§ 9. XI-XV әсирлердеги Венгрия
Паннон тегислиги бурынғы қубла рус даласына киреди ямаса қубла Рустың
батыстағы шегарасы есапланған. Сол ўақыттағы халықлар Волга, Дон ҳәм
Днепр арасындағы далаңлықлар арқалы көшип қонып жүрген. V әсирде усы
162
жерде Гунн халықлары жайласқан. Паннон тегислигинде VII-VIII әсирде
Авария халықлары жасаған.
IX әсирде Паннон тегислиги Венгрия халқы яки угры руслары, финно-угор
халқы көшпели Венгрия халықларын басып алған. IX әсирде Паннон
тегислигин басып алып ҳәм кейин уллы Марав державасын қулатады. Венгрия
өзиниң қараўына славянларды ҳәм Паннон халықларын басып алады. Венгрия
мәмлекетиниң тийкарын салған қала бул Панноний болып есапланады.
Ҳәзирги тийкарларға сүйенсек Венгр халқы Паннон қаласына келгеннен кейин
7 руўға ҳәм қәўимге бөлинген дейди. Солардың ишиндеги ең үлкени Мадияр
руўы еди. Венгрия халқының көпшилиги көшпели шарўашылық пенен
шуғылланған. Аз ғана бөлеги отырықшы дийханшылық пенен шуғылланған.
Халқы ханлардың қол астында қул есабында шарўашылық пенен шуғылланған
ҳәм жумыс ислеген. Мадияр қәўими өзиниң қасындағы қәўимлерди қосып
алып мол жақсы жерлерди басып алған ҳәм руўлар арасында жерлерди бөлип
берген. Дийханлардың өзине тийисли жери болмаған соң венгр ханларының,
байларының қараўында жумыс ислеген.
Х әсирдиң орталарында венгрлер орта ҳәм қубла Европа мәмлекетлерине
тез-тез топылыс жасады. Х әсирдиң екинши ярымында венгр халқы
дийханшылық пенен шуғылланғанлығы себепли топылыс жасаўлар тоқтаған.
Соның тийкарында классларға бөлинген. Феодал адамлар бирлесип мәмлекет
дузген. Биринши хан болып 998-1038- жыллары Стефан I сайланады. Ол
қараўына Венгрия территориясын ҳәм славянның қубла бөлимин киргизген.
Ол өз нызамлары менен бурынғы қәўимлерди бөлип жибереди. Ҳәмме
территорияны администрациялық округка – «комитатке» бөлди. Комитат
латынша графлық делинеди. Венгрияның аты Медьяр ҳәм ҳәр бир комитеттиң
баслығы етип король исенимли адамын чиновникликке қойды. Комит ҳәр бир
комитетте жақсы қорған болған. Қорған басшысы Иштван болған. Оның
ўазыйпасы жергиликли халықты бағыў ҳәм душпанлардан қорғаў болған.
Иштван және салық жыйнаған ҳәм король атынан судлаўга ҳақысы болған.
Усы жағдайда ең баслы мәселе христиан динин қабыл етиў еди. Бул динди
халық үстинен басыў нәтийжесинде қабыл еткен. Венгрия шегараларынан
163
баслап христиан дини киргизилген. Венгр халқы христиан динин қабыл етип
атырған ўақытта рус ҳәм Болгарияда проваслав дини қабыл етилген.Сол
ўақытта және Германия, Чехия ҳәм Польшада католик динин қабыллайды.
Венгрия феодаллары батыстағы католик дининдегилер менен жақын катнаста
болған. Польша ҳәм Чехия менен Стефан I католик динин қабыл етпекши
болғанын халыққа баян етеди. Бул өз гезегинде Венгрияға батыс халықлары
менен өз-ара қатнасықларды жақсылаўға алып келди. Стефан I католиклер
меншигине жер ҳәм дийханларды берди. Халқы болса шыққан өнимниң тек
10/1 бөлегин ғана меншикке ажыратты. Қалғаны феодалларға тийисли еди.
Стефан I дәўиринде феодализм жақсы раўажланды. Дийханлар феодаллар
қараўында ислеў ҳуқыклары болмады. Сонлықтан жоқары феодаллар екиге
бөлинди: 1.Үлкен яки күшли жер ийелери, магнатлар. 2.Рыцарьлар (киши ҳәм
орта дворянлар).
Усы еки класс өз жерлерин көбейтиў мақсетинде дийханлардың жерлерин
басып ала баслады. Дийханлар оларға қарсы жақсы гүрес алып барды. Бир
нешше көтерилислер болды. XI әсирдиң 60-70-жыллары үлкен көтерилис
болды. Бунда көтерилис жасаған дийханлар қолларына –шынжыр, жаба, бел,
кетпен, баска да қураллар алып, немис рыцарьларына, басқа мәмлекет
адамларына, монахларды ҳәм чиновниклерди өлтирип қуўа баслады. Бирақ,
бул көтерилис XI әсирдиң ақырында жеңилиске ушырады. Усы көтерилистен
қорқып қалған феодаллар, дийханлардың бираз шәртлерине қайыл болды.
Буннан кейин дийханлардың ҳуқықы 1298-жылы тастыйықланды. Бунда
дийхан бир дворян менен есапласып болғаннан кейин, екинши дворян
қараўына өтип ислеўге ҳақысы болды.
XI-XIII әсирлерде Венгрияның сыртқы сиясатын патша ҳәм феодаллар
жақсы алып барды. XI-XII әсирлерде Венгрияның территориясы үлкейди.
Елдиң шығыс тәрепиндеги Трансильвания ҳәм көплеген румын жерлери,
қубла батысындағы Хорватия ҳәм Долмация жерлери қосылды. Хорватия
мәмлекети Веннгрияға қосылғаннан кейинде өз басқарыў нормаларын сақлап
қалды. Долмация ҳәм Хорватия мәмлекетлери Венгрияға қосылғанлығы
тийкарында Венгрия Адриатика теңизине шығыўға жол ашты. Бирақ бул көп
164
жыллық урысқа алып келди. Венеция ҳәм Византия халықлары менен сол
ўақытта саўда сатлықта баслы суў жолы Дунай дәрьясы арқалы амелге
асырылды. Рус ҳәм Венгрия арасында қатнас Х әсирден баслап-ақ Венгрия ҳәм
рус арасындагы қатнас саўда сатлықта да жақсы болған. Бул саўда сатлық
қатнаслары рустың қубла батысы, Венгрия ҳәм Трансильвания арасында
орнатылған. XIII әсирде рус саўдагерлери Эстергом қаласында Венгрлер,
Польша, Чехия, Австрия ҳәм Бавар саўдагерлери менен жийи-жийи ушырасып
турған. Ол жақтан руслар гүмис, мрамор, атлар әкелсе, олар руслардан жүн,
русс эмальы, шығыс халықларынан жипек ҳәм паршалар өткен. XIII әсирде рус
дворяны Голицко-Валынской Венгрия территориясында бир қанша жерлерди
ийелейди. Венгрия патшасы Андрейдиң баласы Андрея II русс жерлеринде
князь Мотислава Удалого қараўында жумыс иследи. Сол ўақытта еки халық
арасында қыз алысыў болған. XII-XIII әсирлерде магнатлар күши өсти. XII-XIII
әсирлерде феодаллық қатнаслар елде беккемленди. Жерлерди ири жер
ийелеўшилер бөлип алыўы көбейеди. Буның ақыбети патшалардың
ҳәлсиреўине алып келди. Феодаллар ҳәм байлар патшадан ғәрезсиз бола
баслады. Солардың бири Андрея II (1222-жылы) ол өзи феодаллардың «алтын
булла» естелигин пайда етти ҳәм феодаллардың конституциясын дүзди. Бунда
байлардың ҳуқықларын ҳәм айрықша дәрежеге ийе байлардың ҳуқықларын
жазды. Ҳәр жылы магнатлардың сьездлери болды. Байлар енди салық төлеўден
қутылды. Ҳеш кимниң дворян ҳәм байларға тийиўге ҳақысы болмады. Тек
король ямаса оның судьясы басқарыўға ҳақысы бар еди. XIII әсирде қала
экономикасы раўажланды.
XIII әсирде өнерментлердиң, саўдагерлердиң раўажланыўы ҳәм бул
Венгрияда қаланы пайда етти. Бирақ бул қаланың қурылыўы қыйын болды.
Себеби магнатлар ҳәм рыцарьлар дийханларды өз қол астынан қалаға
жибергиси келмеди. Дийханларды ҳәм өнерментлерди өз қолында услап турыў
ушын олар өндирислик мекемелерин аўылларда қурды. Бул ўақыялардан кейин
қалаға шет ел адамлары биринши нәўбетте немислер көшип келди. Оларға
Венгр ҳәкимияты көп артықмашылық берди. XIII әсирде монголлар
шабылыўында айрықша қалаларды пайда етти. Венгрияның Буда, Печь,
165
Фейрвар, Пажонь (Братислава), Хорватия, Загреб ҳәм Эгер қалаларында тез-тез
ярмаркалар болды. Қала ҳәм аўылларда өнерментлер гүлал ыдысларды, таўар,
қарыў-жарақ ҳәм тағы басқа затларды шығара баслады. XIII әсирдиң басында
таўлардан, гүмис, алтын, алюминий, қорғасын, темир, мыс шығара баслаған.
Қазылмаға айрыкша бай районы Словакия ҳәм Трансилвания болған. Ең
айрықша заты бул улыўма европага белгили вино (токай виносы) ҳәм биринши
нәўбетте ат еди. Венгрия тарийхында бир қанша рольди монголлардың
шабыўы ойнайды. Монголлар қубла рус князларының қалаларын басып алады.
Кейин Бату басшылығында Венгрияның бираз қалаларына шабылыў жасайды.
1241-жыллары Венгрлер патшасы ҳәм Пеш қалалары монголлардың
шабылыўында жеңиледи. Аўылларды ҳәм қалаларды монголлар жағып
жибереди. Өзлериниң женгенине қарамай монголлар Венгрияны узақ услап
тура алмайды. Руслар монголлар нөкерлерин бираз албыратты. Нәтийжеде
Батухан 1242-жылы Венгрияны таслап шығысқа қайтты. Соның себебинен рус
халқының батырлығы арқалы Венгрияны монголлардан сақлап қала алды.
Сонда да монголлар Венгрия территориясында еки жыл турды. Нәтийжеде
қалалар жанып елдиң экономикасы төменледи. XIII әсир ақыры-XIV әсир
басларында Венгрия мәмлекетлери монголлардан қутылғаннан кейин бир
қанша жақсы болды ҳәм экономикасы көтерилди. XIV әсирде қала ҳәм
аўылларда экономика күшейди. Елдиң экономикасы XIV әсирде әсиресе
алтын, гүмис ҳәм саўда сатлық қатнасықлары жоқары көтерилди.
Экономикалық қатнаслары руслар, Чехия, Италия, Польша ҳәм Германия
халықлары менен болады. Венгрия мәмлекети өзиниң жайласқан жерине
байланыслы батыс Европа менен шығысты жалғастырып турды. 1301-жылы
Арпадав династиясы тамам болғаннан соң патшалыққа талас басланды. Ишки
сайлаўға венгр магнатларына бир қанша шет мәмлекетлер араласты. Олар
немис, Польша, Чехия ҳәм Италия мәмлекетлери еди. Қубла Италия короли
Анжуй папа жәрдеминде бурыннан мәмлекет басшысы болыўды өз алдына
мақсет етип қойған еди. 1301-жылы Венгрия тахтына Анжуй династиясының
короли Карл Роберт сайланды. Усы ўақыттан баслап Венгрияда сайлаў иске
асты. Патшаларды сейим сайлады. Карл Роберт Венгрияға немис дийханларын
166
ҳәм рабочийларын жумысқа шақырды. Ол өз ҳәкимиятын күшейтпекши
болды. Қаладағы киши байларға исенген. Бул жөнинде Анжуй династиясынан
Людовик (1342-1382-жылы) көп жеңиске еристи. 1370-жылдан баслап ол
Польшаны басқарды. Людовик ўақтында Венгрия үлкен сиясатқа ийе болды.
Ол Хорватия ҳәм Долмацияны өз қурамына киргизди. Людовиктиң қызының
өлиўи себепли Венгрияда 1387-жылы Анжуй династиясы тамам болады. Ал
мәмлекет басына Сигизмунд Люксембург келди. 1411-жылы ол Германия
императоры болып сайланды. Елди түрк османлар басып алыўға гүрес
жүргизди. Венгрия патшалығының төменлениўи яки ҳәлсиреўине байланыслы
Олар түрк османларға қарсы гүрес алып бара алмады. XIV әсирлерде
Сигизмунд Люксембург Европа мәмлекетлерине өтиниш етти. Ҳәмме
мәмлекетлер жыйналып түрклерге қарсы урыс апарайық деп түрклерге қарсы
Венгрия, Германия, Англия, Болгария ҳәм басқалар гүрес апарды. 1396-жылы
Никополия қаласында Венгрия менен саўашта түрк султаны Баязид жеңиске
ериседи. Сигизмунд Люксембург жеңилип қашты. Соң елге үлкен қәўип
туўады. 1437-жылы Сигизмунд Люксембург өледи. Патшалық тахтқа талас
басланады. 1437-жылы Трансилванияда үлкен дийханлар көтерилиси болады.
Мадияр қәўиминен шыққан Янош Гуниади түрклерге қарсы гүрес алып
барады ҳәм усы көтерилис басшысы болады. XV әсирде Венгрия патшасына
регент болып сайланады. Янош Гуниади бәрҳә болатуғын үлкен армия дүзди.
Кейин ол өлгеннен соң орнына баласы Матвей Корвин сайланды. Оның
басқарған ўақты 1458-1490-жыллар еди. Оның дәўиринде Венгрия бир қанша
күшейеди. Ол байларға, орта ҳәм киши байларға қатты исенди. Усылар
жәрдеминде түрклерге қарсы ол урыс ашты. Матвей Корвин бир армия
дүзиўди ойлады. Кейин чехлар менен поляклар арасында төлемли армия дүзди.
Маравия ҳәм Силезия ҳәм бир ўақыт өзинде Чехияғада урыс ашады. Ол 1490-
жылы өледи. Байлар өзлериниң абыройын ҳәм ҳәкимиятын күшейтиўде
қараўындағы дийханларды ҳәм рабочийларды қыйнады. Сол себепли
дийханлар ҳәм рабочийлар 1514-жылы байларға урыс алып барды. Бул гүресте
дийханларға басшылық еткен Доже еди. Ол өзин дийханлар ҳәм рабочийлар
алдында ақыллы басшы болып көрсетти. Байлар менен гүрес алып барып
167
атырған ўақытта жарадар болады. Ол кейин байларға тутқынға түседи ҳәм
соннан соң байлар қолында өледи. Байлардың қатаң қыйнаўлары рабочийлар
менен дийханларды қорқыта алмады. Кейин 1526-жылы дийханлар ҳәм
рабочийлар қайтадан гүрес алып барды. Сол ўақытта Венгрияға түрклерде
урыс ашты. Нәтийжеде түрклер 1526-жылы Венгрияны басып алды. Кейин
Венгрия түрклер қол астына өтти.
Do'stlaringiz bilan baham: |