Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet28/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Улыўма Қытайлық ерте феодаллық Суй мәмлекети (581-618 жыллары). 
Мәмлекеттиң бирлесиўи елдиң экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўынна 
унамлы тәсир жасады. V әсир ақырынан VII әсир басларына шекем Хуанхэ ҳәм 


79 
Янцзы дәрья бассейинлери тутастыратуғын Уллы канал қазылды. Оның 
узынлығы 1 мың шақырым. Жер реформасына байланыслы халықтың есабы 
дерлик анық алынады. Орайлық басқарыўға жергиликли басқарыўдағы қарама-
қарсылықлар толығы менен жоқ етиледи. Суй династиясы дәўириндеги 
мәмлекетти басқарыў тәртиби дерлик орта әсирлердиң ақырына шекем 
сақланады. Император шекленбеген басқарыўға ийе еди. Ол "аспан баласы" 
есапланады. Оның қасында ақ сүйеклерден кеңес үш палата ҳәм оннан кейин 6 
мекеме ис алып барды. Ол атақлар бериў, қазна, диний мәресим, әскерий, суд, 
жазалаў ҳәм жәмийетлик жумыслары менен шуғылнған). Қытай бул дәўирде 
Турк кағанаты менен урыс алып барды. Турклердиң жәрдеминде Орайлық 
Азиядағы үлкен держава болған Тогонды қыйратады. Кытай Вьетнам менен 
урыс нәтийжесиз урыс алып барды, әсиресе оларға Корея ярым атаўындағы 
Когуре менен урыс аўыр болды. 
Дийханлар урысы
. Когуре менен урыс елдиң арқа-шығысында халықтың 
көтерилисине себепши болды, сондай ақ мәмлекет салықты ҳәм барщинаны 
көбейткен еди. Көтерилисшилер Хэбей-Шаньдунда бурынғы аўыл ақсақалы 
көсеми Дур Цзяндэнин басшылығында өз мәмлекетин дүзеди. Дийханлар 
көтерилиси елдиң басқа жерлеринде де болды. Көтерилислер елдиң 
арқасындағы феодал-аристократиялық басшылардың қуўатын ҳәлсиретти. 
Көплеген қуллар ҳәм жеке ғәрезли адамлар еркинликке шықты.Суй 
династиясы қулайды, бирақта елдиң бирлесиўин қоллаўшылар күшли еди. 
Буннан пайдаланған Шан феодалы Ли Юань 618-жылы өзин император деп 
жәриялап Тан династиясына негиз салды. Бул династия 618-907-жыллары 
мәмлекетти басқарады. 
Тан империясы. Феодалласыў қубылысының тамамланыўы

Олар 
дийханларды тынышландырыў мақсетинде бурынғы салық бойынша 
қарызларды бийкар етеди. Барщина мүддетин қысқартады. Мәмлекетлик 
қуллардың көпшилигин босатып, жер менен тәмийнлейди. Суй дәўиринде 
басланған 
админстративлик 
дүзим 
толық 
қәлиплеседи. 
Мәмлекет 
провинцияларға, ўәлиятларға ҳәм уъездлерге бөлинеди. Ең төменги бөлим 5 
хожалықтан турған аўыл жәмааты есапланады. Жалланба армия қәлиплесе 


80 
басланды. Қалалардағы саўдагерлер ҳәм өнерментлер өз аўқамын дүзди ҳәм 
бул берлеспе «хан» деп аталды. Оған бир тараўдағы устаханалар, дүканлар 
ҳ.т.б. кирип оған саўдаргерлер басшылық етеди. Ханлар ишки басқарыўына 
ийе болып, қала басқарыўына қатнаспаған. Мәмлекетте ҳәмме ушын жипке 
дизип койыўға қолайлы ортасында тесиги бар мыс теңге пайдаланылды. 
Сыртқы сиясатта жипек жолын қадағалаў баслы орында турды. Онда Турк 
қағанаты менен қарсыласты. Тан династиясы олардан арқа Кытайды қайтып 
алады. 751-жылы араблар менен урыста жөнилип олардың батысқа жүриси 
тоқтайды. 
Социаллық дузими
. Ҳәмме императорлардың қарамындағы пухара 
есапланады. Иерархиялық басқыштың ҳәмме социаллық қатламлар кирген ҳәр 
бир басқышқа киргенлердиң өзиниң минез-қулқы, этикасы, кийими ҳ.т.б. 
белгилери болған. Елди мийрасқа қалатуғын аристократия басқарып олар 9-
ранга-атаққа бөлинди. Олардың ҳәр бириниң белгили көлемдеги жери болған. 
Қытайда көплеген социаллық топарлардан шыққан ҳәмелдарлар болған. Олар 
өзиниң тутқан орнын, ҳәмелин ямаса ҳәмел ушын алған жерлерин атадан-
балаға өткизе алмаған. Бундай ҳәмеллерга өтиў ушын, сондай ақ мәмлекетлик 
басқарыўдағы лаўазымларға өтиў ушын үш басқышлы имтихан тапсырған. 
Бул II әсирден басланған. Ең соңғы имтихан император сарайында алынған. 
Улыўма билими менен қатар оның жеке исенимлиги тексерилген. Сонлықтан 
ҳәмелдарлардың келешекке исенимсизлиги үстемлик етеди. Атына ғана ҳәр 
бир жер ийеси ҳәмел алыў ушын имтихан тапсырыўға ҳуқықы болған. Дийхан 
барлық сораўлары бойынша аўыл ақсақалына арзы етиўи керек. Онысыз 
жоқарғы мәмлекетлик лаўазымдағыларға хабарласыўға хақысы болмаған. Үй 
хызметкерлери, қуллар, биреўдиң жеринен пайдаланып отырғанлар 
иерархиялық басқышқа кирмеген. Ерте орта әсирлерде жерлерди бөлип алған 
дүзим жеке майда өндиристиң раўажланыўына мүмкиншилик береди. 
Мәмлекет тәрепинен қадағалаў ҳәм қатаң социаллық иерархия ири жер
ийелериниң өсиўине тосқынлық жасады ҳәм айрым жағдайларда дийханлар 
өз жерлерин сатыў мүмкиншилигине ийе болады. Император өз 
туўысқанларына ҳәм жоқары лаўазымдағыларға жеке меншикке жерлер 


81 
берди. Тағыда феодаллар ҳәр қыйлы жоллар менен дийханлардың жерлерин 
тартып алады. 
Мәмлекеттиң сыртқы сиясатында қолайлы болмады. 751-жылдан Уллы 
жипек жолын бақлаўдан айрылды. Корея қол астынан шығарылды. Арқа 
шығыста ҳәм түслик Маньчжурияда киданлер елге қәўип туўдырды. Қубла 
батыста Наньченко мәмлекети дүзилип, Тибет қәўимлери менен бирликте VIII 
әсирден баслап елге топылып турды. Жоқарыда көрсетилген жағдайлар елдиң 
экономикасының төменлеп кетиўине алып келди. Жаңа салық реформасы 
өткизилди. Салық жазғы ҳәм гүзги өнимнен алынды. Оны ақшалай төлеўге 
рухсат берилди. Меншик жерлерди сатыўға рухсат берилди ҳәм нәтийжеде 
жеке феодаллық меншиктиң раўажланыўына мүмкиншилик жаратылды.
 
874-901-жыллардағы дийханлар урысы. 
Жаңа реформаға байланыслы 
салыққа шыдамағанлар, жерин сатқанлар ҳ.т.б көплеген жерсиз адамлар пайда 
болады. Ашлыққа ҳәм турмыс қыйыншылығына шыдамағанлар көтерилис 
баслайды. 
Бул 
көтерилис 
874-жылы 
Хэнань, 
Хэбай, 
Шандун 
провинцияларында басланады. Көтерилиске Хуан Чао басшылық етеди. 
Көтерилис 5 провинцияны қамтыйды. Елдиң түслигине топылып соң арқаға 
бағдар алып империяның еки пайтахтын (Чаньань, Лоян) басып алады (880-891 
жыллары). Император қашып кетеди. Хуан Чао өзин император деп 
дағазалайды. Көтерилисшилердиң белгили бир мақсети болмайды. Олар 4-
рангадан жоқары феодалларды өлтире береди. Соң көтерилисшилердиң
басшыларының ишинде ала-аўызлық пайда болады. Көтерилисшилер жолдағы 
халық пенен есапласпады ҳәм сондай ақ олар дийханлардан мәмлекетлик 
басқарыўға алмады. Бул жағдайлардан қорыққан үстемлик етиўши класс 
ўәкиллери биригип көшпелилердиң атлы әскерлерин пайдаланып көтерилисти 
бастырады. Көтерилис 10 жылдан соң 901-жылы толық бастырылады. Бул 
көтерилис нәтийжесинде Тан династиясы ыдырап 907-жылы қулайды. 
Х әсир 1-ярымындағы Қытай
. 907-жылдан-960-жылға шекем елде улыўма 
мәмлекетлик басқарыў қайта тикленбейди. Бул дәўирде Қытай тарийхында "5 
династия ҳәм 5 патшалық" деп аталынады. Өз ара тахт ушын урыс (әсиресе 
арқа Қытайда) майда мәмлекетлерге бөлиниўине алып келди.. Арқа шығыстағы 


82 
Киданлер күшейип ишки феодаллар арасындағы жәнжеллерге араласты. Олар 
Хуанхэ дәрьясына шекемги арқадағы бир қанша жерлерди басып алады ҳәм 
усындай жағдайда елди азат етиў ҳәм бирлесиў бойынша кең ҳәрекет 
басланады. Чжао Куанияны император етип көтереди. Усы ўақыттан баслап 
400-жылдан артық Сун династиясы мәмлекетти басқарады. (960-1279-
жыллары). Олар бурынғы Қытай шегарасын тиклей алмайды. Бир бөлими 
киданейлерге ҳәм арқа батыс ўалаяты тунгутлардың қарамағында қалады. 
Дини ҳәм мәденияты
. Феодализмге өтиў менен буддизм кең таралады. VI 
әсирден мәмлекетлик динге айланады. Бирақ халық арасында еле даосизм 
сақланады. Буддизм тийкарынан жоқары класс ушын хызмет ислейди. Ерте 
орта әсирлердиң дәслепки әсирлеринде мәденияттың төменлениўи сезиледи. 
III-VIII әсирлерде мәдениятқа киши халықлардың мәдениятының тәсири 
күшли болады. Поэзияда Тао Цянь (365-427-жыллары) социаллық утопияда 
"шабдаллы терек" белгили. VIII әсиде поэзияның "алтын әсири" басланады. 
Тан дәўириндеги поэзия антологиясына 50.000 аслам шығарма белгили. 
Әўлийе орынларға зияратлағанға байланыслы көплеген географиялық 
мағлыўматлар жыйналады. Мысалы: Фа Сянем (399-415-жыллары), Сюань 
Цзян (606-661-жыллары) жазған мағлыўматларында Ҳиндистан, түслик-шығыс 
ҳәм Орта Азия халықлары туўралы көплеген мағлыўматлар ушырады. 
VI әсир ақырынан император сарайында китап жыйнаў басланды. VII 
әсирден ойылған тахтайдың жәрдеминде XI әсирден ҳәрипти териў жолы 
менен китап шығарыў басланады. IX әсирден компас пайдаланылған. Көп 
этажлы храм "погода" салынған Дуньхуанға жақын жерде "мың будда 
үңгири"ндеги фреска салынған болып, сүўреттиң узынлығы 25 шақырым.
Шандунда 37 метрлик көпир VII әсир басында салынады. Жипекке ҳәм қағазға 
сүўрет салыў кең таралады. Иероглифли каллиграфия раўажланып IV 
әсирдеги Ван Цзжи жазыўы "каллиграфия қудайы" деп аталынған. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish