Туребеков М


§ 3. XI-XV әсирлердеги Франция



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet39/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 3. XI-XV әсирлердеги Франция
Францияның экономикалық раўажланыўы
XI-XIII әсирдиң екинши 
ярымында Францияда ислеп шығарыўшы кушлердиң тез раўажланғаны 
көринеди. Дийханшылық бир қанша өсти. Жердиң бир бөлеги бир жуп өгиз 
қосылған дөнгелексиз плуг пенен , басқа бир бөлеги еки ямаса үш жуп өгиз 
қосылған аўыр плуг пенен жақсылап сурилер еди. Бундай жерлерге ғәлле , 
сулы, арпа ҳәм басқа дәнли егинлер егилген өними көбейип, егилген тухымға 
қарағанда бир ҳәм ҳәтте алты есе артық ғәлле жыйып алынатуғын болды. 


109 
Бағшылық, палыз егиўт ҳәм жузимшилик тараўында улкен жетискенликлерге 
еристи. Қалалардың өсиўи менен азық аўқат өнимлери нан, гөш, май, обощ 
ҳәм басқаларға сондай ақ турли аўыл хожалық өнимлерине болған талап
кушейди. Товар мүнәсебетлери француз аўылларына кирип, оны жергиликли 
қалалар менен жақынластырды. Париж раўажланып барыўы менен, ол тек ғана 
өзине тутасқан округлардан ҳәм аўыллардан емес, бәлким узақ округлардан, 
аўылларды хожалық өнимлери менен тәмийинлеўди талап етти. XI-XII
әсирлерде Франция қалалары улкен өзгеристи бастан кеширди. Қубладағы
қалалардың көпшилиги соның ишинде әййемги Рим қалалары , улкен санаат 
орайланына айланып қалмастан, бәлким олар Италия ҳәм жақын Шығыс
пенен саўда сатық ислерин алып барды. Булар арасында Марсель, Тулуза, 
Монпелье ҳәм Нарбонна айрықша ажыралып турар еди. сол дәўирде арқа ҳәм 
арқа шығысда Амьен, Суассон, Ланс, Санлис, Бовэ, Руан, Труа ҳәм басқа
көплеген қалалар өсип шықты ҳәм санааттың әҳмийетли орайларына 
айланды, бул қалаларда жун ҳәм кенеп гезлемелер жетистирилди. Темир, 
қалайы, гумис, эмаль ҳәм басқа турли металл буйымлар таярланар еди.
Раўажланып атырған арқа –шығыс саўда санаатының гаўжимлиги көп санлы
ярмаркаларда көринди. Шампанның турли қалаларында Труада, Провенда, 
Брида, Ланвида ҳәм басқа орынларда дерлик путкил жыл бойы саўда сатық 
болар еди. Улыўма саўда оборотының көлеми ҳәм сыртқы саўдада қатнасыў 
жағынан Францияның арка-шығыс ўәлиятлары қубла қалаларға қарағанда
еле арқада еди. Бирақ екинши тәрептен, арқадағы өнерментшилик ислеп 
шығарыў қублаға қарағанда кемирек раўажланған еди. Арқа шығыстың саўда 
сатық қатнасларының халық-аралық алмастырыў (Германия, Нидерландия, 
арқа Италия менен саўда сатық), арқа-шығыс ўәлиятлар ортасындағы ишки
алмастырыў характерине ийе еди. Соның нәтийжеси менен арқа-шығыс 
Францияның кең ишки базарына тийкар салынды. Әне сол ишки базар
тийкарында келешектеги улыўма француз миллий базары пайда болды.
Париж көбирек саўда ҳәм санаат орайы әҳмийетине ийе болып, бунда тек
арқа ҳәм арқа шығыс ўәлиятлар ғана емес, бәлким арқа батыс районлар ҳәм 
жақынласа баслады. Короллик пайтахтының Сена, Марна ҳәм Луара сыяқлы


110 
уллы дәрья бассейининде жайласқаны, оны қәлиплесип киятырған миллий, 
экономикалық, тил ҳәм мәдений байланыслардың орайына айландырды. 
Биринши капетинглер ҳәкимияты дәслеп ҳәлсиз еди. X-XI әсирлерде
Франция батыс Европаның бөлшекленген королликлеринен бири еди. Король 
бул жерде князь – феодаллардың бириниң, ҳәтте кушли болмаған княз 
феодалдың орнын ийелер еди. Көплеген феодаллар королдан кушли еди. Тек 
феодаллардың өз ара бәсекеси, ширкеўдиң кейинирек болса қалалардың
Капетинглерди қоллап қуўатлаўы , бул династия ўәкиллериниң усталық пенен,
әсте сиясат жургизиўи биринши пайытларда өз урыўының короллик атағын 
қолдан шығармай ҳәм бәлким оны нәсилден-нәсилге мийрас етип қалдырыў 
имканын берди. Король өзиниң мийрасий доменинде- Ильде Франс
герцоглигине азлы көпли хожайин еди. Бул киши аймақ болып, арқадан 
қублаға қарап созлып кеткен ҳәм бирақ еки улкен қаланы Париж менен 
Орлеанды өз ишине алған еди. Соның менен бирге бул территорияға басқа
мулклер ҳәм суғылып кирген еди. Корол домени территориясы Франциядағы 
еки әҳмийетли дәрьяның яғный Сена менен Луара дәрьясының орта ағымы
бойларындағы жерлерди өз ишине алсада, бирақ бул дәрьялардың төменги 
ҳәм жоқары ағымлары бойларындағы жерлер басқа феодалларға қараслы еди.
Король домени дөңгелек етип орап алынған ең ири феодал князлик мулклер 
Фландрия графлиги, Нормандия герцоглиги, Бретань герцоглиги, батыста 
Анжуй графлиги ҳәм Аквитания герцоглиги, қублада Овернь графлиги ҳәм 
Тулуза графлиги, шығыста Шампань графлиги ҳәм Бургундия герцоглиги бар 
еди. бул ең ири герцог ҳәм графликтен тысқары киши көлемде онлап басқа
ғәрезсиз феодал жерлери бар еди. Ҳәтте король өзине қараслы доменде ҳәм
жергиликли боронларға қарсы гурес алып барды. Король Парижден Орлеанға
барғанда оны көптен-көп қураллы әскерлер қорықлап барыўы тийис еди.
Ҳәкимиятты атадан балаға мийрас етип қалдырыў әдетин сақлаў ушын 
капетинглер X-XI әсирлер даўамында, ҳәтте XII әсирдиң биринши ярымында 
ҳәм король шахзадаға өзи тири ўақытта ақ таж кийиў мәресимин өткерер еди.
Ғарры король жанында әлбетте , басқа жас король королликти басқарар еди. 


111 
XII әсирдиң биринши ярымында Людовик XI ҳәм Людовик XII 
ҳүкимранлық еткен дәўирде король ҳәкимияты бираз өсти. Людовик VI семиз
дерлик путкил отыз жыллық ҳүкимранлық дәўиринде өз домендине
баронларға қарсы гурес пенен өткизип, оларды өзине бойсындырыўға еристи.
Арқа Францияда санаат қалаларының гуллеп раўажланыўы әҳмийетили 
сиясий натийжеге ийе болды. Францияның бул бөлиминде жоқарыда көрсетип 
өтилгениндей қалалар комунна ҳуқуқын алыў ушын ҳәрекет етти. Людовик
басында екиленип ҳәм қала ҳәрекетин дәрҳал қоллап абыройға еристи. Бирақ 
Людовик VII дәўиринде айнықса оннан кейинги корол Филипп II Август 
дәўиринде-ақ короллик ҳәкимияты ҳәрекетиниң жергиликли феодалларға 
қарсы алып барған гуресте сол қалалыларды қоллап қуўатлады. Людовик VII 
дәўиринде король династиялық неке жолы менен қубла-батыстағы жудә 
улкен герцогликти Аквитанияны қолға киргизиўге муўапық болды. Бирақ тез 
арада король Аквинатский менен жәнжеллескеннен кейин бул сиясат пушқа 
шықты. Буның устине Эльенороға асығып үйленип алған инглиз короли 
Генрих Плантагенет бул ең бай ўәлияттың ийеси болып алды ҳәм
Капетинглердиң қәўипли қарсыласына айланды. XII әсир орталарында
Францияның путкил батысы инглиз Плантагентлер қолына өтти.
Плантагентлер мулкине Анжуй, Бретань, Аквитания, Гасконь, Овернинниң бир 
бөлими, Турень, Пуате, Лиин ҳәм сондай-ақ Францияның арқасындағы
Нормандия герцоглиги кирер еди. Француз мулкине ийе болған плантагентлер
Франция королигиниң вассалы есапланар еди. Бирақ бул вассал мулклери
король доменинен бир неше мәртебе үлкен еди. Людовик VII екинши крест 
атланысына қатнасты, бирақ бул журис оған пайда келтирмеди. Король жоқ 
пайтында мәмлекетти басқарып турған аббат Сугерий жергиликли боронларға 
қарсы жеңисли гурес алып барды. Ол короллик қаржы ислерин тәртипке 
келтирди. 
XIII әсирде Францияда аўылдың аўҳалында өзгерислер болды.
Мәмлекетте қалалардың өсиўи ҳәм товар хожалығының раўажланыўы менен 
крепостной дийханлардың бир бөлими феодаллар тәрепинен пул айланысына 
көширилди. Бул мәселе крест журислери дийханларды азат етиўге биринши


112 
себепши болды. Крест атланысы болып атырған ҳәм бунда әдеттеги пулға
мүтәжликти сезген феодаллар өз крепостнойларына пул төлеп азатлыққа 
шығыўын ямаса соның орнына ең аўыр крепостной мәжбуриятлардан 
қутылыўды усыныс етти. Натурал миннетлемелерди сол тәризде пул менен
айыра баслаў дийханлардың азат болыўына жәрдем берди ҳәм бул жағдай
прогрессив характерге ийе болды. Бирақ XII-XIII әсирдиң биринши ярымында 
бул процесс Францияда еле жетерли дәрежеде кең тарқалмаған еди. 
Баршинада ислетилетуғын ҳәм натурал оброк жыйнап алатуғын
крепостнойлық дузими феодал эксплутациясының үстемлик формасы болып 
қала берди. Екинши тәрептен дийханлар товар ҳәм пул хожалығына еле 
жетерли дәрежеде тартылмағанлығы себепли оброкти пул менен төлеўге 
өтиўдиң өзи бул ўақытта дийханларға аўырлық етер еди. Король ғәзийнесине 
төленетуғын төлемлер ҳәм сонын менен бирге крест атланысы менен 
байланыслы салықлар (крест журиси, салықты төлеў, король Людовик XI 
әсирликтен қутқарыў ушын пул жыйнаў) дийханлар мойынына жук болды.
XIII әсир орталарында Француз аўылындағы дийханлар шаңарағы 
аўҳалынның жаманласып барыўы менен көплеп жәнжеллер ҳәм дийханлардың
сеньорларға қарсы шығыўлары жуз берип турды. Дийханлардың бул 
ҳәрекетлери айрым ўақытлары кең түс алып, ўәлиятларды өз ишине алған 
қозғалаңларға айланды. 1251-жылда шопанлар ҳәрекети менен белгили 
болған ең ири көтерилис мысал болады. Идеологиялық жақтан бул ҳәрекет 
крест атланысы менен байланыслы. Дийханлар арасында нәсиятлаў 
жумыслары алып барылып, олардың өзлерин крест атланысына король 
Людовик IX тутқынлықтан қутқарыўға шақырды. Дийханлар жаңа крест
атланысының баслаўшысы «Венгериялы муғаллим» Яков атлы адам болып,
ол өзин халыққа нәсиятлаўында сеньорлардың «әпиўайы халыққа» көрсеткен
әдалатсызлықлары ҳәм жаўызлықлары ҳаққында социал темаларға тоқтап 
өтти. Көп санлы дийханлар Парижге топланып, соң ол жерден қублаға қарай 
жол алды. Сеньорлардың жолда ушыраған қораларын ўайран етип ҳәм мал-
мулклерин басып алды. Қозғалаңшылар Орлеан ҳәм Тур қалаларынан
камбағаллар қоллап қуўатлады. Қозғалаңшылар саны тез өсип барды. Айрым 


113 
адамлардың айтыўынша олардың саны 100 мың адамнан ибарат еди. 1328 
жылда капетинглер үлкен әўлады тамамланды. Филипп IV өлиминен кейин 
бирин-кетин басқарған балалары қайтыс болды ҳәм олардан еркек мийрасхор 
қалмады. Феодаллар короллик тахтына Капитинглердиң киши әўлад ўәкили 
ФилиппVI Валуаны сайлады. Оның короллиги дәўиринде Францияның
қубла шығысындағы Дофинэ ўәлияты қосып алынды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish