Туребеков М


§ 5. XI-XV әсирлердеги Германия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet45/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 5. XI-XV әсирлердеги Германия
XII әсирде Гераманияға Саксония, Тюрингия, Бавария, Лоторингия, 
Австрия, Штария графлықлары,Чех, Ломбордия, Токсана ҳәм Бургундия 
короллықлары қарайды. XIII әсирде немецлер Одер ҳәм Висла аралығындағы 
прусс қәўимлеринде қаратып алады.
XII-XV әсирлерде Франция, Англия 
бириккен мәмлекетке айлана баслайды ал Германия майда короллике ҳәм 
графлықларға бөлинип жасайды. Сонлықтан Германиядағы король ҳәм графлар 
өзлериниң экономикалық раўажланыў жағынан бир тегис болмайды. XII-XIII 
әсирлерде Германияның аўыл хожалық тараўында да өзгерислер болады. Жаңа 


124 
егислик жерлер өзлестирилип ҳәм дийханшылықтың тараўлары кеңейеди. 
Егислик атызлар жергиликли төгинлерден көплеп шығарыў нәтийжесинде ҳәм 
аўыл-хожалық 
егинлериниң 
өними 
артады. 
Аўыл-хожалығының 
өнерментшиликтен бөлиниўи Германияда қалалардың өсиўине әкеледи. XII 
әсирде Германияда 50 ден аслам қала болса ҳәм XIII әсир басында қалалардың 
саны 500 ге жетеди. Саўда мәдений орайы болған Кальн, Страсбург ҳәм Бонн, 
Ульм қала халықлары майда өнерментшилик пенен шуғылланады. Қалаларында 
темиршилик, зергерлик, тоқымашылық етикшилик, тери йилеў, нанбайхана ҳәм 
өндирис кәрханалары болған. Германияда таў кәнлери, алтын, гүмис, темир, 
жез, мыс т.б. металларды өндириў ҳәм оларды қайта ислеў өндирис 
кәрханалары ислейди. 
1099-1128 жыллары Германиядағы қала өнерментлери өз кәсиплери 
бойынша цех шөлкемлерине биригеди. Қала өнерментлери бай сеньорларға 
қарсы өз ҳуқықлары ушын гүресип, Фрейбург ҳәм Гос қалаларының басқарыў 
кеңесине өз адамларын сайлап қоятуғын болады. Бирақ көпшилик жағдайда 
немец қалаларында сиясий бийлик сеньорлардың қараўында қала береди. 
Қалаларда өнерментшиликтиң көбейиўи ҳәм қала халқының өсиўине себеп 
болады. Қала халқының көбейиўи, аўыл хожалық өнимлерине болған талапты 
күшейтеди.
Аўыллық 
жерлердеги 
феодаллық 
барщиналық 
ис 
усыллары 
дийханлардың өнимли мийнет ислеўине тосқынлық жасайды. Қалалар менен 
аўыллар арасында экономикалық байланыслардың өсиўи аўылларда да 
мийнетке ақшалай ҳақы төлеў усылынан таралыўына алып келеди. 
Аўыллардағы ерикли дийханлар, жерлерди арендаға алып ислей баслайды. 
Бирақ бай сеньерлар дийханларды аўыр шәртнамалар менен ислетеди ҳәм көп 
пайда түсиреди. Көпшилик жағдайда майда жер ийелери жерсизленип, 
қарызланып ҳәм жарлы адамларға айланып қалады.
XII-XIII әсирлерде немец дийханлары өзлериниң социаллық дәрежесин 
жақсылаў ушын гүрес алып барады. Дийханлар жеке меншик жерге ийе 
болыўға, ийелик еткен жерлерди нәсилликке қалдырыўға, салықты 


125 
қысқартыўға ҳәм әдил шәртнамалар дүзиўди талап етеди. Дийханлар гүреси ҳәр 
түрли формада болған сеньорларға бағынбай, өндириске зыян тийгизиў ҳәм 
тоғайларға қашып кетиў түрлериде гезлеседи. Бирақ феодаллар қашқан 
пухараларды услап өз жерине қайтарып бериў ҳаққында өз-ара келисим 
дүзеди. Екинши рет қашса, оларды қатты жазалайтуғын болады. XII әсирлерде 
немец князлары өз территорияларын кеңейтиў мақсетинде қоңсы славянь 
жерлерине топылыс жасайды. Немец князларының басып алыўшылық сиясатын 
европадағы котолик ширкеўлери қоллап қуўатлайды.
Эльба дәрьясының төменги алабында Мекленбург герцоглығы дүзиледи. 
Немецлер Одер ҳәм Висла дәрья аралығындағы славянь жерлерин басып алып 
ҳәм дийханшылыққа жарамлы жерлерди немец феодалларға бөлип береди.
Королинглер империясы қулағаннан соң оннан батыс ҳәм шығыс Франк 
мәмлекети (Германия) бөлинип шығады. 843-жылы Верден келисими бойынша 
Рейн дәрьясының шығыс бөлеклери уллы Карлдың ақлығы Людовикке 
қарайды. X әсир басында Германия қурамына Саксония, Тюрингия (Рейн, 
Эльба аралығы), Франкония (Масс ҳәм Рейн дәрья орта бойлары) ҳәм Бавария 
(Дунайдың орта бойлары) герцоглары қарайды. X әсир басында Саксонлар 
династиясынан (919-1024-жыллары) шыққан Генрих I Қус басы короллық 
қылған 919-936-жыллары Германиядағы герцоглар бир мәмлекетке бириге 
баслайды.
X әсирде Германия тевтон короллығы деп аталады. Б.э.ш. IIәсирдеги 
Германияның тевтон короллығы атынан келип шыққан немецлердиң аты да 
тевтонлардан келип шығады ямаса усыдан ҳәзирги Германия аты пайда болады. 
Короллықты беккемлеў ушын Генрих I әскерий реформа өткереди. IX-әсирде 
Гарманияның қоңсы Венгрлер батыс Европа ҳәм Германияға атланыс жасап 
турады. Генрих I сыртқы душпанға қарсы гүресиў ушын өз заманына сәйкес 
атлы әскер дүзеди. Урыс тактикасын үйренеди. Сексония ҳәм Тюрингие 
шегараларына жақын жерлерге бекинис қорғанлар салады. 933-жылы немецлер, 
Венгрия армиясы үстинен жеңиске ериседи. Генрих ишки ҳәм сыртқы сиясатты 
феодалларға, епископ ҳәм аббатларға сүйенип алып барады. 


126 
1202-жылы папа Иннионкентидиң қуўатлаўы менен тевтон қылышлылар 
ордени дүзиледи. XIII әсир ортасында қылышлылар ордени Латвия ҳәм 
Эстонияның қубла жерлерин басып алады. 1126-жылы Тевтон қылышлылар 
ордени Балтик бойы прусс қәўимлерин жаўлап алады. Олар басып алған 
жерлерге Германиядан адамларды әкелип қонысластырады. Тевтон рыцарлары 
рус жерлерин басып алыўға умтылады. 1242-жылы Чуд көлинде саўашта 
Новогород князь Александр Невский тәрепинен тевтон рыцарлары жеңилип 
қалады. Нәтийжеде олардың рус жерлерин басып алыў нийети иске аспай 
қалады.
Германияны 1152-1190-жыллары Штауфен династиясынан шыққан 
Фридрих I Барбаросс мийрасқорлық қылады. Фридрих Италияның орайлық 
ўәлаятларын алыўды әрман етеди. 1154-жылы Фридрих I Римге атланыс 
жасайды. Усы ўақытлары Италияда Рим папаға қарсы Арнольд Брешианск 
басшылығынан қозғалаң келип шығады. Фридрих бул көтерлисти басыўға Рим 
папасына жәрдемлеседи. Нәтийжеде Рим папасы Фридрихтың жәрдем бергени 
ушын Германия королы Фридрих I Барбаросс император тажысын кийгизеди. 
Бирақ Италияда немец рыцарларының зулымына қарсы халық қозғалаңы келип 
шығады. Фридрих I Италияны таслап кетеди. 1158-жылы Фридрих I Италияға 
2-рет атланыс жасап, Арқа ҳәм Орайлық жерлерин қаратады. 1158-жылы 11-
ноябрде Фридрих Ронкол дәрья жағасындағы Пьяченца қаласын Италия 
ўәкиллериниң қатнасыўы менен мәжилис өткереди. Бул сейимде Ронкол қарары 
қабыл етилип, онда Италия императоры шексиз ҳуқыққа ийе деп жәриялайды. 
Император Италияда теңге-пуллар басып шығарыўға, жер-мүликлерди 
бөлистириўге, қала ҳәкимлерин, консулларын таярлаўға ҳәм орнынан алыўға 
ҳуқықы болады. Бурын сиясий жақтан ғәрезсиз болып жасаған, өзин-өзи 
басқарып келген Ломбордия қалалары ҳәм Император сиясатына наразы болып 
көтерлис шығарады. Бул көтерлисти саўдагер өнерментлер ҳәм Милан қаласы 
қуўатлайды. 
1162-жылы Фридрих I Милан қаласын алып ҳәм көтерлисшилерди 
жазалайды. Қала халқы 8 күн ишинде таслап кетиўге буйырады. Қаланың 
орайлық бөлими сүрилип ҳәм дуз себиледи. Усындай жол менен император 


127 
халықты күш пенен қорқытады. Бирақ арадан көп ўақыт өтпей-ақ ҳәм 
Ломбардияда немецлерге қарсы Италия қалаларының Ломбардия лигасы 
дүзиледи. Папа Александр III де Лиганы қуўатлайды. 1176-жылы бәҳәрде 
леньяно қала жанында лига әскерлери немец рыцарларын жеңеди. Фридрих 
қашып кетеди. 1183-жылы Фридрих пенен Италия арасында тынышлық 
келисими дүзиледи. Фридрих енди папаны мойынлап усы ҳәм ишки ислерге 
араласпайды. Италия қалалары өзин-өзи басқарып ҳәм сиясий бийликти қолға 
алады. XIII әсирде басланған муқаддес Рим империясының бөлшеклениўи XIV 
әсирде даўам етеди. Германия империясы X әсирде Оттон I дәўиринде дүзилип, 
ол Рим империясы деп аталады. Ал XII әсирдиң ақырында бул империя 
«муқаддес Рим империясы» деп аталған. XIII әсирде Германияға қараған арқа 
Италия, Чехия, Славянь жерлери өз алдына ғәрезсиз бола баслайды. 
Империяның бөлекшелениўине қарамастан қалалардың саны өседи. Қалалар өз 
аўқамларын пайда етеди. Қала аўқамлары Любек қаласында съездлерин 
шақырады. Ганза қала аўқамына кирген қала саўдагерлери Стокольм, Лондон 
ҳәм Новогород қалаларда саўда дүкәнларын дүзеди. Ганза саўда аўқамы 
үстинен, өз үстемлигин орнатыўға ҳәрекет еткен Дания жеңилип қалады. Ганза 
саўдагерлери Дания қалаларына барғанда бажыны кем төлейтуғын болады.
XIV әсирдиң 2-ярымында батыс ҳәм түслик Германия қалалары аўқамға 
биригеди. Бул Шваб қалалар аўқамы деп аталып ҳәм бул аўқамға Дунай, Рейн 
дәрья бойы қалалары киреди. Бул аўқамға 90 қала ағза болып, оларға Аугсбург, 
Ульм ҳәм Нюеберг қалалары басшылық етеди. Германия қалалары Жер орта 
теңиз жаға қалалар менен саўда алып барады. XIV әсирде Германияда 
рыцарлардың уйымы дүзиледи. Нәтийжеде қалалары аўқамы менен рыцарлар 
аўқамы арасында қарама-қарсылық пайда болады. 1388-жылы рыцарлар, қала 
аўқамын жеңип ҳәм көпшилик қала аўқамлары таралып кетеди. 
XII-XIV әсирлерде Германияда ауыл хожалығы өседи, егислик жерлер 
кеңейеди, жүзимгершилик, кенеп ҳәм зығыр өсимликлери көп егиледи. Қой 
өсириўшилик өседи, ғәллени жақсы өндирип ҳәм аўсық ғәллени сыртқа 
шығарады. Аўыл хожалығында таўар-ақша қатнасыда өседи. Аўылдан жумыс 
излеп келген адамлар шахтада ҳәм таў кәнлеринде ислейди. Германияда 


128 
капиталистлик қатнаслар қәлиплесе баслайды. XIII-XV әсирлерде Германия, 
Англия ҳәм Франция еллерине қарағанда еле орайласпаған князьлерге бөлинип 
жасап келеди. Ҳәр бир князь императордан бөлек ҳәм сиясий жақтан ғәрезсиз 
жасаўға умтылады. 
1273-жылы Оның императоры болып граф Рудольф Габсбург сайланады. 
Германияның қоңсысы Чехия королы немецлердиң күши менен қорқытып 
турған. Рудольф Чехлерге қарсы урысып ҳәм оны жеңип көп жерлерге ийелик 
етеди. Германия князьлери император сайлаўға ҳуқықына ийе болады. Олар
гезектеги сайлаўда габабурглардың орнына Люксенбург ўәкиллеринен 
император сайлайды. Генрих VII Люксенбург (1308-1313жыллары) өлгеннен 
кейин. Бавар герцоги Людовик Баварскийди император деп жәриялайды. Ол 
1314-1347-жыллары басқарады. Людовик өз жерлерин кеңейтиў ушын Италияға 
атланыс жасайды. Бирақ урысты қәлеместен Германия князьлери император 
етип Люксенбурглардан Карль IV сайлайды. Карль IV Чехия королының 
қызына үйленгени ушын, Чехия королы деп те аталған. Карль IV Германияны 
басқарған 1347-1378-жыллары алтын буллағ деген нызам шығарып, Германия 
императорды жети курфюстлер тәрепинен сайлап қойылатуғынын қабыллайды. 
Демек, Карль IV немей князьларының ҳуқықларын алтын буллағ менен 
тастыйықлайды. Олардан үшеўи-Майнц, Кольн, Трир архиепископлары ҳәм 
төртеўи Чех королы, Рейн, Саксония герцоги ҳәм Бранденбург, князьлеринен 
турған. Алтын булла ҳәр бир немец князьларының өзлери басқарып атырған 
жерлериниң ғәрезсиз ҳәкими деп жәриялайды. Олар өз жерлеринде суд 
ислерин, бажы алыў, теңге басып шығарыў, таў кәнлерин өзлерине өндириў ҳәм 
ҳәттеки урыслар апарыўға ерикли болады. Бирақ императордың бул сиясатына 
немец пухаралары қарсы болады. Халық наразылығын немец бюргерлери 
қуўатлайды. бюргерлер орайласқан ҳәм күшли Германия мәмлекетин дүзиўге 
шақырады. Германияның бирикпеўинен пайдаланған Франция Германияның 
Қубла-Батыс 
жерлерин 
қаратады. 
1460-жылы 
Французларға 
қарсы 
«башмаклар» көтерлиси келип шығады. XV әсирдеги халық қозғалаңы, 
князлардың бирикпеўи, немец рыцарларының сыртқы душпаннвн жеңилиўи, 
немец халқын бир күшли мәмлекетке биригиўге шақырады. XV әсир ақырында 


129 
Германияның қубла-батыс аймағында сиясий әскерий швабак аўқамы дүзиледи. 
Оның басында Майнц архиепископ Бартолед турады. Оған Германия 
рыцарлары, қалалары киреди. 1495-жылы ҳәм 1500-жылы немец князь 
бюргерлер Империя реформасының жобасын ислеп шығады. Жобада 
империяны «земский мир» деп атайды. Елде тынышлық орнатыўды баслы 
мәселе етип қояды. Бирақ бул жоба орынланғанда немец князьлары өз 
ҳуқықларынан айрылып қалар еди. Сонлықтан князьлердиң өз-ара аўыз 
биригиўи болмай жоба иске аспайды. Солай етип XV әсирде Германияда бир 
орайласқан мәмлекет дүзиў жобасы иске аспай қалады. Елде сиясий кризислер 
даўам етти. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish