511) 
Батыс Рим империясы қулағаннан кейин арқа-шығыс Галлияға топылады. Ол 
жерди Рим ўәкили Сиагрий басқаратуғын еди. 486-жылы оларды қыйратып 
Хлодвиг Сена ҳәм Луара дарьясына шекемги жерлерди басып алады. Ол басқа 
көсемлерди шетлетип ҳәмме қәўимлерди өз қол астына бирлестиреди. Өз 
ҳәкимлигин беккемлеў мақсетинде 486-жылы христиан динин қабыл етеди.
Германиядан V-VI әсирдиң басларында қосымша жаңа күшлер келип турады.
Басып алған жерлеринде олар қоныс басып ҳәм Луарадан арқаға қарай 
олардың массалық қонысласыўы шекленген еди. Қубла Галлия жерлерине 
франклердиң аз-маз хызметкер ақсүйеклери қонысласты. 
Варварлардың 
топылысынан 
кейин 
Рим 
империясында 
социал-
экономикалық ҳәм сиясий кризис тереңлести. Римниң қол астында тек Италия 
жерлери ғана қалды. Бул жерде ҳәкимият ис жүзинде «варварлардың» 
дружиналарының басшыларының қол астында болды. 476 жылы Батыс Рим 
империясының соңғы императоры Ромул Августул жалланба «варварлардың» 


17 
Одоакр басшылығындағы әскерлери тәрепинен қыйратылды. Ол басып 
алынған жерлериниң үштен бирин өз әскерлерине бөлистирип береди. Усы 
жыл шәртли түрде Батыс Рим империясының қулаў күни деп есапланды. 
Бирақта оның ыдыраўы бурын-ақ басланған еди. Варварлардың топылыс 
нәтийжесинде Европаның сиясий картасы өзгерди. Батыс империя жерлеринде 
жаңа королликлер пайда болып, жәмийетлик дүзиминиң-феодализминиң 
қәлиплесиўине қолайлы жағдай дүзилди. Рим қул ийелеўшилик дүзими, 
жәмийеттиң раўажланыўына яғный қул ийелеўшилик дүзимнен феодализмге 
өтиўге тосқынлық жасап тур еди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish