Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet70/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   66   67   68   69   70   71   72   73   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
 
§ 15. Орта әсирлердеги Европа еллериниң 
мәденияты ҳәм идеологиясы 
 
Қул ийелеўшилик дүзимнен феодаллық дүзимге өтиў Батыс Европа 
жәмийетиниң руўхый турмысындағы түпкиликли өзгерислер менен дауам етти. 
Диний көз-қараслар үстемлик етти. Оның қәлиплесиўине Римди қыйратқан 
варвар халықларының христиан дини ҳәм мәдений мийрасы улкен тәсир 
жасады. Жамийеттиң пүткил руўхый турмысын христиан динине 
бағындырыўға урынған ширкеўдиң идеялық басшылығы мәденийт келбетин 
белгиледи. XVIII әсирдиң гуманистлери менен тарийхшы-ағартыўшылары 
(Вольтер ҳ.б.) орта әсирлер мәдениятына «христианлықтың қараңғы 
түнлерине» менсинбеўшилик пенен караган. 
Жәмийеттиң пүткил руўхый турмысы ширкеў тәрепинен басқарылыўы орта 
әсирлер мәденияты раўажланыўына кесент жасады, деп есаплайды пухаралық 
талиймат. Алдынға тарийхшылардың көз-қарасынан, орта әсирлер де адамзат 
мәденияты тарийхына өз үлесин қосқан. Орта әсирлерде мәдений рауажланыу 
саласына көплеген жаңа халықлар тартылған, усы дәўирде ҳәзирги Европа 
еллерине миллий мәденияты пайда болды, миллий тиллерде бай әдебият 
қәлиплести, көркемлеў искусство ҳәм архитектураның әжайып үлгилери 


202 
дөретилди. Инсан ой-пикири ҳәм көркем дөретиушилик буннан былай да 
рауажланды. Орта әсирлер дауамында олардың әсте-ақырын өсиуи 
мәденияттың кейин ала өсип рауажланып кетиуине шараятлар дүзди.
 
Соңғы Рим империясы ҳәм ерте орта әсирлерде мәденияттың ҳәлсиреўи. 
Рим империясының соңғы ҳәм орта әсирлердиң басы мәденияттын улыўма 
ҳәлсиреўи менен белгиленеди. Варварлар көплеген қалаларды, жолларды, 
антик искусствосының естеликлерин, китапханаларды ҳ.т.б. қыйратты. Бирақ 
мәденияттың ўақытша ҳәлсиреуи тек ғана усы қыйратылыўлар менен 
белгиленген 
жоқ, 
ол 
Батыс 
Европаның 
социаллық-экономикалық 
рауажланыўындағы терең өзгерислер менен белгиленди. 
Антик мәдениятының ҳәлсиреў белгилери Рим империясы қулауынан 
анағурлым бурын белгиленди. Антик философлары менен жазыўшыларының 
көплеген шығармалары умытылып қалды. Соңгы антик жәмийетиниң терең 
кризиси IV әсирде мәмлекетлик динге айланған христианлықтың роли 
күшейиўине алып келди ҳәм жәмийеттиң идеялық турмысына барған сайын 
үлкен тәсир жасайды. Варварлардың V-VI әсирлердеги шабыўыллары антик 
мәдениятының буннан былай да азғыныўына алып келди. У әсирдиң өзинде 
ҳәрекет еткен мектеплер VI-әсирде барлық жерде жабыла баслады, сауатлы 
адамлар сийрек ушырасатуғын болды. Классикалық тилдиң орнына көплеген 
жергиликли диалектлерге ийе турпайы «варварлық» деп аталған халық латын 
тили келеди. Рим ҳуқықын қолланыў саласы кескин қысқарады. Варварлық 
ҳуқықтың дизиминдеги әпиўайы ҳуқық кең таралады. 
Интеллектуаллық билимлендириўге ширкеўдиң монополиясы

Диний көз-
қараслардың жәмийеттиң барлық қатламларындағы үстемлиги көп жүз 
жыллықлар дауамында ширкеўдиң интелеклектуаллық билимлендириуге 
монополиясы орнатыўға мүмкиншиликлер жаратты. Баслаўыш билимлендириў 
системасын өзине бағындырып, ширкеў қәлиплесип атырған феодаллық 
жәмийеттиң пүткил руўхый турмысы үстинен қадағалаў орнатты. 
Мәденият тараўында ширкеў монополиясы орнатылыўы ширкеў-феодаллық 
идеологиясына билимлердиң барлық тараўларын бағындырыўға мүмкиншилик 
берди. Ширкеў үстем класстың мәплерин билдирди ҳәм социаллық қарама-


203 
қарсылықларды жойтыўға жәрдемлесетуғын көз-қараслар белгилерин енгизди. 
Бул белгилер XIII әсирлерге шекем.пүткил орта әсирлер мәдениятына өзинше 
тәсирин тийгизди. Христиан дини тәсириниң өсиўи ширкеў китапларына 
тийкарланған христиан диний хызмет ушын зәрүр болған жазыўы 
таралыўысыз мүмкин болмаған. Бундай китаплар монастырьлар қасында 
көширилген (мәселен, Түслик Италиядағы Баварий монастыри). Қол жазба 
китаплар (кодекслер) бузаў ямаса қой терисинен таярланған. Үлкен көлемдеги 
бир Библияны таярлаў ушын 300 қой териси керек еди, оны еки үш жыл 
даўамында көширген. Скрипториялар ҳәм монастырь мектеплери сол 
ўақытлары Европада билимлендириўдиң бирден-бир ошақлары болған, бул 
ширкеўдиң руўхый монополиясын беккемлеўге жәрдем берди.

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   66   67   68   69   70   71   72   73   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish