Ақ халатлы қаҳарманлар



Download 209,19 Kb.
Pdf ko'rish
Sana25.03.2022
Hajmi209,19 Kb.
#509194
Bog'liq
Ақ халатлы қаҳарманлар



Ақ халатлы қаҳарманлар 
(Ертек)
Бурынғы өткен заманда бир үй болыпты. Үй жүдә үлкен, 226 бөлмеси бар 
екен. Үйде жасаўшылырдың иреңи ақ, қара, сары-улыўма ҳаммеси ҳәр қыйлы 
екен. Үйдегилердиң ҳәр бири өз алдына хожалық болғаны менен, ҳәммесин 
ертеде Адам ата ҳәм Ҳаўа ене дүньяға келтиргенин, ата-анасы бир екенлигин 
билер екен. Соған қарамай олар еки мәрте пүткил үй болып урысып қалыпты. 
Жайдың дийўаллары, айналары сыныпты. Кейин және жарасыпты. Татыў 
турмыс кешире баслапты. 
Бир күни бир бөлмеде кеселлик тарқалыпты. Баста басқа бөлмедегилер оған 
онша итибар бермепти. Кейин кеселлик әсте қоңсы ханаларға да өте 
баслапты. Қараса, ол үйдиң тең ярымын зыянлапты. Кеселлик кирмеўи, 
басқаларға жуқпаўы ушын ҳәр бөлме өз есиклерин қулыплап жаўып 
таслапты, айналарын беркитипти. Соған қарамай, тангоға ойнаўды, буғаларға 
миниўди жақсы көриўши шаңарақ ағзаларының көбиси бул аўырыўға 
шатылып, дүньядан өте баслапты. Және макаронды көп жейтуғын, coca-
colaны көп ишетуғын шаңарақлар да әдеўир мүсийбетке ушырапты. Енди 
ҳәрқандай пүткил үй көлеминдеги яки шаңарақтың өзиндеги болып өтетуғын 
жыйналыслар, байрамлар тоқтатылыпты. Ҳәмме өз бөлмесине камалып, зир-
зир қалтырап, «енди не қыламыз» деп отырғанда тосаттан периштедей аппақ 
кийинген қутқарыўшылыр пайда болыпты. Аўырғанларға жәрдем көрсете 
баслапты. 
«Әне, жарғанат адам (Бетман) 
келди, бизди қутқаражақ» депти. 
Қараса ол емес екен. Себеби 


жарғанат адам қап-қара еди. Бул болса аппақ. «Ура, өрмекши адам» деп 
қуўанып атырса өрмекшиге де усамайды. «Аўа, бул темир адам, қараң, 
ҳәммени қутқарып атырса да өзине дерлик ҳеш нәрсе қылмайды, жақсы 
қорғалған, жаны темирден екен» депти көпшилик адамлар. Бирақ қараса 
оның түр-түси әпиўайы адамларға усайтуғын, ҳешқандай темир саўыты да 
жоқ екен. «Сизлер кимсиз» депти оған үйде жасаўшылар. «Бизлер 
шыпакерлермиз, шыпа үлесемиз» деп жуўап берипти қутқарыўшылар. 
Сөйтип олар бир бөлмеден екинши бөлмеге өтип, барлық аўырғанларды 
емлей баслапты. 
Тез арада жайдың ҳәмме ханасының 
есиклери, айналары ашылып, бәри 
баяғыдай татыў турмыс кешире 
баслапты. 
Олар 
шыпакерлерге 
«Сизлер бундай иләҳий күшти 
кайдан алдыңыз?» десе шыпакерлер 
былай депти: «Негизи, ҳәмме шыпа 
Сизлердиң өзиңизде еди. Сизлер оны 
онша серлей бермейсиз. Биз тек сол шыпаның өзлериңизде де бар екенлигин 
есиңизге салдық». Ҳәмме ҳайран болып «ол не екен» деп сорапты. «Оның 
аты иммунитет»,-жуўап берипти ақ халатлылар. «Демек бизиң 
иммунитетимиз әззилеп кеткен екен дә, оны ҳәрдайым жоқары сақлап журиў 
ушын не қылыўымыз керек?» деп сорапты баяғы көп макарон жейтуғын 
шаңарақтың ағзалары. «Тазалыққа итибар бериў, дурыс аўқатланыў керек. 
Тийкағысы бир-биреўге ғамхор болып, олардың да, өзлериңиздиң де 
кеўиллериңизди көтерип, жақсылық ислеп жасаўыңыз керек. Сонда ғана 
ҳешқандай кеселлик Сизлерге жақынлай алмайды» депти шыпакерлер. Әне 
соннан баслап 226 бөлмели үйдиң ҳаммеси енди «жарғанат» я «өрмекши», 
«темир»лерди емес, ақ халатлы шыпакерлерди өзлериниң қаҳарманлары деп 
атай баслапты. 



Download 209,19 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish