Коллоид системаларды алыў ҳəм
тазалаў усыллары
Жоба:
1. Коллоид еритпелер пайда етиў усыллары
2. Металларды электр жəрдеминде “шаңландырыў”
усылы.
3. Ультрасес жəрдеминде “Шанлатыў” усылы
4. Конденсация усылы
5. Полимерлениў ҳəм поликонденсатланыў усыллары
6. Коллоид еритпелерди таярлаў
Коллоид еритпелер пайда етиў усыллары
Коллоид еритпелер пайда етиў усыллары бир-бирине қарама-
қарсы еки принципке тийкарланған. Бул принциплерден бири
ирирек бөлшеклерди майдалаўдан, екиншиси молекула ямаса
ионлардан ирирек бөлекшелер пайда етиў (агрегатлаў)дан
ибират. Биринши түрдеги усыллар
диспергация
, екиншилери
конденсация
усыллары делинеди.
Бөлекшелердиң өлшеми1нм ден 100нм ге шекем болған суйық
коллоид системаны диспергация жолы менен пайда етиўдиң еки
шəрти бар-бириншиден дисперс фаза заты сол дисперсион
орталықта мүмкин болғанынша аз ерийтуғын болыўы керек,
екиншиден системада дисперс фаза ҳəм дисперсион орталықтан
тысқары жəне үшинши зат болыўы керек. коллоид еритпелерди
турақлы ететуғын затлар
стабилизаторлар
делинеди.
Диспергация услында коллоид еритпелер пайда етиў ушын
қатты дене стабилизатор менен бирге ун (қоқым) етип
майдаланады ямаса электр зарядлы ультрасес жəрдеми
менен суйықлық ишинде унталады.
Қатты денени коллоид бөлекшелер өлшеминде майдалаў
ушын коллоид дигирман ҳəм витродигирманлар
колланылады.
диспергация
конденсация
Зат бөлеги
Дағал бөлекше
Мицеллалар
(коллоид
еритпе)
Молекулалар
Металларды электр жəрдеминде “шаңландырыў”
усылы
Бул усылды 1898-жылы Бредиг усынған еди. Бунда коллоид
еритпеси алыныўы керек болған металдан ислеген еки сым
дисперсион орталыққа түсирилип олардың биреўи электр
көзиниң оң полюсине, екиншиси терис полюсине
тутастырылады: сымлар бир-бирне тийгизилип электр майданы
пайда етиледи, кейин олар бир-биринен бираз узақластырылады.
Усы ўақытта металл еритиўши ишинде шаңлана баслайды.
Турақлы золь пайда болыўы ушын азғана силти қосылады. Бул
усылда, тийкарынан “ҳасыл металлардың” золлары алынады.
Шаңландырыў менен коллоид еритпе пайда етиўде дəслеп
металл пуўланады, кейин оның молекулалары өз-ара коллоид
еритпе бөлекшелерин пайда етеди, соның ушын да бул усыл
конденсацион усыллар қатарына киритиледи.
Ультрасес жəрдеминде “Шаңлатыў” усылы
Коллоид еритпелер пайда етиў ушын ультрасес пенен
“шаңлатыў “ усылы да қолланылады. Егер ультрасес
толқынлары майданына бир-бири менен араласпайтуғын еки
суйықлык салынған ыдыс қойылса, еки суйықлықтын
эмульсиясы пайда болады. Бул усыл менен көпшилик затлардың
коллоид еритпелерди пайда етиў мумкин.
Коллоид еритпелер пептизация усылы менен де пайда етилиўи
мумкин. Зольдиң каогулация өнимин қайтадан коллоид еритпе
ҳалына өткизиў
пептизация
делинеди. Пептизацияны əмелге
асырыў ушын коллоид шөкпесине электролит қосып, еритиўши
менен араластырылады. Коллоид еритпе алыўда қолланылған
электролит
Do'stlaringiz bilan baham: |