Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Хисрау I сыртқы сиясаты
. Хисрау I патшалық қылған путкил дәўир 
қоңсы халықларға урыс алып барыў менен өтти. Ол әсиресе Византияға қарсы


91 
қатты урыслар алып барды. Хисрау өз патшалық дәўириниң басларында
Юстиниан I « улыўма тынышлық» ҳаққында шәртнама дүзген еди. 532-жыллар
бирақ Византияның кушейип кетиўинен қорқып, ол арадан көп ўақыт өтпей ҳәм 
бул шәртнаманы бузды. 540-жылда ол Сурияға ҳүжим қылды ҳәм Антихонияны
басып алып, оны өртеп жиберди. Антихония халқы тутқын етип алып кетилди. 
Ктесифон әтирапына «Хисрав Антихониясына» жайластырылды. Булар грек - 
суриялылардағы ҳәр турли өнерлердиң Иранға кириўине себеп болды. Соңғы 
урыс Месопатамия менен Закавказьеде даўам етти. Ол тоқтап тоқтап 562 жылға 
дейин созылды. Ақырында еки тәреп ҳәм ҳалдан кетип, 50 жыллық питим 
дузилди. Еки тәреп ҳәм бурынғы шегараларын сақлап қалды. Бирақ 570жылда 
Хисрав Яманды қубла Арабстанда басып алды. Бул нәрсе Иран менен Византия
ортасында және урыс келип шығыўына себеп болды. Бул урыс 20 жыл даўам 
етип ҳәм Хисрау өлгеннен кейин оның баласы дәўиринде тамам болды. Шығыста 
Хисрау I турк көшпели қәўимлери менен урыс алып барды. Ол қәўимлер Орта 
Азия территориясында , Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья ортасындағы районларда 
жасаған. 
Хисрау I өлгеннен кейин сасанийлер ҳәкимияты тускинликке жуз тутады.
Феодалласқан ақсуйеклер орайға бойсынбай қойды. Ўәлиятлардың үлкен 
ҳәкимлери сасанийлерге қарсы узликсиз қозғалаңлар көтерип турды. 
Феодаллардың шаханшахқа қарсы қаратылған ең ири қозғалаңларынан бири 590 
жылда Бахрам Чубин көтерилиси болды. Бул көтерилис сасанийлерди 
аўдарыўға сәл қалды. Шах Хисрав II (510-628-жыллары) Византия 
императорынан жәрдем сораўға мәжбүр болды. Византия әскерлериниң жәрдеми 
менен тахты сақлап қалды. 591-жылда Иран менен Византия ортасында питимге 
қол қойылды. Бул питимге көре Закавказьедеги шегара полосасы Византияға өтти. 
VI әсирдиң ақыры VII әсирдиң басларында Иран халқының аўҳалы жаманласып 
кетти. Феодаллар зулымы ҳәм аўыр салықлар Иран дийханлардың диңкесин 
куртт. Олар енди әскерий хызметти ҳәм өтей алмады. Сасанийлер ҳәм оларды 
қоршап турған феодаллар ишки қарама қарсылықларды сыртқы гуреслер менен 
шешиўге ҳәрекет қылды. 60-жылларда Византия менен урыс баслады.
Византияның өз ишиндеги кризистен пайдаланып, Хисрав II дәслепки ўақытлары


92 
жеңиске еристи. Ол Киши Азияға бастырып кирди ҳәм Мармар теңизиниң Азия 
жағалығында ҳәм Константинопольдың алдындағы Халкидон қаласына 
жақынласып барды. Бирақ кейин шегиниўге мәжбүр болды. 613-620-жылларда
Хисрав II Сурияны , Паластина ҳәм Мысырды ийеледи. Бирақ 623-жылдан 
баслап Византия императоры Ираклийдиң өзи ҳүжимге өтти. 628-жылда
византиялылар Ктесифонға жақынласып кели. Сасанийлер пайтахтын басып алыў 
қәўпи пайда болды. Мәмлекетте патшаға болған наразылық күшейди. Буннан 
пайдаланып феодаллар Хисрав II ге қарсы ала аўызлық шөлкемлестирилди.
Феодаллар тәрепинен шах етип көтерилген Кавод II( Хисрау II баласы) атасына 
қарсы урыс ашып, атасы тутқынға алды ҳәм оны өлтириўге буйырды. Византия 
менен питим дузилди. Бул питимге муўапық Византия барлық жерлерин 
қайтарып алды. VII әсир орталарында Иранның жерлери еле жүдә кең еди. (оның 
ишине Иранның өзи, Арманстан, Месопатамия, Әмиўдәрьяның турли вассал
турк қәўимлери ҳәм басқалар кирген) бирақ соған қарамастан, ол кушсиз бир 
мәмлекет болып қалған еди. Себеби ол Византия менен алып барылған 
урыслардан соң ҳәлсиреп қалған еди. Ақырғы сасаний Ёздагир III тиң (632-652)
мәмлекетте ҳеш қандай абыройы жоқ еди. Бир қанша ўәлиятлар атына ғана 
бойсынар еди. Бул ўақытта кушли әскерий мәмлекет болып бирлескен араблар
Иран устине ҳүжим баслады. Олар иранлылардың ҳеш қандай қарсылығына 
ушырамай тез арада жениске еристи. Олар Иранды 642-жылда басып алды.
Ёздагир шығыстағы улкелерге қашып кетти ҳәм турк қәўимлериниң кишкене 
бир князынан жәрдем алыўға қуры урынды. 652-жылда Мервге жақын жерде
сол княз тәрепинен өлтирилди. Иран көп ўақытларға дейин көп миллетли үлкен 
араб мәмлекетиниң қол астында қалды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish