Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet67/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Гусшилер ҳәрекети

Немец руўханыйларының қыянетлерине қарсы 
ҳәрекетлер, католик ширкеўине оппозиция ҳәм миллий чех ширкеуи ушын 
гурес диний тус алған кең жәмийетлик ҳәрекетке айланып кетти. Дәслеп ол чех 
халқының ҳәр қыйлы социаллық қатламларын-қалалыларды, дийханларды, 
қала, аўыл плебей-элементлерин ҳәм орта феодалларды бириктирди. Бул 
ҳәрекетти Прага университетиниң дин илими профессоры Ян Гус (шама менен 
1369-1415- жыллары) басқарды. Ол ширкеў руўханыйларының еки жүзлигин 
әшкаралады, ширкеў байлықларына қарсы болды ҳәм ширкеў мүлкин қайтадан 
ислеўди талап етти. Джон Виклифтиң бир қатар пикирлерине қосылып ҳәм
Гус адамлардың мәңги қутқарылыўы қудай тала интасы менен белгиленеди. 
Соның ушын көп санлы руўханыйлардың кереги жоқ деп есаплаған. Гус 
папаны Христостың жердеги ўәкили деп мойынламаған. Ширкеў иерархиясы 
зәрүрлигин бийкарлаған. Ол Римға ғәрезсиз миллий чех ширкеўин дүзиуди 
талап еткен. Густың үгитлери әпиўайы халыққа мийирманлық пенен 
суўғарылған болса да ҳәм ол бюргерлик ересь ўәкили болған. Соның менен 
бир ўақытта ол немис үстемлигинен азат етиў ушын чехлар гүресиниң 
идеологы болған. Гус өзиниң шығармаларын чех тилинде жазған. Чех тилиниң 
грамматикасын дүзген ҳәм Библияны чех тилине аўдарған. Прага 
университетинде үстемлик еткен немецлерге қарсы гүрести басқарған. Ол 
университеттиң басқарылыўы чехларға (1409 жылы.) өтиўи менен ҳәм Ян 
Густы университет ректоры етип сайланыўы менен жуўмақланды. 
Католик ширкеўи менен немис руўханыйлары Гусқа қарсы қәҳәрли гүрес 
алып барды. Дәслеп ол ширкеўден аласларға қуўылды ҳәм 1412-жылы 
Прагадан кетиўге мәжбүр болды. Бираз ўақыттан кейин папа оны 
Константинопольге ширкеў соборына шақырды. Бул жерде Гус еретик 
сыпатында өзиниң көз-қараслары ушын айыпланды ҳәм 1415-жылы өртелип 
жибериледи.


192 
Гусшилер урыслары
.
Густың өртелиўи Чехия ҳәм оннан тысқарыда үлкен
наразылықларға алып келди. Оған жуўап ретинде 1419-жылы Чехияда 
Гусшилер урыслары басланды. Пүткил ел еки топарға бөлинди: феодал-
католик ҳәм гусши лагерлерине. Бириншисин жоқары руўханыйлар, ири чех 
феодаллары-панлар, қала патрицияаты ҳәм төменги дворянлардың бир топары 
қурады. Екинши топарға дийханлар, қала өнерментлери, майда, орта 
саўдагерлер, уста жәрдемшилери, жалланба жумысшылар, орта ҳәм төменги 
руўханыйлар менен рыцарьлардың көпшилик бөлеги кирди. 
Көп узамай гусшилер лагеринен таборийлер деп аталған радикал топар 
бөлинип шықты. Чехияның қубласында орайы болған Табор қаласының аты 
бойынша аталады. Оның тийкарын дийханлар ҳәм өнерментлер қураған. Олар 
армия дүзеди ҳәм оның басында тәжирийбели әскербасы Ян Жижка турады. 
Таборитлер феодаллық тәртиплерге, аўыр салықларға ҳәм миннетлерге қарсы 
шығады. Католик ширкеўиниң шөлкемин, иерархиясын бийкарлайды ҳәм 
руўханыйларды сайлап қойған. Дийхан-плебейлер ересине жақын болған 
таборийлер гүрестиң революциялық усылларының тәрепдары болған. 
Таборитлердиң дийхан-плебейлер армиясы гусшилер урысында тийкарғы 
әскерий күш болған. 
Дийханлар ҳәрекети көсемлер көз-қарасларының радикализм ширкеўдиң 
бюргерлик реформалар тәрепдарлары болған бюргерлик ҳәм рыцарьлардың 
таборийлерден әсте-ақырын бөлеклениўине алып келди. Гусшилер 
ҳәрекетиниң бул арқайын лагери Чашниклер (чаша-кесе) деп аталды. Себеби 
олар динге исенетуғын адамлардан нанның дәмин татыўы менен бирге кеседен 
суў ишиўди де талап еткен. Католик ширкеўинде кеседен тек ғана руўханыйлар 
суў ишетуғын болған. 
Чехияда гусшилер ҳәрекетиниң кең ең жайыўы Рим папасын гусшилерге 
қарсы атанақлар атланысын жәриялаўға мәжбүрледи. Чехияның өзиндеги ҳәм 
оннан тысқарыдағы феодал-католик күшлерин император Сигизмунд 
баскарды. 1420-1431 жыллары гусшилерге қарсы папа ҳәм Германия 
императоры бес атанақлылар атланысларын шөлкемлестирди. Бирақ олардың 
барлығы атанақлылардың толық жеңилиси менен тамамланды. Гусшилер 


193 
ҳәрекети тек ғана чехлар қубылысы болып қалған жоқ ҳәм Чехия менен қоңсы 
жерлерде дийханлардың революциялық ҳәрекетлерин келтирип шығарды, 
Европаның көплеген басқа еллеринде Англия, Франция, Фландрия, Испанияда 
сондай-ақ Балкан ярым атаўының славян еллеринде яғный Византияда өз 
тәрепдарларын тапты. Табарийлер Германияға ҳүжимге өтти. Оның аймағына-
Бавария, Саксония ҳәм басқа жерлер кирип барды. Өзиниң атланысларында 
Балтик теңизи жағаларына жетти ҳәм ол жерде өзлериниң тәлийматын 
Германия халық массалары арасында таратты. Немис дийханлары таборийлер 
армиясына қосылып, өзлериниң пухаралық ҳәм руўханый феодалларына қарсы 
гүреске көтерилген. Дийханлар көтерилиси тек ғана Германияда емес, ал 
Венгрияда, Австрияда, Польшада, Францияда, Фландрияда ҳәм басқа да 
еллерде жүз берген. Соның ушын пүткил католик Европасы гусшилер ҳәрекети 
бастырыўында мәпли болған. Усы мақсетлерде Базельдеги католик 
ширкеўиниң соборы 1433-жылы чашниклер менен сөйлесиўлер жүргизип 
олардың талапларын қанаатландырды. Бул келисим чашниклердиң таборитлер 
менен қатнасықларының пүткиллей тоқтатылғанын билдирди. Кейин ала 
чашниклер менен католик панларының бирлескен кушлери саўашта 
табаритлер әскерлерин қыйратады. Айырым таборитлер қәўимлери сакланып 
қалып XV әсирдиң екинши ярымына шекем ҳәрекет етедиде, бул жеңилис 
таборитлер ҳәрекетиниң ақыры еди.саўаш 
Гусшилер ҳәрекети – орта әсирлик Европада феодалларға қарсы ең кушли 
ҳәрекетлердиң бири-үлкен халық аралық әҳмийетке ийе еди. Ол Европаның 
барлық еллеринде феодалларға қарсы гурестиң өсиўине алып келди. 
Гусшилердиң, атап айтканда таборитлердиң идеяллары Орайлық ҳәм Батыс 
Европа халықлары арасында кең таралды, дийханлар менен қала гедейлерин 
пухаралық ҳәм руўханый феодалларға қарсы гүреске көтерди. 
Түрк басқыншыларына қарсы Болгария ҳәм Сербияның гүреси. 
IVәсирден 
баслап Византия ҳәм Балкан ярым атаўының қоңсылас славян мәмлекетлери 
үстинен түрк-османлар тәрепинен басып алыў қәўипи дөнип турды. 
Монголлардың 
басып 
алыуларындағыдай, 
славян 
халықлары, 
басқыншылардың қурбанларына айланып, Батыс Европаны қорғап қалыўшы 


194 
биринши қалқаны болды. Бул ретте серблер, болгарлар ҳ.т.б. қубла славян 
халықлары усындай қалқан болды. 
1352-жылы турк-османлар Дарданелла буғазының европалық жағасында 
жайласып алды ҳәм Балкан ярым атаўының ишине қарай жылжып баслады. 
Сербия короли Стефан Душан (1331-1335 жыллары) дөнип турған қәўиптиң 
көлемлерин бирден аңлады. Ол Рим папасы менен сөйлесиўлер жүргизди, 
католиклер менен ширкеў униясына келисим берди, түрклерге қарсы 
европалық крестли ҳәрекеттиң идеяллық басшысы папа болыў кереклигин 
мойынлады. Душанның өзи крестли әскерлерди басқарыўга таяр екенлигин 
билдирди. Бирақ бул сөйлесиўлер нәтийжесиз болып шықты. 1363-жылы 
турклер Андрианопольди басып алды ҳәм буннан соңғы ҳәрекетлериниң 
базасына айландырды. 
Болгариядағы феодаллық өз-ара тартыслар XIV әсирде оның үш еркин 
мәмлекетлерге бөлиниўи, Стефан Душан өлгеннен кейин Сербияның бир қатар 
ғәрезсиз феодаллық аймақларға бөлиниўи Балканда турклердлиң илгери 
басыўына мүмкиншиликлер берди. 1389-жылдың жазында Косово майданында 
серблер жақын қоңсылары тәрепинен ҳеш қандай жәрдемсиз түрклер менен 
саўашқа түсиўге мәжбүр болды ҳәм толық жеңилиске ушырады. Көп кешикпей 
(1393-жылы) түрклер Тырновоны биротала басып алады ҳәм болгарлардың 
Тырново патшалығын өзине бағындырады. Кейин ала қалған еки болғар 
мәмлекетин ҳәм Византияны (1453-жылы.) ийелейди. Буннан кейин түрклер 
серб жерлерин биротала өзине бағындырыўға кириседи. 1459-жылы ең соңғы 
серб қорғаны болған Сиядерево қулайды. 1463-жылы түрклер Босния ҳәм 
Герцоговинаны ийелейди. XVI әсирдиң басында олар хорват жерлерин, 
биринши гезекте Болмацияны басып алыўға кириседи, кейин ала Венгрия ҳәм 
Словакияға басып киреди. Монголлар басып алыўларындағыдай, Батыс Европа 
мәмлекетлериниң ҳәкимлери, Византия ҳәм түслик славян халықларының бир 
неше реет мүрәжәәт етиўине қарамастан, түрк қәўипин алдын алыў ҳәм 
басқыншыларға төтепки бериў ушын ҳеш нәрсе ислеген жоқ. Батыс 
феодаллары ҳәм католик ширкеўи түрк қәўипин өзлериниң жеке мәплерине 
пайдаланыўға урынған. 


195 
Бул 1439-жылы жәрияланған католик ҳәм проваслав ширкеўлериниң 
униясы ҳаққында мәселеси бойынша папалықтың сиясатында да өз сәўлесин 
айқын тапты. Усы унияның жәрдеми менен папалық Византияда, қубла славян 
жерлеринде, сондай-ақ Русь мәмлекетинде өз гегемониясын орнатыўға 
урынды. Түрклердиң Балкан ярым атаўын басып алыў нәтийжесинде Батыс 
Европа түрклер қәўипине тиккелей дуўшар болды. Түрклердиң қолларына 
жүдә әҳмийетли саўда жоллары түсти, бул өз гезегинде Европаның Шығыс 
пенен саўдасына жүдә қатты соққы болды, Жер Орта теңиз бойы саўдасының 
ҳәлсиреўине алып келди ҳәм Европадағы халық аралық қатнасықлары ушын 
басқа да унамсыз ақыбетлер алып келди. Атап айтқанда, түрк әскерий қәўипи 
кейинги бир неше әсирлер даўамында европалық мәмлекетлердиң халық 
аралық сиясий турмысында турақлы ҳәрекет етиуши факторларының бирине 
айланды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   63   64   65   66   67   68   69   70   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish