Шоманай районлық Мәденият бөлиминиң 2021-жыл 6-ай даўамында ислеген жумыслары ҳаққында м а ғ л ы ў м а т



Download 56,43 Kb.
Sana30.03.2022
Hajmi56,43 Kb.
#518423
Bog'liq
Жазба есабат



Шоманай районлық Мәденият бөлиминиң 2021-жыл 6-ай даўамында ислеген жумыслары ҳаққында


М А Ғ Л Ы Ў М А Т

Шоманай районлық Мәденият бөлими 1952-жылы шөлкемлестирилген болып, 1985-жылы таза имарат қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылған. Районлық Мәденият бөлимине қараслы 2 Мәденият орайы болып Ҳәзирги күнде халыққа мәдений хызмет көрсетип келмекте. 1. Орайлық Мәденият орайы. 2 Бегжап АПЖ аймағында жайласқан Бегжап Мәденият орайы. Ҳәзирги ўақытта Мәденият бөлиминде 34 хызметкер жумыс алып бармақта. Олардан 3 аппарат хызметкерлери, 21-дөретиўши хызметкерлер, 10 техник хызметкерлер. Мәденият бөлимизде 2 Халық жәмәәт бар болып, «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын Халқ ансамбли, Ҳәўескерлик Халық театры жәмәәтлери. Мәденият бөлиминде тийкарынан 8-дөгерек, Ҳүрметли Президентимиздиң 2019-жыл 19-марттағы алға сүрген бес әҳмийетли басламасының орынланыўын тәмийинлеў бойынша районымыздың шетки аймақларынан қосымша 15 дөгерек шөлкемлестирилген. Бүгинги күнде жәми 23 дөгерек ислеп тур. Бул дөгереклерге 300 ден аслам оқыўшы жаслар қамтып алынған. Мәденият бөлиминде халықтың арасынан талантлы жасларды излеп табыў мақсетинде 1981-жылы Мәденият бөлимине қараслы “Ғулпақ” қосық ҳәм ойын ансамбли дүзилди. Ансамбл 10 жыл даўамында халқымызға хызмет көрсетип 1990-жыл 25-декабрдеги Өзбекистан Республикасы Мәденият Министрлигиниң 14/5-санлы қарары менен “Ғулпақ” қосық ҳәм ойын Халық ансамбли атағын алыўға мияссар болды. Мәденият бөлими жанынан 1993-жыл Драма дөгереги шөлкемлестирген болып бул дөгерек


2017-жылы Ҳәўескер Халық театры жәмәәти атағын алды.
Шоманай районлық Мәденият бөлими 2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў» жылы Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы бойынша жыл басынан белгиленген ис-режелерге тийкарланып бир қанша илажлар шөлкемлестирди. Олардан атап айтқанда:
14-январь Ўатан қорғаўшылар күнине арнап Мәденият бөлими ҳәм Шоманай районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте қоспа режеге тийкар «Миллий армиямыз тынышлық кепили» атамасында ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди. Кешеге районлық Миллий гвардия хызметкерлери қатнасып өзлериниң машақатлы ҳәм мақтанышлы жумыслары ҳаққында қатнасыўшыларға кең түрде айтып өтти.
Усы күни Бегжап АПЖ аймағындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Мәртлер қорғайды Ўатанды» атамасындағы Бегжап мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарлама шөлкемлестирилди.

19-январь күни Шоманай районлық 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Парламентке, қалаберсе пүткил Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжәтинде атап өткен имканиятлар, үлкен өзгерислер, әсиресе жасларға берилип атырған имканиятлар ҳаққында, сондай-ақ мәмлекетимиздеги, тараўлардағы болып атырған өзгерислерлер бойынша үгит-насият ушырасыў кешеси болып өтти. Ушырасыўға ҚМУ доценти А.Жуманов, НМПИ доценти З.Сейтовалар қатнасып, кеше соңында Мәденият бөлиминиң «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.


28-январь күни Шоманай районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте қоспа режеге тийкар драматург С.Жумағуловтың 70-жыллығы мүнәсибетине арналған «Қәлеминен күлки таралар» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди. Кешеде драматургтиң өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында жыйналғанларға кеңнен таныстырылды. Кеше даўамында драматург шығармаларынан бөлимниң Хәўескерлик Халық театры тәрепинен сахналық көринислер қойып берилди.
3-Февраль күни 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында Мәденият бөлими Ҳәўескерлик Халық театры тәрепинен шөлкемлестирилген “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” «Ҳәзил майданы» лигасының ашылыў мәресими болып өтти. Лиганың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты У.Жәлменов, район ҳәкими Б.Янгибаев қатнасты ҳәм елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға жаратып берип атырған имканятлар ҳәм усы имканиятлардан дурыс пайдаланыў кереклигин, усындай илажлар жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге үлесин қосатуғынлығы ҳаққында айтып өтти. “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” «Ҳәзил майданы» лигасының ашылыў мәресимине 16 топар қатнасты. Булардан Қоңрат районынан Жәмлеспеген жаслардан қуралған БЖБ топары, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият Иниституты Нөкис филиалынан «Милиард», «Жас пегас», «Асығыс» «Супер стар»топарлары ҳәм де районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринен, жанеде райондағы жәмлеспеген жаслардан қуралған топарлар өз таланты ҳәм зийрекликлери менен күш сынасты.
6-февраль күни елимизге белгили юморист, жазыўшы, шайыр М.Нызановтың 70-жыллығы мүнәсибети менен районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте әдебий саз-сәўбетли кеше шөлкемлестирилди. Кешеде жазыўшы тәрепинен дөретилген шығармалардан Ҳәўескерлик театр жәмәәти тәрепинен сахналық көринислер таярланып жыйналғанлар нәзерине усынылды.
8-февраль күни Районымыз жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шетки аймақлардағы жасаўшы район халқы ушын «Абат аўылымда жаңлаған сазлар» атамасындағы Районлық Мәденият бөлимине қараслы «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын Халық ансамбли ҳәм Ҳәўескер халық театр жәмәәти тәрепинен концерт бағдарламалары Мамый АПЖ, Бегжап АПЖ, Бирлешик АПЖ, Дийханабад АПЖ, Қарабайлы МПЖ аймақларында болып өтти.
8-февраль күни Бегжап Мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен Өзбек әдебияты дүрданалары Алишер Наўайының 580-жыллығы ҳәм Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың 538-жыллығына бағышланған «Өзбек әдебияты дүрданалары» атлы әдебий саз-сәўбетли кеше шөлкемлестирилди.
9-февраль күни орайлық Мәденият бөлиминде Өзбек әдебияты дүрданалары Алишер Наўайының 580-жыллығы ҳәм Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың 538-жыллығына бағышланған «Өзбек әдебияты дүрданалары» атлы әдебий саз-сәўбетли кеше шөлкемлестирилди. Кешеде уллы тулғалардың өмир баяны ҳәм басып өткен жоллары ҳаққында айтып өтилди. Мектеп оқыўшылары ҳәм дөгерек қатнасыўшылары тулғалардың шығармаларынан, қосык қатарларынан үзиндилер атқарып кеше қатнасыўшыларында жақсы тәсирлер қалдырды.
11-февраль күни Өзбекстан Халық артисти, Өзбек эстрада жанрының тийкарын салыўшы Ботир Зокировтың 85-жыллығы мүнәсибети менен «Ботир Зокиров көркем өнер даўамшылары» атлы Республикалық көрик таңлаўдың районлық басқышы болып өтти. Таңлаўда 18-28 жас аралығындағы жаслардан 12 эстрада атқарыўшылары Ботир Зокировтың атқарған қосықларынан атқарып жеңимпазлар Республикалық басқышқа жоллама алды.
15-февраль күни «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли ҳәм Ҳәўескер халық театр жәмәәти тәрепинен «Абат аўылымда жаңлаған сазлар» атлы саз-сәўбетли театрластырылған концерт бағдарламасы Кетенлер АПЖ, Сарманбайкөл АПЖ, аймақларында жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилди.
20-февраль күни 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында 18-19-20-февраль күнлери даўамында район жаслары ушын өткерилген «Жаслар форумының» жуўмағы бойынша гала концерт бағдарламасы көтериңки рухта өткерилди. Концерт бағдарламада Қарақалпақ эстрада жулдызлары мийманда болды ҳәм өзлериниң йошлы қосықларын тамашагөйлер нәзерине усынды.
24-25-26-февраль күнлери 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында «Ҳәзил майданы» лигасының 1/8 ойынлары өткерилди.
5-Март күни Бегжап Мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен 8-Март Халық аралық ҳаял-қызлар байрамына арналған «Меҳирдиң булағы көзисиз Ана» атлы әдебий саз-сәўбетли концерт бағдарламасы болып өтти.
6-Март күни районлық Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында район ҳәкимлиги менен биргеликте 8-Март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына арналған «Ҳаял гөззаллығы әлемди безер» атлы әдебий саз-сәўбетли театрластырылған концерт бағдарламасы болып өтти. Бағдарламада Мәденият бөлими хызметкерлери «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли жас талантлылары аналарымыз ҳаққында, баҳар ҳаққында йошлы қосықлар, Ҳәўескер халық театр жәмәәти Аналарымызды улығлаўшы сахналық көринислер менен қатнасып бағдарлама жоқары көтериңки рухта өткерилди.
11-Март күни қоспа режеге тийкар «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли тәрепинен «Миллий халық ойынлары» атамасында көрик таңлаў шөлкемлестирилди. Көрик таңлаў район аймағындағы талантлы жаслар арасында көркем өнердиң ойын жөнелиси бойынша шөлкемлестирилди. Көрик таңлаўға бөлимимизде ислеп турған ойын дөгерек қатнасыўшылары ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеплерден оқыўшы жаслар қатнасты, Жеңимпазлар Мәденият бөлими тәрепинен Диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
15-Март күни Бегжап Мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен Улыўма халықлық Наўрыз сейилине арналған «Ассалам Нәўбаҳар, Ассалам Наўрыз» атлы әдебий саз-сәўбетли концерт бағдарламасы болып өтти.
19-20-21-март күнлери район ҳәкимлиги имараты алдында, мәкән ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында, Шоманай Эко парк дем алыў бағында Улыўма халықлық Наўрыз сейилине арналған «Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын» атлы әдебий саз-саўбетли театрластырылған концерт бағдарламасы көтериңки рухта шөлкемлестирилди. Бағдарламада Мәденият бөлими хызметкерлери, райондағы жас талантлылар Наўрыз, бәҳәр ҳаққында йошлы қосықлары менен, Ҳәўескер халық театр жәмәәти миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди сәўлелендириўши сахналық көринислер, компазициялар менен қатнасып байрам жоқары көтериңки рухта өткерилди.
23-24-Март күнлери 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында «Ҳәзил майданы» лигасының 1/4 ойынлары болып өтти..
26-Март күни «Ҳәййиў айтқан жетер муратқа» атлы Республикалық көрик таңлаўдың районлық басқышы шөлкемлестирилди. Бул таңлаўды өткериўдеги мақсет жас шаңарақларға халқымыздың үрип-әдетлериниң бири болған ҳәййиў айтыўдың жолларын үйретиў. Кыз келиншеклеримиздиң ата-бабамыздан мийрас болып киятырған тәкирарланбас көркем-өнерине деген қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат. Таңлаўға район көлеминдеги Аўыл пуқаралар жыйынлары, Мәкан пуқаралар жыйынларынан ҳәмде Мәденият бөлими хызметкерлери қатнасып жеңимпазлар республика көлеминде өткерилетуғын екинши басқышқа жолламалар алды.
26-Март Маҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсебети менен «Мениң мәҳәллем» атлы концерт бағдарламасы 13-санлы Балалар музыкаҳәм көркем өнер мектеби залында өткерилди.
27-Март күни Шоманай районлық Кәсип өнер мектеби залында 27-март Халық аралық Театр күни мүнәсибети менен Ҳәўескер халық театры жәмәәти тәрепинен таярланған А.С.Пушкинниң «Сум бала» Драматург С.Жумағуловтың «Экстрасенс» комедиясынан үзиндилер таярланып оқыўшылардың нәзерине усынылды ҳәм Театр күни көтериңки рухта өткерилди.
2-апрель күни 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында «Ниҳол» сыйлығы Республикалық көрик таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Көрик таңлаўға бес жөнелис бойынша көркем өнерге қызығыўшы 15 жас талантлылар қатнасты. Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар Республикалық басқышқа жоллама алды.
4-5-апрель күнлери бөлимдеги ислеп турған бес әҳмийетли баслама бойынша ҳәм тийкарғы дөгереклердиң үш ай даўамында исленген жумыслары бойынша есабат концерти шөлкемлестирилди.
9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28-жыл толыў байрамына арналған «Әдалат нызам үстинлигинде» атлы саз-саўбетли концерт бағдарламасы шөлкемлетирилди.
9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28-жыл толыў байрамына арналған кеше Бегжап мәденият орайы тәрепинен 15-санлы улыўма билим бериў мектебиндеде өткерилди. Кешеге мектеп оқыўшылары ҳәм де Бегжап мәденият орайы хызметкерлери өзлериниң концерт бағдарламасын тамашагөйлер нәзерине усынды.
10-11-апрель күнлери 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында «Ҳәзил майданы» лигасының ярым финал басқышы өткерилди.
15-апрель күни Мәденият бөлиминде ислеп турған «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли ҳәм Ҳәўескерлик халық театр жәмәәтлериниң 3-ай даўамында исленген жумыслары бойынша есабат концерти болып өтти.
20-апрель күни Мәденият бөлими ис-режесине тийкарланып «Ёшлик завқи» атлы көрик таңлаў өткерилди. Таңлаў көркем өнердиң ойын жөнелисине қызығыўшы талантлы жаслар арасында өткерилди.
22-апрель күни «Ғулпақ» қосық ҳәм ойын халық ансамбли тәрепинен «Қарақалпақ халық қосықлары» атлы көрик таңлаў шөлкемлестирилип, таңлаўға 14-тен аслам талантлы жаслар қатнасты.
30-апрель күни 2019-жыл 14-майдағы «Бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ 4320-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик Мәденият ҳәм көркем өнер Институты Нөкис филиалы Халық дөретиўшилиги кафедрасы аға оқытыўшысы «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Лола Мухамаддинова менен Мәденият бөлиминдеги бақсышылық ҳәм Сәзендешилик дөгерек қатнасыўшылары арасында шеберлик сабағы ҳәм ушырасыў кеше шөлкемлестирилди. Ушырасыў даўамында мийманымыз өзиниң дөретиўшилик жумыслары, ерискен жетискенликлери, ҳаққында айтып өтти ҳәм дөгерек қатнасыўшылары өзлери қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Ушырасыў соңында Лола Мухамматдинова ҳәм дөгерек қатнасыўшылары тәрепинен жыйналғанларға қарақалпақ халық қосықларынан атқарып берилди.. Шеберлик сабағы қызықлы болып өтти.
3-Май күни Район орайындағы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби залында Шоманай районлық Мәденият бөлими ҳәм Районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлими менен биргеликте «Нураный анаханлар арасында халық аўыз еки дөретиўшилиги» атлы көрик таңлаў шөлкемлестирилди. Таңлаўға район аймағындағы мәкән ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан 11 нураный анаханларымыз қатнасты.
6-Май күни Реже тийкарында Мәденият бөлими ҳәм Шоманай районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте Өзбекстан Қаҳраманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшылары И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардың туўылған күни мүнәсибетине арнап «Бул жер еле зор болады» атлы еслеў кешеси шөлкемлестирилди. Кеше даўамында Мәденият бөлими хызметкерлери И.Юсупов қалемине тийсли қосықлардан атқарды.
8-Май күни 9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине арналған «Итибәр ҳәм ғамқорлық инсәний миннет» атамасындағы байрам сейиллери болып өтти.
11-Май күнинен бес әҳмийетли баслама шеңберинде Райондағы мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги тәрбияланыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде балалар ушын райондағы барлық мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине Ҳәўескерлик халық театры жәмәәти тәрепинен «Кызыл қалпақша» ертеги қойып берилди.
25-Май күни Шоманай районы орайында жайласқан «Шоманай Эко паркинде» мектеп питкериўшилерине арнап «Хош бол ана мектебим» атлы шоу концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Усы күни район аймағындағы барлық мектеп питкериўшилер ушын арналған “Хош бол ана мектебим” атлы үлкен шоу концертке, Республикамызға, районымызға белгили болған жас эстрада қосық атқарыўшылары қатнасты. Сондай-ақ бөлимниң Ҳәўескерлик Халық театр жәмәәти тәрепинен таярланған мектеп дәўирин еслетиўши қызықлы сахналық көринислери оқыўшыларда үлкен тәсир қалдырды. Концерт бағдарламасы қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтти.
25-Май күни Бегжап мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен мектеп питкериўшилерине арнап « Соңғы қоңыраў» атлы шоу концерт бағдарламасы
15-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилди.
29-май күни «Шемби-мәденият күни» шеңберинде Бегжап мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен Бегжап ҳәм Қарабайлы аўыл пуқаралар жыйыны жаслары ушын Гала концерт бағдарламасы өткериди.
1-Июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” байрамы мүнәсибети менен Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары қатнасыўында, Районлық “ЭКО парк” дем алыў бағында «Бақытлы балалық» атлы балалар ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Байрамды район ҳәкими Б.Янгибаев ашып берди ҳәм балаларды байрам менен қутлықлады. Байрам даўамында талантлы балалардың атқарыўында қосық, ойын, тақмақлар ҳәм де Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған қосық, театрластырылған тамашалар атқарылып балажанларды өзгеше қуўанышқа бөледи.
Жаслар айлығы шеңберинде 8-Июнь күни Жаслар Аўқамы районлық кеңеси менен биргеликте «Шоманай Эко парк» инде дөгерек қатнасыўшылары арасында «Заманагөй ойынлар» көрик таңлаўы шөлкемлестирилип таңлаўға 15-30 жас аралығындағы 80-нен аслам жас талантлылар қатнасты.
16-Июнь күни Шоманай районлық Мәденият бөлими басламасы менен райондағы Мектепке шекемги билимлендириў мекемелери тәрбияланыўшылары арасында район орайында жайласқан 2-санлы Мектепке шекемги билимлендириў мекемесинде «Babу Dance» Заманагөй ойынлар таңлаўы болып өтти. Таңлаўға 100 ден аслам кишкене жас талантлы балаларымыз қатнасты.
19-Июнь күни Ғәрезсизлигимиздиң 30-жыллығы алдынан «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» сүрени астында өткерилип атырған жаслар айлығы шеңберинде Шоманай районлық «Эко паркинде» «Ғулпақ» қосық ойын халық ансамбли ҳәм Мәденият хызметкерлери тәрепинен Мәдений дем алыс концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.
25-июнь күни Жаслар айлығы шеңберинде Шоманай Эко паркинде Шоманай районлық Мәденият бөлими Шоманай районлық Жаслар агентлиги менен биргеликте, «Жас гитарашылар» атлы көрик таңлаў өткерилди. Бул таңлаўға 13- жас талантлы гитарашылар қатнасты.
30-июнь Жаслар күни мүнәсибети менен 3-сектор аймағындағы Бегжап Аўыл пухаралар жыйынында 26-июнь күни «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» атлы гала концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Концерт бағдарламада Қарақалпақ Эстрада жулдызлары ҳәмде Шоманай районлық Мәденият бөлими жас талантлы қосықшылары тәрепинен атқарылған йошлы қосық, ойынлар аймақ жасларынын мәдений дем алыўда өзлериниң үлкен үлесин қосты.
30-июнь Жаслар күнине арналған «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» сүрени астында гала концерт бағдарламасы болып өтти, концерт бағдарламада Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, Қарақалпақстан бөлими қосықшылары, ҳәмде Шоманай районлық Мәденият бөлиминиң жас талантлы қосықшылары өзлериниң йошлы қосықларын, заўықлы аяқ ойынларын менен жыйналған район турғынларына ҳәм район жасларына инам етти.
Мәденият бөлими хызметкерлери 2021-жыл даўамында бир қанша жетискенликлерге ерисип келмекте. Атап айтқанда бөлимниң Эстрада дөгерек басшысы Жәмшитдин Қайыпов Өзбек миллий эстрадасына тийкар салыўшы «Өзбекстан халық артисти» Батыр Закировтың 85 жыллығы ҳүрметине өткерилген «Батыр Закиров көркем өнер даўамшылары» атамасындағы көрик таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы биринши орынды ийелеп жеңимпаз болды. Жамшитдин Қайыпов усы таңлаўдың Ташкент қаласында өткерилген жуўмақлаўшы басқышына қатнасып қелди. Бөлимниң драма дөгерек басшысы Муҳаммет Наўрызов 1-апрель Күлки күнине арналған «Лаққылар» республикалық таңлаўында өзиниң ҳәзил-дәлкек шығыўлары менен қатнасып, таңлаўда жеңимпаз болып диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Алдағы ўақытларыда белгиленген ис-режелерге тийкарланып бөлим жәмәәти халықтың бос ўақытларын кеўилли өткериўде еле де аянбай мийнет етебереди.


Мәденият бөлими көркемлик
жақтан басқарыўшы: А. Аралбаева.
Download 56,43 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish