1. Қарақалпақстан тарийхыныӊ актуаль мәселелери:
«Бозатаў» районын үйрениўде тарийхшылар көз-қарасы.
Толыбаева Шахноза-НМПИ Тарийх факультети «Тарийх оқытыў методикасы» бакалавр тәлим бағдары 2-курс талабасы. Бозатаў районынан.
Сейтимбетова Арыўхан-НМПИ Тарийх факультети «Тарийх оқытыў методикасы» бакалавр тәлим бағдары 3-курс талабасы. Бозатаў районынан.
Даулетбаева Гулайым-НМПИ Сыртқы бөлим «Тарийх оқытыў методикасы» бакалавр тәлим бағдары, 3-курс талабасы.
Кирисиў: Актуаль мәселе. Арал бойлары Әмиўдәрья дельтасында өткен әсирлерде «Бозатаў» атамасында ел-журт болғаны, тарийхый-географиялық әдебиятларда, көркем шығармаларда, этно-поэзияда, саяхатшылар «күнделик дәптери»нде жазылған сакраль географиялық объект болып табылады. «Бозатаў» темасы, гуманитарлық илимлерде арнаўлы изертленбеген. «Бозатаў» образы халық дөретпесинде, қаҳарманлық қосық, миллийлик сүрени, гимни болып атқарылып келмекте.
Жаӊаланып атырған Бозатаў-мәмлекетлик ғамхорлықта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Қарақалпақстан Республикасы мәденияты ҳәм көркем өнери тараўын жәнеде раўажландырыўдыӊ шара-илажлары» ҳаққында 291-санлы қарары шықты. Бунда: «2021-2024 жыллары Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы материаллық мәдений мийраслар ҳәм материаллық емес мийраслар, көркем өнер тараўлары: театр, дөретиўшилик жәмәәтлери, миллий музейлер келешекте исленетуғын шара-илажлар, көрсетпелер берилген». Қарардыӊ 35-бәнтинде: «Бозатаў» районында «Республика жаслары ҳаўазы» фестивалын шөлкемлестириў ҳәм өткериў көрсетилген. «Бозатаў» жасларыныӊ әрман еткен арзыўларыныӊ бири иске асып, биринши мәртебе Өзбекстан көлеминде жаслар фестивалы болып өтеди.
Президент Администрациясы басшылығында июнь айында Өзбекстанға үлги етип, Қарақалпақстан Республикасы «Бозатаў» районында «Республика Жаслары ҳаўазы» атамасында фестиваль өткериледи. Өзбекстан Республикасы жаслар ислери агентлиги тәрепинен «Бозатаў Республика жаслары ҳаўазы» атамасында әмелий анжуман өткериледи. ХХI-әсир «Бозатаў»да. Жаӊаланып атырған-«Бозатаў». Биринши мәртебе «Бозатаў» фестивалға хош келипсиз!
Бүгинги күнде дүнья итибары, жәмийетлик дыққаты: Арал бойлары, Мойнақ образы ҳәм Бозатаў образы болмақта. Бозатаў образы-Журт басшымыз қәлбинде. Ҳүрметли Президентимиз: «Қарақалпақ заминине меҳр-қойыўым, бир өмир оған ашық болып қалғаным, студентлик дәўиринде-ақ басланған еди. Ташкент ирригация ҳәм аўыл-хожалық механизациялаў қәнийгелери институтында, Қарақалпақстаннан келип оқып атырған жигит-қызлар Әжинияз ҳәм Бердақ киби шайырлардан қосықлар оқып, қосық айтып, ойынға түскенлерине бәршемиз қайыл қалар едик. Мен, сонда, «Бозатаў» деген қарақалпақ халық қосықларын биринши мәртебе еситип, сыйқырланып қалғанымды жақсы еслеймен»-деген еди өз сөзинде.
Өтмишке нәзер: Әсирлер сазасы, Уллы шайыр Әжинияз (Зийўар) бабамыз тәрийплеген қайғылы «Зарнама» ямаса трагедиялық қосық-«Бозатаў» образы, тәғдири халық ушын ҳәр заманда, өтмиште миллий гимн болып айтып келинген еди.
ХХI-әсир «Бозатаў»дыӊ инновациялық образын, «Бозатаў»дыӊ инновациялық келбетин «Жаслар фестивалы»нда көриўге келген ҳәмме ўалаятлардан келетин мийманларды, жаслар ўакиллерин қуўанышлы күтеди.
«Бозатаў» районында муқәддес орынлар ҳәм археологиялық объектлер. Министрлер Кабинетиниӊ 291-санлы қарарында-Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы археологиялық объектлерди изертлеў ҳәм реставрациялаў көрсетилген. «Бозатаў» аймағында «Порлы таў» аўыл пухаралар жыйыны, «Қыран таў»дыӊ шығыс етегинде-«Куюкқала» атамасында сакраль археообъект жайласқан. Сол жерден ерте орта әсирлерде халықаралық карўан өткен.
«Куюкқала»дан Византия императорыныӊ алтын бракпети табылған. Сол, мәдений ланшафта ерте орта әсирлерде туркий улуслар миграцияда келген, қоныс басқан. (М.Мамбетуллаев, Т.Ходжаев «Некрополь Куюк-калы». М. 2008.)
Бозатаў районында «Порлы-таў» сакраль географиялық объекте б.э.ш. II-әсирлер ҳәм б.э. ХII-ХIII- ХVII-ХIХ-әсирлерге тийисли тарийхый, диний мусылман қәбиристан жайласқан. Сондай-ақ, ХIХ-әсирдиӊ елиўинши жыллары қарақалпақлардыӊ азатлық көтерилисине таярлық сакраль географиялық объекти болған «Қара-көмир» көли жайласқан. Сол жерде, Зарлық Мухаммад Бахадур хан-төре 1855 жылы он еки мыӊ атлы нөкерине «Көмир» көлдиӊ биоресурслары: балық ҳәм қамысларынан пайдаланған екен*. (Путешествие по Средней Азии…в 1863 году. А.Вамберий М.1867. 291-бет).
Бозатаўдыӊ тарийхый тулғалыры ҳаққында Әжинияз ҳәм Бердақ мийрасларында жақсы тәриплеўлер берилген. Олардан: Кенегес Ерназарбий аталық, Арзы бий аталық, Кулен бай болыс ҳәм басқалар «Жаӊа тарийхы»мызда «ақ из» болып толық үйренилмей қалып атыр.
Жуўмақ. Жаӊаланып атырған Бозатаў ели, халқы ҳәм келешек жаслары биринши фестивальдан мәнаўий раўажланыўға мотивация алады ҳәм интеллектуаль потенциялы менен «Ҳәрекетлер стратегиясы»н иске асырыўға үлес қосады.
Do'stlaringiz bilan baham: |