Туребеков М


§ 12. Россия мәмлекетиндеги феодаллық бөлшеклениў



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet64/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

§ 12. Россия мәмлекетиндеги феодаллық бөлшеклениў 
XI әсирдиң ақыры XII әсирдиң басларынан баслап феодал қатнасықлар 
пайда болыў менен Рустың барлық жерлеринде раўажланған феодализм 
дәўири басланды. Бул дәўир аўыл хожалығы ҳәм санаатта ислеп шығарыў 
кушлер қурамаласты, жаңа орайлар пайда болды. Феодал эксплутация кушейди 


182 
ҳәм класлық гурес кескинлести. Сиясий бөлшеклениў қарар тапты. Әййемги 
рус халқы ишки жақтан беккемленди ҳәм феодал мәденият гуллеп жаснады.
Соның менен бир қатарда мәмлекеттиң сиясий турмысында орайласыө 
тенденциясы ҳәм көринди. Бирақ бул раўажланыў процессии монгол татар
басқыншыларының хужими натийжесинде XIII әсирдиң орталарында 
бузылды. Бул ўақытта халық жаңа жерлердиң бир бөлимин-Волга менен Ока 
ортасындағы арқа Дунай дәрьясы бассейиндеги жерлерди өзлестирди ҳәм 
жайласып алды. Жаңа егинлер, тек дала егинлери емес, бәлким палыз 
егинлнри, мийўелер пайда болды. Әне сол шараята ислеп шығарыў
қуралларының , ең әўеле жерлердиң феодал мулкинеде раўажланып барды. 
XII-XIII әсирлер- ири феодал жер ийелериниң гуллеп раўажланыў 
дәўири, алдынғы еркин болған дийханлардың жәнеде таланыў ҳәм езилиў 
дәўиридир. Мәмлекеттиң турли бөлимлеринде ири жер ийелери болған 
князлар, Уллы Киев князларына қарағанда бираз байырақ князлар пайда 
болды. (черковлық, владимирлик, суздаллик ҳ.т.б ) Князлар менен бир қатарда
боярлар ҳәм жәмәәм жерлерин басып ала баслады.. Ақсуйек феодаллардың
жерлери ҳәм жер бөлегин сатып алыў жолы менен дийханлардың жерлерин 
алыў есабынан ширкеў ҳәм монастр жер ийелиги раўажланып барды. 
Князлар көбинесе аўылларға емес, сонын менен бирге қалаларға ҳәм ийелик 
еткен. Булардың ҳәммеси ири феодаллардың вотчина мулклери есапланды.
Мәмлекетте монастирлер көбейди. Феодал хожалық өзиниң натурал 
характерин сақлап қалды. Феодаллардың жерлери дийханлар қолында еди, 
ири жер ийелиги дийханлардың майда хожалығы менен қосылып кеткен еди. 
Феодаллар ең жақсы қурал, безеў буйымлары, гезлеме , вино ҳ.т.б 
зарларды сатып алыў ушын өзлери алған улпанның бир бөлимин қалаларға 
сата баслады. Көбирек өним алыў ушын феодаллар улпан алыўды көбейтти.
Феодал эксплутациясы куйеди. Соның менен бирге феодал жер ийелигиниң 
өсиўи себепли еркин дийханлар саны кемейди ҳәм паловник дийханлар пайда 
болды. 
XII-XIII әмирлерде Рус өнерментшилиги раўажланды. Техника 
қурамаласты. Гулалшылық, куйдириў өнерлери қурамаласты. Бул ўақытқа 


183 
келип 60 дан артық өнерментшилик тараўлары бар еди. Аўыл өнерментлери
буйыртпа менен ислеген буйымларының бир бөлимин сатар еди. Қаладағы 
өнерментшилик ҳәм улкен жетискенликке еристи. Рус өнерментлери айрым 
буйымлар таярлаў техникасы ҳәм олардың сыпаты жағынан сол ўақыттағы
Батыс Европалық усталардан илгерилеп кетти. Бир қатар ири қалаларда Киев, 
Новгорд, Смоленскде базар ушын ислейтуғын усталар көп еди. Олардың
айрым буйымлары базы гезлри бир неше километр алыста ҳәм ҳәтте шет елде 
( Полша, Чехия, Швеция, Болгария) сатылды. Ишки саўда да дуз, ғәлле ҳәм 
теңиз артынан келтирилген айрым товарлар менен саўда қылатуғын
саўдагерлер ҳәм қатнасар еди. XII-XIII әсирлердеги бундай шараятта қалалар 
саны үш есе артып, оларды енди саны 300 ге жақын еди. Олар арасында жаңа 
қалалар саны үш есеге артып, бундай қалалар мәмлекеттиң айнықса арқа 
шығыста ( Москва, Звенигород, Клязьма, Владимир ) ҳәм қубла-батыста 
(Галич, Холм ) тез өсип барды.
Бундай шараятта мәмлекеттиң сиясий 
турмысында саўда сатық халықтың әҳмийетин асырды. Қалалардағы саўда 
өнерментшилик ишиндеги жоқары қатламлар ири феодалларға жақын турар 
еди. 
XI әсирдиң екинши ярымынан баслап айрым қалалар ҳәм жерлер сол 
дәрежеде кушейип кетти, Киев ҳәм оның уллы князы киевлик феодаллар
оларды басқара алмай қалды. Орынлардағы ири феодаллар өз князлары
әтиапында бирлесип, өлериниң ҳәкимият аппаратын дузе баслады. Олар енди
дийханлар устинен ҳукимранлық етиў ушын жетерли күшке ийе болды.
Феодаллар XI-XII әсирде мәмлекеттиң сиясий жақтан бөлинип кетиўине өз 
класлық ҳукимранлығын беккемлеў жолы деп билдирди. XI әсирдиң екинши
ярымында Руста бөлиниўге өтиў дәўири Рустың сиясий бирлигин сақлап 
қалыўдың сондай формасы, князлар жыйналыслары көзге тасланды. Бундай 
жыйналысларда боярлар ҳәм қатнасты. XI әсирдиң ақыры XII әсирдиң 
басларында Киев мәмлекеттиң пайтахты болса ҳәм, Уллы Киев князлиги 
кемнен кем тилге алынар еди. Ҳақықый ҳәкимият жергиликли феодаллар 
қолында еди. XII әсирден баслап Рус қала ҳәм аўылларында класслық 
антифеодал гурес кескин тус алды. Дийханлар өз ийелеринен қашып 


184 
кетиўлери феодалларға қарсы класслық гурестиң улкен бир формасы болып 
қалды. Қашып кетиўден тысқары дийханлар гуресиниң түри қарақшылық 
етиў ҳәм от қойыў сыяқлы формалары тарқалған еди.
1113 жылда Киевте болып өткен қозғалаң класслық гурестиң үлкен 
көриниси болды. Сол ўақытқа келип сүтхорлық раўажланды. Байлар қала ҳәм 
аўыллардағы әпиўайы адамларды тутқын етти. Киевте ҳүкимранлық еткен
ашкөз ҳәм зықна Святополк Изяславич сутхорларға қәўендерлик етти. Олар
дуз ҳәм ғәлле менен алып сатарлық қылар еди. Закуплар қарызын қайтарыў 
ушын қаржы табыў мақсетинде Киевке барған. Бирақ хожайынлар оларды
буның ушын қулға айландырды. 1113-жыл 17-апрелде Святополк қайтыс 
болды. Оның өлими қозғалаң ушын сигнал болды. Қозғалаң көтерген 
киевликлер, мыңшылар, жүзшилер, сутхорлардың шаңарақ ҳәм үйлерин 
ўайран етти. Қорқып кеикен Киевлик байлар белгили Переяслав князы
Владимир Всеволодович Монамахқа мүрәжат етти. Оны аталар ҳәм бабалар 
тахтына мирәт етти. Монамах жуўап бериўге асықпады. Қозғалаң бояр ҳәм 
монастирлерге қәўип салды. Бул қорқынышлы түс алды. Монамах Киевке
асықты ҳәм көтерилисти бастырды. Княз, оның мәсләҳәтшилери боярлар
халыққа ҳәм келисиў ҳаққында ҳүжжет деген жаңа ҳүжжет қабыл етти. 
Уллы княз Владимир Монамах (1113-1125-жыллары) әне сол нызам 
тийкарында мәмлекетти беккемлеўге ҳәрекет етти. Ол ҳәр бир княздың
мийрас ретинде алған ямаса оған князлар қарары менен ажыратылып 
берилген жеке «вотчина» (ата мүлк) ийе болыў ҳукукын тән алыў менен 
бирге, бул мүлклерди тартып алыў қәўпи астында князлерден өз-ара
урысларды тоқтатыўды ҳәм бойсыныўды талап етти. Рустағы өз-ара феодал 
урыслар тоқтатылды. Мәмлекетке қыпшақлар қәўип салмай қойды. Владимир 
Монамах уллы мәмлекет арбабы ҳәм өз дәўириниң жетик билимли адамы 
еди. Ол Рустағы феодаллар арасында абройлысы болды. 
Киевте вечениң хызмети жаңаланды. Ол көплеген князларди мирәт етиў
ямаса етпеў мәселесин шешти. 1146-жылда Киевте ҳүкимранлық қылған
Чернигов князы өлгеннен кейин вече оның иниси Игорды княз деп тән алды.
Княз адамлары алдынғыдай халыққа зулым өткизип турғанлықтан


185 
камбағаллар княз әмелдарлары ҳәм басқалардан өш ала баслады. Қала 
жоқары қатламы ҳәм феодаллар жәрдем сорап князге мүрәжат етти. Бул княз 
Киевти басып алды ҳәм Игорды шетлеттирди. 
1169-жылда Киев Юрийдиң баласы Владимир князы Андрей 
Боголюский тәрепинен қолға алынды ҳәм ўайран етилди. Бирақ соннан кейин 
XIII әсирдиң орталарына дейин Рустағы ең кушли князлар Владимир, Суздаль, 
Галич-Волинь, Чернигов ҳәм Смоленск князлары ортасында Киев ушын гурес 
даўам етти. XIII әсирде татар-монгол басқыншылары келгенге дейин Киев 
өзиниң алдынғы сиясий әҳмийетин жойтқан еди. XII әсирде Киев айрым 
князликлерге ҳәм республикаларға бөлинип кетти.
XI әсирдиң ақырынан баслап жылнама ҳәм басқа дереклерде
феодаллардың мүлклери ҳәм
олардың байлықлары ҳаққында мағлыўмат 
бериўлери тосыннан емес еди. 1146 -жылда феодал гурес ўақтында Путивода 
Чернигов князлары Ольговичлериниң биринен 800 гузе вино, 500 ыдыста
пал, 700 хызметкер, көплеген темир ҳәм мыс тартып алынды. Басқа бир 
Ольговичтиң аўылынан 900 ғәлле қырманы жағып жиберилди. Аўыллардан 
биринде 4000 бастан ибарат мал қолға киритилди. Бул байлықлардың 
ҳәммеси тийкарынан дийханларды талаў ҳәм эксплутация етиў нәтийжесинде 
топланған. XII әсирдиң екинши ярымынан баслап бай кушли орайлардан, 
әўеле арқа-шығыстағы Владимир Клязьмада ҳәм қубла батыстағы Галич ең 
күшли князлар басшылығында уллы князлардың жергиликли системалары
қәлиплести. Бундай системалар Чернигов, Смоленск ҳәм Рязань
князликлеринде көзге тасланды. Бул системалар Киев уллы князлигине қарсы 
турар еди. Өз нәўбетинде олар жергиликли князлар ҳәкимиятын
кушейтириўге, удел князларын ҳәм ири жер ийелери болған боярларды
бойсындырыўға ҳәрекет кушейди. XII әсирдиң орталарынан баслап бул 
тенденция уллы князларды Владимир, Суздаль ҳәм Галичь–Волинь
князликлеринде көзге тасланды. Феодал бөлшеклениў өзиниң басланғыш 
басқышында жәнеде раўажланыў имканиятларын аңсатластырды. Бирақ 
сиясий бөлшеклениў процессиниң тереңлесиўи ҳәм анықырақ көзге тасланды.
Мәмлекет әскерий кушиниң бөлшеклениўи , сондай-ақ күшейип баратырған


186 
феодал урыслар, өз-ара қарама қарсылықлар булардың ҳәммеси русты сыртқы
душпаннан, биринши нәўбетте көшпели қыпшақлардың ўайран етиўши
ҳүжимлеринен қорғаўға кери тәсир көрсетиўи мумкин еди. Душпанлық етип 
жүрген князь ҳәм боярлардың өзлери сыртқы душпаннан жәрдем сорар еди.
Қыпшақлардың ҳүжими тез-тез болып турған. XII әсирде айнықса кескин тус 
алды. Рус дружиналарының қыпшақларға бирлесип қылған жүрислери
Русты көшпелилердиң ҳүжимлеринен сақлап қалды ҳәм көшпелилерди
ҳәлсиретти. Рус қубла жерлер менен саўда байланысларын баслады ҳәм Дунай
бойындағы қалалар устинен өз ҳүкимранлығын қайта тикледи. Олар 
шөлистанлық жерлер менен тыныш саўда байланысларын кушейтти. 
Қыпшақлар руслар тәсирине тусип қалды. Русь князлери шаңарақлары менен 
қыпшақ хан шаңарақлары ортасында неке байланыслары болып турды. Бирақ 
сондай жағдайда Рустың гуреси тоқтамады. Ҳәтте бир неше князлик
кушлерин бирлестириў ҳәм қыйын болып баратыр еди. 1185- жылда Новгород
князи Игорь Святославич басшылығындағы бир топар князлар 
қыпшақлардың ишкерисине ҳүжим етти. Бул жүриске халық ләшкерлериде 
қатнасты. Дәслеп жүрис жеңис пенен тамамланды. Бирақ ишкериге киргеннен 
кейин руслар женилиске ушырады. Игорь тутқынға түсти. Қыпшақлар соннан 
кейин Путивлге ҳүжим етти. Бирақ қаланы алалмады.

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish