152
XV әсирлери дийханлар көтерилислери Балеар атаўларында жүз береди. Бул
жерде дийханларға саўдагерлер тәрепинен езилген қала гедейлери қосылды.
XV әсирдиң бир неше он жыллықлары даўамында Каталонияда массалық
дийханлар ҳәрекетлери орын алды. Олар жеке ғәрезликти ҳәм жарамсыз
дәстүрлерди бийкар етиўди талап етти. 1462-1472-жыллары Каталонияның
арқа тәрепинде ҳақыйқый дийханлар урысы жүз берди. Қатнасыўшылар
әскерий отрядларға бөлинеди. Олардың арасында әскерий зәрүрликлер ушын
төлемлер жыйналды. Оның басында гедей Вернтальят турды. Каталония
ақсүйеклери ҳәм қалалары менен қарсылас болған.
Арагон короли Хуан II
көтерилисти өз мақсетлерине пайдаланды. Вернтальят ҳәм оның дийханлар
армиясы жәрдеми менен Хуан II Каталония үстинен өз ҳәкимиятын
беккемледи. Ол Вернтальятқа бай жер көлемлерин бөлип шығарды. Виконт
атағын береди. Дийханларды да азы-кем жер қыйтықлары менен жубатты.
Бирақ бул қарарларды кортес көп узамай бийкарлады. 1484-жылы Каталонияда
Педро Хуан Сала деген дийхан басшылығы астында жаңа күшли көтерилис
басланады. Солдатлар қәлемеўсизлик пенен дийханларға қарсы шықты.
Саланың тутқынға алыныўы ҳәм өлтирилиўи ҳәрекетти тоқтатпады. 1486-
жылы ҳүкимет көтерилисшилери менен келисимге келиўге мәжбүр болды.
Каталонияда пухаралардың жеке ғәрезлигин бийкарлайды. Бул жағдай
Гвадалупа интенциясында тастыйықланған еди. Жарамсыз дәстүрлерде
бийкарланды. Бирақ ол ушын үлкен пара төленди. Дийханлар жеке еркинликке
ийе болды ҳәм жерлерден өзлериниң көшпели мүлки менен кетиўге ҳақылы
еди. Бирақ олардың жерлери сеньорлардың меншигинде қалды.
Кастилия ҳәм Арагонның бирлесиўи
.
Ширкеў, қала ҳәм
майда дворянлар
менен аўқамға сүйене отырып ҳәм саўдадан келип түскен үлкен дәраматларға
ийе болған, Кастилия ҳәм Арагонның корольлик ҳәкимияты XIV-XV әсирлери
ири феодаллардың сиясий ҳуқықларына шешиўши ҳүким баслады. Олар бираз
еркинликлеринен айырып таслады. XV әсирдиң ақырына ол ири феодаллардан
теңге ислеп шығарыў ҳәм жеке урыслар жүргизиў ҳуқықларынан айырды. Көп
жерлерин тартып алды. Король сондай-ақ руўханый-рыцарлар орденлериниң
жерлерин ийеледи. 1479-жылы Арагон менен Кастилия Фердинанд Арагонский
153
ҳәм Изабелла Кастильская ерли-зайыплылар ҳәкимлиги астында бирден-бир
мәмлекетке бирлести. 1480-жылы Кастилия қалалары өз-ара кәраматлы
эрмандада аўқамын дүзди. Ол феодаллар менен гүресиў ушын өзиниң
милициясын шөлкемлестирди. Ел ишинде өзиниң орнын беккемлеп ҳәм
Испания короли Гранада әмирлигине соққы берди. Ол араблардың
Испаниядағы соңғы жерлери еди. 1492-жылы Гранада жеңилиске ушырайды.
Португалиядан басқа пүткил Пиреней ярым атаўы Испания корольларының
қолына түседи. Испанияда абсолют монархия орнатылды. Ири феодаллар
сиясий еркинлигин жойтады ҳәм сарайлық аристократларға айланады.
Кортеслар өзиниң бурынғы әҳмийетин жоғалтады ҳәм
олар сийрек
шақырылады. Басқарыўға бюрократиялық түс ене баслайды.
Do'stlaringiz bilan baham: