Туребеков М


Түслик Италия сиясий раўажланыўының өзгешеликлери



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet51/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
Түслик Италия сиясий раўажланыўының өзгешеликлери. 
 
XIII әсирдиң
ақырына феодаллық мәмлекет Сицилия корольлиги қәлиплести. Ҳәкимият 
майда, орта феодалларға ҳәм рыцарларға сүйенди. Олар король менен тиккелей 
вассаллық қатнасықларда болған. Орайласыўдың екинши тийкары мәмлекеттен 
ғәрезли ширкеў болған. Қалалар король ҳәкимиятының толық бағыныўында 
болған. XII әсирдиң ақырына ерисилген орайласыў XIII әсирде және де 
күшейеди. XII әсирдиң ақырында Сицилия корольлигин басқарған Нормандлар 
династиясы Гогенштауфенлер менен ағайинлеседи. 1212-1250- жыллары 
корольликтиң басына Фридрих Барбароссаның ақлығы Фридрих II 
Гогенштауфен шығады. Ол 1220-жылдан баслап бир ўақытта кәраматлы Рим 


144 
империясының императоры болады. Фридрих II ҳәкимиятты өз қолына алады. 
Сицилия корольлигин арқа ҳәм орта Италияны ийелеў ушын папа менен 
гүресте өзиниң бас тирегине айландырыўға урынған. Майда рыцарьларға 
сүйенип ҳәм Фридрих II баронлар қарсыласыўын жеңеди. 1231-жылы ол 
«мельфи конституциясын» жәриялайды. Бул конституцияға муўапық соңғы 40 
жыл ишинде салынған феодаллардың сарайлары жер бети менен тегисленип 
тасланыўы керек еди. Феодаллық баронлар ақсүйеклерге сезилерли соққы 
берди. Король суды беккемленди ҳәм улыўма мәмлекетлик салықлар көбейди. 
Фридрих II сондай-ақ сарациналардан жалланба армия дүзе баслады. Бул оған 
ири феодаллардан еркин болыў мүмкиншилигин тәмийинледи. Фридрих II 
Сицилия корольлиги халқын ушы-қыйры жоқ салықлар менен ўайранлады. 
Оның басқарыўы ақырында ел пүткиллей ҳәлсиреп қалды. 
«Сицилия кеши»

Фридрих II өлгеннен кейин ҳәм 1268-жылдан баслап 
папаның келиси менен королликти француз королиниң ағасы Карл Анжуйний 
тәрепинен басып алынды. Ол Италияның көплеген қалаларын өзине 
бағындырды ҳәммеге салық салды. Езиўдиң күшейиўине ҳәм сырт ел 
ҳәкимлериниң қылықларына жуўап ретинде 1282-жылы Палермода стихиялық 
халық көтерилиси жүз берди. Ол «Сицилия кеши» деп аталды. Көтерилис 
кешки намаздың қоңыраўы менен басланады. Көтерилисшилер французлардың 
қала гарнизонын қырып таслаған. Нәтийжеде Сицилия корольлиги 
тарқатылып жибериледи. Түслик Италия Неполитон корольлиги аты менен 
Анжуй династиясы ҳәкимияты астында қалады. Сицилия 1302-жылы Арагон 
корольлигине өтеди. 
Неополитан корольлиги XIV –XV әсирлерде
.
XIV-XV әсирлери Түслик 
Италия экономикалық ҳәлсиреўге ушырайды. Онда арқа ҳәм орта Италияның 
бай қалаларының саўдагерлери менен сүтхорлары хожейиншилик етеди. 
Сицилия ушын узақ даўам еткен, бийпайда урыслар жүргизиў ушын ҳәм олар 
Неополитан корольларына ақшалай қарыз берген. Усы қарызлар ушын олар 
корольдан жерлер ҳәм дворянлар атақларын алған феодаллық сеньорлар 
болған. 


145 
Корольдиң финанс жағдайы жүдә төмен еди. Неополитан королевасы 
Джованна 1348-жылы Анжуй династиясының мийрасхорлық жерлерин папаға 
бериўге мәжбүр болған. Неополитан корольлигиниң экономикалық ҳәлсиреўи 
сиясий ҳәлсиреўге алып келди. 1442-жылы түслик Италияда Арагон 
династиясы ҳәкимияты астына түсти. Ол Сицилияны Неополитан корольлиги 
менен бириктиреди. Бул еки ўалаятларда көп жүз жыллықлар даўамында испан 
үстемлигин орнайды. 
Италияның XV әсирде экономикалық эволюциясы
.
Егер Папа ўалаятында, 
түслик Италия менен Сицилияда XV әсирде феодаллық қатнасықлар пүткиллей 
үстемлик еткен болса, арқа ҳәм орта Италияның алдынғы қала-
мәмлекетлеринде усы әсирдиң ақырына шекем ҳәм келеси жүз жыллықларда 
ерте капиталистлик қатнасықлар раўажланыўы даўам етти. XV әсирдиң 
ақырына 
арқа 
ҳәм 
орта 
Италия 
қалаларының 
экономикасында 
тубалаўшылықтың биринши белгилери пайда болады. 
Итальян қала-мәмлекетлериндеги тирания XIV әсирдиң соңғы жыллары ҳәм 
әсиресе XV әсирдиң биринши он жыллығы арқа ҳәм орта Италия қалаларының 
сиясий дүзилисинде де айтарлықтай өзгерислер жүз берген. Олардың 
көпшилигинде басқарыўдың республикалық формасы ҳәм айырым ўақытлары 
жасырын түске ийе монархиялық формасы менен өзгертиледи. Бундай сиясий 
дүзилис Италияда сеньория, ямаса тирания деп аталады. XV әсирге келип 
тирания Флоренцияда, Миланда ҳәм басқа қалаларда турақлы орнатылады. 
«Семиз» пополонлардың халық көтерилислерине жолларды беклеўге 
урыныўлары ҳәм қала мәмлекетлерде тирания орнатылыўының бас 
себеплериниң бири болды. «Семиз» пополонлардың маўыты ислеп 
шығарыўшы ҳәм банк-сүтхорлық өндирис ийелери тиранияны қоллап-
қуўатлады. 
Медичидиң Флоренциядағы тираниясы

Флоренциядағы тирания тарийхы 
дыққатқа ылайық болып табылады. Флоренцияның бир неше бәсекилес ең бай 
шаңарақларының узақ даўам еткен гүресинен кейин 1434-жылы бул қала-
мәмлекеттиң ҳәкими банкир Медичи болады (1468-жылға шекем басқарады). 
Оның тусында қағаз жүзинде болса да басқарыўдың республикалық формасы 


146 
сақланып келди. Бирақ барлық аппарат өзиниң қолында жәмленди. Әпиўайы 
халыққа ақша табыў мүмкиншилигин берген қаладағы үлкен қурылыслар 
Медичиге унамлы жақтан тәсир көрсетти. Медичи тираниясының қудирети 
Лоренцо Великолепный (1469-92- жыллар) тусында жүдә бийик дәрежеге 
көтерилди. Ол Флоренциядағы ең бай банкирлер үйиниң басшысы еди, Италия 
ҳәм Европаның барлық ең ири қалаларында оның банк мәкемелери бар еди. 
Ески демократиялық тәртиплер ис жүзинде жоқ етилди. Рәсмий жақтан 
Флоренция республика болып қалғанына қарамастан, барлық мәселелер 
республикалық мәкемелеринде емес, ал Лоренцоға толық бағынған кеңеслерде 
шешилди. Оның буйрығы менен қол астындағы қалалардағы көтерилислер 
жаўызлық пенен бастырылды. Мәселен, гедей Микеле Мео басшылығындағы 
халық массалары ҳәкимиятты басып алған Вальтерреде 1472-жылы, Пратода 
1470-жылы Лоренцо өмирине сәтсиз қастыянлықтан кейин 1478-жылы оның 
ҳәкимияты оннан да бетер беккемленди. 
Савонарола.
Медичиниң сиясаты массалық наразылықларға алып келди. 
Оны монастырь басшысы оратор Савонарола басқарды. Оның бағдарламасы 
Италияны сиясий ҳәм диний жақтан жаңалаўдан ибарат еди. Ол ширкеўди 
пухаралық ҳәкимият тәрепинен басқарылыўына қарсы шықты. Папалықты 
сынға алды, байлықты ҳәм сүтхорлықты гиналады. Ол халық көтерилислерине 
қарсы болғаны менен, Савонароланың үгитлери халық массаларын 
көтерилислерге жигерлендирди. 1494-жылы француз әскерлери Италияға 
кирип келген ўақытта олар Флоренцияға жақынлаған ўақытта ҳәм
Лоренцоның баласы Пьеро Медичи көтерилис нәтийжесинде қаладан қуўып 
шығылды. Бул жерде Савонарола басшылығында республика орнатылды. Ол 
еки жүзли сыпатқа ийе бир қатар реформалар жүргизди. Қарызлар 
бийкарланып ҳәм сүтхорлық қадаған етилди. Республика басына бай 
пухаралардан қуралған уллы кеңес қойылды. Савонароланың фанатикалық 
аскетизми 
байларды 
қанаатландыра 
алмады. 
Савонарола 
асығып-
албыраўшылық пенен гүрес жүргизиў шақырыўы астында сүўретлерди, музыка 
әсбапларын, китапларды өртеўге шақырған, ҳәр қыйлы ойын-заўықларды 
қадаған еткен. Соның ушын Савонароланың абыройы халық алдында түсе 


147 
баслады. Папа куриясы усыдан пайдаланды. 1498-жылы Савонарола тутқынға 
алынып, кейин ала судланып ҳәм өртелип жибериледи. 
Италия XV әсирдиң ақырында

XV әсирде Миландағы тиранлық тутым 
оннан да бетер беккемленеди. XV әсирдиң басында Висконти үйиниң 
тиранлары ҳәкимлик еткен.Ол кейин ала 1450-жылдан баслап қаладағы 
ҳәкимиятты Сфорқа үйиниң тиранлары басып алады. 
Арқа ҳәм орта Италия қала-мәмлекетлеринде тиранлық тутымлардың пайда 
болыўы, беккемлениўи ишки орайласыўға бир қанша мүмкиншиликлер 
жаратса да ҳәм ондағы үстемлик етип турған сиясий бөлшеклениўди бузбады. 
1494-жылы 50 мыңлық француз әскерлери (король Карл VIII басшылығында) 
Италияға басып кирди. Олар Неополитан корольлигиниң шегарасына дейин 
барды. Атланыс узақ даўам еткен урыслардың басламасы еди. Олар XVI әсирде 
Италияны апатшылыққа ҳәм буннан былай да экономикалық ҳәлсиреўиниң 
босағасында турды. XVI әсир Италияның биротала ҳәлсиреў дәўири болды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish