Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet50/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Жалланба жумысшылар ҳәм өнермент гедейлериниң көтерилиси.
Ерте 
капиталистлик қатнасықларының раўажланыўы арқа ҳәм орта Италия 
қалаларында жаңа халық ҳәрекетлерине жаңа көтерилислерге алып келди. 
Биринши көтерилис Флоренцияда 1345-жылы жүн түтиўшиси Чуто 
Брандинидиң басшылығында жүз берди. Ол чампи туўысқанлығын 
шөлкемлестириўди, олардың ағзалары арасында турақлы түрде қаржылар 
жыйнаўды белгилеўди ҳәм айлықты көбейтиў ушын гүрес ең жайдырыўды 
усынған. Ҳәкимият тәрепинен Брандинине усланғаннан кейин чомпилер ис 
таслады, устаханаларынан шығып кетип ҳәм оны азат етиўди талап етти., 
Брандини өлтириледи ҳәм Көтерилис бастырылып 
1378-жылы Флоренцияда көтерилис жүз береди. Көтерилисшилер қаланың 
феодал ақсүйеклерине ҳәм сондай-ақ өзлериниң езиўшилери болған «семиз» 
пополонларға қарсы шығады. Олар «сырт ел ҳәмелдарлары» лаўазымын 
сапластырыўды ҳәм айлықты 50% ке көбейтиўди талап еткен. Олар ендигиден 
былай «семиз» паполонларға бағыныўға ҳәм мәмлекет басқарыўына 
қатнасыўға ерисиўге келискен. Флоренцияда цех ағзалары ғана толық ҳуқықлы 
пухаралыққа ийе болған. Ҳәрекет көсемлери ҳәкимият тәрепинен усланғаннан 
кейин мыңлаған чомпи топарлары сеньория сарайына бағдар алған, сарайды 
өртеп жиберемиз деп абай жасап ҳәм көсемлерди азат етиўди талап еткен. 
Сөйтип чомпи басшылары азат етилген дәслепки жеңиске ерискен. Олар Лана 
цехының имаратын өртеп жибереди. Ҳүкимет басшысы байрағын ийелеп ҳәм 
олар республикадағы жоқарғы ҳәкимиятты өз қолларына алады. Чомпи 
басшыларының жыйналысында жаңа ҳүкимет дүзиўди талап етиў бойынша 
қарар қабыл етиледи. Онда үш орын чомпи ўәкиллерине тийисли болыўы керек 
еди. Олардың биреўи ҳүкимет басшысы лаўазымын-«әдиллик гонфальоньер» 
лаўазымын ийелеўи тийис еди. Қуралланған чомпилер ҳүкимет сарайына 
ҳүжим жасапйды ҳәм оны ийелеп алады. Ертеңине, сеньория дүзиледи. Оның
басшысы болып Микеле ди Лонда жәрияланады. Ол жалған фигура болып ҳәм 
«семиз» пополонлар менен байланыста болған. Көтерилис барысында 


141 
сатқынлық ролин атқарған. Лондадан басқа, жаңа ҳүкиметке және де еки 
чомпи, майда өнерментлерден үш приор ҳәм үш «семиз» пополонлар кирген. 
Үш жаңа цехлар ҳәм соның ишинде чомпи цехы дүзилди. Чомпилер цехына 9 
мыңға жақын адам кирди. Екинши цехқа бояўшылар, тоқыўшылар ҳәм 
басқалар, үшинши цехқа кийим тигиўшилер ҳәм шулық тоқыўшылар кирди. 
Микме ди Лондо жәрдеми менен «семиз» пополонлар көтерилисшилерди 
қыйратыўға таярланды. Чомпилар жаўызлық репрессияларға дуўшар болды. 
Бирақ 1382-жылға шекем «семиз» пополонлар ҳәкимияты толық өз қолларына 
алыўға жүрексинбеди ҳәм оны цехлар өнерментлери менен бөлисти. Чомпилер 
көтерилисиниң 
жеңилиске 
ушыраўының 
себеби 
жеткиликсиз 
шөлкемлескенлигиниң ҳәм оның класслық ғәрезлигиниң нәтийжеси 
болды.ўалаят 
Папа ўалаяты. Рим республикасы.
Өзиниң теократиялық жобаларын иске 
асырыў ушын Иннокентий III ҳәм оның шәкиртлери Европаның бир қатар 
мәмлекетлерин өз тәсирине бағындырыўға, екиншиден, Италияда өз 
мәмлекетин Папа ўалаятын беккемлеп, өзлерине сиясий көз-қарасларын 
күшейтиўге урынған. Иннокентий III Папа ўалаятындағы итальян ҳәм немис 
феодалларының жерлерин басып алады ҳәм ис жүзинде Сицилия 
корольлигинде ҳәкимиятты ийелейди. XIV әсирдиң басына келип, папа 
мәмлекетиниң қурамына ири ҳәм бурын ғәрезсиз қала-мәмлекетлер (Болонья, 
Рим ҳ.б.) киреди. Тиренадан Адриатик теңизине шекем жайласқан папа 
жерлери Италияны екиге бөлип таслайды. Бирақ экономикалық жақтан Папа 
ўалаяты бурынғыдай Ломбардия ҳәм Тосканадан төмен болады. 
XIII әсирдиң ақырынан баслап папалықтың абыройы кескин төменлейди. 
Усы ўақытлары Батыс Европада қәлиплесип атырған ири орайласқан 
мәмлекетлер папаға бағыныўдан бас тартты. Бонифаций VIII ниң француз 
монархиясы менен гурестеги жеңилиси папа ҳәкимиятының ўалаятында да 
ҳәлсиреўине алып келди. 1309-жылы папа резиденциясының Авиньонға 
көширилиўи ис жүзинде папа куриясының француз сиясатына бағынғанлығын, 
папаның феодаллар ҳәм ширкеў ўалаяты қалалары үстинен қадағалаўды 
жойытқанын аңлатты. Бул Рим қалалық коммунасының бир қанша күшейиўине 


142 
мүмкиншилик берди. XIV әсирдиң басында Рим пополонлары Арлоттини 
«халық капитаны» етип жәриялады. Оның буйрығы менен қаладан ири 
феодаллар шығарылды ҳәм ол олардың сарайлары қулатылды. 1347-жылы 
пополонлар ҳәм феодал ақсүйеклери арасындағы гүрес қайта басланды. 
Пополонлар ҳәрекетин Кола ди Ринцо басқарды. Ол Римниң бурынғы 
қудиретин қайта тиклеў ҳаққында әрман еткен. 1347-жылдың майында Кола 
Римнен ири феодаллар-баронлардың кетиўинен пайдаланып, Рим қалаларының 
жәрдеми астында бир топар қуралланған тәрепдарлары менен капитолийдеги 
ҳүкиметлик имаратларды басып алды. Кола өзин «еркинлик, парахатшылық 
ҳәм әдилликтиң трибуны, қудиретли Рим империясының қутқарыўшысы» ҳәм 
Римди республика деп жәриялады. Папаны пухаралық ҳәкимияттан айырды. 
Оған жуўап ретинде папа оны еритик-үстем дин қәделерине қарсы адам деп 
жәриялады. Салықлардың саны қысқартылды. Туўысқан трибуна ҳәм Рим-
дүнья басшысы деген жазыў менен жаңа теңге шығарылды. Кола барлық 
итальян қалаларын оның пайтахты сыпатында Римниң дөгерегине жәмлеўге 
шақырды. Бирақ бир-бири менен бәсекилес болған ҳәм ғәрезсизликлеринен 
айырылып қаламан деп қорыққан қалалық республикалары Римге бағыныўдан 
бас тартты. Рим жерлеринде крепостной ҳуқықты сақлап қалды ҳәм қайсар 
баронларға аңсатлық пенен кеширим берди. Нәтийжеде ол халықтың исенимин 
жойтып алды ҳәм Римде феодаллардың ҳәкимияты қайта тикленди. 1347-
жылдың ақырында Кола Римнен қашыўға мәжбүр болды. Кейин ала 1354-
жылы ол және Римде папаның ўәкили сыпатында пайда болды. Халықтың 
қоллап-қуўатлаўы менен ол және де ҳәкимиятты басып алды. Бирақ ол 
жалланба армиясын сақлаў ушын салықларды көбейтеди. Рим халқы көтерилис 
жасайды ҳәм оны өлтиреди.
1378-жылы папа тахты қайтадан Римге көширеди. Оның ҳәкимияты әззи 
болады. Папаның тахтына бир неше папалар талабан болады. XV әсирдиң 
ақыры-XVI әсирдиң басына келип, папалар өз мәмлекетиниң кең аймағы 
үстинен ҳәкимиятты қайта орнатады. Папалық мәмлекет феодаллық итальян 
князьлигиниң бирине айланады.
 


143 
Түслик Италия ҳәм Сицилияның экономикалық раўажланыўы.
Сицилия 
корольлиги XIII-XV әсирлери хожалық жүргизиў жағынан арқа Италия ҳәм 
Тосканыдан сезилерли артта қалды. Феодалласыў процесси XIV әсирдиң 
басына жуўмақланды. Ерте дәўирлердегидей қалалар тек ғана өнерментшилик
өндириси, жеке базар орайлары болып қалмастан, Византия ҳәм Леванта менен 
дәлдалшылық орайына айланады. Сицилия корольлигинде дийханлар жерге 
байланып қалған еди. Оларды жер менен қосып сатыўға ямаса аўмастырыўға 
мүмкин еди. Дийханлар нызам ҳәм корольлик суд қорғаўына ийе емес еди. 
Жеке ғәрезлик белгиси ретинде олар феодалларға неке қурыў ҳәм жер көлемин 
мийрасхорлыққа айландырыў ушын салық төлеген. Тийкарғы рента 
натураллық ямаса ақшалай оброк болған. Жылына бир неше күн даўамында 
дийхан барщинада ислеп бериўи тийис еди. Олар мәмлекетлик салық ҳәм 
ширкеў десятинасын төлеген. 
XIII-XV әсирлерде Сицилия корольлигиниң аграр дүзилисиниң өзгешелиги 
ярым еркин ҳәм еркин дийханлардың анағурлым қатламы сақланып қалыўында 
болды. Бул дийханлар ерте заманнан кушли аўыллық қәўимлерге бирлескен. 
Олар қорғанларда жасаған. Жигерли гүрес нәтийжесинде олар жерлерден 
сеньорды қуўып шығарған. Қәўимлик өзин-өзи басқарыўды талап еткен. Жеке 
еркин дийханлардың екинши топары өзлерине жеңилликлер алып феодалларға 
тийисли болған бос жерлерде қоныс басқан. Олар ўақытша ямаса мийрасхор 
эмфитевтлер болған.

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish