130
мәрте ярмаркалар өткериледи. Оларда Итальян ҳәм сырт ел қалаларының
саўдагерлери қурал-жарақ, маўыты ҳәм шығыс товарларын сатады. Эмилия,
Тосканы, Ломбардия сондай-ақ немец саўдагерлери Венецияға өзиниң
товарларын алып келген.
Тиккелей халық аралық саўда байланыслары раўажланған. Итальян
қалалары, Алжир, Тунис, Марокко ҳәм Мысыр менен саўда жүргизген. Генуя
Прованс, Каталония ҳәм арқа Африка, Венеция ҳәм Далмация жерлери менен
саўда ислерин орнатқан. Крестлилер атланыслар барысында Италияның порт
орайлары болған Анкона, Пиза, Венеция,
Византия, Леванта (жақын шығыс)
менен тығыз саўда байланысларын орнатқан. Ол жерлерге маўыты, дән ҳәм
металл буйымларын алып барып турған. Ол жақтан пахта бояўлар алып
қайтқан. Бул аўмасыў оларға жүдә үлкен дарамат алып келген. Солай етип,
өнерментшилик ҳәм саўданың раўажланыўы итальян қалаларының
экономикалық жақтан анағурлым дәрежеде өсирген.
Қалалардың феодал сеньорлар менен гүреси.
Өнерментшилик ҳәм саўданың
буннан былай да раўажланыўына ески феодаллық тәртиплер тосқынлық
жасады. Барлық хожалық сиясий мәселелер қаланың руўханыйлар ҳәм феодал
сеньорлар қолларында болған. Оттон I суд ҳәм салықларын жыйнаў, теңге
шығарыў ҳәм сыртқы қатнасықлар ҳуқықларын соларға берген. Соның ушын
қалалардың саўда-өнерментшилик халқы сеньорлар менен ашықтан-ашық
гүрес жолына шыққан. Оларды сеньорлардың ҳәлсиреўинде ҳәм саўданың
раўажланыўында мәпли болған майда рыцарлар қоллап қуўатлаған. 1035-жылы
пополонлар ҳәм басқа халық Миланнан сеньор-архиепископты қуўып шыққан.
Бир неше жылдан кейин ҳәм жигерли гүрес нәтийжесинде Милан ғәрезсиз
коммуна болды. XII әсирдиң басына Болонья, Мантуя, Пиза, Кремона, Феррара
ҳәм басқа қалалар юридикалық жақтан тастыйықланған сиясий еркинлик алды.
Қалалық коммуналар
.
Итальян жәмийетиниң сиясий ҳәм ҳәкимшилик
орайы қалалық коммуна болды. Олардағы ҳәкимият коллегиясы қолларына
өтти. Олар саўдагерлер, вальвассарлар ҳәм капитанлар (ақсүйеклер) тәрепинен
сайланды. Өнерментлер ҳәм майда саўдагерлер коллегияға жантастырылмады.
Консуллар коллегиясы атқарыўшы уйым болды ҳәм ал нызам шығарыўшы
131
ҳәкимият исенимли шахслар кеңеси қолында болды. Айырым ўақытлары
парламентте барлық сайлаў ҳуқықына ийе қалалылардың жыйналысы
шақырылып турды. Ендигиден былай коммунаның барлық дәраматлары
қаланың ықтыярында болады. Оның хожалық жүргизиў мүмкиншиликлерин
күшейтти. Коммуналлық ҳәкимияты
контадо
– аўыл округлерине де таралды.
Солай етип, коммуна республикалық типтеги қала-мәмлекетке айланады.
Флоренция, Сиена, Милан, Равенна, Пиза ҳәм басқа усындай қалалық
республикалар болып табылады. Контадо үстинен қала ҳәкимиятының
орнатылыўы феодаллардың күшин ҳәм ҳуқықларын ҳәлсиретеди. Олар түрли
қарсылықлар көрсетеди, қалалылардың саўда кәрўанларына топылыслар
жасайды ҳәм коммуна қарарларын орынлаўдан бас тартады. XII әсирде
паполонлар грандлар (феодаллар) менен әскерий гүрес баслайды. Олардың
сарайларын қыйратады ҳәм өртейди, зорлық пенен қалаларға көширеди.
Грандлар қалаларда сарайлар салады, айырым ўақытлары
коммуналар менен
келисимге келеди. Коммуналар феодаллық иерархияның ески системасын
ыдыратады. Феодаллық қатнасықларды жоқ ете алмайды. Олар өзлери
феодаллық сеньорларға айланады. Қалалардың жигерли раўажланыўы
товар-
ақша қатнасықларының күшейиўине себепши болды. Бул аграр дүзими
эволюциясына алып келеди.
Do'stlaringiz bilan baham: