Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet58/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 10. XI-XV әсирлердеги
 Валахия, Молдавия ҳәм Трансильвания 
 
III әсирде Рим мәмлекети қулағаннан кейин, әййемги Дания қурамының 
анағурлым бөлеги болған Карпат таўлары ойпатлығы жерлерине, Дунайдың 
орта ағысына шекем қубладағы кең далаларға бир неше рет готтлар, гуннлар, 
гепидлер ҳәм авар қәўимлери атланыс жасады. Олардың бир қатарлары усы 
жерде қоныс басты. Басқалары батысқа қарай жол алды. VI-VII әсирлерде бул 
жерлерде славянлар пайда болды ҳәм турақлы орналасты. Кейин ала олар 
романласқан жергиликли халық пенен араласып кетти. Ол алыс дәўирлер 
ҳаққында дәрьялар, таўлар мийнет қураллары ҳәм атамалары бизлердиң 
есимизге салады. «Волохлар» деп жергиликли халықты славянлар атаған. 
Биринши рет бул атама руслар жылнамасында келтириледи. Бул жылнамаға 
муўапық «волохлар» славянлар менен бирге IX әсирдиң ақырында ҳәзирги 
Румыния аймағында жасаған. Ол халық латын деп аталған тилде сөйлеген. Ол 
Рим устемлиги дәўиринде даки қәўимлери қабыл еткен римлилердиң сөйлесиў 
тили еди. Бул тил ҳәзирги румын тилиниң тийкары болды. 
VI-XIII әсирлерде жергиликли халық тәрепинен көп санлы этникалық 
элементлерди, соның ишинде славян элементлеринде ассимиляциялаўдың 
нәтийжесинде болажақ валах ҳәм молдаван халықлары қәлиплести. Валахия, 
Молдавия, Трансильвания аймағында феодаллық қатнасықлардың пайда 
болыўы ҳәм раўажланыўы сезилди. Қул ийелеушилик Рим империясы 
қулағаны, VI-XII әсирлерде славянлардың басып кириўлеринен кейин 
жергиликли дакий ҳәм славянлар қәўимлеринде феодалласыў процеси 


168 
басланды. Бул процесстиң тийкарын Рим қул ийелеушилик қатнасықлардың 
азырақ тәсири астында алғашқы жәмийет дүзиминиң әсте-ақырын ыдыраўы 
болған. Бул процесс дәслеп жүдә әстелик пенен барды. 
Валах, транвсильвания, молдаван жерлериниң анағурлым феодалласқан 
түслик ҳәм батыс славянлар мәмлекетлери менен байланыслардың 
беккемлениўи нәтийжесинде 
IX-X 
әсирлердиң басында феодаллық 
қатнасықлардың орнығыўы бираз тезлетилди. Бул дәўирде Дунай ҳәм түслик 
Карпатлар арасындағы аймақ I Болгар патшалығы бағыныўында болады.
Болгар феодаллары қәўимлик жерлерди басып алды. Еркин қәўим ағзаларын 
крепостной дийханларға айландырды. Болгарлар қол астындағы халықлар 
христианлықты 865-жылы қабыллағаннан кейин бул жерлерде ширкеўлер 
пайда болды. Оларда қәўимлик жерлерди басып ала баслады. Х-XI әсирлерде 
бир қатар киши князьлықлар қәлиплеседи. Олардың басында князьлар турған. 
Олар әскерий, суд ҳәм ҳәкимшилик басқарыўға ийе болған. Бир неше 
князьлықлар басшылығында воеводлықлар қуралған. 
Ҳәзирги Румыния аймағында, феодаллық қатнасықлардың қәлиплесиўи 
рустиң тәсири астында жүз берген. Валахлар ҳәм молдованлар менен бир 
қатарда бул жерлердиң шығыс тәрепинде шығыс славянлар қәўимлери-уличлер 
ҳәм тиверлилер жасаған. Олар шығыс славянлар аймағының ең түслик тәрепин 
ийелеген. Олардың жайласқан орны толығы менен антлар қоныслаған тәрепте 
сақланады. 
Валахия, Молдавия ҳәм Трансильвания XI-XIII әсирлерде. 
X-XI әсирлерде 
молдаван ҳәм валах жерлериниң бөлеги славян князьлары ҳәкимлиги астында 
болған. 1116-жылы князь Мономах бул жерлерге өзиниң найыпларын 
жиберген. Әййемги Рус мәмлекети менен тығыз байланыслары нәтийжесинде 
молдаван жерлеринде саўда-өнерментшилик орайлары Романов герг (Роман), 
Сочава (Сучава), Сереет, Байя, Киши Галич (Галац) ҳәм Берлад Яський торг 
(Яссы) қалалары пайда болды. Олар арқалы Византия қоңсы еллерге саўда 
жоллары өтти. XI-XIII әсирлери Валахияда Арджеш, Тырговиште, 
Кымпулунгте, Трансильванияда, Клуж, Альба Юлия, Орада Мааре, Сибиў ҳәм 
басқа қалалар пайда болады. 


169 
Феодаллық қатнасықлардың раўажланыў барысында валах ҳәм молдаван 
халықлары қәлиплести. Бул жердеги майда мәмлекетлер экономикалық жақтан 
өз-ара әззи байланыста болды. Үзликсиз урыслар, венгерлердиң, XI әсирде 
печенеглердиң, XII әсирде половец ҳәм татар-монголлардың шабыўыллары 
турақлы байланысларды орнатыўға кесент жасады. 1241-1243-жыллары 
даўамындағы тонаўшылықлардан кейин татар-монғоллар шығысқа шегинди. 
Бирақ олардың анағурлым күши молдаван жерлеринде қалды. Жүз жылға 
жақын бул жерлер татар-монголлар езиўшилигиниң азапларын шекти. Татар-
монголлар шегиннен кейин Валахия анағурлым утымлы жағдайда болған. Бул 
жерде киши князьлықлар ҳәм воеводлықлар ири князьлықларға биригиў ушын 
қолайлы шараятлар дүзилди.
 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish