Туребеков М


§ 7. XI-XV әсирлердеги Испания ҳәм Португалия



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet52/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 7. XI-XV әсирлердеги Испания ҳәм Португалия 
 
Араблар Испанияда
.
VIII әсирдиң басында араблардың Испанияны басып 
алыўы Пиреней ярым атаўында қудиретли Кордово әмирлиги (Х-әсирден - 
халифат) дүзилиўине алып келди. Араблар ҳәм кейин ала улыўма маврлар 
атамасын алған арқа африкан қәўимлери ярым атаўдың арқасында жайласқан 
таўлы районлардан басқа дерлик пүткил Испанияны ийеледи. Мусылманлар 
қолларына анағурлым бай ўалаятлар тийди. Араблардың басып алыўы 
раўажланыўдың феодалласыў процеси күшейген басқышында жүз берди. Бул 
процесс Испанияның күшли романласыўы менен тезлестирилди. Қуллар ҳәм
колонлар бул жерде өндириўшилердиң тийкарғы массасын қураған. 
Варварлардың қәўимлик ақсүйеклери VII әсирде қул ийелеўшилер класының 
орнын ийеледи. Вестгот еркин общиналары ақсүйеклердиң, ширкеў ҳәм 
корольлик фискалардың жерлерин басып алды. Феодаллар арқа тәрепке қашты. 


148 
Дийханлар тийкарынан бурынғы орынларында қалды. Олар басқыншыларға 
феодаллық рента ҳәм салықлар төледи. 
Шығыстың анағурлым жоқары раўажланған байланысларын сақлап қалған 
Испания араблары оның аўыл хожалығын байытты. Салы, қант тростнигин, 
финикия пальмаларын, анар, тут кәншилиги ҳәм ҳәр қыйлы өнерментшилик
үлкен роль ойнады. Х әсирде 400 ге жақын қалалар болды. Араб мәмлекетиниң 
пайтахты Кордово болды. Мәмлекет күшли флотқа ийе еди. Қурғақ ҳәм теңиз 
жолы арқалы саўда раўажланды. Ҳәттеки Ҳиндистан ҳәм орта Азияға 
тийкарынан шетки аўыл хожалығы, таў кәнлери ҳәм өнерментшилик
буйымлар шығарылды. Кордовода жүдә үлкен китапхана ҳәм университет 
жайласқан. Басқа да көплеген қалалар китапханаларға бай еди. Илим, атап 
айтқанда медицина, математика, география ҳәм философия (Ибн Рашид, 
Майонидлер) әдеўир дәрежеде өсти. Айырым европалылар Кордово, Севилья 
ҳәм басқа қалалардың университетлеринде оқыўға келген. Кордово 
халифатында Европа еллери араб илимпазларының мийнетлери менен 
танысқан. Испанияда қурылыс иси жүдә жоқары дәрежеде көтерилди. 
Кордоводағы мешит, Альхасар сарай қорғаны ҳәм басқада қурылысларды 
айтсақ болады. 
Реконкиста.
Пиреней ярым атаўының арқа тәрепинде араблардан ғәрезсиз 
аймақлар Астурия, Галисия ҳәм Баскония сақланып қалған. Усы христиан 
мәмлекетлеринен араблар басып алған жерлерди қайтарып алыў басланған 
(испанша-реконкиста). Реконкистаның басламасы 718-жылғы саўаш болып 
табылады. Онда вестготлар әскерлери араблардың отрядын қыйратады. 
Реконкиста барысында өз шегараларын кеңейтип Астурия Х әсирдиң басында 
Леон корольлигине айланады. Х әсир оннан жаңа мәмлекети Кастилия бөлинип 
шығады. 1037-жылы ол корольлик болады. Кейин ала бул корольлик биригеди. 
VIII әсирдиң ақырында IX әсирдиң басында франклердиң атланыслары 
нәтийжесинде Пиреней ярым атаўының арқа-шығысында пайтахты Барселона 
болған Испания маркасы дүзиледи. IX әсирде Испания маркасынан Наварра, 
ал кейинирек Католония ҳәм Арагон бир Арагон корольлигине биригеди. XI 
әсирдиң ақырында батыста Португалия графлығы пайда болады ҳәм ол XII 


149 
әсирде корольликке айланады. XII әсирдиң ақырына христиан мәмлекетлери 
араблардан ярым атаўдың анағурлым бөлегин қайтарып алады. Испан 
мәмлекетлеринде бирлик болмаған. Корольлик ҳәкими болыўына қарамастан 
ири феодаллар бир-бири менен гүрес жүргизген. 
Бирақ, христиан мәмлекетлери олардың феодаллары арасында үзликсиз 
гүрес даўам етсе де, шешиўши пайытлары испаниялылар тығыз жәмлесип 
улыўма душпанға қарсы шыққан. Реконкистаға пүткил халық белсене 
қатнасқан. Христиан мәмлекетлери әскерлериниң тийкарғы массасын қураған 
дийханлар урыс пенен қайтып алған аймақларында жер ийелеп қалмастан жеке 
еркинлик те алған. Испаниялылардан тысқары реконкистаға ҳәр қыйлы 
ўақытлары француз, итальян рыцарлары ҳәм панлық қатнасқан. XII-XIII 
әсирлерде реконкиста активлеседи. 1085-жылы испаниялылар әҳмийетли 
жеңиске ериседи. олар араб Испаниясының ең ири қалаларының бирин 
Толедоны ийелейди. 
1212-жылы Кастилия, Арагон, Португалия ҳәм Наварраның жәмлескен 
күшлери маврлар үстинен жеңиске ериседи. 1236-жылы кастилиялылар 
Кордовоны ҳәм 1248-жылы Севильяны алады. 1229-1235-жыллары Арагон 
корольлиги Балеар атаўларын ҳәм 1238-жылы Валенсияны басып алады. 1262-
жылы Кастилиялылар Кадисты қайтарып алады. XIII әсирде маврларда тек 
ғана Испанияның қубласында жайласқан Гранада әмирлиги қалады. Бул 
әмирликти олар 1492-жылға шекем услап турады. Реконкистадан тийкарынан 
тек ғана ири феодаллар пайда көреди. Олар қайтарып алынған үлкен жер 
майданларына ийе болады. Руўханый-рыцарьлар ордени (Сантьяго, Алькантара 
ҳ.т.б.) үлкен жер көлемлерин ийелейди. Католик ширкеўи де буннан бос 
қалмады. Халықтың ғәрезсизлиги ушын қаҳарманлық гүрестен естелиги ҳәм 
маврларға қарсы жеңисли урыстың шөлкемлестириўшиси Сид ҳаққында поэма 
болып табылады. Пиреней ярым атаўында дүзилген ҳәр бир мәмлекеттиң 
тарийхы өзиниң өзгешеликлерине ийе еди. 
Кастилия.
 
Испанияның орайлық бөлегин ийелегн Кастилия корольлиги 
ярым атаўдың бестен үш бөлегин ийелеген. Басын алыў барысында 
ширкеўдиң, руўханый-рыцарьлар ордениниң ҳәм феодаллардың ири жер 


150 
көлемлери қәлиплескен. Сондай-ақ дворянларда бираз жерлер болған. 
Кастилия сөзи испаншадан аўдарғанда қалалар ямаса сарайлар ели дегенди 
аңлатады. Оларда тийкарынан қорғанлар көп болған. Бул қалалардың халқы 
әскерий хызмет атқарыўы тийис еди. Олар отрядларға жәмленген ҳәм
жетекши роль рыцарьлар ат арбаларына тийисли еди. Олардың
реконкистадағы роли қалаға анағурлым еркинлик берди. Ҳәр бир қала жазба 
түрдеги ҳуқықларына, дәстүрлерине ҳәм артықмашылықларына ийе еди. 
Қалалар өз–ара аўқамлар дүзген. Өз ҳуқықлары ушын гүрес алып барыўда 
қалалар жийи дийханлар общиналар менен аўқамласқан. XII әсирге шекемги 
қалалардың аўыллардан парқы болмаған. Реконкиста басланған дәўирде 
дийханлар крепостнойлар болған. Ал азат етилген провинцияларда олар 
общиналарда жасаўшы көп санлы еркин дийханлар қатламын қураған. Еркин 
общиналар-бегетриялар кең таралған. Олардың ағзалары сеньорларды еркин 
сайлаў ҳәм өзгертиў ҳуқықына ийе болған. Кастилияда товар-ақша 
айланысының раўажланыўы тийкарынан қойшылықтың раўажланыўы менен 
байланыслы болған. XIII әсирдиң ақырында кастилиялылар қойшыларының 
аўқамы «места» пайда болды. Бул ири қойшылардың шөлкеми корольлардан 
бир қатар әҳмийетли артықмашылықлар алған, өз қазнасына ҳәкимлигине ҳәм 
судына ийе болған. 
Арагон.
 
Арагон корольлиги XII-XIII әсирлерде оның батыс бөлегин 
қурайтуғын Арагонның өзинен ҳәм теңиз бойы ўалаятларынан Каталония ҳәм 
Валенсиядан қәлиплескен. Арагон Испанияның экономикалық жақтан ең халқы 
көп ўалаятларының бири еди, Каталония да болса қалалар, өнерментшилик
ҳәм саўда анағурлым раўаж тапқан ел еди. Сиясий артықмашылық Арагон 
феодаллары тәрепинде қалды. Арагон корольлигиниң ири феодаллары 
анағурлым сиясий ериклиги менен өзгешеленген. Ҳәр қыйлы салықлардан 
еркин олар өз-ара аўқамлар дүзген. Корольларды өзлери сайлап ҳәм өзлери 
тахттан түсирген. Оған урыс жәриялаў ҳуқықына ийе болған. Төменги 
дворянлық олардан ғәрезли болған. Каталония ҳәм Валенсияда қалалар үлкен 
сиясий салмаққа ийе еди. Балеар атаўларын (XIII әсир), Сицилияны (1302-
жылы), Сардинияны (1324-жылы) ҳәм Неаполитан корольлигин (1442-жылы) 


151 
өзине қосып алыў нәтийжесинде Арагон корольлиги қүдиретли теңиз 
мәмлекетине айланды. 
Португалия

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish