Искусство
.
Халық варварлар дәстүрлери көплеген жақтан искусствоның
өзгешелигин белгилеген. Скульптура ҳәм улыўма адамды сүўретлеў толығы
менен дерлик жоқ болып кеткен, тастан зат ислеў усыллары жойтылған. Тек
206
ғана Түслик Европада соңғы антик дәстүрлери, атап айтқанда тастан зат ислеў
шеберлиги, мозаика искусствосы сақланып қалған. Батыс Европаның орайлық,
қүбла ўалаятларында ағаштан зат ислеў шеберлиги раўажланған. Зергерлик
ҳәм китап шығарыў исине де кеўил бөлинген. Тажлар, қынаплар, қайыслар,
дизбе моншақлар, жүзиклер, билезиклер қымбат баҳалы таслар, алтын менен
безелип, оларға қурамалы нағыслар ойылған. Бул нағысларда геометриялық
фигуралар, жанлы мотивлери басым болған. Әпиўайы баслаўына қарамастан,
варварлар искусствосы улкен ишки динализмине ийе болған. Оның баслы
көркемлеў қуралы рең болған. XII- әсирде Батыс Европада христиан динине
айландырыўдың тамамланыўы менен антропоморлық искусствосы қайта
тикленеди, оның орайында қудай ҳәм әўлийелерди адамлар келбетинде
сүўретке түсириў болып табылады.
Королинглердиң қайта тиклениўи.
VIII-әсирдиң ақыры IX әсирдиң басында
Уллы Карл тусында Королинглер мәмлекетинде историографияда «Королинг
қайта тиклениўи» деген атама алған ширкеў феодаллық мәдениятының өсиўи
байқалады. Жүдә үлкен Королинглер мәмлекетин баскарыу аппараты ушын
белгили билимлерге ийе ҳәмелдарлар, судьялар керек еди. Бундай адамларды
Карл руўханыйлар арасында табыўы мумкин еди.
«Илимлер ҳаққында капитулярий» (787 жылы) ҳәр бир монастырь ҳәм
епископ кафедрасы қасында монахлар ҳәм клириклер ушын мектеплер ашыуды
нәзерде тутқан. Мирянларды оқытыўды да шөлкемлестириўге урынып көрген.
Жаңадан дузилип атырған мектеплердиң оқыў бағдарламасынан бурынғы
ширкеў мектеплериниң бағдарламаларынан дерлик айырмашылығы жоқ еди.
Карл басқа еллерден белгили адамларда шақырған. Император сарай жанында
әдебий дөгереклер дүзген (сарай академиясы). Карлдың өзи, оның шаңарағы,
атақлы руўханый ҳәм пухаралық ҳәмелдарлар, Аханда сарай қасында ашылған
мектептиң муғаллимлери менен оқыўшылары оның ағзалары болған.
Академияда ширкеў ҳәм антик авторларының сондай-ақ дөгерек
қатнасыўшыларының
шығармалары
оқытқан
ҳәм
түсиндирилген.
Академияның ҳәр бир ағзасы өзине антик ямаса библей лақабын сайлап алған.
Карлдың лақабы Давад, Алкуинниң-Фланком ҳ.т.б. болған. Италиядан Рим
207
жазыўшылары шығармаларының қол жазбалары алып келмеген. Бир қатар
монастырьларда анноллар жазылған. Агротехникаға қызығыўшылық өседи:
антик дәўириниң агротехникалық трактатлары көшириледи, аўыл – хожалығы
бойынша жаңа жумыслар пайда болады (Бақшаны қайта ислеў бойынша китап)
Византия императорына еликлеп, Карл Ахан ҳәм басқа қалаларды тас сарайлар
ҳәм ширкеўлер қурыўды буйырады. Билимли адамлардың топары кеңейди.
Мирянлар ширкеў мектеплерине қатнайтуғын болды. Христиан әдебияты
менен бир қатарда, монастырь скрипторияларында Рим авторларының
шығармалары көшириле баслады. IX әсир дауамында бундай қол жазбалардың
қоры анағурлым өсти (700 данаға жетти). Қол жазбалар миниатюралар ҳәм
сүўретлер менен безелди. Павел Диакон, Алкуин, императордың өмирбаянын
жазған Эйнгардтың («Уллы Карлдың өмири») шығармалары әдебияттың
раўажланыўына үлкен үлес қосты. Ерте орта әсирлер дәўириниң өзинде
ширкеў ғайраткерлериниң шығармаларында жәмийеттиң қатламларға
бөлиниўи дурыс деп есапланған Кейин ала қатламлардың бирге ислесиў
зәрүрлиги ҳаққында идея таралды.
Карл өлгеннен кейин көплеген мектеплер жабылып қалды. 817-жылы диний
лаўазымлар ийелемейтуғынларға ширкеў ҳәм монастырь мектеплеринде оқыў
қадаған етилди. Сол ўақыттағы дин илими үстинен көтерилген IX әсирдиң
бирден бир озық ойшысы ирландиялы Иоанн Скотт Эриуген болды. Ол грек
тилин билген, грек неоплатониклериниң мийнетлерин изертлеген ҳәм оларды
латын тилине аўдарған. Ол ақыл-ойдың ширкеў аталарының абыройының
үстинлигин тастыйықлаған.
IX әсирдиң ақырына келип көплеген еллерде жаңа мәдений ҳәлсиреў жүз
берди, ол XI әсирдиң биринши ярымына шекем даўам етти. Тек ғана
Германияда, Саксон династиясы Оттонлардың сарайы жанында Х әсирдиң
ақырына мәдений турмыс бираз жанланды: әдебий ҳәрекет дауам етти,
қурылыс жургизилди, қол жазбалар көширилди. Соборлар қасында мектеплер
ашылды. Реймс мектеплердиң биринде 980-жылдан баслап «Еркин
искусство»ларды алым монах Гелберт оқытты. Ол Европаны араб цифрлары,
«абак» есап тахтасы, астролябия менен таныстырды.
208
Do'stlaringiz bilan baham: |