Туребеков М


§ 2. Атанақлылар атланысы



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet37/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
§ 2. Атанақлылар атланысы 
 
Атланыстың пайда болыў себеплери ҳәм характери. 
Атанақлылар 
атланысы батыс Европа феодалларының жер орта теңизиниң шығысындағы 
мусылман еллерине басып алыўшылық урысы болып есапланады. Ол 1096-
жылға шекем даўам етти. Атланыстың баслы шөлкемлестириўшиси католик 
ширкеўи болып оған христианлардың мусылманларға қарсы деген диний 
характер береди. Атланыс батыс Европа феодалларының шығыстан жаңа 
жерлерди басып алыў, байлық топлаў нийетинде келип шықты. Олардың бул 
нийети XI әсирдиң ақырынан күшейди. Себеби усы ўақытларға келип еллердиң 
экономикалық 
көтерилиўи, 
қалалардың 
пайда 
болыўы, 
турақлы 
байланысларының қәлиплесиўи менен феодаллардың затларға талапларының 
артыўы күшейген еди. Шығыстағы қолайлы жағдайлардың пайда болыўы 


103 
батыс Европа феодалларының, ширкеўдиң басып алыўшылық сиясатын әмелге 
асырыўға кирисиўге мүмкиншилик туўдырды. XI әсир Түрк сельджуклери 
Бағдатты басып алды. 1071-жылы Византия әскерлери жеңилгеннен кейин 
түрклер дерлик киши Азияның ийесине айланды. Тағыда олар христианлардың 
әўлийе орны деп есапланған Иерусалимди басып алды. Бул да папаға 
атланысты баслаўға сылтаў болды. Ширкеў аңызлары бойынша Иисус 
Христостың қәбири Иерусалимде болып оны басқа диндегилерден 
(мусылманлардан) азат етиўмиз керек, шығыстағы тилеклес–динлеримизге 
жәрдем бериўимиз керек деген шақырықлар пайда болды. 
Бул атланыстың басланыўына Византиядағы жағдайда қолайлы болды. 
Печенеглер Византия императоры Комнин I диң әскерлерине соққы береди. 
Буның менен қатар турк-сельджуклери Византияға қарсы әскерий флот 
жиберди ҳәм печенеглер менен сөйлесиўлер жүргизди Алексей I айырым батыс 
Европа еллеринен жәрдем сораўға мәжбүр болды. Алексейдиң бул өтиниши 
Батыс Европа еллериниң феодалларының ҳәм ширкеўди басып алыўшылық 
сиясатын баслаўға қолайлы шәрият таярлады. Папа ашық түрде мусылман 
шығысына атланыс баслаўға шақырды. Атанақлылар атланысына характери, 
басып алыў ўазыйпалары ҳәм қурамы ҳәр басқышында ҳәр түрли болған. 
Атланыстын басланыўы
. 1095-жылы папа Урбан II Францияның Клермон 
қаласында ширкеў мәжилисин шақырып, оның ақырында ол шығып сөйледи. 
Ол атланысқа қатнасқанлардың ҳәммесиниң гүнасынан жоқ болатуғынлығын, 
егерде өлсе бейишке баратуғынлығын айтады. Егерде бул жерде ким жарлы 
болса қайғылы болса, ол жақта бай ҳәм бахытлы болады. Бул шақырық ҳәм 
усыныслар 
феодаллар 
тәрепинен 
қоллап-қуўатланады. 
Атланысқа 
қатнасқанлардың қарызлары бийкар етилген. Олардың мүлки, хожалығы ҳәм 
семья ағзалары ширкеўдиң қорғаўына өткен. Монах Петр Пустинниктиң 
тәсиринде арқа ҳәм орта Францияның жарлы халқы 1096– жылдың бәҳәринде 
атланысқа шығады. Олар топарласып қолларына түскен затлар менен 
қуралланып, азық-аўқат Рейн ҳәм Дунай бойлары арқалы Константинопльге 
бағдар алады. Олар жолдағы халыққа үлкен жәбирлик көрсетеди. 1096 -жылы 
жазда Константинопольге келеди. Алексей Комнин оларды киши Азияға 


104 
өткизип жибериўге асықты. Жарлылар тийкарғы күшлер болған рыцарлардың 
келиўин күтпестен алдыға кетеди. 1096-жылы октябрьде турк-сельджуклердиң 
әскерлери оларды дерлик толық қыйратады. Атанақлылар атланыслары 
котолик ширкеўи тәрепинен сегиз мәрте шөлкемлестирилди: 1096-1099, 1147-
1149, 1189-1192, 1202-1204, 1217-1221, 1228-1229, 1248-1254 ҳәм 1269-1270- 
жыллары болған. Буннан басқада котолик ширкеўи шығыс Европа еллерине де 
атланыслар шөлкемлестирди.
 
Феодалардың биринши атанақлылар атланысы.
Усы жылы жазда батыс 
Европа феодалларының әскерлери шығысқа атланыс жасаған. Олар жақсы 
қуралланған еди. Басқалардан бурынырақ атланысқа герцог Готфрид 
Бульонский басшылығындағы Лотарингия феодаллары шығады. Түслик 
Италияның рыцарларына князь, Тарентский, Түслик Францияның әскерлерине 
граф Раймунд Тулузский, арқа ҳәм орта Францияның рыцарланына герцог 
Роберт Нормандский, граф Этьен ҳәм Фландрский басшылық етеди. Олардың 
отрядлары бир-бири менен бирикпеген ҳәм ҳәр қыйлы жоллар менен атланыс 
жасаған. 1096-жылдың ақыры 1097-жылдың басында олар Византия жерлери 
арқалы Константинопльге келеди. Алексей I көпшилигин ҳәр қыйлы жол менен 
(пара бериў, алдаў, қорқытыў) антын алады. Олар турклер жаўлап алған 
Византияның жерлерине қайтарып әпериўге ўәде береди. Соң Алексей оларды 
киши Азияға қарай өткизип жибереди. 
1098--жылы Фландрский әскерлери Евфрат бойындағы Одесса қаласын 
басып алады ҳәм атанақлылардың биринши мәмлекетин дүзеди. (Эдесса 
графлығы). Басқа отряд Антохияны басып алып 2- мәмлекет Антохия князлиги 
дүзиледи. Атанақлылар Сириядан Палестинаға атланыс жасайды. 1099-жылы 
атанақлылар Иерусалимди ийелейди. 10.000 мусылманды тек мешитте 
өлтиреди. Қаланы ийелегеннен кейин олар жер орта теңизиниң шығыс 
жағаларын басып алады. XII әсир басында шығыста олардың тағы еки 
мәмлекети пайда болады. Түслик Сирия ҳәм Палестинада Бульонский 
басшылығында Иерусалим короллиги, оннан арқарақта Триполи графлығы 
дүзиледи. 


105 
Атанақлылар мәмлекетлериниң ишиндеги баслы орынды Иерусалим 
ийеледи. Оған вассал дәрежесинде үш мәмлекет қараған, бирақ ис жүзинде 
олар ғәрезсиз жасаған болып, ҳәмме жерлер ҳәр қыйлы көлемдеги рыцарлық 
феодалларға (жерлеге) бөлинди. Оның ийелери басшы ушын әскерий 
хызметти өтеў ушын шәрт болған. Буның менен король батыстан 
айырмашылығы жыл бойынша әскерий хызметке шақырып жумсаўға ҳақылы 
болған. Баронлар ҳәм оларға вассаллар феодаллар кеңесине қатнасатуғын 
болған. Ол мәжилислер курия деп аталған. Курия бир ўақытта феодаллық қазы 
ҳәм әскерий-сиясий кеңес есапланады. Бул мәжилис король басқарыўын 
шеклеп турады. Оның келисимсиз король шешим қабыл ете алмады. Бул 
қатнаслар «иерусалим ассизлер» деген ҳужжетте жазылған.
Атанақлылар мәмлекетлери жүдә беккем болмады. Түсликтен Египет ҳәм 
шығыстан сельджук әмирлери қәўип туўдырып турды. Буған қосымша жаўлап 
алыўшылардың мәмлкетлеринде өз-ара үзликсиз қарама-қарсы болды. 
Атанақлылар ийелеген жерлериндеги жағдайларын жақсылаў ушын аўқамлар 
(орденлер) дүзди. 
1)
Тамплерлер-қызыл атанақлы, ақ жалаўлы-француз рицарлары ордени. 
2)
Иоаннит –ақ атанақлы, қызыл жалаўлы-италиян рицарлары ордени. 
3)
Тевтон-қара атанақлы, ақ жалаўлы герман рыцарлары ордени.
Олардың ўазыйпасы ийелеген жерлерин қорғаў, кеңетиў ҳәм халық
көтерилислерин бастырыў. Орденлерди «уллы магистрлер» басқарып 
жергиликли басқарыўларға бағынбастан, тиккелей папаға есап берип турады. 
Ишки өз-ара ҳәм сыртқы қарама-қарсылықлар нәтийжесинде атанақлылар 
шығыстағы жерлеринен айырыла баслады. Буған байланыслы орденлер өз-
жумысларын Европада орынлаўға өтеди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish