Туребеков М


§ 13. Батыс ҳәм түслик славян халықларының халық-



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet66/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   62   63   64   65   66   67   68   69   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 13. Батыс ҳәм түслик славян халықларының халық- 
аралық жағдайдағы роли 
 
Орта әсирлердиң ең басынан батыс-орайлық Европа халықлары түслик- 
шығыс азлап орайлық Европаның кең аймақларын ийелеп турған көп санлы 
славян қәўимлери ҳәм халықлары менен байланыста еди. Бул халықлар тутасы 
менен Европа тарийхында жүдә әҳмийетли роль ойнаған. Славян 
халықларының немис феодалларының агрессиясына қарсы гүреси үлкен 
әҳмийетке ийе болған. Оған қарсы соққы бериўде Польша әҳмийетли роль 
ойнаған. XII әсирдиң 60-70-жыллары даўамында полаб-Балтик бойы 
славянлары немецлер тәрепинен басып алынады. Кейин ала батыс Поморье 
Германия империясынан вассалық ғәрезлигин мойынлаўға мәжбүр болады. 
XIII әсирдиң 30-жылларының орталарынан Балтик бойы аймағынан Тевтонлар 
ордени Польшаға қарсы өзиниң басқыншылық ҳәрекетлерин баслайды. Олар 
1237-жылы қылышлылар ордени менен биригеди XIV әсирдиң басында 
шығыс Поморье ҳәм Гданьсти басып алады. 
Польшаны немислер тәрепинен басып алыў қәўипи князь Владислав киши 
ҳәм уллы Польшаны бирден-бир мәмлекетке бириктириўди аңсатластырады. 
1320-жылы ол Краковта тахтқа отырады. Бирақ шығыс Поморье Тевтонлар 
ордени қолында қалады. Польша королльлиги қурамына (Силезия, Маровия) 
ҳәм басқа да поляк жерлери кирмейди. Немис ҳүжимине қарсы гүрес 
Польшаны бир қатар украин, белорус ҳәм орыс жерлерин өз ишине алған 
қоңсы Литва менен жақынластырады. 1385-жылы олар унияға биригеди. 
Польша ҳәм Литва мәмлекети Тевтонлар ордени менен Уллы урысқа 
тартылады. 1410-жылдың 15-июлинде Грюнвальд қасында шешиўши саўаш 
болады. Литва полклары тийкарынан белорус, украин ҳәм рус әскерлеринен 


190 
куралған еди. Поляк әскерлери қурамына поляк ҳәм чехлардан қуралған
силезиялы полклар кирген. 
Саўаштың басында Литваның әскерий ат арбалары кейин шегинди. Немис 
күшлери поляк ҳәм чехлар полклерине жабыла топылды. Оларды албыратып 
таслады. Бирақ әскерлердиң орайында турған рус Смолянок полклары ҳүжимге 
шыдам берди. Ақыбетинде поляк бөлимшелери шешиўши ҳүжимге өтти. 
Саўаш Тевтонлар ордени әскерлериниң толық қыйратылыўы менен питти. 
Орден жоқ етилмеген менен оның күши ҳәлсиреди. 1411-жылы дузилген 
биринши Торунь парахатшылық питими бойынша орден өзиниң Жемайтға 
(Балтик бойы) ҳәм Добжань жерлерине (Привисменье) болған өзиниң 
талапларынан бас тартты. Үлкен муғдарда жәрийма төлеўге миннетленди. 
Торунь питими бойынша 1466-жылы Тевтонлар ордени өзин Польша вассалы 
деп мойынлаўға ҳәм Гданьск пенен шығыс Поморьени ҳәм сондай-ақ басқа да 
әзелги поляк жерлерин қайтарып бериўге мәжбүр болды. 
XIV әсирдиң орталарында социаллық қарама-қарсылықлар күшейип кетти. 
Товар-ақша қатнасықларының раўажланыўы жаңа жағдайларда хожалық 
жүргизиўге бейимлеспеген көп санлы майда ҳәм орта феодаллардың қутын 
кетирди. Арасында германлар көп болған ири феодаллар, дийхан ҳәм төмен 
дворянлар есабынан өзлериниң жерлерин кеңейтиуге урынған. Дийханлардың 
миннетлери артқан, олардың ишинде мүлклик бөлшеклениў асқан, аз жерли 
ҳәм жерсиз дийханлардың саны көбейген. Дийханлар әсиресе ширкеў 
тәрепинен аўыр езиўге ушыраған. Дийханлардың өсип барған наразылықлары 
феодалларға қарсы ҳәрекетлерге алып барды. Қалаларда да қарама-
қарсылықлар кушейди. Бул жерде көпшилик бөлеги немислерден қуралған 
қала ақсүйеклери анағурлым байлықлар өз қолларында топлаған. Қала 
халқының тийкарғы массасын тийкарынан чехлардлан ибарат қалалық-
өнерментлер, майда, орта саўдагерлер ҳәм қала плебейлери қураған. Соның 
ушын қалалардағы социаллық қарама-қарсылықлар жийи миллий қарама-
қарсылықлар менен араласып кеткен. 
Чехлардың улыўма кескин наразылықларын папалықтан сиясаты пайда 
етеди. Олар өзине бағындырыў мақсети менен чех ширкеўи жумысларына 


191 
турақлы түрде араласып турған. Сондай-ақ Чехияда жоқары руўханыйлар 
тийкарынан немецлер болған,. Наразылықлар Рим куриясына ғана емес, ал 
ширкеў ҳәм тутасы менен елдеги немис үстемлигине қарсы бағдарланған. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   62   63   64   65   66   67   68   69   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish