213
Р.Бэконның шығармалары ширкеў тәрепинен қадаған етилген, ол суд қарары
менен 14 жыл қамақта отырған.
XII-XIII әсирлердеги латын әдебияты.
Пухаралық бағдардағы латын тиллес
әдебияты раўажланады: антик сюжетлерине қызық ҳәдийсели әдебиятлар,
Овидий ҳәм Горацияға еликлеўлер, мемуарлар (мәселен, Петр Абелярдың
«Мениң жәбирлениўлеримниң тарийхы») ҳәм эпистолер шығармалар, қалалар
жылнамасы. Вагантлар ямаса галиардлардың дөретиўшилиги айрықша орын
тутады (латынша vagari-гезиў). Олардың тийкарын гезермен студентлер
қураған. Олардың көпшилиги төменги руўханыйлар қатарына кирген. Олар
латын поэзиясы дәстүрлери менен тығыз байланыста болған,
олардан
қаҳарманлар ҳәм қосық уйқасын өзлестирип алған. Олар фольклорға бет
бурған, халық қосықларын латын тилине аўдарған, олардың намаларынан ҳәм
формаларынан пайдаланған, өмирге сүйиспеншилик пенен қараўды
нәсиятлаған. Олар әпиўайы күнделикли қуўанышларды жырлаған. Феодаллық
жәмийетти сынға алғанда Вагантларға избе-излик ҳәм тереңлик жетиспеген.
Қаҳарманлық дәстан
.
Қала раўажланыўы менен латын тили бирден-бир тил
болып қалған жоқ. XII әсирден баслап Батыс Европада миллий әдебий тиллер
қәлиплесе баслайды. Олардың таралыўында қала устаханалары үлкен роль
ойнаған. XI-XII әсирлери қаҳарманлық дәстан биротала қәлиплести ҳәм халық
тиллерине жазып алынды, бурын дастан тек аўызеки дәстүрлеринде
ушырасқан. Олардың қаҳарманлары әдеттегише өз елин ҳәм халқын қорғаўшы
әскерлер болған. Мәселен, «Роланд ҳаққында қосық» (1100 жылы) дәстанында
испан атланысынан қайтып киятырған Уллы Карл әскерлериниң Роланд
басқарған алдынғы отряды Рансельван жырасында қыйратылғаны ҳаққында
гүрриң етиледи. «Сид ҳаққында қосық» та (XII әсирде Испанияда)
халықлардың маврлар менен узақ даўам еткен патриотлық гуреси сәўлеленген.
Поэманың қаҳарманы араблар Сид (мырза) деп атаған катильян феодалы
Родриго Диас де Вивар болды. «Небелунглар ҳаққында қосық» (шама менен
1200 жылы) немис қаҳарманлық дәстанының естелиги болып табылады. Оның
тийкарында әййемги немис ертеклери жатыр, олар варварлар басып алыўлары
дәўирине тийисли.
214
Рыцарьлар әдебияты
. Рыцарьлар әдебияты пухаралық сыпатқа ийе болып,
аскетлер әдеп-икрамлығынан аўлақ еди. Идеялары бойынша халық
мәдениятына душпан болған, ол соның менен бирге белгили дәрежеде оның
тәсири астында болды, атап айтқанда, халық сюжетлерин өзлестирип алды,
өзине сәйкеслеп оларды қайта иследи.Тристан ҳәм Изолда буған
мысал бола
алады.
Киев Русының мәденияты
. Кирилл ҳәм Мефодей тәрепинен IX әсирдиң
екинши ярымында славян жазыўы қәлиплеседи ҳәм X әсирде Русларға
тарқалады. 911-жылғы Олег ҳәм Византия арасындағы келисим грек ҳәм
славян тилинде жазылған. X әсирдиң орталарында Кирилл жазыўы
Смоленскийге жақын жердеги Гнездереводағы қазыў жумыслары
нәтийжесинде табылады. Баспақтың терисине XI әсирде жазылған жазыў
табылған. XI әсирлерде рус әдебияты қәлиплеседи. Князь Игор
Святославичтиң 1185-жылғы полевецлерге атланысы «Игор полки ҳаққындағы
жыр» деген мийнети белгили. XII-XIII әсирдеги Д. Заточниктиң «Шоқыныў»
ҳәм «Сөз» шығармасы белгили. XII-XIII әсирлерде жылнамалар жазыў
раўажланды. Әсиресе Новгородтағы жылнамалар жазыўда, әсресе жергиликли
ўақиялар сөз етиледи. Олардан Г. Воята (XII әсир) Тимофей (XIII әсир)
белгили. XII әсирден жылнамалар жазыў
Ростов-Суздаль жерлеринен
басланады. Архитектура тараўында Москвада 1476-1479-жыллары Успен
соборы қурылады. 1485-1516-жыллары италиян усталарының басшылығы
астында Кремльдиң дийўаллары қурылады. Архитектурада тийкарынан
ағаштан пайдаланылған. 989-жылы князь Владимир Киевте ширкеў салдырады.
Онда жуқа гербишлер, мрамор, мозайка, фрескалар реңли плиталар болған.
София соборы 1037-жылы қурылған ҳәм храмлар тикленген. Киев-Печер ҳәм
Выдубский монастырлары белгили. Новгородта 1045-1050-жыллары қурылған.
София соборы бар. Гулалшылық, зергерлик ҳәм кийимлер тигиў кең таралған.
Темирден зат ислеў де раўажланған.