Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet47/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Аўыллық коммуналар

Қалалардың сиясий ҳәм 
экономикалық тәсириниң өсиўи ҳәм феодаллар ҳәкимиятының ҳәлсиреўи 
аўыллық қәўимлердиң жанланыўына алып келди. XI-XII әсирлерде қәўимлер 
отлақларға, тоғайларға ҳәм сүрим жерлерге ийе еди. Жерден пайдаланғаны 
ушын олар феодалларға чинш төлеп турған. Оларды саўғаға бериўге, ижараға 
тапсырыўға ямаса сатыўға ҳақысы жоқ еди. Усы дәўирде қалалар феодаллар 
менен гүресиўге дийханларға жәрдем берген. Олардың жәрдеми менен 
феодаллардан суд ҳәкимияты ҳәм бир қатар салықлар жыйнаў ҳуқықлары 
тартып алынды. Бирақ дийханлар толық еркинлик ала алмады. Әдеттегише, 
қоңсы қалалар оларды өз қадағалаўы астына алды. Қалалар бурынғы феодал 
сеньорлардың орнын басқан ҳәм соның менен бирге аўыллық қәўимлер 
автономиясы мойынланған. XII-XIV әсирлерде аўыллық қәўимлер аўыллық 
коммуналларға өзин-өзи басқаратуғын қәўимлерге айланады. Қалалық 


132 
коммуналарға уқсап, олар лаўазымлы шахсларды сайлаған, өзлериниң қаржы 
ҳәм суд аппаратларын дүзген. Коммунаның пүткил турмысын ретлестириўши 
ҳуқықый қарарлар шығарған.
Папа ўалаяты
.
Орта Италияның анағурлым бөлегин ийелеген Папа 
ўалаятының раўажланыўы басқаша болып ҳәм Папалардың пухаралық 
мәмлекети әпиўайы феодаллық князьлик болған. Оның ҳәкими бир ўақытта 
католик ширкеўин басқарғанлықтан, ал оның пайтахты Рим оның 
шөлкемлестириўшилик, папалықтың идеологиялық орайы болғанлықтан, бул 
мәмлекеттиң тарийхына европалық сиясаты үлкен тәсир жасаған. XI-XII 
әсирлерде папалар Тосканы, Сполето ҳәм Бенвеню есабынан өзлериниң 
Италиядағы қол астындағы аймақларын анағурлым кеңейтеди. XII әсирдиң 
ақырына ең ири итальян қалаларының бирин Перуджини өзине бағындырады. 
Экономикалық жақтан папа ўалаяты арқа Италия ҳәм Тосканадан бираз артта 
қалған. Бул жерде қалалар әсте-ақырынлық пенен раўажланған ҳәм аўылларда 
жеке ғәрезликтиң ең аўыр түрлери сақланып турған. Папалықтың қалаларға 
қаратылған сиясатының реакциялық сыпаты XII әсирдиң 40-жылларында 
айқын көринди. Римде коммуналар орнатыў ушын гүрес кескинлести. 1143-
жылы қалалылар, майда рыцарлар Капитолийдеги ҳүкиметлик имаратларды 
басып алды ҳәм республика жәриялады. 56 адам қурамында сенат сайлады. 
Көтерилисшилер қала ҳәкимиятын коммунарларға бериўди талап етти. 
Жаңадан дүзилген Рим республикасында Арнольд Брешанский айрықша 
абыройға ийе еди. Оның үгитлеўи менен қалалылар кардиналлардың жайларын 
ҳәм феодаллардың сарайларын қыйратты. Папа Римнен қашыўға мәжбүр 
болады. Усы ўақытты Италияға өз әскерлери менен Фридрих I Барбаросса 
кирип келеди. Ол папаға қарсы гүресте жәрдем береди деп үмит еткен. Рим 
республикасының сенаты оған император тажын усынады. Бирақ Фридрих бул 
усыныстан бас тартады. Римге кирип келип ҳәм ол тажды папа Андриан IV 
қолынан 
алады. 
Герман 
рыцарлар 
басқыншыларының 
зорлықлары 
қалалылардың сабыр кесесин толтырып жибереди, олар императорға 
қарсылық көрсетеди. Папа интердикт жәриялайды, қалаға зыяратшылардың 
ағымы тоқтағаннан кейин ҳәм қалалылар дәраматтан айырылып қалады. 


133 
Арнольд Брешанский қаладан қуўып шығарылады ҳәм кейин ала Фридрихтиң 
буйрығы менен усланып 1155-жылы азапланып өлтириледи. Рим республикасы 
сапластырылады ҳәм ал папаның ҳәкимияты қайта тикленеди. Рим 
республикасының қыйратылыўының бас себеби – Римниң өнерментшилик 
саўда-халқының әззилиги ҳәм олар өз шөлкемине ийе болмағаны деп есаплаўға 
болады. 
Түслик Италия
. Түслик Италия ҳәм Сицилияда феодаллық қатнасықлар 
сырт ел үстемлиги жағдайында раўажланған. XI әсирде Италияның бул 
ўалаятлары норманнлар тәрепинен басып алынған. 1130- жылы түслик Италия 
ҳәм Сицилия Рожер II тусында бирден-бир мәмлекетте Сицилия короллигине 
бирикти. Норманнлар басып алыўы феодаллық қатнасықлар раўажланыўын 
тезлестирди. Басқыншы корольлер жергиликли ақсүйеклер, дийханлар 
жерлериниң көпшилик бөлегин басып алды, оларды феодаллар сыпатында 
норманн феодалларына ҳәм ширкеўге бөлистирип берди. Король домени 
сыпатында көпшилик жерлерди өзлеринде қалдырды. Дийханлар анағурлым 
дәрежеде өз еркинликлеринен айырылады. Олар XII әсирде Сицилия 
короллигинде өтиў ҳуқықына ийе емес еди. Сервр ҳәм шекленген өтиў 
ҳуқықына ийе вилланлар көп болған. Олар барщина жумысларын атқарыўға 
ҳәм натураль салықлар төлеўге миннетли болған. Арқа ҳәм орта Италияға 
қарағанда ҳәм Сицилия короллигинде феодаллық қатнасықлардың раўажланыў 
барысы әсте-ақырынлық пенен жүрген. Еркин дийханлар-аллодистлер 
феодалларға қарсы жигерли гүрес алып барған. Олар бир неше рет феодалларға 
ҳәм олардың ҳәкимиятының қорғаған король ҳәкимиятына қарсы 
көтерилислерге шыққан. XI-XII әсирлери түслик Италия қалалары да 
анағурлым раўажланған. Бирақ олар көбирек транзит саўдасы менен 
байланыслы болған. Себеби өзлериниң өнерментшилик өндириси ҳәм 
жергиликли саўдасы әззи раўажланған. Түслик Италия қалалары ғәрезсизликке 
ерисе алмады ҳәм олар күшли орайлық ҳәкимият үслемлиги астында қалып 
қояды. 
Арқа ҳәм Орта Италия қалаларының Герман феодалларына қарсы гүреси
.
XII әсирдиң екинши ярымында Италия үстине сырт ел үстемлиги қәўпи дөнди. 


134 
Фридрих I Барбаросса бес рет Италияға атланысқа шығады. Биринши 
атланысының өзинде Фридрих өзин қала еркинликлерин буўындырыўшы 
сыпатында көрсетеди. 1158-жылы Ронкаль сейминде арқа Италия қалаларының 
ғәрезсизлиги толық сапластырылыўы ҳаққында қарар қабыл етиледи. 
Болоньяның тил алғыш юристлери бул қарарды Рим ҳуқықының белгили 
формуласы менен түсиндиреди. «Ҳәкимге мақул болғаны, нызам күшине ийе 
болыўы тийис». Миланның қыйратылыўы ҳәм елди тонаўлар пүткил 
Италияның қәҳәрин келтиреди. 1167-жылы ломбард лигасы дүзиледи, оған 
қайта тикленген Милан, Мантуя, Феррара, Кремона, Брения ҳ.т.б. қалалар 
киреди. Императорға қарсы аўқамға Сицилия короллиги ҳәм Венеция 
қосылады. Усы дәўирде империя менен феодаллық Европа үстинен үстемлик 
ушын гүрес алып барған папалықта ломбардия лигасын қоллап қуўатлайды. 
Солай етип, Герман феодаллық басқыншылары менен гүрес улыўма итальян 
мәнисине ийе болады. Альп арқалы Фридрих бесинши рет өткенде, ол Ламбард 
лигасы қорғап турған Александрия қорғанын ала алмайды. Леньяно (1176-
жылы) қасындағы саўашта Фридрих Ломбард лигасынан толық жеңилиске 
ушырайды, ҳәм папа алдында бас ийиўге мәжбүр болады. 1183-жылы 
Констанцада папа ҳәм император арасында парахатшылық питими дүзиледи, 
кейин ала Ронкаль қарарлары бийкарланып ҳәм арқа Италия қалаларының 
барлық коммуна еркинликлери қайта тикленеди. Империяның жеңилиси 
сиясий жақтан папалықты анағурлым күшейтеди. Қала коммуналардың Герман 
феодаллары менен гүрестеги жеңислери Италияны сырт ел үстемлигинен 
қутқарады, кейинги әсирлерде елдиң социаллық-экономикалық ҳәм мәдений 
гүллениўине тийкар салады. Герман басқыншылары менен гүрес барысында 
XII әсирдиң ақырында – XIII әсирдиң басында Италияда бир-бирине қарама-
қарсы гвельфлер ҳәм гиббелинлер саўаш ағымлары пайда болды. Гвельфлер 
императордың қарсыласы ҳәм папаның аўқамласы болған. Олардың тиреги 
қалалардың саўда-өндирислик қатламлары болған. Гиббелинлер императордың 
тәрепдарлары болған ҳәм феодаллық гвельфлер ҳәм гиббелинлер арасындағы 
жаўызлық гүрес Италиядағы сиясий жағдайды және де аўырластырып 
жиберди. 


135 
XIII-XV әсирлерде

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   43   44   45   46   47   48   49   50   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish