Қарақалпақ халық ертеклери



Download 313,89 Kb.
bet9/24
Sana23.02.2022
Hajmi313,89 Kb.
#125087
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   24
Bog'liq
ЕРТЕК АЙТЫС ЖАНЫЛТПАШ ЖУМБАК КОСЫК 2-конвертирован

Жигит:
Қыз:

Тәреп болып айтысқа келеғапсыз, Бир-еки аўыз тойларда айтыппедиң.

Бир биссимиллә дегенде бир биссимиллә, Бир биссимиллә битилген жети тилде, Бир-еки аўыз тойларда айтқаным жоқ,


Қол берген Қыдыр ата ӛзиң қолла.

Кийген тоның жарасқан бойыңызға, Мен билмедим не сӛз бар ойыңызда, Бир-еки аўыз тойларда айтпасаңыз,


Үндеместен барып жат үйиңизге.



* * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * *

Қызлар:
Жигитлер:
Қыз жеңгеси:
Жигитлер:
Қыз:

Бириң – үлкен, бириң – қурдас, Бириң – киши, бириң – жас,
Таң да атып жақын келген, Жуўап күттик заманлас.

Бир жуўап бар дүлдил, Бир жуўап бар бүлбил, Бир жуўап бар қызыл гүл.


Қайсысын қәдесеңиз де, ол жағын ӛзиңиз бил.

Бир жуўап бар дүлдил, Бир жуўап бар бүлбил,


Қызға мүнәсиби қызыл гүл,
Қызыл гүл менен кетеберемиздағы.

Геўиш кийдик пӛпеклеп, Гүллер тердик етеклеп,


Жуўап билмейтуғын қызларды, Ким әкелди жетеклеп.

Пәр-пәрдайым, пәрдайым, Бизге айтасыз ҳәр дайым, Бизге айтқанша жеңгеме айт,


Жеңгем билер жағдайын.

Жигит:
Қыз:
Жигит:
Қыз: Жигит: Қыз: Жигит: Қыз: Жигит: Қыз:
Жигит:

Суўдан үйрек ушқанда,
Суўрылып пәри қалмайма? Таўдан тарлан ушқанда, Таралып пәри қалмайма?
Басқа бир журтқа барғанда, Бахтым мениң жанарма?

Билезигим, жүзигим қоламекен, Қола жүзик қолыма толамекен,


Мен жыламай қәйтейин ели-халқым, Әлпешлеген анамдай боламекен.

Саўыр етиктиң сабағы санда болар, Қырық кисиниң ақылы данада болар, Ғам-гүн болып жылама заманласым, Анаң ушын қәйин енең онда болар.


Билезигим, жүзигим қоламекен, Қола жүзик қолыма боламекен,


Мен жыламай қәйтейин ели-халқым, Айнанайын әкемдей боламекен.

Саўыр кисиниң сабағы санда болар, Қырық кисиниң ақылы данада болар, Ғам-гүн болып жылама заманласым, Әкең ушын қәйин атаң онда болар.


Айнанайын сиңлимдей боламекен? Сиңлиң ушын бийкешиң онда болар. Әдиўлеген анамдай боламекен?


Ағаң ушын қайнаған онда болар. Әдиўлеген жеңгемдей боламекен? Жеңгең ушын абысын онда болар. Ардақлаған инимдей боламекен?
Иниң ушын қәйниң онда болар.



ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ САЛТ-ДӘСТҤР ЖЫРЛАРЫ


Ҳәўжар

Ӛз әкемниң есиги жупар есик ҳәўжар,


Кирсем-шықсам шашымды сыйпар есик ҳәўжар, Қәйин атамның есиги шеңгел есик ҳәўжар,
Кирсем-шықсам шашымды жулар есик ҳәўжар.

Зер кӛйлектиң етегин илермекен, ҳәўжар, Қәдиримди тексиз қул билермекен, ҳәўжар,


Султан басым ғаррыға қорлар болды, ҳәўжар, Дос жылатып, душпанлар күлермекен, ҳәўжар,
«Патша» басым мен ӛзим, илгир едим, ҳәўжар, Жалғыз ағам барында билгир едим, ҳәўжар, Тийейин деп жүрмедим ғарры шалға, ҳәўжар, Сүйген ярым келер деп мен тур едим, ҳәўжар.

Қой сүйеди баласын, қозым-ай деп, ҳәўжар, Ҳеш нәрсени кӛрмеген, бозым-ай деп, ҳәўжар, Узатқанда қыз жылар, ӛксип-ӛксип, ҳәўжар,


Қәне мениң қыздағы, назым-ай деп, ҳәўжар, Торғай сүйер баласын, толғаным деп, ҳәўжар, Тобылғының басына қонғаным деп ҳәўжар, Узатқанда қыз жылар, ӛксип-ӛксип, ҳәўжар.
Енди мениң қуўрайдай, солғаным деп, ҳәўжар, Қарабарақ дегениң кепкен болар, ҳәўжар,
Жаман адам ҳаялын тепкен болар, ҳәўжар, Әллек сақаў сақалын гүзеп алсаң, ҳәўжар, Алты жасар балаға шекпен болар, ҳәўжар.



Download 313,89 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish