Қарақалпақ халық ертеклери



Download 313,89 Kb.
bet1/24
Sana23.02.2022
Hajmi313,89 Kb.
#125087
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24
Bog'liq
ЕРТЕК АЙТЫС ЖАНЫЛТПАШ ЖУМБАК КОСЫК 2-конвертирован

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИ ҚЫРАН


Бурынғы ӛткен заманда бир патша болған екен, сол патшаның жалғыз баласы болыпты. Сол жалғыз балаға ӛз алдына қала салып, қасына 40 жигитин, сазенде-бақсысын берип, заўқы-сапа мәсликте қойған екен.
Бир күни жигит әкесине хабар жибереди. «Он жети жасыма келдим, нардай күшиме толдым, шикарға шығып сайран етейин десем, астымда атым жоқ, белимде қамар, қолымда ақ суңқар қусым жоқ» - дейди. Патша баласына жаў-жарағы менен баққыда турған тулпарын жибереди. Патшалығына мүнәсип туғырда турған ақ суңқар қусын жибереди. Жаў- жарағын асынып, атын минип, бала шикарға шықты. Шикарға шығып баратырса, алдына бир марал қашты. Маралға қус жиберип еди, бир даўыл пайда болды, жер жүзин қараңғылық басып кетти. Маралдың қайда кеткенин, қустың қайда кеткенин билмей адасып қалды. Бир мәҳәллеринде күнниң жүзи жылт етип ашылып кетеди. Қараса, үлкен бир шәмшениң қасында турғанын кӛреди. Буған ат суўғарып қарап турса, суўға түсип турған бир сулыўдың сәўлесин кӛреди. Жән-жағына қараса, ҳеш жерде адам жоқ, бала сол сәўлеге ашық болады. Атам усы қызды маған таўып алып бермесе, басымды алып кетейин – деп шәрт айтады. Ақ суңқардан айырылып, атасы салып берген қалаға қайтып келеди. Қаласына келгеннен кейин суўда сәўлесин кӛрген қызды алып берсин, болмаса излеп кетемен – деп хабар береди. Атасы «ол сәўлеге ашық болмай-ақ қойсын. Ол сәўлеге бизиң атамыз да ашық болып таба алмай кеткен. Оннан басқа қәлеген қызын алып беремен, усыны айтып барың» дейди. Бала «усы қызды алып бермесе, басымды алып кетемен» дейди. Патша баласының анық кететуғынын билип, қасына 500 нӛкер береди. Бала 500 нӛкерди ертип дағыстанлықта кетип баратырса, кӛп аламанның бир адамның қолын байлап алып баратырғанлығын кӛреди. Бала бул адамға жаны ашып, буны байлаўдан босатайын деп ойлайды:

  • Босат, адамый затты! – деди ол. Патшаның баласы айтқаннан соң не турыс, босатты да жиберди. Босатып жибериўден ол кӛзден ғайып болды. Бул Қыран деген еди. Бул адамның жүйриклиги сондай, алты айшылық жолды бир атлап кететуғын еди. Соннан соң адамлар: - бул Қыран деген, ол атаңның жек кӛретуғын адамы еди, енди атаңа не деп барамыз – деди.

  • Ҳаў, онда мен атама гүнакар болып, әдепсизлик ис етиппен ғой, енди атамның жүзин тиришиликте кӛре алмаспан – деп қасындағы 500 нӛкерин елине қайтарып жибереди, ал ӛзи дағыстанлыққа қарап, басын алып кете береди. Кетип баратырса, бир таўдың басында зиңирейип турған уп-узын бир адамды кӛреди. Бул адамды кӛрип, бала қәўипленип қашпақшы болады. Ол бәдайбат даўысы менен бақырды:

  • Сен қашқан менен қутыла алмайсаң. Мен сениң қыяметлик достыңман, қорықпай келе бер – деди. Абайлап қараса, бағанағы ӛзиниң босатқан адамы. Жанына шақырып алып, қушақласып кӛрисип, қыяметлик дос болды.

  • Мениң атым Қыран деген. Әкеңниң белли душпаны едим. Мени услап алып баратыр еди, барғанда ӛлтиретуғын еди, сен ӛлимнен қутқардың – деп Қыран болып атырған жерине апарып, екеўи сол жерде жасай берди. Күнлерден бир күн бала жатқанда гүрсинеди. Қыран орнынан ушып турып:

  • «Ат киснесе, үйирин сағынады, ер гүрсинсе, елин сағынады» деген сениң кеўлиңде не мақсетин бар, маған бир-бир баян ет, мақсетиңе жеткерип, елиңе аман-есен қосайын – деди. Бала ӛзиниң кеўлиндеги ашық болған қызын айтты.

  • Ол аңсат ғой, бүгин ақшам сол қызды табамыз – деди. Кешке шекем Қыран таўдың басынан отынларды жыйнастыра берди. Күн батып, қараңғы түскеннен кейин:

  • Мен кетемен, сен мына отынларды жақты қылып жағып отыра бер. Жақты қылып отырмасаң мен адасып кетемен – деди. Қыран жолға түсти. Бул пери патшасының кишкентай қызы еди, оны Қыран билетуғын еди. Бул сол периниң патшасына тартты. Патшаның баласы отты жағып отыра берди. Таң атқанша патшаның баласы от жағып, таң атып киятырғанда бала қағып кетип, от сӛнип қалды. Шоршып оянып, бала жалма-жан отты жақты. Сол ўақытта Қыран жетип келип:

  • Уйықлап қалыпсаң ғой бала, Зәңги патшасына шығып кеткен екенмен, соннан айландым – деди. Ҳаў, Қыран аға, әкелген қызың қайда? – деди.

  • Тоқта иним, таң атсын, қызды әкеп қойыппан. Кӛп күттирип таң атты.

  • Қыран аға, әкелген қызың қайда? – дегенде Қыран кишкентай гилтти шығарып берди.

  • Атыңа мин, мына жол менен кете бер. Ана таўдың мушында бир жарқабаққа бир сандық әкелип қойыппан, барып сол сандықты аш. Ишинде бир кӛк кептер бар, сол кептер шын уйқыда жатыр. Аяқ баўы бар, қолыңа мықлап байлап ал. Атыңның шылбырын ҳәм белиңе мықлы етип байлап ал, сӛйтип тумсығына шертип жибер, оянып кетип аспанға алып ушар, атың тӛмен тартар, ӛлер ҳалға келерсең, сол ўақта мен әкелгеним жоқ, Қыран аға әкелди дегейсең – деди. Бала атқа минип кете берди. Тап Қыранның айтқан жерине барды. Барып сандықты кӛрди. Сандықты ашып қараса, кӛк кептердиң жатқанын кӛрди. Аяғынан мықлы услап, қолына байлап алды. Аттың шылбырын ҳәм белине байлап алды. Сӛйтип тумсығына шертип жиберди. Кептер аспанға алы пушты, ат жерге тартты. Аяғы жерге тиймей, ӛлер ҳалға келди.

  • Мен әкелгеним жоқ. Қыран ағам әкелди – деп бала бақырып жиберди. Кептер ушқанын қойды.

  • Сени Қыран ағаң не ушын әкелди? Жүр, Қыран ағаңа барайық! – деди. Кептер Қыранға келди.

  • Қыран аға, не ушын бизге әкелдиң? – деди.

  • Сени усы балаға тәғдирде қосқан екен, сол ушын әкелдим – деди.

  • Ондай болса тырнағыма қарап кӛрейин – деди қыз. Тырнағына қарап кӛрсе, тәғдирде қосқан екен. Қыздың тырнағына қарайтуғыны соннан қалған екен.

  • Қыран аға, сенники дурыс екен, денемди бағыш еттим – деп үстиндеги кебин таслап, баяғы сәўледе кӛринген қыз болды. Үшеўи сол таўдың басында жасай берди.

Бир күнлери бала түнде жатқанында ыңырсып, гүрсине берди. Жанында жатқан қостары:

  • Сен нег гүрсине бересең, елиңди сағындың ба? Ата-енең барма? – дейди.

  • Елим болғанда қандай, мен патшаның баласы едим, ата-енем бар- деди.

  • Онда елиңе қайтайық – деди қыз.

  • Қайтсақ қайтайық – деп орнынан ушып-ақ турды. Атын ертлеп, жаў- жарағын асына баслады.

  • Қой, бундай бийәдеплик етпе, таң атсын қайнағадан жуўап сорайық. Кететуғын жолды сорайық – деди қыз.

Балаға бул сӛз мақул түсти. Таң атты. Қыранның алдына барып, елине қайтыўға рухсат сорады. Қыран рухсат етти.

  • Қәне, Қыран аға, жолды силте – деди бала.

  • Мына жол менен кете бер. Нешше күн жол жүргеннен кейин жол еки айрылар. Еки айрылған жерде жазыў бар. «Тӛте, тӛте болса айланыш» деген, биреўи «айланыш, айланыш болса тӛте» деген. «Айланыш та болса тӛте» деген жолдан жүргейсең, «тӛте болса да айланыш» деген жол менен жүрмегейсең – деди. Рухсатын берди. Екеўи қайта берди. Нешше күн жол жүргеннен кейин баяғы жолдың еки айрылған жерине келди. Келип оқып қараса, баяғы Қыранның айтқан хаты жазылып турыпты. Хатты оқып қарады да, «тӛте, тӛте болса да айланыш» деген жол менен кетпекши болды. Жанындағы ҳаялы:

  • Қайнағаның айтқан жолы менен жүр, бир бәлеге ушырап қалармыз – деди. Ҳаялдың айтқанын тыңламай «тӛте, тӛте болса айланыш» деген жолға түсти. Нешше мезгил жол жүргеннен кейин бир қалалыққа ушырады. Қаланың бир жағы таў, бир жағы теңиз, ушқан қус ӛтпесе, жанлы мақлуқ ӛтетуғын жери жоқ.

  • Әне айтпадым ба, қайнағаның айтқаны рас болды. Атыңды тарт, кейин қайтайық – деди ҳаялы.

  • Бул қурақым келген соң ишине кирип, не барын билип шығыў керек. Сен атты услап тура бер, мен киремен де шығаман – деди жигит. Ишке кирип

қаланы аралап жүрсе, бул дәўдиң қаласы екен. Дәўлер бир жайға қамалып, мәсләҳәт қылып отыр екен. Жарағы жыңлап сес берди. Ишиндеги жасы кишисине: «Ишке адам келди ме деймен, кӛшени айланып қайт!» - деди. Аралап жүрсе, баланың жүргенин кӛрди. Қырғый алған шымшықтай қылып жигитти желкесинен услап алып, дәўлердиң кӛпшилик жерине апарды. Дәўлери биреўи турып:

  • Тӛсинен тилип жибериң де отқа ислей қойың! – деди. Сонда үлкени турып айтты:

  • Ислеген менен адамның аўзы жарый ма, апарып зинданға тасла! – деди. Баланы әкелип зинданға таслады. Бала зинданда жата берди. Баяғы Қыран қарақшы мениң керек жерим болар деп үш түгин жулып берген екен. Ол бир түгин алды да, шақмақты шағып, отқа басты. Қыран қарақшы жетип келип, зинданның дӛгерегин айланып шаўып жүрип:

  • Бармысаң? – деди.

  • Барман – деди. Қыран баланы зинданнан шығарып алып, дәўлер менен урыс етеди. Дәўлердиң бәрин ӛлтирип, қаланы ӛзине қалдырады. Соннан соң келинин сорайды.

  • Келиниң бағанағы дәрўазаның аўзында қалып еди, ядымнан шығып кетипти-аў – деп дәрўазаның алдына излеп барады. Барса ол жерде жоқ. Ол бала келмегеннен кейин, «бул қолға түсипти-аў, қайнағама барайын» деп Қыранды излеп кеткен екен. Барса қайнағасы да жоқ. Екеўинен де айырылдым ғой, елимди табайын деп елине кеткен екен. Қыран излеп кетти. Қыз атасының елине барған екен. «Ат минип келипти, жаў-жарақ илип келипти» деп гилең периниң қызы жуўырысып киятырғанының үстине Қыран барып, қызды ат-паты менен ала қашты. Перилер қанатымды дүзеймен, қуйрығымды дүзеймен дегенше, қызды алып қайтады. Қыран қызды шәҳәрге әкелип, үшеўи сол шәҳәрде бола береди.

Бир күни екеўи аң атыўға кетеди де, қыз шәҳәрде қалады. Бир күни қыз бул қалада не бар екен деп шәҳәрди аралайды. Аралап бир жайдың ишине келсе, еки ат байлаўлы турыпты. «Бул жәниўарларға обал болған екен, буларды босатайын» - деп босатып, далаға айдап шығады. Далаға шыққаннан кейин атлар силкинип еди, биреўи сары дәў, биреўи ақ дәў болды. Қызды алып еки дәў жӛнине кетти. Екеўи аңнан келсе қыз жоқ. Аттың байлаўлы турған жерине келип, атты босатқанын билди.

  • Бәрекеллә, мына жайдың ишинде еки дәў бәнт еди, соны босатыпты-аў. Енди излеў керек – деди. Қыран излеп кетти. Дүньяның жети бурышын бир ақшамда айланып шықты. Ҳеш жерден қыздың дерегин таппады. Салбырап айланып келип:

  • Ҳеш жерден дерегин таппадым – деди.

  • Қыран аға, еле де айланып қара, бармаған жерлериң бар шығар – деди. Қыран ойланып отырып:

  • Мына теңиздиң ортасында бир атаў бар, басқасының бәрине де бардым

  • деди.

    • Қыран аға, сол атаўды кӛрсең – деди. Қыран ойланып турып:

    • Суўға әмелим жоқ еди, жоқ та болса бир тәўекел кӛрейин – деди. Ертеңине Қыран атаўға кетти. Ӛлдим-талдым дегенде жетип, айланып қарап жүрсе, бир ылашықтың ишинде отырған келинин кӛрди. Келинине қайдан келдиң, неғып келдиң десе, сӛйлей алмайды, тек ымға түсинеди. Дәўлер келинин басқа тилде сӛйлей алмайтуғын қылып кеткен екен.

    • Келин, саған ақыл айтайын, дәўлер келгеннен кейин, ояқ-буяғына шығып алдарқатып, мен ӛз тилимде ҳәм сениң тилиңде сӛйлейтуғын болайын. Мен қорықтым, маған ес болсын, жаныңызды берип кетиң деп сора

  • деди. Келини яқшы дегендей басын қағып ишара билдирди. Қыран сол атаўдың бир шетинде күни менен жасырынып жаты. Дәўлер келгеннен кейин:

    • Сенлер кеткеннен кейин қорқаман, маған жаныңызды берип кетиң – деп сорады. Оған дәўлер жанын берип кетти. Дәўлер кеткеннен кейин Қыран келип:

    • Жанын алып калдың ба? – деди.

    • Аўа – деди.

    • Қәне? – деди.

    • Мине – деп жанын кӛрсетти.

    • Жанын берип кетсе, маған бер келин? – деди.

    • Жоқ бермеймен, ҳеш кимге берме деп кетти – деди.

    • Кӛрмен де беремен – деди.

    • Мә - деп жанын берди. Жанын алып, тырнағына салып қысыңқырап қойды. Бир ўакытлары:

    • Мениң жаныма азап берип атырған ким! – деп еки дәў жетип келди. Қыранды кӛрип:

    • Ўай-ўай, Қыран аға, сен бе едиң! – деп жылап жиберди.

    • Бизиң келинди неге әкелдиң? – деди.

    • Сениң келиниң екенин билмедик, не қыл десең қылайық, бирақ жанымызды қолымызға бер – деди.

    • Алған орныңа жеткер! – деди. Дәўле кӛтерип, алған орнына әкелди. Дәўлер рухсат сорады. Рухсат бермеди.

    • Усы қаланы кӛтерип, мына жигиттиң атасының шәҳәриниң күн шығыс жағына қондырып бересең – деди.

    • Әжеп – деп турған жеринде шәҳәрди кӛтерип, айтқан жерине қондырды. Дәўлер жанын сорады. Жанын берип, дәўлерди қайтарып жиберди.

Патша азанда далаға шығып, күн шығар бетке, күнниң астына қараса, адам баласының ақылына уғрас келмейтуғын нағыслар менен ойылған бир
шәҳәр орнатылып қалыпты. Бул не қылған шәҳәр екен деп елинде бир мәстан мама бар еди, соны жумсады. Бул мама шәҳәрге келип, айланып жүрсе, ҳеш адам жоқ, бир тигиўли турған үйди кӛрди. Үйдиң есигинен қараса, тӛрде уйықлап атырған бирж ас жигитти, оң жақта ийретилип атырған Қыранды кӛрди. Мәстан патшаға келип, кӛрген-билгенин айтты. Патша мәстанға:

    • Сол ийретилип жатырған адамды қолға түсирип берерсең бе? – деди.

    • Түсирип берейик. Ол ушын маған ғәзийнеңдеги уўдан бересең – деди. Мәстан уўды алып, сол шәҳәрге барып, үйге кирип барды.

    • Келиң, шеше! – деди қыз.

    • Киятырман шырағым – деп қолындағы уўды сеўип жиберейин деп еди, қолын ергенектиң баўы илип қалып, себейин деген уўы ошаққа тӛгилди. Сол ўақта бир тамшы уў қыздың бетине тамып кетип, секирип түсип ӛлетуғын ҳалға келди. Усы ўақытта Қыран қыздың ӛлейин деп атырғанын кӛрип, қыздың бетиндеги уўдың тамған жерин сорып таслай берди. Сол ўақытта патшаның баласы оянып:

    • Қыран аға, ӛзиң де ӛлейин деп жүр екенсең ғой! – деди.

    • Олай емес, қосшым, бир кемпир келип уў шашып, соннан бетине тамған уўды сорып таслайын деп атырман – деди. Оған бала инанбады.

    • Ал, онда бизиң кеткенимиз – деп Қыран үйден шықты да кетип қалды.

    • Әне айтпадым ба, қайнаға кетти. Енди ӛлим сенники. Анық қысталаң жегенде қанат-қуйрығымды дүзеймен де ушаман да кетемен – деди.

Усы ўақытлары патша қара тобын дүзетип, шәҳәрге оқ атты. Оғы шәҳәрдиң пақсаларын қулата баслады. Бала сасқанынан жанындағы Қыранның берген түгиниң биреўин отқа түтетип еди, келмеди. Екинши рет түтетти. Сол ўақытта Қыран:

    • Келмейин деп едим, қоймадың ғой – деп жетип келди. Қыраннан кеширим сорады. Еткен гүналарын кеширди. Қыран далаға шығып, бар айбат пенен баланың атасына:

    • Мен Қыранман, ашыўлансам қалаңды жер менен жексен етемен – деп қышкырды. Сениң жалғыз балаңа ҳәўизде кӛрген сәўлени таўып берип ҳәм жаңа шәҳәр салып берип, саған қоспаға келдим – деди.

Баланың атасы оқ атқанын тоқтатты. Нешше нӛкер, жаў-жарағы менен Қыранның қасына келип, сәлемлесип, дос болды. Баласы менен келинин кӛрип, кеўли хош болды. Той-тамаша берип, баласын тахтқа отырғызды. Қыранды ўәзир етти. Әдил патша, әдил ўәзир болып, даңқы халыққа жайылып, мурат-мақсетине жетти.

Download 313,89 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish