Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet69/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Ширкеў ҳәм мәмлекет арасындағы аўқам.
Папалыққа урыныўлар, сондай-
ақ папалардың Италияда ҳәм басқа Батыс Европада сиясий абырой арттырыўға 
урыныўлары ширкеўдиң ишинде де, пухаралық ҳәкимлер тәрепинен де 
қарсылықларға 
дуўшар 
болды. 
Оларға 
Византия 
императорлары, 
Константинополь патриархы, Франция ҳәм Германия империялары менен 
есапласыўға туўра келди. Бирақ тутасы менен алғанда ширкеў ҳәм Батыс 
Европа мәмлекетлери арасында ерте орта әсирлер дәўиринде тығыз байланыс 
болған. Ерте феодаллық мәмлекет ширкеўдиң мәплерин қорғаған ҳәм қоллап-
қуўатлаған. Пипин Мыртық Папа мәмлекетин дүзиўге актив қатнасқан. Уллы 
Карл ширкеў десятинасын (онлығын) нызам менен тастыйықлап (үлкен 
десятина – дәннен, киши десятина үй қусларынан, қан десятинасы малдан 
киши десятина алынған). Сол ўақытлары билимлендириў, әдебият ҳ.т.б. 
толығы менен ширкеў қолларында болған. Шайырлар, жазыўшылар, 
тарийхшылар, педагоглар – сол ўақыттың билимли, саўатлы адамлары 
тийкарынан руўханыйлар шаңарақларынан шыққан.
 
Папалықтың шығысқа қарай экспансиясы ҳәм ширкеўдиң бөлиниўи. 
Папа 
Николай I (858-867 жыллары) тусында Батыс ҳәм Шығыс ширкеўи арасындағы 
соқлығысыўлар айрықша кескин түс алды. Папалықтың аймақлық талаплары 
ҳәм Болгарияда папалық легатлардың пайда болыўы папа Николай I ҳәм 
Константинополь патриархы Фотий арасында даў-жәнжеллер келтирди. Еки 
жақтың шақырған ширкеўлик соборларында ҳәзирги күнге шекем сақланып 
келген Шығыс ҳәм Батыс ширкеўлер арасында догматикалық, каноникалық 


199 
ҳәм дәстүрлик қарама-қарсылықлар анықланды. Батыста «караматлы руўх» тең 
дәрежеде «қудай ата» ҳәм «қудай бала» дан келип шығады деп есапланған, ал 
Шығыста болса «караматлы руўх» тек ғана «қудай-ата» дан келип шығады деп 
есаплаған. Батыс ширкеўи қудай алдында әўлийелердиң «артықша» мүнәсип 
хызметлери» тәлийматты мойынлаған, әўлийелер, «мәрҳәматлар» қорын 
дүзген-миш, соның есабынан ширкеў өзиниң ықтыяры менен адамларға 
гүналарынан кешеди ҳәм олардың жанларына «мәңги қутқарыў» жибереди. 
Бул ҳаққында тийисли жарлықлар-индульгенциялар да Берген. Шығыста бул 
тәлиймат бийкарланды. Причастие ўақтында католиклерде руўханыйлар нан 
ҳәм виноның дәмин татқан, ал мирянларда – тек нанның дәмин татқан. Батыста 
адамлар өзин бес бармақ крестлеген пенен, ал Шығыста – үш бармақ пенен 
Батыста ширкеў хызмети латын тилинде, ал, православиеде – жергиликли 
тиллерде алып барылған. Батыста ширкеў барлық руўханый шахсларға 
үйлениў қадаған етилген. Шығыс ширкеўине қарағанда, Батыс ширкеўи 
руўханый атақтан шығыўға рухсат бермеген, мирянларға кәраматлы 
жазыўларды оқыўды ҳәм түсиндириўди қадаған еткен, папаның бириншилигин 
мойынлаған. Папалық күшин барынша өзиниң диний сиясий көз-қарасларын 
Шығысқа таратыўға умтылған. Шығыс ширкеўи бул экспанцияға шешиўши 
түрде қарсылық көрсеткен. 
Шығыс ширкеўи менен гүресте папа Николай I биринши рет папа 
хатларының жыйнағынан пайдаланған, ол епископ Исидор Севильскийге (VI-
VII әсирлер) тийисли деп жалған есаплаған. Бул жыйнақ («Ажесидоровтың 
декретлери») жүзден аслам хаттан ибарат болған, оның ишинде ширкеў 
соборларының қарарлары ҳаққында жалған ҳүжжетлер ҳ.т.б. болған, олардың 
мақсети ширкеўде папаның бириншилигин дәлиллеў болған. Усы ўақыттан 
баслап папаны ҳәмме мойынлайды, бирақ XV-XVI әсирлери бул ҳүжжетлердиң 
жалған екенлиги дәлилленеди. 
1054-жылдың жазында папа Лев IX делегатлары Константинопольге келип, 
Византия патриархы Кирударийге нәлетлер жаўдырады, ол өз гезегинде 
ширкеў соборын шақырып, папа делегатларын қорғайды. Усылайынша бурын 
рәсмий жақтан бирден-бир болған Христиан ширкеўиниң Батыс-Рим 


200 
католиклик ҳәм Шығыс-грек-католиклик ямаса православ ширкеўлерине 
биротала бөлиниўи жүз береди. Византияда ширкеў толығы менен император 
ҳәкимиятына бағынған, Батыста ол пухаралық ҳәкимият пенен гүресиў 
барысында өз еркинлигин сақлап қалды ҳәм узақ ўақыт даўамында сиясий 
үстемликке талпынып турды.
 
IX-XI әсирлери папалықтың ҳәлсиреўи, Клюний ҳәрекети. 
IX әсирдиң 
екинши ярымынан баслап папалық ҳәлсиреўиниң дерлик еки жүз жыллық 
дәўири басланады. Королинг империясы бөлиниўинен кейин Италия сиясий 
жактан бөлшекленип қалады. Феодаллық ҳәким (государь) сыпатында итальян 
феодалларының ишинде папа ең қудиретлиси болғаны жоқ. Оларды өз 
тәсирине бағындыра алмаған, папа ҳәр қыйлы феодаллық топарлардың өз-ара 
гүресинде қурал болған ал айырым жағдайлары-қурбанлыққа айланған. 
Франция империясы папалықтың басқа еллер руўханыйлары менен 
байланысларын бузды. Папалықтың ҳәлсиреўинен пайдаланып, феодаллар ол 
менен санаспады, папаларға тийисли жерлерди басып алды. Орынларда 
ширкеў барған сайын айырым пухаралық ҳәкимлерден ғәрезли болып қалды. 
Папалықтың ҳәлсиреўи епископлар, архиепископлар х.т.б. хәкимиятының 
кушейиўине мүмкиншилик берди, олар феодаллық князьлерге айланады. 
Ширкеў барған сайын гедейлер ҳәм аскетизм идеалларынан алыспай баслады, 
бул оның абыройын ҳәм массаларға тәсирин пәсейтти. Усыған байланыслы 
монахлар арасында ширкеўдиң руўхый абыройын ҳәм еркинлигин беккемлеуге 
бағдарланған ҳәрекетти X әсирдиң басында Клюний ширкеўи (Француз 
Бургундиясы) басқарды, ол көп узамай ширкеўлер орайына айланды. (2 мыңға 
жақын Франция, Германия, Италия, Англия ҳәм Испания ширкеўлери). 
Клюний аббаты папаға бағынатуғын еди: қатал устав ширкеўлердиң пухаралык 
ҳәкимиятқа, ҳәттеки жергиликли епископқа бағыныўын қадаған етти. Ол 
монахлардан үйленбеуди талап етти. Ширкеў лаўазымларын сатыўға ҳәм 
епископлар 
менен 
аббатлардың 
пухаралық 
ҳәкимлер 
тәрепинен 
тайынланыўына қарсы болған. Үгитлеу жумыслары табыслы жүргизилиўи 
ушын ширкеўлерде китапханалар менен мектеплер дүзилген. Монахларға 
физикалық мийнет пенен шуғылланыў қадаған етилген. Король ҳәкимияты ҳәм 


201 
еретиклер ҳәрекетине қарсы гүресте қурал сыпатында Клюний ҳәрекети 
феодаллық ақсүйеклердиң бир топары пайдаланған. Көплеген феодаллық 
сеньорлар X-XI әсирлерде Клюний реформасын қоллап-қуўатлады. 
1059-жылы 
Римдеги соборда Клюний ҳәрекетиниң ең белгили 
көсемлериниң бири монах Гальдебрад папаларды сайлаўдың жаңа тәртиби 
ҳаққында қарар қабыл етилиўине еристи: ендигиден былай императорлар ҳәм 
басқа пухаралық ҳәкимиятлардың араласпаўы ҳалында, папа кардиналлар 
тәрепинен сайланыўы тийис еди. Ол папа болып сайланып (Григорий VII), 
өзиниң «Папалардың диктаты» деген трактатында пухаралық ҳәкимлер 
үстинен папалық ҳәкимияттың үстинлигин тастыйықлаған.

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   65   66   67   68   69   70   71   72   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish