Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet14/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

VIII-IX әсирдиң биринши ярымындағы халық ҳәрекетлери. 
Ири жер 
ийелеўшиликтиң күшейиўи ҳәм феодаллардың еркин дийханларды 
езиўшиликти күшейтиўи класслық гүрестиң кескинлесиўине алып келди. 
Олардың бири павликанлар еди. Олар адамлар тек қудай алдында тең болып 
қоймастан социаллық рухый ҳәм материяллық теңликке гүрести. Олар 
ширкеўлик ирархияға, иконаларға сыйыныўға, монархлық хызметлерди жоқ 
болыўын талап етеди. Павликанлардың бул талаплары кең халық массасы 
арасында қоллап-қуўатланды. Дийханлардың крепостнойлыққа айланыўына 
қарсы ҳәрекетке байланыслы 820-жылы Фома Славяниниң басшылығында 


38 
көтерилис басланады. Ол әскерий командир еди. Өзин император деп 
жәриялаған ҳәм патша ҳүкиметине қарсы гүрес баслайды. Көтерилисшилердиң 
тийкарын дийханлар, қала жарлы халқының бир топары ҳәм қуллар қурады. 
Көтерилисшилерди павликанлар ҳәм еретик ағымларының ағзалары қоллап 
қуўатланды. Көтерилис Киши Азияның көпшилик бөлегин қамтыды. Фома 
басшышығындағы ләшкерлер Фракия менен Македонияға болған ўақытлары 
оларды славян халықлары қоллап қуўатлады. Жыл даўамында олар 
Константинополь қаласын камал қылды. Көтерилисшилердиң күшли 
қарсылығына қарамастан олар 823-жылы қыйратылады. Фома тутқынға 
алынды ҳәм өлтирилди. Иконаға қарсы гүрес нәтийжесинен қәўипленген 
жоқары класс ўәкиллери бир-нешеге айырылып кетти. Императордың ҳаялы 
Феодора баласы Михаил Ш жаслай мәмлекетти басқарған ўақтында 843--
жылы иконаларға сыйыныўды қайта тиклейди. Бирақта бурын ширкеўди 
қуўдалап алынған жерлер әскерий –хызметкерлердиң қолында қалды. 
IX әcирдиң II ярымы XI әсирлердеги Византия
. Аш-әптадалыққа ушыраған 
аўыл адамларының бир топары күн көрис ушын қалаларға кете баслады. 
Екинши топары байыған жәмаатлердиң қараўында мийнет етти. Тағы бир 
топары өзиниң жерлерин ири жер ийелерине берип өзлери феодаллардың 
жерлеринде крепостнойлыққа душакерлесип отыра баслады. Айырым аўыллар 
толығы менен ири феодаллардың бириниң қолына өтип кетеди. 
Камбағалласқан дийханлар салық төлей алмайды ҳәм камбағалласқан әскерлер 
әскерий дизимнен шығарылып тасланады. 
Македония династиясынан шыққан императорлар (867-1056-жыллары) 
дийханлар жеринен азайып кетиўине байланыслы бир қанша нызамлар 
шығарады. X әсирдиң 60-жыллары аўыл жәмәәтлериниң династиялық 
жерлерди сатып алыў ҳуқықынан айырады. 80-жылға шекем салық төленбеген 
аўыл жерлерин мәмлекет өз қараўына алады. X әсир орталарынан баслап 
әскерий хызметке уқыплы дийханлар айрықша дизимге алынады. Бир қанша 
қурғын хожалықлар бир атлы әскер, төмен хожалықлар бир мәрте мәмлекетке 
әскерий хызметке барыўы шәрт болған. Армияның тийкарын аўыр қуралланған 
атлы әскерлер қурады. Атлы әскерлердиң баҳасының өсиўи менен бир атлы 


39 
әскер беретуғын жердиң баҳасыда артты. Бурынғы ғәрезли қулдың, калонның 
ҳ.т.б. орнына ғәрезли нәсиллик жерден пайдаланыўшылар (парик) қәлиплести. 
IX-XII әсирлерде ислеп бериў рентасы кең таралған. Бирақта, ақша ҳәм затлай 
рентада өсе баслады. Дийханлар тийкарынан жер салығын ақшалай (канон) 
ақшалай ҳәм затлай (синон) төледи. Бул салық X әсирге келип толық ақшалай 
алынатуғын болды ҳәм тағыда ақшалай ҳәр үйден салық жыйналды. Соның 
менен қатар ҳәр қыйлы турақлы ҳәм турақсыз төлемлер де болған. X әcирден 
баслап императорлар ширкеўге кең жерлерди инам ете баслайды. Ол жерлерге 
ғәрезли дийханларды ҳәм мәмлекетлик париклерди отырғызып пайдаланыў 
ҳуқықы берилди.
XI әсирдиң ақыры XII әсирдиң басында Византияда басқа Батыс Европа 
еллерине қарағанда бир қанша кеширек феодаллизимдеги тийкарғы еки класс 
қәлиплести. «Эпарх китабы»нда IX әсирдиң екинши ярымынан баслап 
қалалардың көтерилиўи басланады. Өнерментшилик ҳәм саўда раўажланады. 
Константинопол қаласындағы өнерментлердиң ҳәм саўдагерлердиң мийнетин 
шөлкемлестириў тәреплери туўралы жазылған. «Эпарх китабы» көп анық 
мағлыўматлар береди. Онда пайтахтағы басқарыўларға басшылық еткен 
эпархтың қарарларының жыйнағы сақланған. Өнерментшиликтиң ҳәм 
саўданың тийкарғы түрлери өндирис корпарациясына (шөлкемине) бирлескен. 
Бул шөлкемге кирген өнермент ямаса саўдагер қала басқарыўындағы 
мүмкиншиликлерден ҳәм жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы болмаған. 
Бундай жеңилликлер саўда шөлкемлеринде өнерментшилик аўқамларына 
қарағанда бир-қанша жақсы болған. Аўқамның қурғын ағзалары қуллардың
ҳәм 
жалланба 
жумысшылардың 
мийнетлеринен 
кең 
пайдаланған. 
Корпарациялар толығы менен орайлық басқарыўға қараған ҳәм оның 
буйыртпалары менен қурал жарақ ҳ.т.б. ислеген. Мәмлекет корпарациялардың 
ислерин бақлап турды. Өндиристиң көлеми, шийки зат қоры, көлеми, ўақыты 
ҳ.т.б. мәмлекеттиң қазнасына байланыслы қала эпархы анықлап отырды. Бул 
жағдайлары менен Константинополь қаласы корпарациясы Батыс Европадағы 
цехлардан айырылып турады. 


40 
Мәмлекетлик басқарыў мекемелери

X-XI әсирлерге келип басқарыў 
мекемелериниң саны 16 ға жетеди. Олардың ишинде салық жыйнаў, 
мәмлекетлик почта, сыртқы байланыслар, стратегиялық әскерлерди жыйнаў 
мекемелериниң хызметлери үлкен болды. Ҳәр лаўазымдағы басқарыўшыға 
атақ, хызмет ҳақы ҳәм жеңилликлер берилди. Император сарайында көплеген 
хызметлерге байланыслы лаўазымлар бар еди. Император кеңеси (синклит) 
орайлық басқарыўдағы сиясатқа тәсирин жасап турған. 
X-XI әсирдеги ширкеў.
Бул дәўирде қайтадан ширкеўдиң империядағы 
жәмийетлик турмысқа тәсири күшейди. Патриархты сайлаў ҳәм ширкеў қоры 
толығы менен императордың қолында болды. Епископларда артық жерлери 
болмады. Ширкеўлик үй басына ақшалай ҳәм затлай төлемлер X әсирдиң 
ақырында нызамластырылды. Арнаўлы түрде христиан дини негизги бир дин 
деп қабылланылды. Батыс Европаға қарағанда Византияда монастирлер ҳәм 
монахлар бир-қанша көп еди. 
X әсирдиң II ярымы XI- әсирдиң ақырындағы империянық сыртқы 
сиясаты. 
X әсирдиң ақыры XI әсирдиң басында араблар ҳәм болгарлар 
қайтадан Византияға избе-из соққылар берген. Араблар Кипрди ҳәм 
Сицилияның ҳәмме жерлерин басып алды. Енди олар империяның Қубла 
Италиядағы жерлерине қәўип туўдырды. Крит араб теңиз қарақшыларының 
ордасына айланды. Болгария менен урыста да Византия жеңилиске ушырады. 
Урыс дерлик 30 жыл даўам етти. Византияның халық аралық жағдайы тек ғана
X әсир орталарында ғана жақсы бола баслады. Империя араблардан жоқарғы 
Месопотамияны, киши Азияның бир бөлегин, Сирияның бир қанша жерлерин, 
Критти, Кипрди қайта басып алды. Грузия ҳәм Арменияға Византияның 
қайтадан тәсири күшейеди. X әсирдиң екинши ярымында империя Болгария 
патшалығына атланыс жасайды ҳәм 1018 -жылы оны жаўлап алады.
Византия менен руслардың қарсылығы VIII әсирден басланып, руслар 
Қрымға 
IX 
әсирдиң 
басларында 
топылады. 
Олар 
860-жылы 
Константинопольди қамалға алады. Нәтийжеде келисим дүзиледи. Көп узамай 
907-жылы руслар қайтадан Константинопольге ҳәм Босфор жағаларына 
келеди. Византия Россия ушын жүдә қолайлы келисимге 911 -жылы қол 


41 
қойысады. 941-жылы князь Игорь соң князь Святослав соңғы рет 
Константинопольге 1043-жылы топылыс жасайды. Урыс жаңа келисим менен 
жуўмақланады. 1047-жылы руслар Константин IX Мономахқа (1042-1055-
жыллары) 
жергиликли 
феодаллардың 
көтерилислерин 
бастырыўға 
жәрдемлеседи. Көп узамай Византия императорының қызына Киев князы 
Яраслав Мудрийдин баласы Всеволод үйленеди

Бул өз-ара қатнасықлардың 
жақсыланыўына алып келди. 
Класслық гүрес ҳәм жоқарғы класс ишиндеги өз-ара гүреслер.
X-XI 
әсирлерде класслық гүреслер бурынғы дәўирге қарағанда тар ҳәм жергиликли 
характерде болады. 932--жылы Киши Азияның Опсик ўалаятында Василий 
басшылығында көтерилис болады. Оның лақабы «медная рука-мыс қол» деп 
аталған. Олар феодалдың қорғанын басып алады ҳәм оның байлықларын 
тонайды. 
Мәмлекетлик 
әскерлер 
көтерилисти 
бастырады 
ҳәм 
Константинопольде Василий отқа жағып жиберилди. Қалаларда салықтың
көбейиўи, басшылардың зулымлықларына байланыслы қала халқының 
наризалық көтерилислери болып турды. 1042-жылы пайтахтта бир-қанша 
көтерилис болып, нәтийжеде көтерилисшилер Михайлды тахтан қулатады. 
Сарай байлықларының бир бөлегин тартып алады ҳәм салық дизими жазылған 
топламды жоқ етеди. XI-әсирдеги ең ири көтерилис батыста 1040-1041–
жыллары Делян басшылығында болады. XI әсирдиң орталарына келгенде 
феодаллардың өз-ара келиспеўшиликлери империяның әскерий күшин 
ҳәлсиретти. 1071-жылы турк-селжуклери Византия әскерлерин Арминияда 
қыйратады. Византия басшысы Роман IV Диоген (1067-1071-жыллары) 
тутқынға алынады. Турклер Арменияны ҳәм дерлик Киши Азияны басып 
алады. Усы жылы норманлар Византияның Италиядағы ең соңғы ийелиги Бари 
қаласын басып алады. Феодаллық ишки жаңа қарама-қарсылықлардың 
нәтийжесинде 1081-жылы жер ийелериниң биринен шыққан Алексей I Комнин 
(1081-1118-жыллары) империяның тахтына отырады. 


42 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish