Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Натурал хожалықтың таралыўы
. Королингилер дәўиринде феодал 
меншигинде ҳәм феодаллық аўылларда затлай хожалық көпшиликти қурады. 
Өнерментшилик ҳәм аўыл хожалығы ортасында жәмийетлик мийнетин 
бөлиниўшилиги болмады. Өнерментшилик аўыл-хожалығы менен байланыста 
болып феодалдың меншигин өнерментшилик буйымлары менен тәмийнледи. 
Феодалдың өнерментлери тағыда феодалдың қараўындағы дийханларды ҳ.т.б. 
кийим-кеншек, қурал-жарақ ҳәм үй рузгершилик буйымлары менен тәмийнлеп 
отырды. Базарлардағы саўда еле айтарлықтай орын ийелемеди. Империяның 
бөлимлери арасында турақлы саўда байланысы болмады. Сыртқы саўда төмен 
болды ҳәм саўда тек жоқары қатламдағы ҳәкимлердиң мәпи ушын хызмет 
иследи. 
Ғәрезли дийханлардың аўҳаллары
. Феодаллық меншиктеги дийханлардың 
аўҳалы, келип шығыўы ҳәм ҳуқықы бир қыйлы болмады. Олар үш қыйлы 
топарға бөлинетуғын еди. Калонлар көпшиликти тутып, олар толығы менен 
жеке өз ғәрезсизлигин жоғалтпағанлар, бирақ жер бойынша ғәрезли. Жерлери 
мийрас болып оннан кейин алыў ҳуқықы болмаған. Олардың тийкарын 
бурынғы аўыл еркин дийханлары қураған. Қуллар (серблер) еки категорияға 
бөлинген. 1.Жерсиз ҳәўли қуллары. 2.Жерге бекитилген қуллар.Бириншисин 
ийеси меншигиндей қарап сатыўға ҳақысы болған. Екиншиси крепостной 
дийханның аўхалына жақын болған. Еки қатламның ортасындағы топарды 
«литлер» деп аталып олар феодалдың қәўендерлигиндеги нәсиллик жерге ийе 
адамлар. Ҳәмме категорияға кирген ғәрезли дийханлардың ҳәммеси жер ийеси 
ушын барщина ҳәм оброк төлеген. Серблер хожайынниң жеринде ҳәптесине 


29 
кеминде үш күн жумыс иследи. Калонлар хожайинниң белгилинген бөлек 
жеринде жумыс ислеп берген ҳәм ғәрезли дийханлардың бул аўҳалы олардың 
сиясий ҳәм экономикалық наразылығын күшейтти. Крепостной дийханлардың 
үлкен көтерилиси туўралы 821-жылғы корол Людовиктиң қарары гуўалық 
береди. Онда Фландрияда дийханлардың «нызамсыз» бас көтериўлери ҳәм 
аўқамлары туўралы мағлыўмат береди. 848 ҳәм 868 – жыллары Майн 
епископлығында 841 ҳәм 842–жыллары Саксонияда дийханлардың 
көтерилислери болды. Дийханлардың көтерилислери тосыннан, пытыраңқы 
болғанлықтан ҳәм шөлкемлеспегенликтен жеңилислер менен тамамланған. 
Жуўмақлап айтқанымызда жер қатнасларындағы аўдарыспақлар VIII-IX 
әсирлерге келип Королинглер мәмлекетинде феодаллық қатнасықлардың 
толық қәлиплесиўине алып келди. 
Королингилер мәмлекетиниң сиясий шөлкемлери

Меровинглер дәўиринде 
пайда болған ерте феодаллық мәмлекет VIII-IX әсирлерде Королинглер 
ўақтында феодаллар классының сиясий үстемлиги барған сайын қорғап 
барады. Уллы Карл тусында корол сарайында жылына еки мәртебе 
мәмлекетлик ири абыройлы жер ийелериниң жыйналысы болып турды. 
Олардың кеңеси бойынша корол мәмлекетлик қарарлар шығарып турған ҳәм 
жергиликли басқарыў шөлкемлериниң жумысларын бақлап барыў ушын 
мәмлекетлик графлықлардағы басқарыўшылардың хызметлерин тексериў 
ушын жиберилип турған. Әскерий көзден өткериў бурынғыдай март айында 
емес май айында өткизилген. Оның бурынғыдан айырмашылығы бурынғыдай 
халықтан жыйналған әскерлер емес ал корол бенефициарларының ўәкиллери 
қатнасатуғын еди. Королдиң жаңа реформасы бойынша армияда белгили 
көлемде жери бар қурғын жер ийелери ғана хызмет етиўи белгиленди 
(Мысалға, 3-4—манса жери барлар). Ал жери аз адамлардың бир-нешеси 
биригип бир қуралланған әскер бериўи көрсетилген. Графлардың өз 
ўәлаятында роли күшейип ол жердеги еркин халық оның қәўендерлигине 
(вассалына) айнала баслайды. 877- жылғы керсийский қарары менен графлық 
нәсилден нәсилге өтиў нызамластырылды. 


30 
Уллы Карл империясының қулаўы. 
Феодалласыў процесиниң толық 
қәлиплесиўи Уллы Карл өлгенен кейин оның империясын қулаўына алып 
келди. Королингилердиң қол астына экономикалық ҳәм этник бирлигиниң 
жоқлығы, ҳәр қыйлы қәўимлердиң, халықлардың биригиўи, корол басқарыўы 
майда ҳәм орта франк феодаллары қоллап турған ўақытлары ғана болды. 
Феодалласыў процесси тийкарынан империяда IX әсирдиң орталарына
келгенде қәлиплеседи ҳәм феодаллардың орайлық басқарыўға қатнас дәрежеси 
өзгереди. Ири феодаллар орайлық ҳәкимияттан ғәресизлиги күшейеди. Майда 
ҳәм орта феодаллар болса олардың «ғамхорлығына» өтеди. Олар орайлық 
ҳәкимиятқа қарағанда жергиликли ири феодаллар менен тығыз байланыста 
болады. Дийханлар дерлик крепостнойға айланды. Олардың көтерилислерин 
феодаллардың өзлер-ақ бастырыўға қудирети жетти.Уллы Карл баласы ҳәм 
мийрасхоры Людовик Благочествый (814-840-жыллары) 817-жылы империяны 
өз балаларына бөледи. Өзинде жоқары ҳәкимияты сақлап қалады. Бул 
бөлистириўшилик өз-ара тартысларға алып келеди ҳәм ақырында 843-жылы 
Верден қаласында оның балалары жаңадан империяны бөлип алғанлығы 
туўралы келисимге қол қойысады. Бул бөлисиў ҳәзирги француз, немец ҳәм 
италия халықларының жасаған жерлерине туўра келеди. Верден келисими ис 
жүзинде келешектеги Франция, Италия ҳәм Германия мәмлекетлериниң 
қәлиплесиўине тийкар салады. 
Ең кишкене баласы Карл Лысый келешектеги Францияның жери болған 
империяның батыс бөлигин алған. Ол жерде келешектеги француз тилиниң 
негизин қураған роман тилинде сөйлеўшилер көпшиликти тутатуғын еди. 
Ортаншы баласы Людовик Немецкий Рейн дәрьясынан шығысын ҳәм Альп 
таўларынан арқа тәрепине ийе болған. Ол жердеги халықлар герман 
диалектинде сөйлеп ол жерлер шығыс франк соңырақ Германия мәмлекети 
деп аталады.
Людовиктиң үлкен баласы келисим бойынша император атағын өзинде 
сақлап қалған. Оның мәмлекетине Италия ҳәм Рейн бойындағы жерлер 
қараған. Оның қол астына жасалма бирлестирилген халықлар ҳәм қәўимлер 
кирди. Бир қанша салыстырмалы түрде Италия жери сиясий, экономикалық 


31 
ҳәм этник жағынан бирлескен ел еди. Сонлықтан ол келешектеги Италия 
халқының ўатанына айланды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish