Туребеков М


§ 11. XI-XV әсирлерде Византия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet60/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 11. XI-XV әсирлерде Византия 
 
Феодаллық вотчина XI-XII әсирлерде
.
Византияда феодаллық жәмийеттиң 
тийкарғы институтларының қәлиплесиўи XI-XII әсирлер аралығында 
жуўмақланды. Феодаллық вотчинаның бас белгилери қәлиплести ҳәм бурын 
еркин болған дийханлардың көпшилик топары феодалларға ғәрезли 
дийханларға айланды. Орайлық ҳәкимият феодалларға кең мүмкиншиликлер 
жаратты. Феодаллар жийи жеңилликлер алған, ямаса салықлардан толық яки 
бирең-сараңларынан азат етилген. Мәмлекетлик ҳәм императорлық жерлерден 
келип түскен дараматлар қазна дәраматының бир бөлегин ғана қураған. XI-XII 
әсирлери олардың тийкарғы дереги еркин дийханлардан вотчиналардың 
париклеринен өндирилген салықлар қураған. Феодалларды тахтқа жақынлатыў 


173 
мақсетинде императорлар оларға белгили айлықлардың салықларынан берип 
турған. XII әсирдиң екинши ярымында пронийлер кең таралған. Олар 
тийкарынан әскерий хызметлер атқарғаны ушын берилген. 
Феодаллық қала XI-XII әсирлердиң ақырында. 
IX әсирде басланған 
өнерментшилик ҳәм саўданың раўажланыўы XI-XII әсирге келип шеттеги 
қалалардың раўажланыўына алып келди. Батыс Европа еллерине қарағанда, 
Византия қалалары айырым феодалларға тийисли болмаған ҳәм олардың 
езилиўи астында қалмаған. Олар мәмлекет ҳәкимияты қараўында еди. Қалалар 
ҳеш қандай артықмашылықларға ийе болмаған. Қалаларды император 
ҳәмелдарлары баскарған ҳәм олар тийкарынан жалланбалардан қуралған 
гарнизонларға суйенген. 
Жергиликли феодаллар қалаларда өзлериниң позицияларын беккемлеген. 
Олар жайлар, устаханалар, кемелер сатып алған ҳәм аўыл-хожалық өнимлерин 
сатқан. XI әсирдиң акырынан баслап императорлар тенизде итальян қала 
республикаларынын аскерий жәрдеминен пайдаланған. Венеция, Генуя ҳәм
Пиза, оларға көплеген жеңилликлер берген. Жергиликли саўдагерлер сырт 
елликлерге қарағанда төмен аўҳалда болған. Византия өнерментлери 
италиялылар менен бәсекеге шыдам бере алмаған. 
Комнинлар тусында империяның сыртқы сиясаты. 
Алексей I Комнин 
1081-1118 жыллары тахтқа отырған ўақытлары империяның жағдайы жүдә 
төмен еди. Түрк-сельджуклери Византиядан дерлик барлық киши Азияны 
тартып алған. Норманнлар 1081-жылы Адриатик тенизи бойына басып кирген 
ҳәм әҳмийетли стратегиялық пункты Диррахийди (Драч) ийелеп алған. Эпир, 
Македония ҳәм Фессалияны тонаған. Империя әскерлери жеңилиске ушыраған.
Тек ғана 1085-жылы ғана Венеция жәрдеми арқалы норманнлар Балканнан 
қысып шығарылады. Бирақ соның менен бир қатарда оннан да бетер ауыр 
қәўип пайда болды. Бурын Балканларғы қысқа дауам еткен атланыслар ислеп 
турған печенеглер империя шегарасы ишинде қонысласып баслады. 
Печенеглерге Балканларға басып кирген половецлер жәрдем берди. 
Константинопольға бирликте ҳүжим жасау ҳаққында сельджуклер печенеглер 
менен сөйлесиулер жүргизген. Руўхы түскен император батысқа жәрдем сорап 


174 
муражаат етти. Жалланба әскер тез ўақытта көбейе баслады. Алексей I половец 
ҳәм печенеглер арасына от салады. 1091-жылдың бәҳәринде половецлердиң 
жәрдеми менен Фракияда византиялылар печенеглер ордасын толық 
қыйратады. Алексей I ниң дипломатиялық искусствосы дәслеп Никеяны 
қайтарып алыўға ҳәрекет иследи. Соң Батыс Европа рыцарьларының 
жеңисинен кейин, киши Азияның пүткил арқа-батысын, Қара теңиздиң барлық 
қубла жағалаўларын ҳәм урыслар барысында қайтарып алыуға мүмкиншилик 
берди. Империяның жағдайы бираз беккемленди. 
1122-жылы печенеглер әскерлери Фракия ҳәм Македонияны және 
қыйратады, бирақ Иоанн II Комнин (1118-1143-жыллары) көшпелилер үстинен 
жеңиске ериседи. Көп узамай Венеция менен соқлығысыў жүз береди. Иоанн II 
Константинополь ҳәм империяның басқа қалаларында жасап атырған 
венециялыларды артықмашылықларынан айырыўға урынады. Жуўап ретинде 
Венеция флоты атаўлар менен теңиз бойы районларын қыйратады. Император 
олардың жеңилликлерин тастыйықлауға мәжбүр болады. Императордың 
шығыстағы душпанлары да қәўипли еди. Түрк-сельджуклери менен болған 
урысларда Иоанн II киши Азия ярым атаўының түслик теңиз бойларын 
қайтарып алады. 
XII 
әсирдиң орталарынан баслап Византия сыртқы сиясатының 
аўырмашылығы Европаға тийисли болады. Империя Сицилиялылық 
норманнлардың Адриатик теңиз бойларына, Карфу, Коринф, Фиви атауларына 
ҳәм Эгей теңизи атауларына ҳүжимин қайтарады. Мануил I Комнинниң 1143-
1180-жыллары норманнлар менен урысты Италияға көшириуге урыныўлары 
оның әскерлериниң қыйратылыўы менен жуўмақланды. Бирақ Мануил 
Сербияда өз ҳәкимиятын беккемлейди, Далмацияны қайтарып алады. Венгрия 
короллигин вассалыққа айландырады. Бул жеңислер үлкен күшлер сарп етиўди 
талап етти. 1176-жылы сельджуклер Мириокефал жанында Мануилдың 
әскерлерин қыйратады. Византия өзиниң барлық шегараларында қорғаныўға 
өтиўге мәжбүр болады. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish