Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet44/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Уот Тайлер басшылығындағы дийханлар көтерилиси. 
Король Ричард II 
тусындағы жүз жыллық урыстың қайта басланыўына байланыслы жаңа 
салықлар дийханлар қәҳәрин күшейтти. Қозғалаң 1348- жылдың бәҳәринде 
Англияның түслик-шығысы Эссекс графлығында басланды. Дийханлар салық 
жыйнаўшыларды куўып шықты ҳәм бир қаншасын өлтирди. Көтерилис 
антифеодаллық характерде болды. Көтерилис 40 графлықтын 25 ин өз ишине 
алды. Көтерилисшилер отряды монастырлер менен феодал жерлердиң 
қыйратты ҳәм дийханлардың ўазыйпаларын белгилеўши документлерди жағып 
жиберди. Оларды қоңсы қалалардың жарлылары қоллады. Лондон менен 
қоңсы Эссекс ҳәм Кент графлығындағы көтерилислер өзлериниң 
шөлкемлескенлиги менен көзге түсти. Олар ширкеў ҳәкимлериниң буйрығы 


120 
менен қамалған Джон Боллды түрмеден босатып ҳәм өзлериниң көсемлеринен 
бири етип қойды. 
Ал көтерилистиң басшы көсеми жай төбесин бастырыўшысы Ўот Тайлер 
болды. Эссекс ҳәм Кент дийханлары Лондонға кирип халықты жеркенишли 
король кеңесшилериниң үйлерин қыйратты ҳәм турмелерди бузып 
камақтағыларды босатып жиберди. Лондон дийханлар қолына өтти. 
Көтерилисшилер 
Англияның 
Кентербери 
архиепископы 
Симон 
басшылығындағы жеркенишли адамларды өлтирди. Дийханлардың король 
менен биринши ушырасыўы Майл-Энд дөгерегинде болып өтти. 
Майл-Энд программасында көтерилисшилер мыналарды талап етти: 
крепостнойлық жағдай менен барщинаны бийкар етиўди, 1 акрдан 4 пенс 
муғдарында ақша рентасын өндириўди, саўданы еркинлестириўди ҳәм 
көтерилис қатнасыўшыларына босатып жиберди қойды. Бул программа орташа 
ҳәўесте болған бай дийханлардың қызығыўшылықларын сәўлелендирди. Ол 
феодаллық тәртипке қол салмады, ол тек барщина ҳәм крепостнойлықты жоқ 
қылмақшы болды. Король бул талапларға келисиўге туўра келди. 
Дийханлардың бир бөлеги король сөзлерине исенип Лондоннан шығып кетти. 
Ал дийханлардың көпшилиги әсиресе Кент жарлылары король сөзлерине 
қанаатланбай, оның менен жаңадан ушырасыўды талап етти. Смитфильд 
программасының талапларына муўапық, дийханлар корольден ҳәмме 
нызамларды соның ишинде рабочий нызамлығын бийкар етиўди талап етти. 
Бул ҳәрекет феодал эксплуатациясына крепостлыққа ҳәм қатламлық 
қурылысқа қаратылған еди. Алдаў ҳәм қыянетшилик жолы менен феодаллар 
көтерилисшилерди жеңип ҳәм Ўот Тайлерди өлтирди.
 
XV әсирде аўыллардың экономикалық раўажланыўы. 
Көтерилистен кейин 
жер меншигинде феодаллық монополия сақланып қала берди, дийханлардың 
тийкарғы массасында жер меншиги болмады, олар рента төледи ҳәм қатлам 
жағынан тең ҳуқықлы болмады. Аўыл-хожалық өндиристиң орайы 
помещиклик домениаллықтан майда товарлы дийхан хожалығына өтти. 
Домениальлық хожалық биротала сапластырылды ҳәм ал домениаль жерлер 
ижараға берилди. Биринши ўақытлары дийхан хожалықлары домениаль 


121 
хожалықларының қысқарыўының орнын толтыра алмады. Усыған байланыслы 
XIV әсирдиң аяғында экономикалық төменлеўинен белгилери көринди. XV 
әсирде Англия аўылының өмириндеги прогрессивлик алға жүриў бул виллан 
массаларының жеке еркинлесиўи еди. Дийхан юридикалық қатнаста 2 негизги 
категорияға бөлинген: 
1. Азат болған дийханлар, олар өзлериниң бөлип алған жерлери ушын 
лордқа аз муғдарда ақшалай рента төлеген ҳәм бир қанша ўазыйпалар атқарған. 
2. Еркин услаўшылар-фригольдерлер, олар ҳақыйқатында жер меншигине 
ийе болып, ақшалай рента төлеп отырған. Оларды король суды қорғаған ҳәм 
олар парламентке сайлаўларда қатнасыў ҳуқықына ийе болған.
 
Ески ҳәм жаңа дворянлар. 
XV әсирде жаңа ҳәм ескилер арасындағы гүрес 
феодаллар класының ишинде де болған. Крепостнойлыққа ҳәм барщинаға 
сүйенген ири жер ийелери енди өзлериниң домениаль хожалықларын 
сапластырыўға мәжбүр болды. Өзлериниң ижарашыларынан алынатуғын 
кишигирим рента жақсы жасаўларын тәмийинлемеди. Булар бурынғы 
ақсүйеклердиң әўладларынан турыўшы феодаллардың бир бөлеги ески 
дворянлар деген атақ алды. Оның қурамына рыцарьлардың ҳәм орта майда 
феодаллардың көпшилик бөлеги кирди. Олар өзлериниң пайдаларын 
мәмлекетлик салықлардан үлесин алыў есабынан көбейтиўге умтылды. Ески 
ақсүйеклердиң пайдасын көбейтиўдиң басқа жолы, бул жүз жыллық урыста 
Францияны тонаў еди. Жаңа дворянлар XV әсирде майда ҳәм орта вотчиналық 
жерлеринен келип шықты. Олар жаңа талап дәўиринде хожалық пенен актив 
түрде шуғылланды. Жаңа дворянлар базар менен тығыз байлыныста болды. 
XV әсирде санаатының ҳәм саўдасының раўажланыўы. 
XV әсирде 
ортасына келип қаладан турғынлардың көшиўи нәтийжесинде көплеген ески 
қалалардың ҳәлсиреўи басланды. Бай саўдагерлер ҳәм мастерлер өзлериниң 
дүньяларын ҳәм ақшаларын өндиристи ҳәм саўданы кеңейтиўге емес, ал 
дворянның атақ алыў ушын жерлерди сатып алыўға жумсады. Усы менен бир 
қатарда саўда ҳәм өнерментшиликте прогрессивлик қубылыслар көринеди. 
Жергиликли аўылларда базар ушын маўыты өндириси раўажлана баслайды. 
Бундай өндирислерди қала саўдагерлери бай усталар шөлкемлестирди. Солай 


122 
етип қалалардан шетте пытыраңқылық жағдайда монуфактуралар пайда болды 
ҳәм сыртқа шығарыўда биринши орынға маўыты экспорты шығады.
 
XV 
әсирде социал-сиясий раўажланыўдың өзгешелиги. 
Орайлық 
ҳәкимияттың беккемлениўине жаңа дворянлар, дийханлардың жоқарғы 
топарлары, қала турғынларының мәпи бар еди. 1399-жылы арқа 
графлықлардың 
баронларының 
инициативасы 
бойынша 
Плантагент 
династиясынан Ричард II тахттан түсирилди. Баронлар Генрих IV аты менен 
Генрих Ланкастерди тахтқа отырғызды. Оның баласы Генрих V жүз жыллық 
урысты қайтадан баслады (1413-1482- жыллары). Генрих V өлгеннен кейин 
оның орнына еле бир жасқа толмаған Генрих VI (1422-1461- жыллары) 
отырды. Тахт дөгерегинде тәсир етиў ушын ири англичан феодаллары 
арасында гүрес басланды.
Усындай пайытта Джек Кэд басшылығында халық көтерилиси басланды. 
Дийханларға көплеген рыцарьлар ҳәм қала турғынлары қосылып кетти. 20 
мыңлық Кэд армиясы Лондонға қарай жүрди. Олардың манифестинде мыналар 
талап етилди: салыклар аўырлылығын жеңиллетиў, чиновниклердиң 
зорлықларын тоқтатыў, баронлардың нызамсыз түрдеги парламент 
сайлаўларына қысым салыўларын тоқтатыў ҳәм рабочий нызамларын 
бийкарлаў,ҳ.т.б. Нәтийжеде көтерилис табыслы басланды. Бирақ король егер 
көтерилисшилер тарқасса ҳәммесине амниссия жариялаўға сөз берди. Кэд 
король сөзлерине исенип отрядларды тарқататып жиберди. Отрядлар 
тарқалғаннан кейин көтерилис қатнасыўшыларын жазалаў басланды ҳәм Кэд 
өлтирилди.
Қызыл ҳәм ақ розалылар урысы. 
Ланкастер ҳәм Иорк династияларының 
арасындағы келиспеўшиликлер өз-ара феодаллық урыслар ушын қолайлы 
келди. Ланкастерлилерди ири феодаллардың көпшилиги ҳәм соның ишинде 
сиясий жақтан өз алдына болыўға үйренген ири әскерий күшке ийе арқа 
Англия феодаллар турды. Ал Йорклыларға король үйиниң туўысқанлары ҳәм 
түслик-шығыстың ири жер ийелери турды. Ланкастер гербинде қызыл роза ҳәм 
Йорк гербинде ақ роза болды. Соның менен бирге оларды күшли король 
ҳәкимиятын орнатыўға умтылған, жаңа дворянлар ҳәм қала турғынлары 


123 
қоллады. Бирақ көплеген ири феодаллар ушын бул урыс қарақшылық ҳәм 
өзлериниң сиясий ғәрезсизлигин күшейтиў ушын себеп болды. Олар бир 
лагерьде екинши лагерьге тез-тезден көшип отырды. Эдвард IV өлгеннен 
кейин, оның инисин Ричард Эдвардтың балаларын өлтирип, өзи тахтқа отырды 
(1483-1485- жыллары). Ричард III ге қарсы гүрес ушын Ланкастерлилер ҳәм 
Йорклылардың бир бөлек баронлары бирлести. Олар көтерилис баслап, тахтқа 
ланкастер үйинен Тюдорды отырғызыўды талап етти. Саўашта Ричард III 
жеңилди ҳәм өлтирилди. Усы саўаш пенен бирге қызыл ҳәм ақ розалар урысы 
тамамланды. Жаңа династияның Тюдорлардың (1485-1603-жыллары) негизин 
салыўшы Генрих VII король ҳәкимиятын беккемлеў ушын избе-из гүреслер 
алып барды.
 
Англичан миллетиниң қәлиплесиўиниң тийкары. 
XIII-XV әсирлерде 
Англияда англичан миллетиниң негизин қураўында англичан халықларының 
раўажланыў процеси даўам етти. Олардың тил ҳәм территориялық негизлери 
белгиленди. Миллий базардың тийкарғы орайы Лондонда болғанлығы себепли 
тил арасындағы өзгешелик жоқ етилди. Латын ҳәм француз тиллериниң тәсири 
менен байытылған. Орта англичанлы Лондон диалекти улыўма Елдиң тили 
болып қәлиплести. XIV әсирге келип англичан тили көпшилик қабыллаған өз-
ара сөйлесиў ҳәм әдебий тил болды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish