Туребеков М


§ 8. XI-XV әсирлердеги Скандинавия еллери



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet54/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 8. XI-XV әсирлердеги Скандинавия еллери 
 
Антик 
дүньясы 
саласынан 
тысқарыда 
раўажланған 
феодаллық 
жәмийетлердиң тәсирин салыстырмалы кеш сезген Скандинавия еллеринде-
Данияда, 
Швецияда, 
Норвегияда 
қәўимлик 
қатнасықлардың 
ҳәм 
патриархаллық қулшылықтың қалдықлары бираз ўақытқа шекем сақланып 
турды. Ерте феодаллық дәўир Скандинавияда XII-XIII әсирлерге шекем даўам 
етти. Дийханлардың жеке ғәрезлиги ҳәм барщина кең таралған жоқ. Норвегия 
олардан улыўма бийхабар еди. Феодаллардың ленлерге ҳуқықлары шекленген 
еди. Вассалық қатнасықлар батыс Европа еллерине қарағанда төмен 
раўажланды. Норвегия ҳәм Швецияның таўлы районларында дийханшылық 
тек ғана шекленген көлемлерде алып барылды ҳәм жүдә әпиўайы усылда 
жүргизилди. Мал шарўашылығы, аңшылық, суўын асыраўшылық ҳәм 
балықшылық үлкен роль ойнады. Скандинавияда кеме қурылысы ҳәм теңизде 
жүриў аййемги заманнан раўажланған еди. Тек ғана қублада ҳәм Ютландия 
ярым атаўы тегисликлеринде дийханшылық ушын қолайлы шараятлар болған. 
Скандинавияның басқа ўалаятларына қарағанда бул жерди темир пазналы плуг 
пенен аўдарған. 


154 
Халықтың тийкарғы массасын еркин бондлар қураған. Олар өз 
хожалықларына ийе дийханлар, шарўалар, аңшылар ҳәм балықшылар болған. 
Олар алыс хуторларда (Норвегияда, Швецияның бир қатар районларында) 
ямаса киши аўылларда (Данияда ҳәм Швецияның көпшилик бөлегинде) 
жасаған. Үлкен шаңарақ сүрим жер ийеси болған. Олар жеке меншикти қурап
ҳәм одаль деп аталған. Үлкен шаңарақлар бөлингеннен кейин де, олардан 
бөлинип шыққан жеке шаңарақлар жерди еркин жумсаўға ҳуқықы болмаған. 
Тоғайлар, отлақлар ҳәм басқа жерлер улыўма меншикте болған. Класслық 
жәмийет жүдә әстелик пенен қәлиплескен. Жергиликли өзин-өзи басқарыў 
уйымлары-тинглер, 
бондлардың 
ўалаятлық 
ҳәм 
округлик 
халық 
жыйналыслары үлкен роль ойнаған. Оларда суд мәжилислери өткерилген ҳәм
онда даўлар шешилген. Әсте ақырын ақсүйеклердиң тәсири күшейген. Пада-
пада маллар, саўда ҳәм әсиресе атланысларда басып алынған байлықлар 
олардың қудиретиниң дереги болды. Қәўим ақсүйеклери ири жер көлемлерине 
ийе болған. Халықтың ишинен қулларды ҳәм гедейлескен еркин дийханларды 
езген. Оларға қыйтақ жерлер берип қойған. Дийханшылық әҳмийетли роль 
ойнаған Ютландия ярым атаўында ҳәм Сюпеде мырзалардың поместьелери 
пайда болды. Бир жағынан ақсүйеклердиң қүдирети артыўы менен, екинши 
жағынан еркин дийханлардың бир бөлеги оларға бағыныўы менен класслар 
пайда болыўы процеси тереңлести. Мәмлекеттиң қәлиплесиўи ушын 
мүмкиншиликлер пайда болды. Викинглердиң атланыслары бул процессти 
тезлетти. Қәўимлик ақсүйеклерден бөлинип шыққан биринши Скандинавия 
корольлары узақ ўақыт даўамында қәўимлер ҳәм қәўимлик аўқамларының 
басқарыўшылары болып келди. Соған қарамастан, сиясий бирлеспелер 
тийкарлары қәлиплесе баслады. Данияда бул процесс VIII әсирде басланған 
еди. Х әсирдиң екинши ярымында Харальд Синезубый (950-986- жыллары) 
король 
ҳәкимиятын 
анағурлым 
беккемледи. 
Конунг 
Харальд 
Прекрасновалосый IX әсирдиң ақырында Норвегияның көплеген қәўимлик 
округлерин өзине бағындырды. XI әсирдиң басында Норвегияның бирлесиўи 
жуўмақланды. Норвегияда король ҳәкимлиги беккем болған жоқ. Король Олаф 
Харальдсонн (1016-1028- жыллары) елден қуўып шығарылды. Көтерилген 


155 
дийханлар ҳәм ақсүйеклерге қарсы гүресте набыт болды. Норвегия, Дания 
короли Кануттиң (1018-1035- жыллары) қол астына киреди. Канут Дания ҳәм 
Англияны бирлестирген еди. Канут өлгеннен кейин Норвегия ҳәм Англия өз 
ғәрезсизликлерин қайта тиклейди. Швецияда узақ ўақыт даўамында еки 
корольлик болған. Арқада Упсала орайы менен свейлер ўалаяты ҳәм қублада 
гётлер (ётлар) қәўиминиң ўалаяты жайласады. Упсала корольларының 
ҳәкимияты астында олардың бирлесиўи XI әсирдиң басында жүз береди. Бирақ 
XII әсирдиң өзинде Швеция королиниң ҳәкимияты жүдә шекленген еди. 
Көплеген ўалаятларда ис жүзинде жергиликли ақсүйеклер басқарып турған. 
Король ҳәкимияты христиан ширкеўине сүйениўге умтылған. Бирақ христиан 
динине айландырыў дийханлар ҳәм ақсүйеклердиң қайта қарсылықларына 
дуўшар болды. Олар көп динликти сақлап қалған ҳәм өз ғәрезсизлигин 
қорғаған. Христиан ширкеўи Скандинавияда Х әсирдиң ақыры XI әсирдиң 
басында беккемленди. Бирақ көп динлик XII әсирде де жоқ болып кеткен жоқ.
Шама менен 1103-жылы Лундада улыўма скандинавиялық архиэпископство 
дүзилди. Ширкеў корольлардан көп қаржылар алды.
Атланыслар тоқтаўы менен урыў – қәўимлик ақсүйеклердиң байлық 
дереклери кемейди ҳәм олардың жәмийетлик тәсири пәсейди. Жер хызметши 
ақсүйеклер қолларында топлана баслады. Қәлиплесип атырған феодаллар 
класына жоқары руўханыйлар да ески урыў-қәўимлик ақсүйеклердиң бир 
бөлеги де кирген. Еркин халық ишинен шыққан күшли адамлар ҳәм қудиретли 
бондлар да өз қолларында үлкен жер көлемлерин топлаған. Корольлар ең ири 
жер ийелери болған ўалаятлар менен округлердиң басларына қойылған өзиниң 
хызметкерлерине король салықлар жыйнаў ҳуқықын берген. XIII әсирден 
баслап Дания ҳәм Швецияда қурылған сарайлар феодаллар меншиги болған. 
Олар корольдиң найыплары ретинде сарайларды ийелеген. Бонд әдеттегише 
дийхан болған ҳәм алыстағы хуторларда жасаған. Өз бетинше хожалық 
жүргизген. Бондлар қурал-жарақларға ийе болған. Себеби ол корольдиң 
шақырығы бойынша әскерий хызметке барыўға миннетли еди. Олар өз 
қаржылары есабынан әскерий кемелер қурған ҳәм оларды қуралландырған. 
Әскерий хызмет дийханлар ушын жүдә үлкен мүшкилге айлана баслады. 


156 
Корольдиң әскерий хызметинен, өсип атырған салықлардан қутылыў ушын 
көплеген дийханлар өзлерин ҳәм өз меншигин ири жер ийелери ҳәкимиятына 
тапсырған. Феодаллық ғәрезлик бул жерлерде рента есабында азық-аўқатлар 
төлеўден ибарат еди. Бул дийханлар участкаларынан узақ ўақыт даўамында 
ямаса өмир бойы пайдаланған. Жер меншигине өз меншигин сақлап қалған 
көплеген үлкен дийханлар қатламы болған. Олар мәмлекетке тек ғана салық 
төлеп турыўға миннетли еди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish