Туребеков М


§ 4. III-VII әсирлердеги Иран



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet30/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 4. III-VII әсирлердеги Иран 
 
226-жылда Иранда (Персияда) ҳәкимиятты сасанийлер династиясы өз 
қолына алды. Бул династия дәўиринде Иран жәнеде күшейди ҳәм иранлылар
Византияға қарсы бир неше мәрте урыс жасады. Бул династияға Иранның
қубласындағы Перс ўәлиятындағы князлерден бири Ардашер (226-242-жыллар) 
тийкар салған. Ардашер ўақытша басқарып келген Аршакийлердиң Парфия
династиясын қулатып, оның орнына өз династиясын тикледи. Ардашер 
Заратуштра (Зороастр) дининдеги итибарлы руўханийлер жәрдеми менен 
ҳәкимиятты өз қолына алды. Жаңа династия Ардашердиң бабасы Сосанның аты 
менен аталды. Сасан сол динниң монахы еди. «Патша тахты мехробдың таяншы,
мехроб патша тахтының таяншы» деген гәпти Ардашердиң өзи айтқан еди. Ири
ақсүйеклерге қарсы гүресип, орта ҳәм майда жер ийелерине сүйениўге ҳәрекет 
қылды. Иранның қубла ҳәм шығыс бөлиминдеги елеге дейин өз еркинлигин 
сақлап киятырған көп қәўимли дийханлар сасанийлерге көп ўақытларға дейин
тийкарғы әскерий күш жеткерип келди.


87 
Парфия патшалығы бөлшекленген бир мәмлекет еди. Онда ҳәр бир 
ўалаятың ҳәкими өз ўәлиятының мийрасхоры болып, патша менен тек
вассаллық қатнасықта болар еди. Оларға қарама қарсы раўиште сасанийлердиң 
жаңа Иран патшалығы бираз болсада орайласқан мәмлекет еди. Олардың 
заманында мәмлекет 18 сатраплыққа бөлинген. Олардың төбесинде
губерноторлар турған. Олар патша тәрепинен тайынланып, путкиллей патшаға 
бойсынған. Сасанийлер мәмлекет қаржысына үлкен итибар берген. Олар халыққа
ҳәр қыйлы жер ҳәм жан салықларын салады ҳәм бул салықларды жыйнап алыў 
ушын әмелдарлардың санын көбейтер еди. Батыста Византияға қарсы ҳәм 
шығыста Орта Азиялы ҳәр турли көшпели қәўимлеге қарсы үзликсиз урыслар 
алып барғанлығы себепли, сасанийлерде улкен бир жаўынгерлер болып, бул 
жаўынгерлер тийкарынан атлы әскерлерден ҳәм дийханлардан топланған көптен 
көп пияда әскерлерден ибарат еди. Ақсуйеклердиң айрымларының ўәкиллериниң
көрсеткен қарсылығын сасанийлер ҳәдден зыят жаўызлық пенен бастырды.
Бирақ патшалар сиясаты ақсүйеклер менен ҳәкимлердиң мәплерине онша туўра 
келмегенликтен , олардың бирлесип турып патшаларды тахтан қулатқан, 
өлтирген жағдайларыда тез-тез болып турған. Жана династияның пайтахты
рәсмий турде Ахаманийлердиң пайтахтларынан бир Персополь болды. 
Месопатамияда узликсиз урыс алып барылғанлығы себепли , патша әдетте Тигр 
дәрьясы бойындағы шегара қала Ктесифонда турар еди. Ҳақықый
шаханшахтың пайтахты усы қала еди. 
Сасанийлер дәўиринде Иран экономикалық жақтан раўажланган бир 
мәмлекет еди. Ол Византия, Ҳиндистан ҳәм Орайлық Азия менен саўда 
байланысларын алып барды. Оның әййемги Иран үрп-әдетлерин ҳәм кейинги
ўақытлардағы эллинистик үрп-әдетлерин сақлап келген ески қалаларда жүдә 
жақсы сыпатлы буйымлар ислеп шығарылатуғын ҳәр қыйлы өнерментшилик
санааты бар еди. Иран жипек ҳәм жүн гезлемелери менен , гилемшилик, қурал, 
металл ҳәм сапал буйымлар жасаў, зергерлик буйымлары ҳәм т.б. буйымлары 
менен белгили еди. Қулшылық мәмлекет ишиндке кең көлемди алған еди.
Қуллар ирригация қурылысларында, дийханшылықта- патша ҳәм ақсуйеклердиң
жер мулклеринде ислетилер еди. Жәнеде көплеген ҳаял ҳәм еркек қуллар үй 


88 
хызметкерлери болып ҳәўлилерде жасайтуғын еди. Қул саўдасы саўда 
тараўындағы ең пайдалы түри болған. Бирақ сонын менен бир ўақытта
сасанийлар дәўиринде феодализм ҳәм бир қанша өсип ҳәм беккемленди.
Дийханлар крепостнойларға айланып барды. Сасанийлер басқарған дәўирдиң
басларында дийханлардың көпшилиги шахсан еркин еди. Бирақ сасанийлер
жүдә тез ўақыт ишинде патшаның улкен әмелдарларға ҳәм зороастр
руўханийлерине жер бөлип бере баслады. Бундағы мақсет олардан жәрдем алыў 
еди. Улкен жер ийелери өз жерлеринде ислетиў ушын жумысшы күш сыпатында
қуллардан 
пайдаланды. 
Сасанийлер 
мәмлекетине 
қараслы 
болған
Месопатамияда, қуллар жүдә көп болған. Иранның өзинде халықтың тийкарғы 
көпшилигин жәмәәт дийханлары қураған. Олар урыўшылық дузиминен 
ажыралып кетпеген болып ҳәм халықтың көпшилиги қәўим болып жасаған.
Улкен жер ийелери қоңсы жәмәәтши дийханларды күннен-күнге бағынышлы 
етип, оларды өзлериниң феодалларша эксплутация кылыў обьектине 
айландырды. Иран дийханларының аўҳалы жаманласып барды, ҳәтте шыдап 
болмас дәрежеге жетти. Олар феодал жер ийелерине ғәрезли болыў менен бирге
мәмлекеттиң күшейип баратырған салық зулымы астындада езилип барды. 
Буннан тысқары Иран аўылларының басында сүтхорлық еткен бәле ҳәм бар
еди. Салықлар натурал формада, айрым ўақытлары пул формасында да алынып,
дийханлардың бул салықларды төлеў ушын пулға мүтәж болғанлығы себепли
сүтхорлық ҳәм ҳәўиж алды. Кейинги еки мусийбет салық зулымы ҳәм сүтхорлық
қаланың халқын да езди. Ола хукуксыз еди. Әмелдарлар аўылларда
дийханлардан қандай жаўызлылық пенен өндирген болса, қалалылардан ҳәм 
солай өндирди. Аўҳалы қыйынласқан дийханлар ҳәм бүлгиншиликке ушыраған
қалалылар өз аўҳалынан наразы болды. Бул нәрсе диний нықап астында 
көтерилген бир қанша халық ҳәрекетлеринде өз көринисин тапты.
Месопатамиядан шыққан Моний (шама менен 215-жылларда туўылған ) Иран
халқы ортасында III әсирдиң екинши ярымында улкен абыройға ийе болды.
Зороастр дининдеги дүньяда еки нәрсе жақсылық қудайы Ахрумазда менен 
жаманлық қудайы Ахриман бир-бирине қарсы гүреседи деген тусиниктен 
пайдаланып ҳәм Моний социалық тәртиплерди жаманлық көриниси деп 


89 
қаралады. Моний мәмлекет дини болған зороастр дининиң ырым-дәстүрлерин
қурбанлықларын бийкарлап ҳәм руўханийлердиң байлыққа көмилип жасаўына 
қарсы шықты. Ол тарки дуньялықты нәсиятлады ҳәм өз жәрдемшилерине
турмыстың путкил машақатларынан қутылыўдың ең жақсы жолы ойламаслық
деп мәсләҳәт берди. Маглардың (руўҳанийлердиң) талабы менен Моний 276- 
жылда шах Бахрам I тәрепинен өлтирилди, Бахрам оның тирилей терисин 
жулдырды. Бирақ моний тәлимиаты монийшилик ол өлгеннен кейин ҳәм даўам 
етти. Бул тәлимат Ираннан қоңсы Византияға өтти, ол жерде монийлик
кейиншелик павликиянлар деп аталды. 
VI әсирдиң басларында социаллық ҳәрекет, және диний нықап астында
жәнеде кушлирек ең жайды. Бул ҳәрекетке Маздак атлы маг басшылық етти.
Моний тәлимиаты жүдә ҳәм писсимистик характер жағдайда ( ҳәтте жер 
жузиндеги турмыстың ҳәм жоқ болыўын қәлер еди.) буған қарама-қарсы раўиште
маздак тәлиматы оптимислик рухда болған. Бийшаралардың аўҳалын жақсылаў 
мүмкин деп есаплар еди. Ол жаманлықты жеңип болады ҳәм жаманлыққа қарсы 
гуресиў инсанның ўазыйпасы деп билдирди. Маздак жаманлықтың өсип 
барыўы, социаллық теңсизлик деп , бул жаманлықтан қутылыўдығы жолы бул 
жәмәәтлик теңликти орнатыў деп есаплайды. Байлардың мал-мулкин тартып алып 
ҳәм камбағалларға бөлистирип бериўди талап қылды. Ол байлықлар адамларға 
бөлип берилсин, себеби олардың « адамлардың ҳәммеси бир қудайдың бендеси, 
ҳәммеси ҳәм Адаматаның перзентлери ҳәм ҳәммесиде бир қыйлы нәрсеге 
мүтәждир» деп угит жасайды. Маздакларға қалаларда ҳәм аўылларда көп 
адамлар ерген. Дийханлар байлардың жерлерин тартып ала баслады ҳәмде
салықлардың төлеў мәжбурятларын төлеўден бас тарта баслады. Маздакийлер 488 
жылдан баслап VI әсирдиң 20-жыллардың ақырына дейин Иранның ҳәмме 
жерине өз тәсирин тийгизип келди. Ҳүкимет дәслеп ҳәрекетти бастырыўга 
қорықты. Ақсуйеклер менен қарама-карсы болған шах Кубод I бирқанша ўақыт 
бул ҳәрекетке қәўендерлик етип турды. Бирақ ҳәрекет жүдә кеңейип қәўипли 
тус алып кеткеннен кейин ҳүкимет бул ҳәрекетке мүнәсебетин өзгертирди. 
Шахтың баласы Хисрау 529-жылда маздакийлер үстине әскер тартып ҳәм халық 


90 
ҳәрекетин қанға батырды. Маздакий ҳәм оның бир қатар тәрепдарлары
өлтирилди. Маздакийлердиң бир бөлими Орта Азияға қашып кетти. 
Маздакийлер ҳәрекетин бастырған Хисрау атасы өлгеннен кейин тахтқа 
отырып, онын узақ даўам еткен патшалық дәўири (531-579-жыллары) сасанийлер 
тарийхында әҳмийетли дәўир болды. Ануширвон—«Өлмес» лақабын ҳәм
маздакийлерди женип келгеннен кейин берилди. Онын жергиликли ҳүкимран 
класслар ортасында абыройы кушейди. Хисрау өзи ҳәм маздакийлер ҳәрекетинен 
сабақ алды. Ол жер салық системасындағы әдалатсызлықларды жоқ етиў 
мақсетинде, бул системаны қайта көрип шығыў кереклигин тусинди. Оның 
буйрығы менен ҳәмме жерлер жаңадан дизимге алынды. Онда топырақтың
өнимдарлыгы, суўғарылыўы, қандай егин егилетуғынлығы, тереклер ҳәм 
жумысшы куши анықлап есапқа алынды. Қаржы әмелдарлары (мырзалар)
жерлерден алынатуғын өнимди тексерип шығып ҳәм ҳәр жылы салық муғдарын
соған қарап белгиледи. Салық алдынғыдай аз муғдарда натурал ҳәм ақшалай 
төлейтуғын еди. Жан салығын алыў ҳәм тәртипке салынды. Бул салықлар 
жылына бир мәрте деп белгиленген. Ўақтында да белгиленген муғдарда 
алынды. Руўханийлер, әскерлер ҳәм әмелдарлар жан салығынан азат етилди. 
Бирақ олар белгили муғдарда жер салығын төлеп турды. Хисрау I саўданың 
раўажланыўына қәўендерлик қылды. Ол саўдегер ҳәм сүтхорларды мәмлекет 
қаржы органларына жумысқа алып ҳәм олардың тәжрийбелеринен кең 
пайдаланды. Хисрав I заманында канал, тарнаў ҳәм т.б. ирригация 
қурылысларын қурыў ҳәўиж алды. Ол Ктесифонда беккем сарай қурдырды. Ол 
ҳәр турли алымларға, ҳәтте Юстиниан тәрепинен Византияға қуўылған
неоплатоншы философларға ҳәм қәўендерлик етти. Хисраудың буйрығы менен
ең әҳмийетли ўақыялар сарайда рәсмий турде жылма-жыл жазып барылды. 
Грек, сурия ҳәм ҳинд тиллериндеги әдебиятларға аўдарма исленди. «Мың ертек» 
атлы парсыша топлам ҳәм Хисрав дәўиринде пайда болды деп айтылды, бул 
топлам кейиншелик «Мың бир түн» аты менен белгили араб ертеклер
топламына тийкар салды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish